ҚАРЫЗДЫ ӨНДИРИЎ ҲАҚҚЫНДА СУДҚА МҮРӘЖАТ ЕТИЎ ТӘРТИБИ

 

 

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 732-статьясында белгиленгениндей, қарыз шәртнамасы бойынша бир тәреп – қарыз бериўши екинши тәрепке, яғный қарыз алыўшыға пул яки түрге тән белгилери менен белгиленген басқа затларды мүлк етип береди. Қарыз алыўшы болса, қарыз бериўшиге бирден яки бөлип-бөлип, сол суммадағы пулды яки қарызға алынған затлардың түри, сапасы ҳәм муғдарына тең затларды яки қарыз суммасын қайтарып бериў миннетлемесин алады.

 

Қарыз шәртнамасы шәрти бойынша, қунға ийе алынган зат шәртнамада көрсетилген ўақитта қайтарылыўы керек. Егер қайтарыў мүддети шәртнамада көрсетилмеген болса, қарыз қарыз бериўши талап еткен ўақытта қайтарылыўы керек.

 

Қарыз шәртнамасының басқа шәртнамалардан парық ететуғын, юридикалық әҳмийетке ийе өзине тән өзгешеликлери бар.

 

Атап айтқанда, қарыз шәртнамасы реал болып, ониң мәниси соннан ибарат, шәртнама зат, пул яки затты қарыз бериўши қарыз алыўшыға тапсырыў ўақтынан пайда болады ҳәм тап сол ўақыттан шәртнама дүзилген есапланады. Қарыз шәртнамасы бир тәреплеме шәртнама есапланып, бир тәреп – қарыз бериўши қарыз бериў ҳуқықына ийе болса, екинши тәрепте қарыз затын қайтарыў миннетлемеси жүзеге келеди. Шәртнамаға муўапық, қарыздар алынган мүлктен пайдаланып, оны басқарыў ҳуқықы берилгенлиги себепли мүлктиң ўақытша ийеси есапланады. Қарыз шәртнамасы көпшилик жағдайларда бийпул дүзиледи. Нызам яки шәртнамада нәзерде тутылған жағдайларда процентлер алыўға жол қойылади. Пуқаралар арасында қарыз суммасы ең кем мийнет ҳақының он есесинен артық болса, шәртнама әпиўайы жазба түрде дүзилиўи шәрт. Шәртнамадағы тәреплерден бири юридикалық шахс болған жағдайда болса, суммасына қарамастан қарыз шәртнамасы жазба түрде дүзилиўи керек.

 

Егер қарыз алыўшының тилхаты яки оған қарыз бериўши тәрепинен белгили бир сумма яки белгили бир муғдарда затлар тапсырылғанын тастыйықлайтуғын басқа ҳүжжетлер бар болса, қарыз шәртнамасы жазба түрде дүзилген болып есапланады. Егер қарыз мәжбүрияты қарыз алыўшы тәрепинен вексель, облигация яки қарыз суммасын ҳәм қарыз бериўшиниң оны өндирип алыў ҳуқықын белгилеўши басқа қымбат баҳалы қағаз бенен тастыйықланған болса, бундай жағдайда қарыз шәртнамасының жазба формасына әмел етилген есапланады.

 

Қарыз бериўши қарызды ўақтында қайтарып ала алмаса пуқаралық ислери бойынша судқа мүрәжат етиў ҳуқықы бар.

Қарызды өндириў ҳаққында судқа егер нотариал тастыйықланған даў-жәнжелсиз талап болса суд буйрығын бериў ҳаққында арза менен ямаса даўа арза формасында пуқаралық ислери бойынша районлараралық, район (қала) судларына мүрәжат етиледи.

 

Судқа арза берилгенде даўа баҳасының (қарыз суммасының)  4 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы өндириледи. Егер қарыз шәртнамасы бойынша тәреплер юридикалық тәреплер болса, мәмлекетлик бажы даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында өндириледи.

 

Даўа арзасында (арзада) судтың аты, даўагер (арза бериўши) ҳәм жуўапкер (қарыздар) дың Ф.И.Ш ҳәм жасаў мәнзиллери, байланыс мағлыўматлары, реквизитлери (егер бар болса), даўа тийкары ҳәм суммасы және талап көрсетиледи ҳәм даўагер (арза бериўши) ямаса оның ўәкили тәрепинен қол қойылады.

