Экономикалық судларда суд қәрежетлерин ѳндириў тийкарлары ҳәм тәртиби

Ѳзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына тийкар мәмлекетлик бажы юридикалық әҳмийетке ийе ҳәрекетлерди әмелге асырғанлық ҳәм бундай ҳәрекетлер ушын ўәкилликли мәкемелер яки лаўазымлы шахслар тәрепинен ҳүжжетлер бергенлик ушын ѳндирилетуғын мәжбүрий тѳлем есапланады.

Нызамға муўапық экономикалық судларда экономикалық судларға берилетуғын даўа арзалардан, кәрханаларды ҳәм пуқараларды банкрот деп табыў ҳақкындағы арзалардан, даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз қылыўшы үшинши шахс сыпатында иске кирисиў ҳаққындағы арзалардан, экономика саласында юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң ҳуқықлары жүзеге келиўи, ѳзгериўи яки бийкар болыўы ушын әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў ҳаққындағы арзалардан, экономикалық судтың ҳал қылыў қарарлары, ис жүритиўди қысқартыў ҳаққындағы, даўаны кѳрместен қалдырыў ҳаққындағы, суд жәриймаларын салыў ҳаққындағы уйғарыўлар үстинен берилетуғын апелляция ҳәм кассациялық шағымлардан, тѳрешилик судының ҳал қылыў қарарлары жүзесинен тартысыў ҳаққындағы, тѳрешилик судының ҳал қылыў қарарларын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хатын бериў ҳаққындағы арзалардан, тѳрешилик судының ҳал қылыў қарарлары жүзесинен тартысыў ҳаққындағы, тѳрешилик судының ҳал қылыў қарарларын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хатын бериў ҳаққындағы ислер бойынша экономикалық суд уйғарыўлары үстинен берилетуғын апелляция ҳәм кассациялық шағымлардан, сырт ел мәмлекети судының (арбитражының) ҳал қылыў қарарын тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыў ҳаққындағы арзалардан, сырт ел мәмлекети судының (арбитражының) ҳал қылыў қарарын тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыў ҳаққындағы ислер бойынша суд уйғарыўлары үстинен берилетуғын апелляция ҳәм кассациялық шағымлардан, соның менен бирге экономикалық судлар тәрепинен ҳүжжетлердиң дубликатларын ҳәм кѳширме нусқаларын бергенлик ушын мәмлекетлик бажы ѳндириледи.

Экономикалық судларда Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексиниң 118-статьясында белгиленген тийкарларға муўапық  суд қәрежетлери исти кѳриў нәтийжеси менен қабыл етилетуғын суд ҳүжжети менен бѳлистириледи.

 

Қарақалпақстан Республикасы

судыныӊ  судьясы        Спартак  Ниязов

Хуқықбузарлықлар профилактикасы

Қанлыкɵл районы «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан  2-санлы улыўма бериў мекбетинде,  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева ҳəм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов тəрепинен тастыйықланған “Жол карта”ның 11-бəнтиниң орынланыўын тəмийинлеў ҳəм “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни”нде жаслар арасында жынаятшылық ҳəм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде ушырасыў өткерилди.

Онда оқыўшылар менен бирге педагог муғаллимлерде қатнасты. Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районы суды ҳәм районлық ишки ислер бөлиминиң хызметкерлери иләж қатнасыўшыларына жүз берип атырған жынаятлар, онда жаслардың да қатнасы бар екенлиги жүдә аўыр ҳәм аянышлы жағдай екенлигин айтты, жасларды нызамларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бойынша усыныслар билдирди.

Сондай-ақ, жаңа редакцияда қабыл етилген «Судлар ҳаққында»ғы нызамның мазмуны ҳәм әҳмийети жөнинде кең түрде сөз етти. Усы тийкарда Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-711-санлы Нызамы менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексине де бир қанша өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенлиги бойынша мағлыўмат берилди.

Ушырасыўда усы ҳам басқада  мəселелер бойынша тараў қəнигелери кеңнен түсиниклер берди. Бул бағдарда ислениўи тийис илажлар, алға қойылған ўазыйпалардың әҳмийети де түсиндирилди.

Жас нәўше келешектеги мийўалы дарақ

Шаңарақ-ол муқаддес дәргай. Келешектиң тырнағы қаланып, уллы басламалардың тийкары салынатуғын беккем ҳәм уллы қорған. Ол өз-ара меҳир-мүриўбет ҳәм исеним, ҳүрметке қурылады. Егер мине усындай ең ағла адамгершилик пазыйлетлерге қандайда да бир зыян жетсе, қорған жемириледи, ақыбетинде болса шаңарақта ажырасыў жүзеге келеди. Солай екен, бүгингидей ҳәмме бағдар жедел раўажланып атырған бир дәўирде усы муқаддес есапланған беккем қорғанды сақлап қалыў ҳәм оның узақ жыллар даўамлылығын тәмийинлеў әҳмийетли мәселе. Әлбетте, буның ушын өсип киятырған жас әўладты мине усындай ең ағла уллы пазыйлет ҳам қәдриятларымызға ҳүрмет руўҳында тәрбиялаў зәрүр.

         

Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары С.Қайыпназарова, З.Бабаджанова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы Ж.Аймағанбетовалардың Ташкент мәмлекетлик информациялық технологиялары Нөкис филиалы студент жаслары менен ушырасыўы да мине усы мазмунда болды. Онда сөзге шыққан судьялар елимизде шаңарақты қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызларымыз, соның ишинде жасларға жаратылып атырған кең мүмкиншиликлер ҳаққында сөз етер екен, жас шаңарақларда жүз берип атырған ерте ажырасыўлардың тийкарғы себеплерине тоқтап өтти. Сонлықтанда, арзымаған келиспеўшиликлер ақыбетинде жас нәрестелер жетим қалып, әке алимент төлеп атыр. Бундай болмаўы ушын ҳәр адам өз шаңарағын өзи сақлап, перзент тәрбиясына итибарлы болыўы кереклигин түсиндирди. Суд-ҳуқық тараўындағы нызамшылық ҳәм оған киргизилип атырған өзгерис пенен қосымшалардың мазмуны бойынша да тараў ўәкиллери түсиник берип өтти.

   

Асиресе, бүгинги күнде мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ер адамлар менен бир қатарда теңдей мийнет етип, жәмийеттен ылайықлы орын табыўы ушын жаратылып берилип атырған шараятлар, гендер теңлиги мәселелери жөнинде де студентлерге кең мағлыўматлар берилди.

 

Себеби, бүгинги өсип киятырған жаслар ертеңги айдын келешегимиздиң тийкары. Басқаша айтқанда, бүгин биз еккен жас нәўше келешектеги мийўалы дарақ. Оның өсип-өнип, гүллеўи ушын болса ҳәр биримиз жуўапкермиз!

 

 «ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫⱧ КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ СУДЫ ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ НЫЗАМНЫҢ МАЗМУНЫ ҲӘМ ӘҲМИЙЕТИ

2021 жыл 27 апрельде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Конституциялық Нызамның қабыл етилиўи  мәмлекетимизде алып барылып атырған кең қамыраўлы демокоратиялық реформаларды әмелге асырыў нәтийжеси нызамшылықты либералластырыў идеяларына муўапық Конституцияда беккемленген инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўда бир қатар принципиаллық жаңалықлар киргизилиўи менен байланыслы.

Яғный Нызамның 28-статьясында Конституциялық судта исти көриў тийкарлары белгиленип, онда Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болған мәмлекетлик уйымлардың ҳәм лаўазымлы шахслардың мүрәжаты, сондай-ақ пуқаралардың ҳәм юридиукалық шахслардың шағымлары Конституциялық судта ислерди көриў ушыын тийкар болыўы белгиленген.

Конституциялық суд мәжилисинде көрилетуғын ислер бойынша берилген мүрәжатлер әлбетте Конституциялық нызамның 4-статьясында белгиленген Конституциялық суд ўәкиллиги шеңберинде киргизилген мәселелер бойынша болыўы шәрт.

Усы Жаңа нызамда Конституциялық судқа мәселелер киргизиў ҳуқықына ийе болған субъектлер шеңбери кеңейттирилип, субъектлер қатарына киргизилген Өзбекстан Республикасы Олий Мажилисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) орынбасары – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳам Нызамның 27-статьясы, 2-бөлиминде белгиленген пууқаралар ҳәм юридикалық шахслар тек ғана белгили бир исте қолланған нызам менен олардың Конституциялық ҳуқықлары бузылғанлығы бойынша шағым менен Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықы берилди.

Берилип атырған мүрәжат жазба ямаса электрон формада жиберилиўи лазым. Электрон формада жиберилген мүрәжат электрон ҳүжжет аййлаанысы ҳаққындағы нызамшылық талапларына муўапық болыўы керек. Коллегиал уйымның Конституциялық судқа беерилген мүрәжатына сол уйымның тийисли қарары қосымша қылынады.

Конституциялық судқа жиберилген мүрәжаатта Конституцияға муўапықлылығы тексерилиўи лазым болған норматив-ҳуқықый ҳүжжеттиң аты, Конституция ҳәм нызамның түсиндирме берилиўи лазым болған қағыйдалары, мүрәжатты судта көриўдиң ҳуқықый тийкарлары, мәселе бойынша мүрәжат қылыўшының көз-қарасы  ҳәм мүрәжатты Конституцияның тийисли нормаларына сәйкеслестирилген ҳалдағы ҳуқықый тийкарландырылыўы лазым.

Буннан тысқары мүрәжат қылыўшының фамилиясы, аты, әкесиниң аты, жайласқан жери, мәнзили, егер иссте ўәкил қатнасып атырған болса оның ўәкилликлери ҳаққындағы зәрүр мағлыўматлар ҳәм қосымша етилип атырған ҳүжжетлер дизими көрсетилген болыўы керек.

Пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың шағымларында ис судта көрилип шығылғанлығы ҳәм судта қорғаныўдың барлық формаларынан пайдаланғанлығы ҳәм тийисли ҳүжжетлер қосымша қылыныўы, сондай-ақ исти шешиў ушын зәрүр деп есапланған басқа мағлыўматлар берилиўи керек.

Конституциялық судқа келип түскен мүрәжатлер дизимнен өткизиледи ҳәм бунда шешилиўи Конституциялық суд ўәкилликлерине кирмейтуғын мәселелер бойынша мүрәжатлер Конституциялық суд тәрепинен «Физиккалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлери ҳаққында»ғы Нызамда белгиленген тәртипте, қойылған мәселелерди шешиў өз ўәкиллигине киргизилген тийисли мәмлекетлик уйымларына, шөлкемлерге яки лаўазымлы шахсларға бес күнлик мүддеттен кешиктирмей жибериледи.

Егер мүрәжат Конституциялық судқа тийисли болса, мүрәжат алынған күннен баслап жети күннен кешеиктирмей оны үйрениўге кирисиледи. Бунда Конституциялық судтың баслығы келип түскен мүрәжатты Нызамда қойылған талапларға муўапықлылығы көз-қарасынан дәслепки тәризде үйрениўди ҳәм мүрәжатты дәслепки тәризде үйрениў нәтийжелери бойынша жуўмақ таярлаўды Конституциялық судтың бир яки бир неше судьясына тапсырыўы мүмкин.

Мүрәжатты көрип шығыў ушын қабыл етиў яки қабыл еетпеслик ҳаққында Конституциялық суд уйғарыўы қабыл етилип, егерде исти сууд мәжилисинде көриў ушын қабыл етилген жағдайдаа уйғарыўда ис бойынша баянатшы судья, исти көриў сәнеси, сондай-ақ исти көриў ушын таярлаў менен байланыслы басқа мәселелер көрсетиледи.

Қабыл етилген уйғарыў ҳаққында Конституциялық суд ислерин жүргизиў қатнасыўшылары үш күнлдик мүддетте жазба формаада хабардар етиледи.

Конституциялық суд Өзбекстан Респуубликасы Конституциясы ҳәм нызамлары менен өз ўәкиллигине киргизилген ислерди суд мәжилислеринде көреди ҳәм шешеди.

Конституциялық суд коллегиал луйым есапланады ҳәм ол ислердии суд мәжилисинде көриўде барлық судьялар қатнаасыўы лазымлығы белгиленген.

Бирақ түрли жағдайлар болыўы мүмкинлиги көз-қарасынан Конституциялық судтың кеминде бес судьясы қатнасқан тәғдирде ол ўәкилликли болып, ислерди көриўи мүмкин.

Конституциялық судтың судьясы көрип шығыў предмети болған ҳүжжетти таярлаўда илгери хызмет статусы себепли қатнасқан болса, исте қатнасып атырған тәрептиң яки басқа шахстың ағайини болса, истиң нәтийжесинен тиккелей мәпдар болса ямаса оның қалыслығына гүмән туўдыратуғын басқа ҳалатлар болса шетлестирилиўи мүмкин.

Конституциялық Нызамның 39-статьясы, 1-бөлиминде көрсетилген ҳалатлар болған жағдайда, Конституциялық судтың судьясы исти еситиў басланғанға шекем өзин-өзи шетлетиў ҳаққында арыз етиў шәрт. Исти судта көриў процессинде Конституциялық нызамға киргизилген процессуаллық нормаларға әмел қылынған ҳалда суд мәжилиси алыып барылып, барлық процессуаллық ҳарекетлер әлбетте суд мәжилиси баянламасы жүргизиледи.

Суд исти көриў жуўмағына көре мәсләҳәт ханаға кирип, ол жерде көпшилик даўысы менен қабыл етилген қарарды оқып еситтиреди.

Сондай-ақ, Нызамға көре Конституциялық суд нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе, нызамшылық басламасы ҳуқықы оның тәрепинен нызамлар жойбарларын Өзбекстан Республикасы Олий Мажилисиниң Нызамашылық палатасына киргизиў арқалы әмелге асырылады.

Конституциялық судтың нызамшылық басламасына байланыслы нызамға айрықша бәнт киргизилип, онда Конституциялық суд өзи киргизген нызам жойбарын  Нызамшылық палатасында көрип шығыў ўақтында қатнасыўы ушын өз ўәкилин тайынлаўы белгиленди.

