Фоторепортаж

Қарақалпақстан Республикасы суды хызметкерлери улыўма халықлық қайырқомлық шембилигине қатнасып, әтирап-аймақтың тазалығына өз үлеслерин қосып атыр .

Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы

Қанлыкɵл районы Мәденият МПЖ имаратында, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева ҳəм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов тəрепинен тастыйықланған “Жол карта”ның 11-бəнти ҳәм 24-бәнтилериниң орынланыўын тəмийинлеў ҳəм “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни”нде халықты сергекликке шақырыў, пуқаралар арасында жынаятшылық ҳəм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде, ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы, районлық ишки ислер бɵлими, мекеме хызметкерлери, аймақ турғынлары қатнасты. Ушырасыў барысында, жоқарыда атап ɵтилген мəселелер бойынша тараў қəнигелери кеңнен мағлыўмат берип, бул бағдарда ислениўи тийис илажлар, алға қойылған ўазыйпалардың әҳмийети түсиндирилди.

Жаслар ҳәм олардың тәлим-тәрбиясына еледе итибарды күшейтиў зәрүр

Қарақалпақстан Республикасында жынаятлардың алдын алыў, жынаятшылық профилактикасын еледе күшейтиў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциясыз аймаққа айландырыў бойынша Жол картасының 11- 24-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Шымбай районлар аралық экономикалық суды баслығы З.Бердимуратов тәрепинен Кегейли районында жайласқан «Қуяшлы», «Бахытлы», «Нурлы бостан», «Жалпақ жап» мәкан пуқаралар жыйынларында ҳәм «Абат» аўыл пуқаралар жыйынлары турғынлары менен ушырасты. Оларға тараўда қабыл етилип атырған жаңа Нызам ҳәм норматив ҳуқықый ҳүжжетлердиң әҳмийетин түсиндирди.

Сондай-ақ, аймақта ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Атап айтқанда бүгинги күнде жүз берип атырған кеўилсиз хәдийселер, түрли жынаятлардың басым көпшилиги жаслар тәрепинен әмелге асырылып атыр. Солай екен, жаслар ҳәм олардың тәлим-тәрбиясына еледе итибарды күшейтиў зәрүр. Буннан басқа пара алыў, пара бериў жағдайлары анықланса дәрҳәл ҳуқық қорғаў уйымларына хабар бериў кереклиги бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Замир Бердимуратов
Шымбай районлар аралық экономикалық суды баслығы

Халық пенен ушырасыў

Хожели районы «Пǝрўаз» МПЖ турғынлары қатнасыўында, жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов, жынаят ислери бойынша Хожели район судының судья жǝрдемшиси Б.Турдибаев, Хожели районы прокурорының аға жəрдемшиси Б.Абыллаева ҳǝм Хожели РИИБ ХПБ профилактика инспекторы Р.Реймбаевлар тəрепинен 2021-жыл 19-август күни Хожели районы, «Пǝрўаз» МПЖ имаратында жынаятшылық ҳəм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарында исленип атырған жумыслар ҳаққында, сондай-ақ, Ɵзбекстан Републикасы “Судлар ҳаққында”ғы ӨРН-703-санлы Нызамның мазмуны ҳəм əҳмийети ҳақкында пуқараларға кеңнен түсиндирип берди.

 

Жаңа нызам суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў тийкары  

Мәмлекетте демократияның үстинлиги, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм мәплериниң кепиллиги қорғалғанлығы суд ҳәкимиятиниң ашықлығы қай дәрежеде екенлигине байланыслы.

2021 жыл 28-июль күни жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасының “Судлар ҳаққында”ғы нызамы усы мақсетлерди өзине жәмлестирген болып, тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың даўамы болып болып есапланады. Нызам 101 статьядан ибарат болып, рәсмий жәрияланған күннен, яғный 2021 жыл 29-июльдан нызамлы күшке кирди.

Судлар хызметиниң ашықлығын тәмийинлеўде әҳмийетли тийкар болып хызмет ететуғын жаңа баспадағы Өзбекстан Республикасының “Судлар ҳаққында”ғы Нызамында қандай жаңалықлар белгиленди.

Айтып өтиў керек, мәмлекетимиз басшысының судларға әдил судлаўды әмелге асырыў менен байланыслы болмаған ҳәр қандай ўазыйпаларды жүклеўге жол қоймаў ҳаққындағы талабы жаңа нызам менен беккемлеп қойылды.

Нызамда суд мәжилисинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тосқынлықсыз қатнасып, белгиленген тәртипте фотосуратке алыў, видео ҳәм аудио жазыўларды әмелге асырыўы мүмкинлиги белгиленди. Солай болсада, алдын ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыў ҳуқықы басқа нызамлар ҳәм Жоқарғы суд Пленуми менен тәртипке салынар еди.

Жаңа нызамда Жоқарғы суд баслығының ўәкилликлери анықластырылып, толтырылды. Жоқарғы суд Пленумы мәжилисинде көрилетуғын мәселелер Жоқарғы суд баслығы тәрепинен киритилиўи, Жоқарғы суд баслығы судьялар Жоқарғы квалификациялық коллегияның қарарлары, шешимлери үстинен Судьялар жоқарғы кеңесине усыныс киритиўге ўәкилликли екенлиги нәзерде тутылмақда. Нызам менен судьяларға қосымша мәжбүриятлар белгилеп қойылды. Судья коррупцияның ҳәр қандай көринислерине ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша хызметине нызамсыз араласыўға урыныўларына қарсылық көрсетиўи ҳәмде бундай жағдайлар анықланған жағдайда бул ҳаққында Судьялар жоқарғы кеңесине хабар бериўи ҳәм суд процесси қатнасыўшыларын ҳүрмет етиўлери шәрт.

Сондай-ақ, судья шахсан ѳзи яки исенимли шахслары  арқалы исбилерменлик пенен шуғылланыўға,  судья, судьяның ери (ҳаялына) ҳам ер жетпеген перзентлери Ѳзбекстан Республикасы аймағының сыртында жайласқан шет ел банклеринде есап-бетлер (аманатлар) ашыўға ҳәм оларға ийе болыўға, нақ пул ғәрежетлерин ҳәмде қымбатлықларды сақлаўға, судта кѳрип шығылып атырған мәселе бойынша суд хүжжети нызамлы күшине киремен дегенше ашықтан-ашық пикир билдириўге ҳақлы емеслиги қатаң белгиленди.

Буннан тысқары, нызам менен судьяларды сайлаў ҳәм тайынлаў тәртибине ҳәм бир қанша ѳзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

Жынаят ислегенликте айыпланып атырған шахс, алдын судланған яки ѳзине қарсы қозғатылған жынаят иси реабилитация қылмайтуғын тийкарлар бойынша қысқартылған шахс, шет мәмлекет пуқаралығына ийе болған яки шет мәмлекетте жасаў ҳуқықын тастыйқлаўшы жасаў гүўалығына ямаса басқа хүжжетке ийе болған шахс, суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз ямаса ҳәрекетке уқыплылығы шекленген деп табылған шахс, психиатрия яки наркологиялық диспасерлеринде есапта турған шахс, судьяның ўәкилликлерин әмелге асырыўға тосқынлық қылатуғын басқа кеселликке шалынған шахс судьялық лаўазымына талабан болыўы мүмкин емеслиги ҳаққындағы норма менен толтырылды. Алдынғы нызамда судьялық лаўазымына талабанларға қойылатуғын талапларды белгилеўши бул нормада нәзерде тутылмаған еди.

Жоқарғы суд судьясы лаўазымына сайланатуғын шахслар юридиклық қәнийгелиги бойынша кеминде он бес жыллық ис стажына, соның менен бирге қағыйда ретинде, судья сыпатында кеминде жети жыллық ис стажына ийе болыўы лазым.

Юридикалық қәнийгелиги бойынша кеминде он жыллық ис стажына, соның менен бирге қағыйда ретинде, судья сыпатында кеминде еки жыллық ис стажына ийе болған шахслар Әскерий суд, уалаят суды ҳәм оған теңлестирилген судлар судьясы болыўы мүмкин.

