Коррупция иллети ҳәм оған гүресиў мәселелери

Шымбай районындағы 8-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби мәжлислер залында район турғынларының қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Онда жынаят ислери бойынша Шымбай районы суды баслығы А.Хожанов, Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық суды баслығы М.Сапаев, Шымбай районлараралық экономикалық суды баслығы З.Бердимуратов ҳәм район прокуратурасы, район ҳәкимлиги ўәкиллери шығып сөйлеп, коррупция иллети ҳәм оған гүресиў мәселелерин кең түрде атап өтти.

Атап өтилгениндей, коррупция парахорлық, таўламашылық, алдаўшылық, мүлкти өзлестириў, жасырын қозғалаң ҳәм топалаң көтериў, ҳәкимияттан пайдаланыў, жағымпазлық, саўғалар, ағайиншилик ҳәм бирәдәршылық, қәўендершилик, қоңсы-қобашылық ҳәм басқа түрлерине ийе.

Мәмлекетимиз нызамшылығында бул түрдеги жынаятларға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясының (өзлестириў яки растрата жолы менен талан-тараж етиў) екинши бөлиминиң «г» бәнти, 168-статьясының (алдаўшылық) үшинши бөлиминиң «в» бәнти, 1929-статьясында (саўдада пара есесине аўдарып алыў) ҳәм 19210-статьясында (мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкеминиң яки басқа шөлкемниң хызметкерин пара есесине аўдарып алыў), 205-статьясында (ҳәкимият яки лаўазымынан пайдаланыў), 209-статьясында (лаўазым суўыққанлығы), 210-статьясында (Пара алыў), 211-статьясында (пара бериў), 212-статьясында (пара алыў-бериўде дәлдалшылық қылыў), 213-статьясында (Мәмлекет органының, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемниң яки пуқаралар өзин-өзи басқарыў органының хызметшисин пара есесине аўдарып алыў), 214-статьясында (Мәмлекет органы, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы хызметкериниң нызамға қайшы түрде материаллық байлықлар алыўы яки мүлкий мәпдар болыўы) жаза түрлери белгиленген.

Солай екен, коррупцияға қарсы гүрес ҳәр күни, ҳәр мәўритте, ҳәр бир пуқара тәрепинен әмелге асырылыўы керек. Инсанлардың усы иллетке қарсы қатаң пуқаралық позициясы пайда болыўы,  коррупция жағдайларын ақламастан, бул иллетти қаралаў ҳәм қабыл қылмаслық биринши орынға шығыўы, коррупциясыз жәмийет қурыўда ҳәр ким өз роли ҳәм ўазыйпаларын аңлап, жуўапкершиликти сезиўи керек.

Замир Бердимуратов,

Шымбай районлараралық экономикалық суды баслығы