Бул Нызамның қабыл етилиўи Конституциялық суд искерлигине байланыслы жаңа тарийхый ҳүжжет болды деўимиз мүмкин.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы        Абдимурат  Керимбаев

Ҳаял-қызлар менен ашық сәўбетлесиў

Судлар тәрепинен ҳаял-қызларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў, сондай-ақ олар арасында ҳуқықбузарлықлардың, жынаятшылық жағдайларының алдын алыўға айырықша итибар қаратылмақта.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы Е.Өтениязов ҳәм пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық судының баслығы Ж.Кеўнимжаевлар тәрепинен усы жоқарыда атап өтилген мәселелер бойынша Беруний районындағы «Дўстлик» ҳәм «Обиҳаёт» мәкан, сондай-ақ, «Бийбазар» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағында жасаўшы “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген ҳуқықый жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар менен сәўбетлесити. Оларды қыйнап киятырған мәселе ҳәм машқалаларды тыңлап, бул мәселелерди шешиўдиң барлық илажын көрди. Итибарлысы, пуқаралардың бүгинги турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеў жолында исленип атырған жумыслар ҳәм олардың әҳмийети бойынша да мағлыўмат берилди.

Судьялар сәўбетлесиў барысында 30 ҳаял-қыздың машқалаларын тыңлап, оларға тийислилиги бойынша ҳуқықый түсиник берди.

Апелляциялық арзаға оның көширме нусқалары исте қатнасыўшы шахсларға жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша  қылынбаған болса апелляциялық арза суд тәрепинен қайтарылады

Даўагер «SH” жуўапкершилиги шекленген жәмийети  жуўапкер Банк ҳәм оның Шоманай районы филиалы, қосымша жуўапкер “РИ” фермер хожалығының  қарсысына даўа арза берип, тәреплер ортасында дүзилген шәртнаманы ҳақыйқый емес деп табыўды ҳәм 3 517 308 сўм қарызын өндириўди сораған.

 

Биринши инстанция судының 2021 жыл 02 август күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылған.

 

Ҳал қылыў қарарына наразы болып даўагер апелляция тәртибинде арза берген.

Апелляциялық арзасына апелляциялық арзаның нусқасы Банк, оның Шоманай районы филиалы ҳәм  “РИ” фермер хожалығына жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынбаған.

 

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 265-статьясының биринши бөлиминиң 2-бәндине муўапық, апелляциялық арзаға (протестке) исте  қатнасыўшы басқа шахсларға апелляциялық арза ҳәм оған қосымша қылынған, оларда болмаған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилгенлигин яки тапсырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылыныўы лазым.

 

Усы кодекстиң 269-статьясының биринши бөлиминиң 2-бәндине муўапық, апелляциялық арзаға (протестке) оның  көширме нусқалары исте қатнасыўшы шахсларға жиберилгенлигине тийисли ҳүжжетлер қосымша қылынбаған болса апелляциялық арза қайтарылады.

 

Кодекске тийкар  жол қойылған кемшиликлер сапластырылғанда шағым берген шахс апелляциялық арза (протест) пенен судқа улыўма тәртипте жаңадан мүрәжат етиўге ҳақылы.

 

Сонлықтан судтың 2021 жыл  06 сентябрь күнги уйғарыўы менен апелляциялық арза даўагерге қайтарылған.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының экономикалық ислери бойынша

судлаў қурамының судьясы     Гаўхар Зарипова

Транспорт қураллары ҳәрекети, олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жынаяты түсиниги, оның аўыр ақыбетлери ҳәмде усы тайыпадағы жынаятылар бойынша статистикалық мағлыўматлар

Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы 1-бөлиминде “Транспорт қуралын басқарыўшы шахс тәрепинен транспорт қураллары ҳәрекети, олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў, денеге орташа аўыр ямаса аўыр жарақат жеткерилиўине себеп болса – базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем жәрийма яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик ислери ямаса үш жылға шекем мийнетке дүзетиў ислери менен жазаланады”,

Жынаят Кодекси 266-статьясы 2-бөлиминде

“Усы қылмыс адам өлимине себеп болса:

арнаўлы ҳуқықтан маҳрум етип, жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады”,

Жынаят Кодекси 266-статьясы 3-бөлиминде

“Усы қылмыс:

а) адамлар өлимине;

б) апатшылыққа;

в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, – арнаўлы ҳуқықтан маҳрум етип, он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады” деп белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Олий суды Пленумының 2015-жыл 26-июнь күнги «Транспорт ҳәрекети ҳәм оннан пайдаланыў қәўипсизлигине қарсы жынаятлар менен байланыслы ислер жүзесинен суд әмелиятының айрым мәселелери ҳаққында»ғы 10-санлы Қарарында Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған жынаят ҳаққында түсиник берилип, онда:

“Транспорт ҳәрекети ҳәм оннан пайдаланыў қәўипсизлигине қарсы жынаятлардың тийкарғы объекти жәмийеттиң қәўипсизлиги ҳәм жәмийет тәртиби есапланады. Сол менен бирге, айыпкер шахс усы жынаятты сәдир етиўде, айтарлық барлық жағдайларда, инсан өмири ҳәм саўлығы сыяқлы нызам менен қорғалатуғын басқа объектлерге ҳәм қәўип салады.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң XVIII — бабында барлық түрдеги транспорт қуралларында ҳәрекетлениў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған. Транспорт қуралларына, темир жол, суў ҳәм ҳаўа транспорты, автомобиль транспорты, сондай ақ, мотоцикл, мопед, велосипед ҳәм сол сыяқлыларды киритиў мүмкин.

Жынаят кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған жынаят субъекти сыпатында транспорт қуралын басқарған, яғный:

айдаўшылық гүўаҳнамасына ийе;

жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын айдаўшылық гүўаҳнамасы алып қойылған;

тийисли түрдеги транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан маҳрум етилген;

улыўма транспорт қуралын басқарыў ҳуқықына ийе болмаған;

қоса басқарыўлы оқыў (шынығыў) транспорт қуралында транспортты басқарыўды үйренип атырған шахс табылыўы мүмкин.

Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў транспорт қуралын басқарыў тәртибине дерек белгиленген көрсетпелерге әмел етпесликте (мәселен, белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин асырыў, жол белгилелерине бойсынбаў, ҳәрекетлениўдиң қарама-қарсы тәрепине шығып кетиў ҳәм сол сыяқлыларда) сәўлеленеди. Транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў болса, транспорт қуралларынан пайдаланыў тәртибине дерек белгиленген көрсетпелерге әмел етпесликте (мәселен, габарити үлкен жүклерди яки жолаўшыларды буған мөлшерленбеген транспорт қуралында тасыў, транспорт қуралы басқарыўын сол қуралды басқарыў ҳуқықына ийе болмаған шахсқа тапсырыў ҳәм сол сыяқлыларда) сәўлеленеди.

Транспорт қуралы айдаўшысының жол ҳәрекети яки транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў нәтийжесинде емес, ал жүкти артыў яки түсириўде, транспорт қуралларын оңлаўда, қурылыс, жол, аўыл хожалық ҳәм басқа ислерди әмелге асырыў нәтийжесинде Жынаят кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерге себеп болған ҳәрекетлери, жүзеге келген ақыбетлер ҳәм айып формасынан келип шыққан ҳалда, шахсқа қарсы жынаятлар яки искерликти әмелге асырыў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша квалификация қылыныўы лазым.

Жынаят кодекси 260 — 262, 266, 268, 269-статьяларында нәзерде тутылған жынаятлар, ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў яки басқа қағыйдалар бузылыўы характеринен қаттий нәзер, абайсызлық ақыбетинде сәдир етилген деп табылады, себеби, бул жерде айыпкер барлық жағдайларда өз-өзине исениў яки бийпарўалық пенен ҳәрекет қылады. Егер айыпкер ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын қасттан бузса, оның қылмысы Жынаят кодексиниң қасттан ислеген жынаятлар ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы тийисли статьялары бойынша квалификация қылыныўы лазым.

Жынаят кодекси 260, 262, 263, 2631, 266, 268, 269-статьялары диспозицияларында нәзерде тутылған «адамлар өлими» дегенде, ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў ямаса жынаят нызамында көрсетилген басқа қағыйдалар бузылыўы нәтийжесинде еки яки одан артық адам өлиўин түсиниў лазым.

«Апатшылық» дегенде, темир жол, теңиз, дәрья, ҳаўа, жәмийетлик транспортындағы (автобус, троллейбус, трамвай, жөнелисли такси ҳәм сол сыяқлылар) онлап адамлар набыт болыўы менен бир қатарда жан-әтирап ҳәмде адамлар саўлығы яки өмири ушын дүзетип болмас дәрежеде зыян жеткерген ҳәдийсе түсинилиўи лазым.

«Басқа аўыр ақыбетлер» дегенде, адамлар өлими менен бир қатарда поездлар, кемелер яки самолётлардың қатнаўының узақ мүддетке истен шығыўы, әтирапындағы үйлер ҳәм басқа қурылмалар ўайраң қылыныўы (партлаўы, жанып кетиў, қулап түсиўи) ҳәм басқалар түсинилиўи лазым» деп түсиник берилген.

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы менен айыпланып, айыплаў ҳүкими шығарылып:

2019-жылдың 1-шереги даўамында жәми 29 шахсқа қарата жынаятлы иси көрип тамамланған;

2020-жылдың 1-шереги даўамында жәми 32 шахсқа қарата жынаятлы иси көрип тамамланған;

2021-жылдың 1-шереги даўамында жәми 31 шахсқа қарата жынаятлы иси көрип тамамланған.

Жоқарыда келтирип өтилген статистик мағлыўматларға көре, 2019-жылдың 1-шерегине қарағанда 2020-жыл ҳәм 2021-жылдың 1-шерегинде Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы менен айыпланып,судланған шасхалар саны көбейгенин көриўмиз мүмкин.