Юридиклық қәнийгелиги бойынша кеминде жети жыллық ис стажына ийе болған шахслар болса районларара, район, қала судының, аймақлық әскерий судтың судьясы болыўы мүмкинлиги белгиленди.

Сондай-ақ, бурын нызамасты ҳүжжетлери менен тәртипке салынған судьяға интизамий ис қозғатыў ҳәм судьяға қолланылатуғын интизамий жаза шаралары ңызам менен белгилеп қойылды.

Яғный, судьяға интизамий ис тийисли судьялар квалификациялық коллегиясы тәрепинен судья усы нызамда шекленген ҳәрекетлерди ислегенлиги ҳаққындағы арза яки хабар бойынша өткерилген хизмет тексериўи нәтийжелерине көре қозғатылыўы мүмкин.

Судьялардың квалификациялық коллегиясы интизамий жуўапкершиликке тартылған судьяға ескертиў, орташа айлық ис ҳақының отыз пайызынан артық болмаған дәрежеде жәрима, квалификация дәрежесин бир дәрежеге түсириў ҳәм ўәкиллерин мүддетинен бурын тоқтатыў интизамий жаза шараларынан биреўин қоллаўы мүмкин.

Жуўмақлап айтқанда, усы нызамда белгиленген тәртип-қағыйдалар суд ҳәкимиятының беккемлигин, судлар хызметиниң ашықлығын тәмийинлеўде, пуқаралардың судлар хызметине исенимин беккемлеў, әдил судлаўға ерисиў дәрежесин әмелге асырыў ҳәм тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.

 

Нөкис районы жынаят ислери  бойынша суды баслығы              Азат  Сейтанов  

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Судтың мақсети де шаңарақты сақлап қалыў…

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы А.Сейтанов, Нөкис районлар аралық эканомикалық суды судьясы М. Каримбаева ҳәм Нөкис районлар аралық пуқаралық ислери бойынша судының баслығы Н.Абдакимовлар Нөкис районы турғынлары менен ушырасып, олардың суд-ҳуқық мәселелерине байланыслы мүрәжатларын тыңлады.

 

Атап айтқанда, “Бақаншақлы” аўыл пуқаралар жыйыны Жийдели аўылында жасаўшы Дүйсенбай Алланиязов баласы “Жаслар” дәптерине киргизилип сектор арқалы кредит алған екен. Сол кредит пулларын гербиш шығаратуғын үскене алыў ушын бир фирмаға ѳткереди, фирма үскенени әкелип береди, бирақ бул үскенениң ислемейтуғын үскене екенлиги мәлим болғаннан кейин олар фирмадан пулды қайтарып алыўға ҳәрекет етеди. Деген менен мәселеси шешилмей, еки ортада әўере болып бул қабыллаўға пулын алыўда жәрдем сорап мүрәжат етти. Оған тийисли тәртипте ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиў ҳуқықы түсиндирилди.

Тақыркѳлли Гүлзабира Ешбаева қабыллаўға жүдә нәзик соның менен бирге қыйын бир мәселеде, яғный баласы менен келини ажырасыўға арза бергенлиги, ортада еки ақлығы бар болып олардың ажырасыўына қарсы екенлигин айтып жарастырыў ушын жәрдем сорайды. Бул пуқараға перзентлерине суд тәрепинен 2021-жыл 03-декабрь күнине шекем жарасыў ушын мүддет берилгенлиги, судтың мақсети де шаңарақты сақлап қалыў екенлиги түсиндирилди.

Көшпели қабыллаўға “Ақтерек”, “Ақманғыт”,Бақаншақлы” ҳәм “Тақыркѳл” аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы пуқаралар өзлериниң алимент ѳндириў, ақлық қызын ѳзиниң атына ѳткериў, қәўендер таярлаў, пропискадан шығарыў, некесин бийкар етиў сыяқлы мәселелерде әмелий жәрдем сорап суд басшыларына мүрәжат етти. Оларға тийисли тәртипте нызам шеңберинде ҳуқықый түсиниклер берилди. Қабыллаўда жәми 10 пуқараның мүрәжаты тыңланды.

