Жаңа нызам суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў тийкары  

Мәмлекетте демократияның үстинлиги, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм мәплериниң кепиллиги қорғалғанлығы суд ҳәкимиятиниң ашықлығы қай дәрежеде екенлигине байланыслы.

2021 жыл 28-июль күни жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасының “Судлар ҳаққында”ғы нызамы усы мақсетлерди өзине жәмлестирген болып, тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың даўамы болып болып есапланады. Нызам 101 статьядан ибарат болып, рәсмий жәрияланған күннен, яғный 2021 жыл 29-июльдан нызамлы күшке кирди.

Судлар хызметиниң ашықлығын тәмийинлеўде әҳмийетли тийкар болып хызмет ететуғын жаңа баспадағы Өзбекстан Республикасының “Судлар ҳаққында”ғы Нызамында қандай жаңалықлар белгиленди.

Айтып өтиў керек, мәмлекетимиз басшысының судларға әдил судлаўды әмелге асырыў менен байланыслы болмаған ҳәр қандай ўазыйпаларды жүклеўге жол қоймаў ҳаққындағы талабы жаңа нызам менен беккемлеп қойылды.

Нызамда суд мәжилисинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тосқынлықсыз қатнасып, белгиленген тәртипте фотосуратке алыў, видео ҳәм аудио жазыўларды әмелге асырыўы мүмкинлиги белгиленди. Солай болсада, алдын ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыў ҳуқықы басқа нызамлар ҳәм Жоқарғы суд Пленуми менен тәртипке салынар еди.

Жаңа нызамда Жоқарғы суд баслығының ўәкилликлери анықластырылып, толтырылды. Жоқарғы суд Пленумы мәжилисинде көрилетуғын мәселелер Жоқарғы суд баслығы тәрепинен киритилиўи, Жоқарғы суд баслығы судьялар Жоқарғы квалификациялық коллегияның қарарлары, шешимлери үстинен Судьялар жоқарғы кеңесине усыныс киритиўге ўәкилликли екенлиги нәзерде тутылмақда. Нызам менен судьяларға қосымша мәжбүриятлар белгилеп қойылды. Судья коррупцияның ҳәр қандай көринислерине ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша хызметине нызамсыз араласыўға урыныўларына қарсылық көрсетиўи ҳәмде бундай жағдайлар анықланған жағдайда бул ҳаққында Судьялар жоқарғы кеңесине хабар бериўи ҳәм суд процесси қатнасыўшыларын ҳүрмет етиўлери шәрт.

Сондай-ақ, судья шахсан ѳзи яки исенимли шахслары  арқалы исбилерменлик пенен шуғылланыўға,  судья, судьяның ери (ҳаялына) ҳам ер жетпеген перзентлери Ѳзбекстан Республикасы аймағының сыртында жайласқан шет ел банклеринде есап-бетлер (аманатлар) ашыўға ҳәм оларға ийе болыўға, нақ пул ғәрежетлерин ҳәмде қымбатлықларды сақлаўға, судта кѳрип шығылып атырған мәселе бойынша суд хүжжети нызамлы күшине киремен дегенше ашықтан-ашық пикир билдириўге ҳақлы емеслиги қатаң белгиленди.

Буннан тысқары, нызам менен судьяларды сайлаў ҳәм тайынлаў тәртибине ҳәм бир қанша ѳзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

Жынаят ислегенликте айыпланып атырған шахс, алдын судланған яки ѳзине қарсы қозғатылған жынаят иси реабилитация қылмайтуғын тийкарлар бойынша қысқартылған шахс, шет мәмлекет пуқаралығына ийе болған яки шет мәмлекетте жасаў ҳуқықын тастыйқлаўшы жасаў гүўалығына ямаса басқа хүжжетке ийе болған шахс, суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз ямаса ҳәрекетке уқыплылығы шекленген деп табылған шахс, психиатрия яки наркологиялық диспасерлеринде есапта турған шахс, судьяның ўәкилликлерин әмелге асырыўға тосқынлық қылатуғын басқа кеселликке шалынған шахс судьялық лаўазымына талабан болыўы мүмкин емеслиги ҳаққындағы норма менен толтырылды. Алдынғы нызамда судьялық лаўазымына талабанларға қойылатуғын талапларды белгилеўши бул нормада нәзерде тутылмаған еди.

Жоқарғы суд судьясы лаўазымына сайланатуғын шахслар юридиклық қәнийгелиги бойынша кеминде он бес жыллық ис стажына, соның менен бирге қағыйда ретинде, судья сыпатында кеминде жети жыллық ис стажына ийе болыўы лазым.

Юридикалық қәнийгелиги бойынша кеминде он жыллық ис стажына, соның менен бирге қағыйда ретинде, судья сыпатында кеминде еки жыллық ис стажына ийе болған шахслар Әскерий суд, уалаят суды ҳәм оған теңлестирилген судлар судьясы болыўы мүмкин.

Юридиклық қәнийгелиги бойынша кеминде жети жыллық ис стажына ийе болған шахслар болса районларара, район, қала судының, аймақлық әскерий судтың судьясы болыўы мүмкинлиги белгиленди.

Сондай-ақ, бурын нызамасты ҳүжжетлери менен тәртипке салынған судьяға интизамий ис қозғатыў ҳәм судьяға қолланылатуғын интизамий жаза шаралары ңызам менен белгилеп қойылды.

Яғный, судьяға интизамий ис тийисли судьялар квалификациялық коллегиясы тәрепинен судья усы нызамда шекленген ҳәрекетлерди ислегенлиги ҳаққындағы арза яки хабар бойынша өткерилген хизмет тексериўи нәтийжелерине көре қозғатылыўы мүмкин.

Судьялардың квалификациялық коллегиясы интизамий жуўапкершиликке тартылған судьяға ескертиў, орташа айлық ис ҳақының отыз пайызынан артық болмаған дәрежеде жәрима, квалификация дәрежесин бир дәрежеге түсириў ҳәм ўәкиллерин мүддетинен бурын тоқтатыў интизамий жаза шараларынан биреўин қоллаўы мүмкин.

Жуўмақлап айтқанда, усы нызамда белгиленген тәртип-қағыйдалар суд ҳәкимиятының беккемлигин, судлар хызметиниң ашықлығын тәмийинлеўде, пуқаралардың судлар хызметине исенимин беккемлеў, әдил судлаўға ерисиў дәрежесин әмелге асырыў ҳәм тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.

 

Нөкис районы жынаят ислери  бойынша суды баслығы              Азат  Сейтанов