Усы жерде бир мысал келтирип өтпекшимен, яғный А.Б исмли шахс 2020-жыл 01-октябрь күни саат 20-00лер шамасында, «Нексия2» маркалы автомашинасын Тақыятас районы «Кенегес» АПЖ аймағы, «Иқбол» көшеси 10-жайдың алды тәрепинен өтип турған ишки асфальт жолдан басқарып киятырып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған ҳәм 2016-жыл 1-март күнинен баслап күшине кирген «Жол ҳәрекети қәделери»ниң
135-бәнти 4-киши бәнтинде көрсетилген “Көзи қамасқан айдаўшы авария белгилерин жағыў, ҳәрекетлениў бөлегин өзгертпестен тезликти азайтыў ҳәм тоқтатыўы керек” деген талапларын бузып, қарама-қарсы тәрептен ҳәрекетленип киятырған автомашинаның фараларынан көзи қамасқанына қарамай автомашинасын тоқтатыў иләжларын көрместен өз ҳәрекетин даўам етип, асфальт жолды қубла тәрептен шығыс тәрепке қарай кесип өтпекши болған пияда О.И исмли шахсты қағып алып, жол транспорт ҳәдийсесин сәдир еткен, нәтийжеде жол транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде пуқара О.И исмли шахс дене жарақатын алып, ўақыя орнында өзине келместен қайтыс болған.

Суд, судланыўшы Б.А исмли шахсқа жаза тайынлағанда, нызамлылық, инсаныйлық, әдиллик ҳәм жуўапкершиликтиң болмай қалмаўы принциплерине әмел еткен ҳалда, оның өз айыбын толық мойынлап, ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын, жәбирлениўшиге биринши тез жәрдем көрсеткенлигин, жынаяттың ашылыўына жақыннан жәрдем бергенин, жасаў орнынан унамлы минезлемеге ийе екенлигин, семьялы болып қарамағында жас өспирим үш перзентиниң бар екенлигин, алдын жынайый жуўапкершиликке тартылмағанлығын ҳәм судланбағанлығын, жәбиркештиң нызамлы ўәкилиниң судланыўшыға арза даўы жоқлығын, кеширим бергенлигин оның жазасын жеңиллестириўши тәрепи деп, жазасын аўырластырыўшы тәрепи жоқ деп есаплап, оны еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жаза менен толық дүзелиў имкәниятының барлығын, оны жәмийеттен ажыратпаған ҳалда қайта тәрбиялаў мүмкин деген жуўмаққа келип, оған Өзбекстан Республикасы ЖКниң 45,57-статьяларын қоллап, 2 (еки) жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырып, ҳәр айлық ис ҳақысының 20 пайыз муғдарын мәмлекет пайдасына услаў жолы менен 3 (үш) жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланды.

Жоқарыдағылардан келип шығып, пуқараларды саналы, интизамлы болыўына, Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўлерине шақырып қаламан.

 

Жынаят ислери бойынша

Тақыятас район судының баслығы             Арман Кощанов

 

Даўа арза мәпи гөзленген даўагерге жиберилмегенлиги даўа арзаны қайтарыў ушын тийкар болмайды

Өзбекстан саўда-санаат палатасы аймақлық басқармасы “СС” АЖ мәпинде, жуўапкер “МТП” ЖШЖнен 277.549.000 сўм қарыздарлығын өндириўди сорап даўа арза менен экономикалық судына мүрәжат еткен.

Районлар аралық экономикалық судының уйғарыўы менен даўа арза Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 155-статьясының биринши бөлими 5-бәндине тийкар яғный, даўа арза даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет усынылмағанлығы себепли қайтарылған.

Экономикалық процессуал кодексиниң 150-статьясы биринши бөлимине тийкар даўагер даўа арза менен мүрәжат еткенде жуўапкерге ҳәм үшинши шахсларға даўа арзасының ҳәм оған қосымша қылынған, усы шахсларда болмаған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилиўи керек.

Экономикалық процессуал кодексиниң 155-статьясының биринши бөлими 5-бәндинде, жуўапкерге ҳәм үшинши шахсларға даўа арзаның ҳәмде оған қосымша қылынған ҳүжжетлердиң көширмелери жиберилгенлигин, әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрип шығылатуғын ислер бойынша болса, жуўапкерге даўа арзасының ҳәм оған қосымша қылынған ҳүжжетлердиң көширмелери тапсырылғанлығын тастыйықлаўшы дәлийллер усынылмаған болса, судья даўа арзаны ҳәм оған қосымша қылынған ҳүжжетлерди даўагерге қайтарады деп көрсетилген.

Бирақ, судья даўа арза даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет усынылмағанлығына тийкарланып даўа арзаны надурыс қайтарған.

Себеби, даўа арзаны мәпи гөзленген даўагерге жиберилиўи кереклиги ҳаққындағы норма Экономикалық процессуал Кодексте де нәзерде тутылмаған.

