Судьялар терек нәллерин отырғызды

Республикамыз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекети шеңбериндеги «Әҳмийетли 40 күн» акциясында судьялар да белсене қатнасып атыр.

   

Атап айтқанда, Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл, Беруний районлары судлары, Нөкис ҳәм Беруний районлараралық экономикалық судлары судья ҳәм суд хызметкерлери өзлери жумыс алып барып атырған суд имараты әтирапын абаданластырып, түрли мийўели ҳәм декоратив терек нәллерин отырғызды.

      


Әлбетте, әтирап-аймақтың азадалығы менен жасыллығы инсан саламатлығын беккемлеўге белгили дәрежеде өз тәсирин тийгизеди.

       

Бүгин отырғызылған түрли терек нәллери ўақыт өтип, саяманлы дараққа айланады және өзинен ҳаўаға кислород бөлип шығарады. Солай екен, пүткил республикамыз бойлап ғалаба түрде даўам етип атырған акцияға бәршени белсене қатнасыўға шақырып қаламыз.