«Әҳмийетли 40 күн» акциясы

Шымбай районы аймағында «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде «Әҳмийетли 40 күн» акциясы даўамында абаданластырыў ҳәм нәл егиў жумысларына Шымбай районындағы судлардың судьялары ҳәм суд хызметкерлери өз үлеслерин қоспақта.

   

Буйыртпашы кесип алыў шәртнамасы бойынша әмелге асырылған ислер ушын ҳақ төлеўден бас тартса, не ислеў керек?

Кесип алыў шәртнамасы бойынша хызметлерди әмелге асырыўда кесип алыўшылар көбинше буйыртпашы әмелге асырылған ис ушын ҳақ төлеўден бас тартатуғын жағдайларға дус келеди.

Егер буйырытпашы төлемлерди әмелге асырыўдан бас тартса, не ислеў керек?

Бириншиден. Шәртнама ҳәм нызамшылықты дыққат пенен үйрениң. Шәртнама шәртлерин бузбағанлығыңызға – ис туўры ҳәм нәтийжели орынланғанлығына, мүддетлери бузылмағанлығына көзиңиз жетсин.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 638-статьясы биринши бөлимине көре, егер кесип алыў шәртнамасында орынланған жумысқа яки оның айырым басқышларына алдыннан ҳақ төлеў көзде тутылған болмаса, буйыртпашы кесип алыўшыға шәртлесилген ҳақыны жумыс тийисли тәризде ҳәм келисилген мүддетте ямаса буйытпашының разылығы менен мүддетинен алдын орынланып, оның нәтийжелери узил-кесил тапсырылғаннан кейин төлеўи шәрт.

Егер сизиң исиңиз қурылыс кесип алыў болса, онда Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 673-статьясына тийкар кесип алыўшы тәрепинен орынланған ис ушын төлем буйыртпашы тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде яки қурылыс кесип алыў шәртнамасында белгиленген мүддетте ҳәм тәртипте сметада нәзерде тутылған муғдарда әмелге асырылады.

Нызамда яки шәртнамада тийисли көрсетпелер болмаған жағдайда кесип алыўшы тәрепинен орынланған ис ушын төлемлер Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 638-статьясына муўапық әмелге асырылады.

Билиў әҳмийетли: Қурылыс кесип алыў шәртнамасында хызметлер ушын төлемди объектти қабыл еткеннен кейин бир ўақыттың өзинде ҳәм толық есап китап етиў нәзерде тутылған болыўы мүмкин.

Хызметтиң ҳақыйқатта әмелге асырылғанлығын қабыл етиў акти, әмелге асырылған ислердиң баҳасы ҳәм жумсалған қәрежетлер ҳаққында мағлыўматнама, объекттиң қурылысы тамамланған деп қабыл етиў акти, сондай-ақ даўлы жағдайларда – қадағалаў өлшеў акти яки эксперт жуўмағы менен тастыйықланады.

Ҳақыйқытта қабыл етилген ислер ҳақысы төлениўи тийис.

Екиншиден. Буйыртпашыдан шәртнама бойынша орынланған ислерди тексериўди ҳәм қабыл етиўди сораң.

Нызам ҳүжжетлеринде кесип алыўшыны жумыс нәтийжелерин тапсырыўға таярлығы ҳаққында хабар бериўге, буйыртпашы болса шәртнамада нәзерде тутылған мүддет ҳәм тәртипте, орынланған ислерди көзден өткериў ҳәм қабыл етиў, орынланған ислердиң кемшиликлери болған жағдайда, бул ҳаққында кесип алыўшыға хабар бериўи мәжбурий екенлиги көрсетилген (Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 680-статьясы).

Бул ҳәрекетлер кесип алыўшының қатнасында әмелге асырылып, қабыл етиўди жазып алыў ҳүжжетине рәсмийлестириледи. Қурылыс кесип алыў бойынша ислерди қабыл етиў ҳәр еки тәреп қол қойылған акт тийкарында әмелге асырылады (Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 680-статьясы). Яғный, исти қабыл етиў буйыртпашының миннети, сондай-ақ, қурылыс кесип алыў шәртнамасында көрсетилген мақсетте пайдаланыў  имкәниятынан тысқары ҳәм де кесип алыўшы, буйыртпашы ҳәм үшинши шахслар тәрепинен сапластырып болмайтуғын кемшиликлер анықланса, қабыл етиўден бас тартыў ҳуқықына ийе.

Дузилген актлер қол қойыўдан бас тартылған жағдайда актлер бир тәреплеме бериледи.

Үшиншиден. Кесип алыў шәртнамасы бойынша ис ушын төлемди талап ететуғын судқа шекемги талапнама таярлаў ҳәм буйыртпашығы жибериў. Судқа шекемги талапнамада сиз буйыртпашыға ис ушын төлемди әмелге асырыў миннетлемесин өз ықтыяры менен орынлаўды ҳәм де миннетлемени орынламаған жағдайда, сиз судқа мүрәжәәт ететуғынлыңызды билдиресиз.

Усындай талапнаманы тәрепке жибериў – әҳмийетли басқыш, себеби бундай жағдайда буйыртпашы орынланған ис ушын пайда болған қарыздарлықты төлеп бериўи мүмкин ҳәм судқа мүрәжәәт етиў зәрүрлиги қалмайды.

Әлбетте, усы басқышта есте сақлаў әҳмийетли, егерде шәртнамада мүддетлер белгиленген талапнама жибериў арқалы даўды шешиў тәртиби орын алған болса, буйыртпашыға талапнама жибериў мәжбурий!

Сондай-ақ, сиз буйыртпашының мүлкин яки кесип алыў шәртнамасы бойынша ис нәтийжелерин услап қалыў ҳуқықын әмелге асырыўыңызға ҳақлысыз.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 639-статьясына муўапық, егер буйыртпашы шәртнама орынланыўы мүнәсебети менен кесип алыўшыға белгиленген қарыздарлықты яки басқа төлемлерди әмелге асырыўдан бас тартса, кесип алыўшы Пуқаралық кодексиниң 290-статьясына муўапық (https://lex.uz/docs/111181#162322) ва 291-статьясына (https://lex.uz/docs/111181#162333) ис нәтийжелерин, сондай-ақ буйыртпашы тәрепинен тийисли төлемлерди әмелге асырмағанға шекем, буйымларды қайта ислеў ушын алынған буйыртпашыға тийисли үскенелерди, ислетилмеген қурылыс материалларын ҳәм басқа да буйыртпашыға тийисли мүлклерди услап қалыўға ҳақлы.

Пуқаралық кодексиниң усы статьясына тийкарланып талапнамада усы ҳуқықтан пайдаланыў нийети ҳаққында буйыртпашыға көрсетиўи зәрүр.

Төртиншиден. Кесип алыў шәртнамасы бойынша буйыртпашыдан қарыздарлықты өндириў ҳаққында даўа арзасы менен экономикалық судына мүрәжәәт етиң.

Соның менен бирге кесип алыўшы буйыртпашының төлемди өз ўақтында әмелге асырмағаны ушын үстеме талап етиўиңиз мүмкин.

Өз гезегинде, бириншиден егер бул шәртнама шәртлеринде нәзерде тутылған болса;

Екиншиден, егер бул туўрыдан-туўры нызамда көрсетилген болса – мәселен, Өзбекстан Республикасының «Хожалық жүритиўши субъектлер жумысының шәртнамалық-ҳуқықый тийкарлары ҳаққында»ғы Нызамы.

 

Бозатаў Бекполатов

Қарақалпақстан Республикасы судының

судья аға жәрдемшиси

 

Лизинг хызмети – аўыл хожалығы кәрханаларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўдеги орны  

Бугинги күнде мәмлекетимизде аграр тараўды еледе раўажландырыўда ҳүкиметимиз тәрепинен айрықша итибар берилип атыр.

Атап айтқанда, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм жедел раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген.

Заманагөй техникалар менен аўыл хожалығын тәмийинлеўде лизинг системасын экономикалық қоллап-куўатлаў бүгинги күнде тек фермер хожалықларының емес, ал Республика аймағында агросанаат секторы кәрханаларының экономикасы алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Лизинг тийкарында техниканы сатып алыўдың абзаллығы – бул қолайлы ҳәм нәтийжели хызмет болып, техника баҳасының бир бөлеги аванс сыпатында алдыннан төленеди, ал қалған тийкарғы бөлеги болса лизинг проценти менен қосылып бир неше жыл (шәртнамада келисилген мүддет) даўамында төленип барылады.

Фермер хожалықларын лизинг арқалы техника менен тәмийинлеўде арнаўлы лизинг компанияларының хызметлер көлеми жәнеде артпақта. Яғный техникаға болған талапқа қарай айдаў ҳәм тракторлар, комбайнлар, пневматикалық егиў сеялкалары, қосымша тиркемелер, минерал төгин себиў үскенелери ҳәмде басқада көплеген техникаларды лизингке жеткерип бериўге итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 12-июль күнги “Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың материаллық-техникалық базасын жәнеде беккемлеў ис-иләжлары ҳаққында”ғы 578-санлы қарары тийкарында лизинг алыўшы тәрепинен аўыл хожалығы техникасы сатып алынғанда олардың процент қәрежетлериниң белгиленген процент ставкасынын 10 процент муғдарында бюджет тәрепинен қаплап бериў сыяқлы жеңилликлер берилиўи көзде тутылған.

Бул өз нәўбетинде Ҳүкиметимиз тәрепинен аўыл хожалығы кәрханаларының, соның ишинде фермер хожалықларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўдеги жеңилликлериниң бири болып есапланады.

 

 

Бердимурат Баймуратов,

Нөкис районлараралық экономикалық суды судьясы

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ ! ! !

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ ! !

 

Қарақалпақстан Республикасы судының судья аға жәрдемшиси (жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының судья аға жәрдемшиси ўазыйпасы) лаўазымына еки вакант орын (соннан биреўи бала кутими менен байланыслы дем алыс алғанлығы ушын ўақтынша вакант орын) болыўына байланыслы таңлаў жәрияланды.

Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған шахслар қатнасыўға ҳақылы.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2021-жыл 5-ноябрь күни саат 18:00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен төмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжаат етиўи мүмкин.

– паспорттан көширме;

– талабанның объективка ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;

– дипломнан көширме (егер сырт елде оқыған болса, дипломын тән алыў ҳәм нострификациядан өткенлигин тастыйықлаўшы гүўалық).

Байланыс ушын телефон номери: 55-102-40-42

Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz

Таңлаў өткериў ўақты: 2021-жыл 8-ноябрь

Мәнзил: Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси, 122-жай

 

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ! ! !

Қарақалпақстан Республикасы судының судья аға жәрдемшиси (экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясының судья аға жәрдемшиси ўазыйпасы) лаўазымы вакант болыўына байланыслы таңлаў жәрияланады.

Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған, қәнигелиги бойынша кеминде 2 жыллық ис стажына ийе болған шахслар қатнасыўға ҳақылы.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2021-жыл 3-ноябрь күни саат 18.00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен төмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжат етиўи мүмкин:

– паспорттан көширме;
– талабанның объективка ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;
– дипломнан көширме (егер сырт елде оқыған болса, дипломын тән алыў ҳәм нострификациядан өткенлигин тастыйықлаўшы гүўалық).