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы                     Уткиржон Сабиров

Экономикалық судлары тәрепинен мәмлекетлик бажы пулды өндириў  тәртиби ҳәм тийкарлары  

Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамы (кейинги орынларда-Нызам деп жүритиледи) 2020-жыл 7-январьдан баслап әмелге киритилип, Нызам  бажы пул ставкаларын туўрыдан-туўры тәртипке салыўға қаратылған  бирден-бир ҳүжжет болып есапланады. Бул Нызам мәмлекетлик бажыларды өндириўди тәртипке салыўшы 38 норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орнына ислеп шығылды. Нызам 5-бап, 31-статьядан ибарат.

Нызамға муўапық, мәмлекетлик бажы  бул– әмелге асырылған бир қатар хызметлер, атап айтқанда, суд тәрепинен даўа арзалары ҳәм басқа ҳүжжетлердиң қабыл қылыныўы, пуқаралық ҳалаты актлерин жүргизиў, бир қатар ҳүжжетлерди бериў, сондай-ақ, арнаўлы ҳуқықты бергенлиги ушын өндирилетуғын төлем.

Нызамның 4-статьясына муўапық, ўәкилликли шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахсларға мүражат қылып ҳәм өзине қарата юридикалық әҳмийетке ийе ҳәрекет ҳәм ҳүжжетлер бериўди әмелге асыратуғын юридикалық ҳәм физикалық шахслар мәмлекетлик бажы төлеўшилери болып есапланады.

Нызамныӊ 5-статьясының 2-бәнтине муўапық, экономикалық судлар тәрепинен мәмлекетлик бажы төмендеги жағдайларда өндириледи:

-экономикалық судларға берилетуғын даўа арзалардан, мекемелерди ҳәм пуқараларды банкрот деп табыў ҳаққындағы даўа арзалардан, даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылыўшы үшинши шахс сыпатында иске қатнасыў ҳаққындағы арзалардан, экономика тараўында юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң ҳуқықлары жүзеге келиўи, өзгериўи яки бийкарлаў ушын әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў ҳаққындағы арзалардан, экономикалық судтың ҳал қылыў қарарлары, ис жүритиўди тоқтатыў ҳаққындағы даўаны көрместен қалдырыў ҳаққындағы, суд жәриймаларын салыў ҳаққындағы уйғарыўлар үстинен берилетуғын апелляция, кассация шағымларынан, төрешилик судының ҳал қылыў қарарлары бойынша даўы ҳаққында, төрешилик судының ҳал қылыў қарарларын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хат бериў ҳаққындағы ислер бойынша экономикалық суд уйғарыўының үстинен берилетуғын апелляция, кассация шағымларынан, шет ел судының (арбитражының) ҳал қылыў қарарын тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыў ҳаққындағы ислер бойынша суд уйғарыўлары үстинен берилетуғын апелляция, кассация шағымларынан, экономикалық судлар тәрепинен ҳүжжетлердиң дубликатларын ҳәм көширме нусқаларын бергенлиги ушын.

Нызамның қосымшасына муўапық, экономикалық судларға берилетуғын  даўа арза, арзалар, шағымларға төленетуғын мәмлекетлик бажы ставкалары белгиленди. Оған көре,  мүлкий түрдеги даўа арзалардан даўа баҳасының 2 пайызы, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда, мүлкий болмаған даўа арзалардан базалық есаплаў муғдарының 10 есеси, шөлкемлерди ҳәм пуқараларды банкрот деп  табыў ҳаққындағы арзалардан базалық есаплаў муғдарының  3 есеси, хожалық шәртнамаларын дүзиў, өзгертиў яки бийкар ҳаққындағы даўа арзалардан базалық есаплаў муғдарының 10 есеси (киши бизнес субъектлерине усы көрсетилген ставкалардың 50 пайызы муғдарында), апелляциялық, кассациялық арзалардан биринши инстанция судында көрип шығыў ушын берилгенде төленетуғын ставканың 50 пайызы муғдарында, суд ҳүжжетлериниң дубликатларын ҳәмде тәреплер ҳәмде исте қатнасыўшы басқа  шахслардың илтимасына көре экономикалық суды тәрепинен басқа ҳүжжетлериниң көширме нусқаларын бергенлик ушын ҳүжжеттиң ҳәр бир бети ушын базалық есаплаў муғдарының 2 пайызы, төрешилик судының ҳал қылыў қарарлары жүзесинен даўласыў ҳаққындағы, сондай-ақ төрешилик судларының ҳал қылыў қарарларын мәжбүрий орынлаў ушын  орынлаў хат бериў ҳаққындағы арзалардан  базалық есаплаў муғдарының 2 есеси, шет ел судлары ҳәм арбитражларының қарарларын тән алыў ҳәм орынлаў хат бериў ҳақққындағы арзалардан  базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында  мәмлекетлик бажы төленеди.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 114-статьясына  муўапық даўаның баҳасы төмендегише анықланады:

1) пул қаржыларын өндириў ҳаққындағы даўа  арзалар бойынша-өндирилетуғын суммадан келип шыққан ҳалда;

2) мал-мүлкке болған мүлк ҳуқықын тән алыў ҳаққындағы даўалар бойынша-мал-мүлктиң баҳасынан келип шыққан ҳалда;

3)орынлаў ҳүжжетин яки өндириў сөзсиз (акцептсиз) тәртипте әмелге асырылатуғын басқа ҳүжжетти орынлаў мүмкин емес деп табыў ҳаққындағы даўалар бойынша-даўласып атырған суммадан келип шықққан ҳалда;

4) мал-мүлкти талап етип алыў ҳаққындағы даўалар бойынша-усы мал-мүлктиң баҳасынан келип шыққан ҳалда;

5) жер участкасын талап етип алыў ҳаққындағы даўалар бойынша- жер участкасының белгиленген баҳасынан келип шыққан ҳалда, баҳасы болмағанда базар баҳасына көре анықланады.