Жаңа нызам әмелде

Президентимиз тәрепинен 2021-жыл 28-июльде имзаланған Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы нызамы мәмлекетимиз суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий даўамы болды.

Жаңа нызам 101 статьядан ибарат болып, онда белгиленген нормалар судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлиги ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлеў, судлар искерлигиниң нәтийжелилигин ҳәм абыройын арттырыў, судлардың ашықлығын тәмийинлеў, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын айрықша дәстур болып хызмет етеди.

Жаңа нызамға муўапық судья өз хызмет ўазыйпаларын атқарыўда сондай-ақ хызметтен тысқары мунәсибетлерде судьялық әдеп-икрамлық кодекси талапларына әмел етиўи, суд ҳәкимияты абыройын, судьяның абыройы ҳәм қәдир-қымбатын тусириў яки оның бийғәрезлиги, қалыс ҳәм әдалатлылығына гуман туўдырыўы мумкин болған ҳәр қандай ҳәрекетлерден өзин тыйыўы, коррупцияның ҳәр қандай көринислерине ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда нызамға қайшы араласыўларға урыныўларға қарсылық көрсетиўи керек. Бундай ҳалатлар анықланған жағдайда бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесине хабар қылыўы белгилеп қойылды.

Буннан тысқары, алдын судьяның турар жайына яки хызмет ханасына, пайдаланатуғын транспортына кириў, оларды көзден кешириў, оларда тинтиў өткериў яки олардан затларды алыў, оның телефондағы сойлесиўлерин еситиў, судьяны жеке көзден өткериў ҳәм оны жеке тинтиў қылыў, оның хат-хабарларын, оған тийисли затлар ҳәм ҳужжетлерди көзден кешириў, алып қойыў яки алыўға Қарақалпақстан Республикасы прокурорының, ўәлаят, Ташкент қаласы прокурорының, Өзбекстан Республикасы Әскерий прокурорының рухсаты яки судтың қарары менен жол қойылған. Енди болса, бундай ҳәрекетлер тек ғана Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының рухсаты менен яки судтың қарарына тийкар әмелге асырылыўы нызам менен беккемленди.

Жуўмақ орнында соны айтыў мумкин, усы нызам судьяның қол қатылмаслығын ҳәм шын мәнидеги ғәрезсизлигин тәмийинлеўде зәрур әҳмийетке ийе болыў менен бирге әдил судлаўдың сапалы әмелге асырылыўына хызмет етеди.

Жынаят ислери бойынша
Хожели районы судының баслығы   Ибрайым Алланиязов

Нызамшылықтағы өзгерислер

Өзбекстан Республикасыныӊ 2021-жыл 16-август күни қабыл етилген 708-санлы «Жер участкаларын ажыратыў ҳәм олардан пайдаланыў, сондай-ақ жерлерди есапқа алыў ҳәм мәмлекет жер кадастрын жүритиў системасын жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы менен Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы Кодексиниӊ 27-статьясына өзгерис киргизилип, бунда усы статьяныӊ биринши бөлими 2-бәнтиндеги «мәмлекет басқарыў органларыныӊ» сөзлери «жергиликли мәмлекет ҳәкимият органларыныӊ, мәмлекет басқарыў органларыныӊ» деген сөзлери менен алмастырылды.

Бул өзгеристиӊ Кодекске киргизилиў себеби усы нызам менен «Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары» ҳаққындағы Нызамға таза норманыӊ енгизилиўи, яғный «Халық депутатлар Кеӊеси ҳәм ҳәким қабыл етилген ҳәмде шығарылған ҳүжжетлер үстинен пуқаралар, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мекемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен суд тәртибинде шағым етиўи, сондай-ақ прокурор тәрепинен протест келтирилиўи мүмкин»лиги нәзерде тутылған.

Яғный, алдын Халық депутатлар Кеӊеслери тәрепинен қабыл етилген ҳәмде шығарылған ҳүжжетлер үстинен суд тәртибинде шағым етиў мүмкин емес еди.