Байланыс ушын телефон номери: 55-102-40-42
Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz
Таңлаўды өткериў ўақты: 2021-жыл 5-ноябрь
Мәнзил: Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси, 122-жай

 

301 369,86 сўм ижара ҳақы ѳндирилди

Ис ҳүжжетлерине қарағанда, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик активлерин басқарыў агентлиги жанындағы бос турған обьектлерден үнемли пайдаланыўды шөлкемлестириў орайының аймақлық басқармасы (кейинги орынларда – даўагер деп жүритиледи), жуўапкер «A-E» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги орынларда – жуўапкер деп жүритиледи) ҳәм район индустриал педагогика кәсип-ѳнер колледжи (кейинги орынларда – баланаста сақлаўшы деп жүритиледи) ортасында 2019-жыл 09-апрель күни 12-662/19-санлы ижара шәртнамасы дүзилип, оған кѳре 20,0 кв.м жай 01.07.2019-жылдан 31.12.2019-жылға шекем жуўапкерге ижараға бериў, жуўапкер болса ижара ҳақыны төлеў миннетлемесин алған.

Шәртнаманың 3.4-бәнтине муўапық объектти бериў ҳәм қайтарыў дәләлатнамасы тәреплердиң ўәкилликли ўәкиллери тәрепинен имзаланады ҳәм тәреплердиң мөрлери менен тастыйықланады. Объектти қайтарыў ҳәм қабыл етиў дәләлатнамасы тәреплердиң ўәкилликли ўәкиллери тәрепинен имзаланған ҳәм тәреплердиң мөрлери менен тастыйықланған ўақыттан баслап объект қайтарылған яки қабыл етилған деп есапланады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 578-статьясына муўапық имәрат ҳәм қурылмаларды ижараға бериўши тәрепинен ҳәм ижараға алыўшы тәрепинен қабыл қылып алыў тәреплер имзалайтуғын тапсырыў далалатнамасы яки тапсырыўға байланыслы басқа ҳүжжет бойынша әмелге асырылады.

Шәртнама шәртлеринен келип шығып, объект даўагер ҳәм баланста сақлаўшы тәрепинен жуўапкерге тапсырылған. Бул ҳаққында обьектти тапсырыў ҳәм қабыл қылыў дәлалатнамалары дүзилген.

Жуўапкер шәртнама минеетлемелерин толық орынламаған, нәтийжеде оның даўагер алдындағы қарызы 301 369,86 сўмды қураған.

Сонлықтан, даўагер экономикалық судқа даўа арзасы менен мүрәжат етип жуўапкерден 301 369,86 сўм тийкарғы қарыз, 150 684,93 сўм пеня өндириўди сораған.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.

Пуқаралық кодексиниң 544-статьясына көре, ижараға алыўшы мал-мүлктен пайдаланғанлығы ушын ҳақысын өз ўақтында төлеп бериўи шәрт. Мал-мүлктен пайдаланғанлығы ушын ҳақы төлеў тәртиби, шәртлери ҳәм мүддетлери мүлк ижарасы шәртнамасы менен белгиленеди.

Шәртнаманың 5.1-бәнтине муўапық ижараға алыўшы ҳәр шеректиң биринши айының жигирманшы күнинен кешиктирмей алдыннан 100 % төлемди әмелге асырыў миннетлемесин алған.

Пуқаралық кодексиниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.

Тәреплер ортасында дүзилген шәртнаманың 7.1-бәнтинде миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығы ушын пеня есапланыўы белгиленген.

Сонлықтан, нызам ҳүжжетлерине ҳәм истеги дәлийлерге тийкар районлар аралық экономикалық судының 2021-жыл 15-сентябрь күнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырылып, жуўапкерден даўагер пайдасына 301 369,86 сўм тийкарғы қарыз, 150 684,93 сўм пеня өндирилген.

 

 

Спартак Ниязов

Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ

экономикалық ислер бойынша судьясы

 

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ! ! !

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судында архив меңгериўшиси лаўазымы вакант болыўына байланыслы таңлаў жәрияланады.

