КЕПИЛЛИК ШӘРТНАМАСЫНАН КЕЛИП ШЫҒАТУҒЫН МӘЖБҮРИЯТЛАР

Кепиллик шәртнамасын қалай түсинемиз?

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң 292-статьясында нәзерде тутылған болып кепиллик шәртнамасы бойынша кепил басқа шахс өз мәжбүриятын толық яки қысман орынлаў ушын оның кредитор алдында жуўап бериўди өз мойнына алыў түсиниледи.

Кепиллик шәртнамасы келешекте жүзеге келетуғын мәжбүриятты тәмийинлеў ушында дүзилиўи мүмкин.

Кепиллик шәртнамасы жазба түрде дүзилиўи керек болып, егер жазба түрде дүзилиўине әмел етпеслик кепиллик шәртнамасының ҳақыйқый болмаўына алып келеди.

Бул кепиллик шәртнамасы көбинше суд әмелиятында кредит шәртнамасы бойынша көрилетуғын ислерде көриўде ушырайды.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Хожалық суды Пленумының 2006-жыл 22-декабрь күнги 13/150-санлы «Кредит шәртнамаларынан келип шығатуғын мәжбүриятлар орынланыўын тәмийнлеў ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўды айрым мәселелери ҳаққындағы» Қарарының 28-бәнтинде кепиллик — үшинши шахстың басқа шахс кредиторы алдындағы шахстың кредит шәртнамасынан келип шығатуғын мәжбүриятлары бойынша толық яки қысман жуўапкер болыўы мәжбүрияты есапланады.

Кепиллик шартнамасы басқа шахстың кредиторы ҳәм кепил ортасында дүзиледи. Кепиллик шәртнамасы бойынша мәжбүрияттың мазмуны қарыздар тийкарғы мәжбүриятын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанда кепилдиң қарыздар менен бирге кредитор алдында жуўап бериўи мәжбүрияты есапланатуғынлығы түсиндирилген.

Соның менен бирге Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң 293-статьясында кепилдиң жуўапкершилиги белгиленген болып, оған көре қыраздар кепиллик пенен тәмийнленген мәжбүриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўап беретуғынлығы, егерде нызамда яки кепиллик шәртнамасында кепилдиң субсидар жуўапкер болыўы нәзерде тутылған болмаса, егерде, кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, кепил кредитор алдында теңбе тең көлемде жуўап береди, соның менен бирге пайызларды төлейди, қарызды өндирип алыў бойынша суд шығынларын ҳәм қарыздар мәжбүриятын орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы себепли кредитор басқа зыяларды төлейтуғынлығы, егер кепиллик шәртнамасында басқа тәртип нәзерде тутылған болмаса, биргелесип кепил болған шахслар кредитор алдында солидар жуўап береди.

Бүгинги күнде усы категориядағы даўаларды көриўде кепил болған шахслар қарыздардың төлей алмай қалған қарызларын төлемейтуғынлығын айтып өз наразылықларын билдирип келмекте. Деген менен кепиллик шәртнамасы дүзилгенлиги, келешекте қарыздар қарызларын төлей алмай қалған жағдайда өзи төлеў мәжбүриятын мойнына алғанлығы себепли қарыздар ҳәм кепиллерден солидар тәртипте өндириў ҳаққындағы қарарлар шығарылмақта.

Кредит шәртнамасына муўапық, жуўапкер график тийкарында есапланған пайызлар ҳәм кредитин қайтарыў мәжбуриятын алған.

Жуўмақ орынында соны айтыў керек, ҳәр қандай кредит яки қарыз шәртнамасы бойынша кепил болыў ушын кредит яки қарыз алыўшының мақсетин, келешекте төлеў имканияты бар яки жоқлығын үйренип болғаннан соң кепиллик шәртнамасын дүзиў мақсетке муўапық деп есалайман.

 

Бердимурат Баймуратов,

Нөкис районлар аралық экономикалық

суды судьясы