Усы норма менен буннан былай өзиниӊ ҳуқық ҳәм мәплери бузылған деп есаплайтуғын ҳәр бир физикалық шахс ҳәм юридик шахслардыӊ ўәкиллери судқа мүрәжат етиў ҳуқықы кепилленбекте.

 

Нөкис районлар аралық

ҳәкимшилик судыныӊ баслығы                     Бекбаўлы Досымбетов

 

ЖАⱧА РЕДАКЦИЯДА ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕН «СУДЛАР ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ НЫЗАМЫНЫҢ МАЗМУНЫ ҲӘМ ӘҲМИЙЕТИ

Соңғы жылларда мәмлекетимизде пуқаралар, юридикалық шахслар ҳәмде исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң суд жолы менен ҳәр тәреплеме ҳәм толық қорғалыўын тәмийинлеў, суд тараўына хабар коммуникациялық технологияларды кеңнен енгизиў, суд мәжилислериниң ашықлығы ҳәм әшкаралығын тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў барысында избе-излик пенен реформалар әмелге асырылып келинбекте.

2021 жыл 28 июльда жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы нызамы әйне сол мақсетлерди өзине жәмлестирген болып, тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың логикалық даўамы болды, деп айтыўымызға барлық тийкарлар бар.

Бул Нызам 101 статьядан ибарат болып, рәсмий жәрияланған күннен, яғный 2021-жыл 29-июльдан баслап нызамлы күшине кирди.

«Судлар ҳақкында»ғы жаңа нызамның ески редакциядағы нызамнан тийкарғы парықлары ҳәм өзине тән өзгешеликлериниң айырымлары ҳаққында тоқталып өтемиз.

Нызамдағы тийкарғы жаңалық Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2020-жыл 24-июльда имзаланған «Судлар искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳақкында»ғы ПФ-6034-санлы Пәрманда белгиленген структуралық реформалардан келип шыққан болып, Нызамның 2-статьясында судлардың жаңа системасы белгиленди. Оған муўапық, 2021-жылдың 1-январьдан баслап пуқаралық, жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық судлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық экономикалық судлары бирлестирилгенлиги ҳәмде район (қала) ҳәкимшилик судлары сапластырылғанлығы мүнәсебети менен суд системасында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық судлары, сондай-ақ районлараралық ҳәкимшилик судлары көрсетип өтилди.

Сондай-ақ Нызамның судьялар корпусын раўажландырыўға бағышланған    5-статьясында судьялар корпусын раўажландырыў судьялардың ғәрезсизлиги принципине қатаң муўапық ҳалда Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси тәрепинен әмелге асырылыўы, кеңести шөлкемлестириў ҳәм оның искерлик тәртиби айрықша нызам менен белгилениўи нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, судьялардың ғәрезсизлиги, нызам ҳәм суд алдында теңлик, суд ҳүжжетлериниң мәжбүрийлиги, суд ислерин жүргизиўдиң әшкаралығы, суд ислери жүргизилетуғын тил, суд қорғаўында болыў ҳуқықы, айыпсызлық презумпциясы киби судлар искерлигиниң принциплерине қосымша рәўиште нызамлылық деп аталған 8-статьяда Өзбекстан Республикасында әдил судлаў нызамға қатаң муўапық ҳалда әмелге асырылыўы белгиленген болса, суд ҳүжжети үстинен шағым етиў ҳуқықы нәзерде тутылған 17-статьяда тәреплер ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа шахслардың суд ҳүжжети үстинен нызамда белгиленген тәртипте шағым етиў ҳуқықына ийе екенлиги беккемлеп қойылды.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2019-жыл  29-декабрьде Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатнамада ҳәмде оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2020-жыл 24-июльда қабыл етилген «Судлар искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳақкында»ғы ПФ-6034-санлы Пәрманында белгиленген 2021-жыл  1-январьдан баслап бир-бирин тәкирарлайтуғын суд басқышларын қысқартыў ҳәм әдил судлаўға туўры келмейтуғын ислерди бақлаў тәтибинде көриў институтын қысқартыў ўазыйпасының әмелдеги сәўлелениўи сыпатында жаңа нызамның 28-статьясында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының ўәкилликлеринде ислерди бақлаў тәртибинде көриў нәзерде тутылмаған ҳәмде бақлаў инстанциясы орнына кассация инстанциясында ислерди тәкирарый көриў институты енгизилиўи мүнәсебети менен Нызамның 29-статьясында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары ислерди биринши инстанция, апелляция ҳәм кассация тәртибинде, сондай-ақ кассация инстанция судында тәкирарый көриў белгиленди.

