ПАРАХОРЛЫҚ, КОРРУПЦИЯ- ЖӘМИЙЕТТИҢ ЖЕМИРИЎШИСИ
Парахорлық-коррупция мәмлекетимиздиң, жәмийетимиздиң раўажланыў жолындағы ең қәўипли иллетлердиң бири болып табылады. Коррупцияға қарсы гүресиў сиясаты жәмийеттиң сиясий өмириниң ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып, оған қарсы гүресиў нызамшылықтың қәлиплесиўи, пуқараларды тәрбиялаўға болған басқышларда алып барылыўы зәрүр.
Коррупцияға дәслепки қәдемлер пара бериў болып, ол лаўазымлы шахстың нызамсыз жол менен байлық арттырыўға қызықтырыў ҳәм хызмет ўазыйпасы менен байланыслы болған белгили бир ўазыйпаны орынлаўда оны өзине қарам қылып алыўға имканият жаратады. Парахорлық жынаятының өзине тән өзгешеликлерге ийе болып, ол бир шахс тәрепинен емес бәлким кеминде еки ҳәм оннан көп шахс тәрепинен ислениўи мүмкин яғный пара бериўши менен пара алыўшы ортасында байланыслар ақыбетинде жүзеге келеди. Сондай-ақ, айырым жағдайларда парахорлық жынаяты жүз бериўинде далдалшылар да үлкен орын ийелеп келмекте.
Солай етип, парахорлық тийкарынан лаўазымлы шахслар тәрепинен садир етилетугын жынаятлар – пара алыў, пара бериў ҳәм пара алыў бериўде далдалшылық етиў жынаятын өз ишине алады.
Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлик жылларының дәслепки дәўирлеринен-ақ суд-ҳуқық системасын реформалаў барысында бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды. Дүзилип атырған демократиялық ҳуқықый мәмлекетимиздиң әҳмийетли дереклеринен бири сыпатында нызам үстинлиги тәмийнленеди. Сол себепли, суд-ҳуқық системасын басқышпа-басқыш реформалаў барысында изшиллик пенен алып барылып атырған мәмлекет сиясаты мәмлекет социаллық-экономикалық негизине зыян тийгизиўши дерек сыпатында кәлиплесип атырған коррупцияның ҳәр қандай көрнисиндеги кәўипке қарсы гүресиў әҳмийетли ўазыйпаға айланды.
Сондай-ақ, бул иллетке қарсы гүресиӯди жәнеде жеделлестириӯ бағдарында әмелдеги нызамшылықта бул түрдеги жынаятлардың жуӯапкершилигин күшейиттириӯде сезилерли ис-иләжлар әмелге асырылмақта. Жынаят кодексиниң 210,211,212,213,214-статьяларына да тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киритилип, бул келешекте парахорлық жынаятларына қарсы гүресиўге қаратылған ис-ҳәрекеттиң нәтийжелилигин асырыўға көмеклеседи. Нызам пара бериў ҳәм пара алыў-бериўде дәлдалшылық етиў сыяқлы жынаятлар ушын жазаны аўырластырыўды назерде тутқан. ҳәзирги ўақытта пара бериў ҳәм парахорлыққа дәлдалшылық қылған шахс та пара алған менен бирдей жазаға тартылыўы нәзерде тутылған. Пара бериў ҳәм пара алыс-беристе дәлдалшылық қылыў пара алыў жынаяты менен бирге теңлестирилип қойылды ҳәм жазалар системасы бир түстеги көриниске келтирилди.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 211-статьясына тийкар пара бериў, яғный мәмлекет органы, мәмлекет қатнасындағы шөлкем яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы лаўазымлы шахсына усы лаўазымлы шахстың өз хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда садыр етилиўи лазым яки мүмкин болған белгили ҳәрекетти пара берген шахстың мәплерин көзлеп орынлаў яки орынламаў есесине нызамға қайшы екенлигин биле тура тиккелей яки дәлдалшы арқалы лаўазымлы шахсқа материаллық қымбатлықлар бериў яки мүлкий жақтан мапдар етиўи есапланады.
Бул жынаят ушын бес жылға еркинен айырыў, пара бериў такраран қәўипли рецидивист яки илгери пара алыў, пара алыс-беристе дәлдалшылық етиў жынаятларын садыр еткен шахс тарепинен яки көп муғдарда садыр етилиўи бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланады. Сондай ақ. Пара бериў жүдә көп муғдарда бириккен топар мәплерин гөзлеп садыр етилген болса он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў нәзерде тутылған. Жынаят кодесиниң ески баспасында жаза муғдары бир қанша жеңилрек болып пара бериў ҳәм пара алыс беристе жуўапкер шахс үш жылға шекем еркинен айырыў, аўырластырыўшы жағдайларда болса бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланады. Буннан тысқары илгери пара берген яки дәлдалшылық қылған шахс жынайый ҳәрекетлерин садыр еткеннен кейин қәлеген ўақытта бул ҳаққында өз ықрары менен арз етип жынайый жуўапкершиликтен азат етилген болса, жаңа нызамға көре жынайый ҳәрекетлер садыр етилгенлиги арз етиў мүддети қатаң шеклеп қойылды. Яғный пара сорап таўламашылық қылынған болса ҳәм бул шахс жынайый ҳәрекетлер садыр етилгеннен кейин бул ҳаққында отыз сутка даўамында өз ықтыяры менен арз еткен, шын кеўилден пушайман болған ҳәм жынаятты ашыўда белсене жәрдем берген жағдайда ғана ол жынайый жуўапкерлшиликтен азат етилиўи белгиленген. Бунда Жынаят кодексиниң 237 статьясына тийкар жынаят ҳаққында биле тура жалған хабар бериў ҳаққында ескертилгеннен кейин әмелге асырылады.
Шешим ретинде соны айтыўымыз мүмкин, қашан ҳәр бир пуқара өз мәплерин көзлеп нызамға қайшы тиккелей яки дәлдалшы арқалы лаўазымлы шахсқа материаллық қымбатлықлар бериў яки мүлкий мапдар етиўден өзин сақлаған жағдайда жәмийетте коррупция иллети болмайды.
Пара алыў, пара бериўде дәлдалшылық етиў аўыр жынаят. Сол себепли ҳәр бир пуқара өз жуўапкершилигин сезген ҳалда оған қарсы гүресте мәмлекеттиң коррупцияға қарсы гүресиў сиясатын қоллап-қуўатлаўда белсене қатнасыўы зәрур.
Байрамбек БЕКМУРАТОВ,
Беруний районлараралық экономикалық суды судьясы