Суд гроссмейстери

Қарақалпақстан Республикасы судларының Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен тастыйықланған “Қарақалпақстан Республикасы судларында саламат турмыс тәризин ҳәм спортты раўажландырыў бойынша 2021-жылға мөлшерленген” ис-режеге муўапық, спорттың шахмат түри бойынша “Суд гроссмейстери” жарысы өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьялары, суд аппараты хызметкерлери белсене қатнасты. Бир кун дауам еткен жарыс жүдә кескин ҳәм кызықлы, комбинацияларга бай болды.

Ақыл гимнастикасы деп аталатуғын бул спорт жарысының финал ойынында Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы баслығы К.Тарихов ҳәмде Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының кеңсе меңгериўшиси Т.Абыниязовлар өз-ара беллести. Ойынның жуўмағына бола, Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы баслығы К.Тарихов “Суд гроссмейстери” жарысы жеңимпазы болды.

Сыйлы екинши орын болса, Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының кеңсе меңгериўшиси Т.Абыниязовқа, үшинши орын   Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының судьясы Ш.Абдижамиловаға несийп етти.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы судларының Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен мүнәсип хошаметленди.

Бундай спорт жарысларын өткериўден баслы мақсет судья ҳәм суд аппараты хызметкерлериниң спорт түрлери менен турақлы шуғылланыўына ерисиў арқалы олардың саламатлығын беккемлеўден ибарат.