Таңлаўда жоқары мағлыўматқа ийе болған, қәнигелиги бойынша кеминде 1 жыллық ис стажына ийе болған шахслар қатнасыўға ҳақылы.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2021-жыл 3-ноябрь күни саат 18.00 ге шекем жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судына арза менен төмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжат етиўи мүмкин:

– паспорттан көширме;
– талабанның объективка ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;
– дипломнан көширме (егер сырт елде оқыған болса, дипломын тән алыў ҳәм нострификациядан өткенлигин тастыйықлаўшы гүўалық).

Байланыс ушын телефон номери: 55 102-40-25, 90 735-04-30
Электрон почта мәнзили: j.nukus@sud.uz
Таңлаўды өткериў ўақты: 2021-жыл 4-ноябрь
Мәнзили: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 57-жай

 

 

Шымбайда көшпели қабыллаў

Пуқаралардың мүрәжатларын тыңлап, олардың аўырын жеңил етиў баслы ўазыйпалардан. Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары Б.Қтайбековлар тәрепинен Шымбай районындағы Бердақ, Гүжимли, Дослық ҳәм Оржап макан пуқаралар жыйынларында жасаўшы турғынлар ушын көшпели қабыллаў өткерилди.

         

Онда тийкарынан пуқаралар алимент өндириў, перзентликке алыў, бала тәрбиясы ушын напақа тайынлаў, некеден ажырасыў, пенсия тайынлаўда стажын есапқа алыў, пропискадан шыгарыў сыяқлы мәселелерде ҳуқықый жәрдем сорап мүрәжат етти.

        

Қабыллаўда 15 мүрәжатшының усы мазмундағы мәселелери тыңланып, оларға тийисли тартипте ҳуқықый түсиниклер берилди.

  Мүлк ҳуқықын тән алыў ҳәм юридик әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў туўрысындағы ислер туўрысында

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 54-статьясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 164-статьясына көре мүлк ҳуқықы шахстың өзине қараслы болған мал-мүлкке өз қәлеўи менен ҳәм өз мәплерин гөзлеп ийелик етиў, оннан пайдаланыў  ҳәм оны басқарыў, сондай-ақ өзиниң мүлк ҳуқықын ким тәрепинен болмасын, ҳәр қандай бузылыўды сапластырыўды талап етиў ҳуқықынан ибарат.

Пуқаралық кодексиниң 11-статьясы биринши бөлиминиң екинши хатбасысында пуқаралық ҳуқықлары ҳуқықты тән алыў жолы менен қорғалаўы белгиленген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 26-статьясының биринши бөлими 6-бәндине көре экономикалық суд мүлк ҳуқықын тән алыў туўрысындағы даўларды шешеди.

Мүлк ҳуқықын тән алыў ҳәм юридик әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў туўрысындағы ислер бир-биринен процессуал тәрепинен парық қылады.

Мүлк ҳуқықын тән алыў ҳаққындағы ислерде даў бар болып, олар даўа тәртибинде көриледи ҳәм оларда тәреплер (даўагер ҳәм жуўапкер), сондай-ақ лазым болғанда үшинши шахслар қатнасады.

Юридик әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў ҳаққындағы ислер болса экономика саласында шөлкемлер ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары пайда болыўы, өзгериўи яки бийкар болыўы ушын әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў ҳаққындағы арзалар тийкарында қозғатылады. Усы ислер бойынша даў болмағанлығы себепли олар арза бериўши ҳәм лазым болғанда, мәпдар шахслардың қатнасыўында көрип шығылады. Бундай ислерде жуўапкер болмайды.

Егер даўа арзасында мүлк ҳуқықын тән алыў соралған болса да, бирақ оның мазмунынан юридик әҳмийетке ийе болған фактти анықлаў талабы келип шықса, суд бундай даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырады. Ал, юридик әҳмийетке ийе болған фактти анықлаў ҳаққындағы исти көриў даўамында ҳуқық туўрысында даў келип шыққанлығы анықланса, суд юридик әҳмийетке ийе болған фактти анықлаў ҳаққындағы арзаны көрместен қалдырады. Бунда арза бериўшиниң судқа даўа тәртибинде мүрәжат етиў ҳуқықы жойтылмайды.

