Жаңа нызам әмелде

Президентимиз тәрепинен 2021-жыл 28-июльде имзаланған Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы нызамы мәмлекетимиз суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий даўамы болды.

Жаңа нызам 101 статьядан ибарат болып, онда белгиленген нормалар судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлиги ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлеў, судлар искерлигиниң нәтийжелилигин ҳәм абыройын арттырыў, судлардың ашықлығын тәмийинлеў, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын айрықша дәстур болып хызмет етеди.

Жаңа нызамға муўапық судья өз хызмет ўазыйпаларын атқарыўда сондай-ақ хызметтен тысқары мунәсибетлерде судьялық әдеп-икрамлық кодекси талапларына әмел етиўи, суд ҳәкимияты абыройын, судьяның абыройы ҳәм қәдир-қымбатын тусириў яки оның бийғәрезлиги, қалыс ҳәм әдалатлылығына гуман туўдырыўы мумкин болған ҳәр қандай ҳәрекетлерден өзин тыйыўы, коррупцияның ҳәр қандай көринислерине ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда нызамға қайшы араласыўларға урыныўларға қарсылық көрсетиўи керек. Бундай ҳалатлар анықланған жағдайда бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесине хабар қылыўы белгилеп қойылды.

Буннан тысқары, алдын судьяның турар жайына яки хызмет ханасына, пайдаланатуғын транспортына кириў, оларды көзден кешириў, оларда тинтиў өткериў яки олардан затларды алыў, оның телефондағы сойлесиўлерин еситиў, судьяны жеке көзден өткериў ҳәм оны жеке тинтиў қылыў, оның хат-хабарларын, оған тийисли затлар ҳәм ҳужжетлерди көзден кешириў, алып қойыў яки алыўға Қарақалпақстан Республикасы прокурорының, ўәлаят, Ташкент қаласы прокурорының, Өзбекстан Республикасы Әскерий прокурорының рухсаты яки судтың қарары менен жол қойылған. Енди болса, бундай ҳәрекетлер тек ғана Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының рухсаты менен яки судтың қарарына тийкар әмелге асырылыўы нызам менен беккемленди.

Жуўмақ орнында соны айтыў мумкин, усы нызам судьяның қол қатылмаслығын ҳәм шын мәнидеги ғәрезсизлигин тәмийинлеўде зәрур әҳмийетке ийе болыў менен бирге әдил судлаўдың сапалы әмелге асырылыўына хызмет етеди.

Жынаят ислери бойынша
Хожели районы судының баслығы   Ибрайым Алланиязов