Нызамның 3-бап, 32-38-статьяларында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық судларының қурамы, ўәкилликлери, Президиум ҳәм судлаў коллегияларының ўазыйпалары, суд баслығының ҳәмде баслық орынбасарлары – судлаў коллегиясы баслықларының ўәкилликлери анық ҳәм рәўшан белгилеп берилген.

Жаңа редакциядағы нызам менен судьялық лаўазымына талабанларға қарата белгиленген талаплар да күшейттирилди. Атап айтқанда ески редакциядағы Нызамның 61-статьясына бола, отыз бес жастан киши болмаған, жоқары юридикалық мағлыўматқа ҳәм юридикалық қәнигелиги бойынша ең дәслеп ҳуқық қорғаў уйымларында кеминде бес жыллық мийнет стажына ийе болған Өзбекстан Республикасы пуқарасы судьялық лаўазымына тайынланыўы мүмкин болған болса, жаңа редакциядағы нызамның 67-68-статьяларына тийкар отыз бес жасқа толған, жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған ҳәм юридикалық қәнигелиги бойынша кеминде жети жыллық мийнет стажына ийе болған Өзбекстан Республикасы пуқарасы районлараралық, район, қала судының, аймақлық әскерий судтың судьясы болыўы мүмкинлиги белгиленди.  Бул судьялық лаўазымының үлкен жуўапкершиликли ўазыйпа екенлиги менен тиккелей байланыслы.

Соны да айтыў лазым, алдын судьяларға қарата қолланылыўы мүмкин болған интизамий жаза шаралары нызам асты ҳүжжетлери менен тәртипке салынған болса, жаңа редакциядағы нызамның 74-77-статьялары судьяның интизамий жуўапкершилик мәселесин тәртипке салыўға қаратылған болып, 76-статьяда интизамий жазалардың түрлери анық белгилеп берилди.

Жаңа редакциядағы нызамда судьялар менен олардың шаңарақ ағзаларының материаллық ҳәм социаллық қорғалыўы нәзерде тутылғанлығы, судьяларды үй-жай менен тәминлеў ҳәмде үй-жай ижарасы менен байланыслы төлемлердиң төлеп берилиўи нызам шеңберинде тәртипке салынғанлығы, судьялар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық жақтан қорғаў бойынша көрилген иләжлар судьяларды әдил судлаўды тәмийинлеў барысындағы искерлигин қоллап-қуўатлаўда үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.

Сондай-ақ жаңа редакциядағы нызам менен судьялардың ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери, судьялар ғәрезсизлигиниң тийкарғы кепилликлери, судьяның қолқатылмаслығы, судқа ҳүрметсизлик қылғанлық ушын жуўапкершилик, судьяның ўәкилликлерин тоқтатып турыў ҳәм мүддетинен алдын тамамлаў, судьялар квалификациялық коллегиясы искерлиги ҳәм тараўды тәртипке салыў менен байланыслы басқа қатнасықлар толық тәртипке салынған.

Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы  «Судлар ҳаққында»ғы нызамы суд ҳәкимиятының шын мәнидеги ғәрезсизлигин, әдил судлаўдың судьялар тәрепинен тек ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырылыўын, суд мәжилислериниң ашық ҳәм әшкара өткизилиўин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, исбилерменлик субъектлериниң нызамлы мәплерин суд жолы менен кең ҳәм толық қорғаў ҳәм сол арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыўға хызмет етеди.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы                                                          Әбдимурат Керимбаев

Skip to content