Сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершилик

Өзбекстан Республикасының Конституциясы, Сайлаў кодекси ҳәм басқа нызамшылық нормалары пуқаралар сайлаў ҳуқықлары қорғалыўының кепили болып хызмет етеди.

Усы нызам ҳужжетлериндеги нормалар пуқараларға улыўма ҳәм тең сайлаў ҳуқықларын, сайлаўлардың ашық ҳәм әшкаралық принциплери тийкарында өткерилиўине ҳуқықый тийкар болыў менен бирге сайлаў ҳуқықларына тәсир көрсеткенлик, сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершиликти де өз ишине алады.

Атап айтқанда Сайлаў кодексиниң 103-статьясында сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершилик белгиленген. Сайлаў күни ҳәм даўыс бериў басланыўынан бир күн алдын жәмәәтшилик пикири сораўларының нәтийжелери, сайлаў нәтийжелери прогнозларын, өткерилип атырған сайлаў менен байланыслы басқа мағлыўматларды (ҳәммеге мәлим етиў), сондай-ақ мәлимлеме тармақларына, Интернет тармағына жайластырыў қадаған етиледи.

Мәмлекетимизде сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик те нәзерде тутылған.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстин VI бабында сайлаў ҳәм референдумды шөлкемлестириў ҳәмде өткериў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленген болып, оған тийкар Орайлық сайлаў комиссиясының, сайлаў комиссияларының, референдум өткериўши комиссиялардың жумысына араласқанлық ушын, олардың қарарларын орынламағанлық ушын, талабанның, оның исенимли ўәкилиниң, бақлаўшының яки сиясий партия ўәкилликли ўәкилиниң ҳуқықларын бузғанлық ушын, талабанлар, сиясий партиялар ҳаққындағы жалған мағлыўматларды тарқатқанлық ҳәм басқа ҳәрекетлер ушын жуўапкершилик белгиленген.

Сондай-ақ, сайлаў яки референдум өткериў, оларды өткериў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын Жынаят кодексиниң
146-статьясына тийкар базалық есаплаў муғдарының 25 есесине шекем жәрийма яки 360 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумысларға, 3 жылға шекем мийнетке дузетиў ислери жазасы менен жазаланады.

Сайлаў ҳуқықының яки исенимли ўәкиллер ўәкилликлериниң әмелге асырылыўына тосқынлық етиў Жынаят кодексиниң
147-статьясына тийкар 480 саатқа шекем мәжбурий жәмәәт ислери яки
3 жылға шекем мийнет дүзетиў ислери яки 2 жылдан 5 жылға шекем азатлықты шеклеў яки 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланады.

 

 

Жынаят ислери бойынша

Хожели районы судының баслығы                   Ибрайым Алланиязов