ШАҢАРАҚ ТЫНЫШЛЫҒЫ – ЖӘМИЙЕТ ТУРАҚЛЫЛЫҒЫ
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 76-статьясында шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны екени ҳәм мәмлекет қорғаўында болыўы белгиленген. Бул норма шаңарақта тынышлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм татыўлықты тәмийинлеў тек ғана жеке емес, ал жәмийет ушын да үлкен әҳмийетке ийе екенин көрсетеди. Сондай-ақ, Конституцияда ер адам ҳәм ҳаялдың некеде тең ҳуқықлы екени белгилеп қойылған. Демек, шаңарақлық келиспеўшиликлерди шешиўде ҳәр еки тәрептиң ҳуқықлары менен мәплерин ҳүрмет етиў әҳмийетли.
Шаңарақ инсан өмириндеги ең әҳмийетли социаллық орталықлардан бири. Онда инсан меҳир, ҳүрмет, исеним ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды сезеди. Бирақ, түрли минез, дүньяқарас, зәрүрлик ҳәм турмыслық көзқараслардың соқлығысыўы нәтийжесинде шаңарақта тартыслы жағдайлар да жүзеге келиўи мүмкин. Бундай келиспеўшиликлер өз ўақтында дурыс шешилмесе, шаңарақ ағзалары арасындағы қатнасықларға унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.
Шаңарақлық келиспеўшиликлердиң келип шығыўына түрли факторлар себеп болады. Соның ишинде, ерли-зайыплылар арасындағы өз-ара түсинбеўшилик, финанслық қыйыншылықлар, жумыссызлық, турмыслық машқалалар, перзент тәрбиясына ҳәр қыйлы қатнас, туўысқанлардың шаңарақлық турмысқа артықша араласыўы, исенимсизлик ҳәм сөйлесиўдиң жетиспеўшилиги усылардың қатарына киреди. Айырым жағдайларда болса киши келиспеўшиликлер жыйналып барып, үлкен келиспеўшиликке айланыўы мүмкин.
Тартыстың өзи ҳәр дайым шаңарақтың бузылыўына алып келетуғын унамсыз жағдай емес. Машқаланы тыныш жол менен додалаў ҳәм бир-бирин тыңлаў арқалы келиспеўшиликти сапластырыў мүмкин. Тийкарғы машқала келиспеўшилик ўақтында ақыретлеў, қорқытыў, зорлық ямаса бир-бирин кемситиў сыяқлы усыллардың қолланылыўында болып есапланады. Бундай қатнасықлар шаңарақтағы исеним ҳәм ҳүрметти төменлетеди.
Шаңарақлық келиспеўшиликлердиң ең үлкен тәсирлеринен бири перзентлер психологиясында көринеди. Турақлы жәнжел орталығында өскен балада қорқыў, қәўетерлениў, өзине исенимсизлик ҳәм оқыўға қызығыўшылықтың төменлеўи сыяқлы жағдайлар бақланыўы мүмкин. Соның ушын ата-ана тек ғана өз қатнасықлары ҳаққында емес, ал перзентлериниң руўхый қәтержамлығы ҳаққында да ойлаўы керек.
Шаңарақта саламат орталықты сақлаў ушын, бәринен бурын, нәтийжели қарым-қатнасты жолға қойыў зәрүр. Ҳәр бир шаңарақ ағзасы өз пикирин сабырлылық пенен баян етиўи, басқалардың пикирин болса ҳүрмет пенен тыңлаўы керек. Машқаланы шешиўде «ким айыплы?» деген сораўдан гөре, «мәселени қалай шешемиз?» деген көзқарас көбирек нәтийже береди.
Сондай-ақ, шаңарақ ағзалары арасында исеним ҳәм жуўапкершиликти беккемлеў әҳмиетли. Ерли-зайыплылар бир-бириниң мийнетин ҳәм үлесин қәдирлеўи, әҳмиетли қарарларды илажы болғанынша биргеликте қабыл етиўи керек. Финанслық мәселелер, перзент тәрбиясы ҳәм турмыслық ўазыйпалар бойынша алдыннан келисип алыў көплеген түсинбеўшиликлердиң алдын алыўы мүмкин.
Егер келиспеўшилик өз бетинше шешилмесе, шаңарақлық психолог, медиатор ямаса басқа тийисли қәнигеге мүрәжат етиў де пайдалы. Қәниге жағдайға қалыс баҳа берип, тәреплерге машқаланы тыныш ҳәм коньструктивлик тәризде шешиўге жәрдем бериўи мүмкин.
Келиспеўшилик – бул шаңарақтың тамамланыўы емес, ал жаңа басқышқа өтиў ушын сигнал деп түсиниў керек. Саламат шаңарақ улыўма урыспайтуғын емес, ал келиспеўшиликлерден дурыс жуўмақ шығаратуғын шаңарақ.
Суд әмелияты соны көрсетеди, шаңарақлық келиспеўшиликлер тек ерли-зайыплылар арасындағы келиспеўшилик пенен шекленип қалмайды. Бундай келиспеўшиликлер некеден ажыратыў, алимент өндириў, аталықты белгилеў, перзенттиң ким менен жасаўын белгилеў, бала менен көриў тәртибин белгилеў, улыўма мүлкти бөлиў ҳәм басқа да ҳуқықый мәселелерге алып келиўи мүмкин. Соның ушын ҳәр қандай шаңарақлық келиспеўшиликти шешиўде, бәринен бурын, шаңарақ ағзаларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин, әсиресе, ержетпеген перзентлердиң мәпин қорғаў үлкен әҳмийетке ийе.
Жуўмақлап айтқанда, шаңарақлық қатнасықларды беккемлеў ҳәр бир шаңарақ ағзасының жуўапкершилиги болып есапланады. Өз ара ҳүрмет, сабыр-тақат, ашық сөйлесиў ҳәм кешире билиў шаңарақтағы көплеген келиспеўшиликлердиң алдын алыўға хызмет етеди. Ең әҳмийетлиси, ҳәр қандай келиспеўшиликте инсан қәдири, шаңарақ тынышлығы ҳәм перзентлер мәпи үстин болыўы керек.
Азамат АБДИРАСУЛИЕВ,
Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық суды баслығы






