Стол тенниси бойынша жарыс

Қарақалпақстан Республикасы судларының Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен тастыйықланған “Қарақалпақстан Республикасы судларында саламат турмыс тәризин ҳәм спортты раўажландырыў бойынша 2021-жылға мөлшерленген” ис-режесине муўапық, спорттың стол тенниси түри бойынша жарысы өткерилди.

Бул жарыста, Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы хакимшилик суды судьялары хамде суд аппараты хызметкерлери қатнасып, бир кун дауам еткен жарыс жүдә кескин ҳәм кызықлы болды.

  

Жарыстың финал ойыны Қарақалпақстан Республикасы судынын экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясының судьясы У.Сабиров ҳәмде Нөкис районлар аралық экономикалық судының хызметкери М.Бекимбетовлар орталарында болып өтти. Ойыннын жуумагы бойынша Қарақалпақстан Республикасы судынын экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясының судьясы У.Сабиров жениске ерисип, жарыс жеңимпазы болды.

Бул жарыстын жуумагы бойынша биринши орынды – Қарақалпақстан Республикасы судынын экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясының судьясы У.Сабиров, сыйлы екинши орынды – Нөкис районлар аралық экономикалық судының хызметкери М.Бекимбетов ҳәмде үшинши орынды – Шымбай районлар аралық экономикалық судының баслығы З.Бердимуратов ийеледи.

 

 

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы судларының Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен мүнәсип хошаметленди.

Уткиржон Сабиров

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы