«Лас Вегас»тағы мушы зорлар

Кеўлимжай (атлар өзгертилген) нәўбеттеги кеўил ашар отырыспақлардың бири  жанжел менен жуўмақланыўын қыялына да келтирмеген еди. Өзиниң ең жақын жорасы Аббаз ҳәм Жәлмен менен бирге Нөкистеги ендиғана көпке танылып атырған «Лас Вегас» ресторанына барып аўқатланады. Өзи байрамның қабаты емеспе, азырақ аўзына тийгеннен кейин «бизде қызларды  8-март байрамы менен қутлықлайық» деп Кеўлимжай төрде ресторандағы мийманлардың кеўилли дем алыўы ушын түрли музыкаларды қойып отырған Бахыттың қасына келеди. Әри-бери микрофоныңды бер, бизлер тилек айтажақпыз деп «диджей» Бахыттың қолындағы микрофонға асылады. Бундай жағдай биринши емес, сонлықтан бундай аўҳалға үйренип кеткен диджейши елестирмей мийманларға микрофонды текғана ресторан ҳәкимшилигиниң рухсаты менен алыўға болатуғынлығын айтады. Бирақ ҳә дегеннен бундай жуўапты күтпеген Кеўлимжай болса ашыў менен диджейдиң бетине «салып» қалды.  Жағдайды көрген жоралары Аббаз бенен Жәлмен де ўақыя орнына жетип келип, төбелеске араласып кетти.

Ким урды, ким таяқ жеди, ким жуўапкер, ким жәбиркеш…

Қатты шаўқым, төбелес ишинде «ийт ийесин танымайды».

Қараңғылық.

Суў сепкендей тынышлық.

Суд залы.

«Мушы зор» жигитлер темир тор ишинде.

Диджей Бахыт болса емлеўханада.

Ресторандағы қылмыслары ушын Кеўлимжай, Аббаз ҳәм Жәлменлерге Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси тийисли статьялары менен 2 жыл мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланды.

Судланыўшылардың азатлықтан шеклеў жазасын өтеў мǝнзили етип – Нөкис қаласындағы олар жасайтуғын үйлери белгиленди. Сондай-ақ, кешки саат 20:00 ден азанғы саат 06:00 ге шекем жасаў орнынан шықпаў, кафе, бар, ресторан ҳәм басқада кеўил ашар орынларға бармаў, спиртли ишимликлер ишпеў, Нөкис қаласы ИИО пробация топарының рәсмий рухсатысыз ҳәм разылығысыз жасаў жерин өзгертпеўи ҳәм административлик территория аймағынан сыртқа шықпаў шеклеўлери орнатылды. Және ҳәр айда кеминде бир мәртебе Нөкис қаласы ИИО пробация топарынан есаптан өтип турыў мәжбүрияты жүкленди.

Солай екен, ойламай басылған ҳәр бир қәдемниң жуўабы бар. Жынаят ушын болса жаза…

 

 

Жынаят ислери бойынша

Нөкис қаласы суды судьясы        Мақсет Бекимбетов

 

Сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершилик

Өзбекстан Республикасының Конституциясы, Сайлаў кодекси ҳәм басқа нызамшылық нормалары пуқаралар сайлаў ҳуқықлары қорғалыўының кепили болып хызмет етеди.

Усы нызам ҳужжетлериндеги нормалар пуқараларға улыўма ҳәм тең сайлаў ҳуқықларын, сайлаўлардың ашық ҳәм әшкаралық принциплери тийкарында өткерилиўине ҳуқықый тийкар болыў менен бирге сайлаў ҳуқықларына тәсир көрсеткенлик, сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершиликти де өз ишине алады.

Атап айтқанда Сайлаў кодексиниң 103-статьясында сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершилик белгиленген. Сайлаў күни ҳәм даўыс бериў басланыўынан бир күн алдын жәмәәтшилик пикири сораўларының нәтийжелери, сайлаў нәтийжелери прогнозларын, өткерилип атырған сайлаў менен байланыслы басқа мағлыўматларды (ҳәммеге мәлим етиў), сондай-ақ мәлимлеме тармақларына, Интернет тармағына жайластырыў қадаған етиледи.