 

Даўа арзасына (арзаға) оның нусқасы, даўа талапларын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер, яғный қарыз шәртнамасы ямаса оған теңлестирилген жазба ҳүжжетлердиң түп нусқасы, мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетиниң төленгенлиги ҳаққындағы ҳүжжетлер ҳәм басқа да ҳүжжетлер қосымша етиледи.

 

Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша биринши инстанция судлары тәрепинен 2025-жыл даўамында қарызды өндириўге байланыслы жәми 1188 пуқаралық иси көрип шығылған, соннан 1030 даўа арза қанаатландырылған, 48 даўа қанаатландырылмаған, 13 ис ис жүргизиўден қысқартылған, 97 арза көрместен қалдырылған.

 

Усы жерде суд әмелиятынан бир мысал, даўагер Х.Ахмедов судқа даўа арзасы менен мүрәжат етип, жуўапкер Н.Кобейсиновтан 15.000.000 сум қарыз пулын өндирип бериўди сораған.

 

Суд қарары менен даўа арзасы қанаатландырылып, жуўапкер Н.Кобейсиновтан даўагер Х.Ахмедовтың пайдасына 15.000.000 сум қарыз пулы ҳәм суд қәрежетлери өндирилген.

 

Себеби, даўагер Х.Ахмедов 2025-жылы май айында жуўапкер Н.Кобейсиновқа қайтарып бериў шәрти менен қарызға 15.000.000 сум берген. Бул ҳаққында жуўапкер Н.Көбейсинов тил хат жазып берген, бирақ қарыз пулын даўагер талап еткен ўақыттан берли қайтармаған.

 

Суд мәжилислеринде Н.Кобейсинов даўа талабын тән алып, даўагер Х.Ахмедовтан қарыз алғанлығын, бирақ ҳәзирги күнде материаллық жағдайына байланыслы қайтара алмай атырғанлығын билдирген.

 

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 732, 733, 735-статьяларына муўапық, қарыз шәртнамасы бойынша бир тәреп (қарыз бериўши) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) пул яки түрге тән белгилери менен белгиленген басқа затларды мүлк етип береди, ал қарыз алыўшы болса қарыз бериўшиге бирден яки бөлип-бөлип, сол суммадағы пулды яки қарызға алынған затлардың түри, сапасы ҳәм муғдарына тең затларды (қарыз суммасын) қайтарып бериў миннетлемесин алады. Қарыз шәртнамасы пул яки затлар тапсырылған ўақыттан баслап дүзилген есапланады. Пуқаралар арасында қарыз шәртнамасы, егер бул қарыздың суммасы ең кем мийнет ҳақының он есесинен артық болса, әпиўайы жазба түрде, шәртнамадағы тәреплерден бири юридикалық шахс болған жағдайда болса, суммасына қарамастан, жазба түрде дүзилиўи шәрт. Қарыз шәртнамасының жазба формасына әмел етпеў усы Кодекстиң 109-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерге алып келеди. Егер қарыз алыўшының тилхаты яки оған қарыз бериўши тәрепинен белгили бир сумма яки белгили бир муғдарда затлар тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын басқа ҳүжжет бар болса, қарыз шәртнамасы жазба түрде дүзилген болып есапланады.

 

Әмелдеги Пуқаралық кодексиниң 735-статьясы 1 ҳәм 2-бөлимлерине бола, қарыз алыўшы алынған қарыз суммасын қарыз шәртнамасында нәзерде тутылған мүддетте ҳәм тәртипте қарыз бериўшиге қайтарыўы шәрт. Егер қарыз суммасының қайтарылыў мүддети шәртнамада белгиленбеген болса, қарыз алыўшы оны қарыз бериўши қарызды қайтарыў ҳаққында талап қойған күннен баслап отыз күн ишинде қайтарыўы керек.

 

Усы нызам талапларына тийкарланып суд, даўагер Х.Ахмедовтың даўа арзасын қанаатландырыў ҳаққындағы шешимге келген.

 

 

 

Саодат КАИПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы