Коррупцияға қарсы гүресиў бәршемиздиң ўазыйпамыз

Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлигинде тараў хызметкерлери менен ушырасыў өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары З.Бабаджанова ҳәм Г.Зариповалар баянат жасап, кейинги жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли ҳуқықый реформалар әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Баянатларда келтирилгениндей, бүгинги күнде дүнья жәмийетшилигин қыйнап атырған глобал машқалалардың бири коррупция болып табылады. Бундай иллет демократия ҳәм ҳуқық үстинлиги тийкарларына зыян жеткереди, инсанның ҳуқықлары бузылыўына алып келеди, базар жумысына тосқынлық қылады, турмыс сыпатын төменлестиреди ҳәм де адамлардың қәўипсизлигине қәўип салатуғын бирлескен жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа ҳәдийселердиң раўажланыўы ушын имкәният жаратып береди.

Сондай-ақ, коррупция парахорлық, таўламашылық, алдаўшылық, мүлкти өзлестириў, жасырын қозғалаң ҳәм топалаң көтериў, ҳәкимияттан пайдаланыў, жағымпазлық, саўғалер, ағайиншилик ҳәм бирәдәршылық, қәўендершилик, қоңсы-қобашылық ҳәм басқа түрлерине ийе.

Әсиресе, медицина тараўында коррупцияның алдын алыў бойынша исленип атырған жумыслар бүгинги күнде тараў жумысларын жаңа басқышта даўам еттириўге тийкар болып атырғанлығы мысалларда келтирилди. Солай екен, бул иллетке биргеликте гүресиў жамийет раўажланыўының т  ийкары екенлиги түсиндирилди.

Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.