Мәмлекетимизде сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик те нәзерде тутылған.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстин VI бабында сайлаў ҳәм референдумды шөлкемлестириў ҳәмде өткериў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленген болып, оған тийкар Орайлық сайлаў комиссиясының, сайлаў комиссияларының, референдум өткериўши комиссиялардың жумысына араласқанлық ушын, олардың қарарларын орынламағанлық ушын, талабанның, оның исенимли ўәкилиниң, бақлаўшының яки сиясий партия ўәкилликли ўәкилиниң ҳуқықларын бузғанлық ушын, талабанлар, сиясий партиялар ҳаққындағы жалған мағлыўматларды тарқатқанлық ҳәм басқа ҳәрекетлер ушын жуўапкершилик белгиленген.

Сондай-ақ, сайлаў яки референдум өткериў, оларды өткериў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын Жынаят кодексиниң
146-статьясына тийкар базалық есаплаў муғдарының 25 есесине шекем жәрийма яки 360 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумысларға, 3 жылға шекем мийнетке дузетиў ислери жазасы менен жазаланады.

Сайлаў ҳуқықының яки исенимли ўәкиллер ўәкилликлериниң әмелге асырылыўына тосқынлық етиў Жынаят кодексиниң
147-статьясына тийкар 480 саатқа шекем мәжбурий жәмәәт ислери яки
3 жылға шекем мийнет дүзетиў ислери яки 2 жылдан 5 жылға шекем азатлықты шеклеў яки 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланады.

 

 

Жынаят ислери бойынша

Хожели районы судының баслығы                   Ибрайым Алланиязов

Фоторепортаж

Қарақалпақстан Республикасы суды хызметкерлери улыўма халықлық қайырқомлық шембилигине қатнасып, әтирап-аймақтың тазалығына өз үлеслерин қосып атыр .

Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы

Қанлыкɵл районы Мәденият МПЖ имаратында, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева ҳəм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов тəрепинен тастыйықланған “Жол карта”ның 11-бəнти ҳәм 24-бәнтилериниң орынланыўын тəмийинлеў ҳəм “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни”нде халықты сергекликке шақырыў, пуқаралар арасында жынаятшылық ҳəм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде, ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы, районлық ишки ислер бɵлими, мекеме хызметкерлери, аймақ турғынлары қатнасты. Ушырасыў барысында, жоқарыда атап ɵтилген мəселелер бойынша тараў қəнигелери кеңнен мағлыўмат берип, бул бағдарда ислениўи тийис илажлар, алға қойылған ўазыйпалардың әҳмийети түсиндирилди.

Жаслар ҳәм олардың тәлим-тәрбиясына еледе итибарды күшейтиў зәрүр

Қарақалпақстан Республикасында жынаятлардың алдын алыў, жынаятшылық профилактикасын еледе күшейтиў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциясыз аймаққа айландырыў бойынша Жол картасының 11- 24-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Шымбай районлар аралық экономикалық суды баслығы З.Бердимуратов тәрепинен Кегейли районында жайласқан «Қуяшлы», «Бахытлы», «Нурлы бостан», «Жалпақ жап» мәкан пуқаралар жыйынларында ҳәм «Абат» аўыл пуқаралар жыйынлары турғынлары менен ушырасты. Оларға тараўда қабыл етилип атырған жаңа Нызам ҳәм норматив ҳуқықый ҳүжжетлердиң әҳмийетин түсиндирди.

Сондай-ақ, аймақта ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Атап айтқанда бүгинги күнде жүз берип атырған кеўилсиз хәдийселер, түрли жынаятлардың басым көпшилиги жаслар тәрепинен әмелге асырылып атыр. Солай екен, жаслар ҳәм олардың тәлим-тәрбиясына еледе итибарды күшейтиў зәрүр. Буннан басқа пара алыў, пара бериў жағдайлары анықланса дәрҳәл ҳуқық қорғаў уйымларына хабар бериў кереклиги бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Замир Бердимуратов
Шымбай районлар аралық экономикалық суды баслығы

Халық пенен ушырасыў

Хожели районы «Пǝрўаз» МПЖ турғынлары қатнасыўында, жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов, жынаят ислери бойынша Хожели район судының судья жǝрдемшиси Б.Турдибаев, Хожели районы прокурорының аға жəрдемшиси Б.Абыллаева ҳǝм Хожели РИИБ ХПБ профилактика инспекторы Р.Реймбаевлар тəрепинен 2021-жыл 19-август күни Хожели районы, «Пǝрўаз» МПЖ имаратында жынаятшылық ҳəм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарында исленип атырған жумыслар ҳаққында, сондай-ақ, Ɵзбекстан Републикасы “Судлар ҳаққында”ғы ӨРН-703-санлы Нызамның мазмуны ҳəм əҳмийети ҳақкында пуқараларға кеңнен түсиндирип берди.

 

Жаңа нызам суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў тийкары  

Мәмлекетте демократияның үстинлиги, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм мәплериниң кепиллиги қорғалғанлығы суд ҳәкимиятиниң ашықлығы қай дәрежеде екенлигине байланыслы.

2021 жыл 28-июль күни жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасының “Судлар ҳаққында”ғы нызамы усы мақсетлерди өзине жәмлестирген болып, тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың даўамы болып болып есапланады. Нызам 101 статьядан ибарат болып, рәсмий жәрияланған күннен, яғный 2021 жыл 29-июльдан нызамлы күшке кирди.

Судлар хызметиниң ашықлығын тәмийинлеўде әҳмийетли тийкар болып хызмет ететуғын жаңа баспадағы Өзбекстан Республикасының “Судлар ҳаққында”ғы Нызамында қандай жаңалықлар белгиленди.

Айтып өтиў керек, мәмлекетимиз басшысының судларға әдил судлаўды әмелге асырыў менен байланыслы болмаған ҳәр қандай ўазыйпаларды жүклеўге жол қоймаў ҳаққындағы талабы жаңа нызам менен беккемлеп қойылды.

Нызамда суд мәжилисинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тосқынлықсыз қатнасып, белгиленген тәртипте фотосуратке алыў, видео ҳәм аудио жазыўларды әмелге асырыўы мүмкинлиги белгиленди. Солай болсада, алдын ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыў ҳуқықы басқа нызамлар ҳәм Жоқарғы суд Пленуми менен тәртипке салынар еди.

Жаңа нызамда Жоқарғы суд баслығының ўәкилликлери анықластырылып, толтырылды. Жоқарғы суд Пленумы мәжилисинде көрилетуғын мәселелер Жоқарғы суд баслығы тәрепинен киритилиўи, Жоқарғы суд баслығы судьялар Жоқарғы квалификациялық коллегияның қарарлары, шешимлери үстинен Судьялар жоқарғы кеңесине усыныс киритиўге ўәкилликли екенлиги нәзерде тутылмақда. Нызам менен судьяларға қосымша мәжбүриятлар белгилеп қойылды. Судья коррупцияның ҳәр қандай көринислерине ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша хызметине нызамсыз араласыўға урыныўларына қарсылық көрсетиўи ҳәмде бундай жағдайлар анықланған жағдайда бул ҳаққында Судьялар жоқарғы кеңесине хабар бериўи ҳәм суд процесси қатнасыўшыларын ҳүрмет етиўлери шәрт.

Сондай-ақ, судья шахсан ѳзи яки исенимли шахслары  арқалы исбилерменлик пенен шуғылланыўға,  судья, судьяның ери (ҳаялына) ҳам ер жетпеген перзентлери Ѳзбекстан Республикасы аймағының сыртында жайласқан шет ел банклеринде есап-бетлер (аманатлар) ашыўға ҳәм оларға ийе болыўға, нақ пул ғәрежетлерин ҳәмде қымбатлықларды сақлаўға, судта кѳрип шығылып атырған мәселе бойынша суд хүжжети нызамлы күшине киремен дегенше ашықтан-ашық пикир билдириўге ҳақлы емеслиги қатаң белгиленди.

Буннан тысқары, нызам менен судьяларды сайлаў ҳәм тайынлаў тәртибине ҳәм бир қанша ѳзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

Жынаят ислегенликте айыпланып атырған шахс, алдын судланған яки ѳзине қарсы қозғатылған жынаят иси реабилитация қылмайтуғын тийкарлар бойынша қысқартылған шахс, шет мәмлекет пуқаралығына ийе болған яки шет мәмлекетте жасаў ҳуқықын тастыйқлаўшы жасаў гүўалығына ямаса басқа хүжжетке ийе болған шахс, суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз ямаса ҳәрекетке уқыплылығы шекленген деп табылған шахс, психиатрия яки наркологиялық диспасерлеринде есапта турған шахс, судьяның ўәкилликлерин әмелге асырыўға тосқынлық қылатуғын басқа кеселликке шалынған шахс судьялық лаўазымына талабан болыўы мүмкин емеслиги ҳаққындағы норма менен толтырылды. Алдынғы нызамда судьялық лаўазымына талабанларға қойылатуғын талапларды белгилеўши бул нормада нәзерде тутылмаған еди.

Жоқарғы суд судьясы лаўазымына сайланатуғын шахслар юридиклық қәнийгелиги бойынша кеминде он бес жыллық ис стажына, соның менен бирге қағыйда ретинде, судья сыпатында кеминде жети жыллық ис стажына ийе болыўы лазым.

Юридикалық қәнийгелиги бойынша кеминде он жыллық ис стажына, соның менен бирге қағыйда ретинде, судья сыпатында кеминде еки жыллық ис стажына ийе болған шахслар Әскерий суд, уалаят суды ҳәм оған теңлестирилген судлар судьясы болыўы мүмкин.

Юридиклық қәнийгелиги бойынша кеминде жети жыллық ис стажына ийе болған шахслар болса районларара, район, қала судының, аймақлық әскерий судтың судьясы болыўы мүмкинлиги белгиленди.

Сондай-ақ, бурын нызамасты ҳүжжетлери менен тәртипке салынған судьяға интизамий ис қозғатыў ҳәм судьяға қолланылатуғын интизамий жаза шаралары ңызам менен белгилеп қойылды.

Яғный, судьяға интизамий ис тийисли судьялар квалификациялық коллегиясы тәрепинен судья усы нызамда шекленген ҳәрекетлерди ислегенлиги ҳаққындағы арза яки хабар бойынша өткерилген хизмет тексериўи нәтийжелерине көре қозғатылыўы мүмкин.

Судьялардың квалификациялық коллегиясы интизамий жуўапкершиликке тартылған судьяға ескертиў, орташа айлық ис ҳақының отыз пайызынан артық болмаған дәрежеде жәрима, квалификация дәрежесин бир дәрежеге түсириў ҳәм ўәкиллерин мүддетинен бурын тоқтатыў интизамий жаза шараларынан биреўин қоллаўы мүмкин.

Жуўмақлап айтқанда, усы нызамда белгиленген тәртип-қағыйдалар суд ҳәкимиятының беккемлигин, судлар хызметиниң ашықлығын тәмийинлеўде, пуқаралардың судлар хызметине исенимин беккемлеў, әдил судлаўға ерисиў дәрежесин әмелге асырыў ҳәм тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.

 

Нөкис районы жынаят ислери  бойынша суды баслығы              Азат  Сейтанов  

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Судтың мақсети де шаңарақты сақлап қалыў…

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы А.Сейтанов, Нөкис районлар аралық эканомикалық суды судьясы М. Каримбаева ҳәм Нөкис районлар аралық пуқаралық ислери бойынша судының баслығы Н.Абдакимовлар Нөкис районы турғынлары менен ушырасып, олардың суд-ҳуқық мәселелерине байланыслы мүрәжатларын тыңлады.

 

Атап айтқанда, “Бақаншақлы” аўыл пуқаралар жыйыны Жийдели аўылында жасаўшы Дүйсенбай Алланиязов баласы “Жаслар” дәптерине киргизилип сектор арқалы кредит алған екен. Сол кредит пулларын гербиш шығаратуғын үскене алыў ушын бир фирмаға ѳткереди, фирма үскенени әкелип береди, бирақ бул үскенениң ислемейтуғын үскене екенлиги мәлим болғаннан кейин олар фирмадан пулды қайтарып алыўға ҳәрекет етеди. Деген менен мәселеси шешилмей, еки ортада әўере болып бул қабыллаўға пулын алыўда жәрдем сорап мүрәжат етти. Оған тийисли тәртипте ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиў ҳуқықы түсиндирилди.

Тақыркѳлли Гүлзабира Ешбаева қабыллаўға жүдә нәзик соның менен бирге қыйын бир мәселеде, яғный баласы менен келини ажырасыўға арза бергенлиги, ортада еки ақлығы бар болып олардың ажырасыўына қарсы екенлигин айтып жарастырыў ушын жәрдем сорайды. Бул пуқараға перзентлерине суд тәрепинен 2021-жыл 03-декабрь күнине шекем жарасыў ушын мүддет берилгенлиги, судтың мақсети де шаңарақты сақлап қалыў екенлиги түсиндирилди.

Көшпели қабыллаўға “Ақтерек”, “Ақманғыт”,Бақаншақлы” ҳәм “Тақыркѳл” аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы пуқаралар өзлериниң алимент ѳндириў, ақлық қызын ѳзиниң атына ѳткериў, қәўендер таярлаў, пропискадан шығарыў, некесин бийкар етиў сыяқлы мәселелерде әмелий жәрдем сорап суд басшыларына мүрәжат етти. Оларға тийисли тәртипте нызам шеңберинде ҳуқықый түсиниклер берилди. Қабыллаўда жәми 10 пуқараның мүрәжаты тыңланды.

Жаңа нызам әмелде

Президентимиз тәрепинен 2021-жыл 28-июльде имзаланған Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы нызамы мәмлекетимиз суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий даўамы болды.

Жаңа нызам 101 статьядан ибарат болып, онда белгиленген нормалар судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлиги ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлеў, судлар искерлигиниң нәтийжелилигин ҳәм абыройын арттырыў, судлардың ашықлығын тәмийинлеў, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын айрықша дәстур болып хызмет етеди.

Жаңа нызамға муўапық судья өз хызмет ўазыйпаларын атқарыўда сондай-ақ хызметтен тысқары мунәсибетлерде судьялық әдеп-икрамлық кодекси талапларына әмел етиўи, суд ҳәкимияты абыройын, судьяның абыройы ҳәм қәдир-қымбатын тусириў яки оның бийғәрезлиги, қалыс ҳәм әдалатлылығына гуман туўдырыўы мумкин болған ҳәр қандай ҳәрекетлерден өзин тыйыўы, коррупцияның ҳәр қандай көринислерине ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда нызамға қайшы араласыўларға урыныўларға қарсылық көрсетиўи керек. Бундай ҳалатлар анықланған жағдайда бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесине хабар қылыўы белгилеп қойылды.

Буннан тысқары, алдын судьяның турар жайына яки хызмет ханасына, пайдаланатуғын транспортына кириў, оларды көзден кешириў, оларда тинтиў өткериў яки олардан затларды алыў, оның телефондағы сойлесиўлерин еситиў, судьяны жеке көзден өткериў ҳәм оны жеке тинтиў қылыў, оның хат-хабарларын, оған тийисли затлар ҳәм ҳужжетлерди көзден кешириў, алып қойыў яки алыўға Қарақалпақстан Республикасы прокурорының, ўәлаят, Ташкент қаласы прокурорының, Өзбекстан Республикасы Әскерий прокурорының рухсаты яки судтың қарары менен жол қойылған. Енди болса, бундай ҳәрекетлер тек ғана Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының рухсаты менен яки судтың қарарына тийкар әмелге асырылыўы нызам менен беккемленди.

Жуўмақ орнында соны айтыў мумкин, усы нызам судьяның қол қатылмаслығын ҳәм шын мәнидеги ғәрезсизлигин тәмийинлеўде зәрур әҳмийетке ийе болыў менен бирге әдил судлаўдың сапалы әмелге асырылыўына хызмет етеди.

Жынаят ислери бойынша
Хожели районы судының баслығы   Ибрайым Алланиязов

Нызамшылықтағы өзгерислер

Өзбекстан Республикасыныӊ 2021-жыл 16-август күни қабыл етилген 708-санлы «Жер участкаларын ажыратыў ҳәм олардан пайдаланыў, сондай-ақ жерлерди есапқа алыў ҳәм мәмлекет жер кадастрын жүритиў системасын жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы менен Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы Кодексиниӊ 27-статьясына өзгерис киргизилип, бунда усы статьяныӊ биринши бөлими 2-бәнтиндеги «мәмлекет басқарыў органларыныӊ» сөзлери «жергиликли мәмлекет ҳәкимият органларыныӊ, мәмлекет басқарыў органларыныӊ» деген сөзлери менен алмастырылды.

Бул өзгеристиӊ Кодекске киргизилиў себеби усы нызам менен «Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары» ҳаққындағы Нызамға таза норманыӊ енгизилиўи, яғный «Халық депутатлар Кеӊеси ҳәм ҳәким қабыл етилген ҳәмде шығарылған ҳүжжетлер үстинен пуқаралар, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мекемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен суд тәртибинде шағым етиўи, сондай-ақ прокурор тәрепинен протест келтирилиўи мүмкин»лиги нәзерде тутылған.

Яғный, алдын Халық депутатлар Кеӊеслери тәрепинен қабыл етилген ҳәмде шығарылған ҳүжжетлер үстинен суд тәртибинде шағым етиў мүмкин емес еди.

Усы норма менен буннан былай өзиниӊ ҳуқық ҳәм мәплери бузылған деп есаплайтуғын ҳәр бир физикалық шахс ҳәм юридик шахслардыӊ ўәкиллери судқа мүрәжат етиў ҳуқықы кепилленбекте.

 

Нөкис районлар аралық

ҳәкимшилик судыныӊ баслығы                     Бекбаўлы Досымбетов

 

Skip to content