ӘДАЛАТ ЖОЛЫНДА ЖАЗЫЛҒАН 75 ЖЫЛЛЫҚ ИБРАТ
Өмирлер бар – бир жасағандай. Өмирлер бар – мәңги жасайтуғын. Сондай өмир ийелери бар, олардың өмир жолы тек ғана жеке тәғдир емес, ал бир дәўирдиң руўхый келбетине айланады. Мине, усындай инсанлардан бири – «Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен юрист,» «Дўстлик» ордени ҳәм «Содиқ хизматлари учун» медалының ийеси, суд нуранийи Парахат Айтниязов быйыл 75 жасын қарсы алды.
Нөкис қаласында өткерилген салтанатлы әнжуман тек ғана юбилей емес, ал пүткил өмирлик садықлық, ерк-ықрар ҳәм әдилликке бағышланған өмирдиң тән алыныўы сыпатында өтти. Илажда Парахат Айтниязовтың кәсиплеслери, шәкиртлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери жыйналды. Бул орталықта тек ғана қутлықлаўлар емес, шын кеўилден иззет, устазға болған шексиз ҳүрмет ҳүким сүрди.
Әнжуманда Өзбекстан Судьялар ассоциациясының баслығы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен юрист Убайдулла Мингбоевтың баянаты оқып еситтирилди. Баянатта ол Парахат Айтниязовтың өмир жолын «тосыннан емес, ал анық мақсет, беккем ерк-ықрар ҳәм әдилликке болған терең исеним тийкарында қурылған ибратлы жол» деп сыпатлады.

Ҳақыйқатында да, юбилярдың мийнет жолы ҳуқықтаныў тараўында өз алдына айрықша бетлерди қурайды. Ол Нөкис қаласы судының судьясынан баслап Қоңырат районы судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары, бурынғы аўқам дәўиринде СССР Әдиллик министрлигиниң аға мәсләҳәтшиси сыяқлы жуўапкер лаўазымларда иследи. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында болса нызамшылық ҳәм ҳуқық қорғаў комитетине басшылық етип, жаңа мәмлекетшилик тийкарын беккемлеўге мүнәсип үлес қосты.
Кейин ала оған исеним билдирилип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы лаўазымы тапсырылды. Бул жерде он бес жыл даўамында әдил судлаўды тәмийинлеў, нызам үстинлигин қарар таптырыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў жолында сабырлылық ҳәм батыллық пенен мийнет етти.
Парахат Айтниязов тек ғана басшы емес, ал устаз сыпатында да жүзлеген жас юристлерге де ҳақыйқый өмир, тәжрийбе мектеби болды. Бүгин оның шәкиртлери түрли жуўапкер лаўазымларда әдиллик дәстүрлерин даўам еттирмекте. Бул – устаз мийнетиниң ең үлкен нәтийжеси.
Илажда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы Б.Исламовтың қутлықлаўы да оқып еситтирилди. Юбилярдың жәмийетлик раўажланыўға қосқан үлеси, жоқары адамгершилик пазыйлетлери айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстан ҳаққында сөз болғанда ел қәлбинде қалған уллы атлар еске алынды: Ибрайым Юсупов, Муса Ерниязов, Қаллибек Камалов. Әне, усындай ел ардақлаған инсанлар қатарында Парахат Айтниязовтың аты да мүнәсип орын ийелейтуғыны айрықша мақтаныш пенен атап өтилди.
Бүгин ол елеге шекем белсенди – Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы сыпатында жумыс алып бармақта. Бул исеним – оның жыллар даўамында арттырған тәжирийбеси ҳәм жоқары абырайының айқын дәлили.
Салтанат жуўмағында устаздың өмир жолы ибрат сыпатында тилге алынды. Ол ҳаққында «Бул адам шынардай – тамырлары терең, саясы кең» деп тәрийп берилди.
Ҳақыйқатында да, айырым инсанлар бар, олардың өмири жыллар менен емес, жақсы адамгершилик пазыйлетлери менен өлшенеди. Парахат Айтниязов әне усындай мәңги жасайтуғын өмир ийелеринен десек асыра айтқан болмаймыз.

75 жас – бул тек ғана бир сәне емес, ал әдилликке бағышланған өмирдиң және бир нурлы мәнзили. Тамырлары терең, саясы кең шынардай бул өмир жолы еле көплерге пана, оның бай тәжирийбеси болса жас ҳуқықтаныўшылар ушын жол көрсетиўши жолшы жулдыз болып хызмет етеди. Себеби ҳақыйқый устаздың өмири жыллар менен емес, тәрбиялаған шәкиртлери, қалдырған дәстүрлери ҳәм жәмийетте қалдырған изи менен өлшенеди. Парахат Айтниязов мине усындай инсанлардан – тек ғана әдилликке хызмет еткен ғайраткер емес, ал пүтин бир ҳуқықтаныў мектебин жаратқан устаз сыпатында ел ҳүрметинде азийз ҳәм қәдирли.