Юридик әҳмийетке ийе болған фактти анықлаў менен байланыслы ислерди көриўде арза бериўшиде мүлкке ийелик етиў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң илгери болғанлығы, бирақ ол жойтылған ҳәм тиклеў мүмкин болмағанлығы тийисли дәлиллер менен дәлилийлленген тәғдирде, мүлкке ийелик етиў ҳуқықы  емес, бәлки мүлктиң арза бериўшиге ийелик ҳуқықы тийкарында тийисли екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болғанлығы факти тастыйықланыўы лазым.

Пуқаралық кодексиниң 187-статьясының биринши бөлимине көре мүлкдар болмаған, бирақ көшпес мүлкке он бес жыл даўамында яки басқа мал-мүлкке бес жыл даўамында өзиники сыяқлы ҳалал, ашық ҳәм үзиликсиз ийелик еткен шахс бул мал-мүлкке мүлк ҳуқықын алады (ийелик етиў ҳуқықын пайда етиўши мүддет).

Усы мүддеттиң өтиўи себепли мүлкке ийелик етип турған шахс мүлк ҳуқықын тән алыў туўрысындағы даўа менен  судқа мүрәжат етсе, алдынғы мүлкдар ис бойынша жуўапкер сыпатында тартылады.

Алдынғы мүлкдар болмағанда яки ол мүлкке әмелде ийелик еткен шахсқа мәлим болмаса, мүлкке әмелде ийелик еткен шахс мүлк ҳуқықын тән алыў туўрысындағы даўа арзасы менен емес, бәлки ийелик етиў ҳуқықын пайда етиўши мүддет даўамында өзиники сыяқлы ҳадал, ашық ҳәм үзиликсиз ийелик еткенлиги фактин анықлаў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиўге ҳақылы. Бундай жағдайда, мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериўши орган иске мәпдар шахс сыпатында тартылады.

Мал-мүлкке ийелик етиў шәртнамалық миннетлемелер (ижара, сақлаў, ҳақсыз пайдаланыў ҳәм басқалар) тийкарында әмелге асырылған жағдайларда Пуқаралық кодексиниң 187-статьясы қолланылмайды.

Ийелик етиў ҳуқықын пайда етиўши мүддеттиң өтиўи себепли мүлк ҳуқықы пайда болғанында алдынғы мүлкдар мүлк ҳуқықын жойтады.

Өзбасымшалық пенен қурылған имарат ҳәм қурылмаларға мүлк ҳуқықын тән алыў ҳаққындағы талап даўлы болғанлығы себепли, ол юридик әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў туўрысындағы арзаларды көриў ушын белгиленген тәртипте емес, бәлки даўа тәртибинде, Пуқаралық кодексиниң 212-статьясы қағыйдаларына әмел қылған ҳалда көрип шығылады.

 

Гаўҳар Зарипова

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ! ! !

Қарақалпақстан Республикасы судының аға консультанты (пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясының кеңсе меңгериўшиси ўазыйпасы) лаўазымы вакант болыўына байланыслы таңлаў жәрияланады.

Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған, қәнигелиги бойынша кеминде 2 жыллық ис стажына ийе болған шахслар қатнасыўға ҳақылы.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2021-жыл 5-ноябрь күни саат 18.00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен төмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжат етиўи мүмкин:

– паспорттан көширме;
– талабанның объективка ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;
– дипломнан көширме (егер сырт елде оқыған болса, дипломын тән алыў ҳәм нострификациядан өткенлигин тастыйықлаўшы гүўалық).

Байланыс ушын телефон номери: 55-102-40-42
Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz
Таңлаўды өткериў ўақты: 2021-жыл 8-ноябрь
Мәнзил: Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси, 122-жай

 

Skip to content