Даўаның баҳасына  даўа арзада көрсетилген неустойка суммалары да киргизиледи.

Бир неше талаптан ибарат даўаның баҳасы барлық талаплардың  суммасы менен анықланады.

Көрсетилген талаплар менен экономикалық судларына даўа арза берилгенде даўа баҳасы жоқарыда көрсетилген тәртипте анықланып, анықланған сумманың 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарынан кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы пул төлениўи лазым.

Нызамның 19-статьясына муўапық, пул қаржысы болмаған ҳәм бул хызмет көрсетиўши банк тәрепинен тастыйықланған жағдайда, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўшы юридик ҳәм физикалық шахсларға судтың уйғарыўына тийкар мәмлекетлик бажыны төлеўге рухсат берилиўи мүмкин. Банктиң мағлыўматнамасында судқа мүрәжат етилген сәнеден көби менен үш күн алдынғы сәне көрсетилген болыўы мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң талапларына тийкар белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда мәмлекетлик бажы пул төленбегенлиги берилген даўа арза, апелляциялық яки кассациялық арзаны қайтарыў ушын тийкар болады.

Мысалы,  “ALTIBAY ORAZIMBETOV” фермер хожалығы Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2021 жыл 19 февраль күнги ҳал қылыў қарарына наразы болып апелляциялық тәртипте  арза берген. Фермер хожалық банк есап бетинде пул қаржысы жоқлығы себепли апелляциялық арзасын мәмлекетлик бажы пул төлемисиз қабыллаўды сораған.

Фермер хожалығының банктеги есап бетинде пул қаржысы жоқлығы ҳүжжетлер менен тастыйықланбағанлығы себепли судтың 2021 жыл 26 март күнги уйғарыўы менен  апелляциялық арза қайтарылған.

Сондай-ақ, Нызам менен шет ел валютада белгиленген мәмлекетлик бажы ставкалары қайта көрип шығылып, базалық есаплаў муғдарынан келип шығып, оларды сўм эквивалентинде өндириў тәртиби  енгизилди.

Усы күнге шекем мәмлекетлик бажыны қайтарыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленип, бирақ оны қайтарыў мүддетлери, тәртиби ҳәм қайсы органлар арқалы әмелге асырылыўы  анық көрсетилмеген еди. Ендиликте, мәмлекет тәрепинен мәмлекетлик бажы суммаларын қайтарыў бажы пул төлеўшиниң жазба арзасына көре яки судтың ҳал қылыў қарары тийкарында әмелге асырылады. Мәмлекетлик бажыны өндирген мәмлекетлик орган  яки шөлкемниң баслығы  оны қайтарыўдың нызамлылығын тастыйықлаған жағдайда, мәмлекетлик орган яки шөлкем  ҳәм мәмлекетлик бажының басқа алыўшылары алдын өз есап бетлерине өткерилген мәмлекетлик бажы суммаларының тийисли бөлимин  төлеўшиниң жазба арзасын алған күннен баслап бес күн ишинде яки суд ҳүжжетлери тийкарында қайтарады.

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының экономикалық ислери бойынша

судлаў қурамының судьясы                            Гаўхар Зарипова

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР ТУРМЫС ДӘРЕЖЕСИН ЖАҚСЫЛАЎ МӘМЛЕКЕТИМИЗ СИЯСАТЫНЫҢ ТИЙКАРҒЫ ЖӨНЕЛИСЛЕРИНИҢ БИРИ

Халқымыз, ҳаял-қызлар турмыс дәрежеси ҳәм сыпатын асырыў мәселеси мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы жөнелислериниң бирине айланбақта.

Президентимиз Ш.М.Мирзиёев мәмлекетлик хызметкер кәрхана- шөлкем баслықлары хызмет ханасында отырмастан, әпиўайы пуқаралар менен ашық сәўбетлесиўлер өткерип олардың қыйнап киятырған мәселе ҳәм машқалаларын үйренип олардың шешимин табыў илажларын көриў, пуқаралардың бугинги турмысынан разы болып жасаўды тәмийинлеў керек екенлигин атап өткен еди.

Усы тийкарда, Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы Ж.Аймаганбетова тәрепинен жоқарыда атап өтилген мәселелер бойынша Элликқала районы аймағында жасаўшы “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген ҳуқықый жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар менен ашық сәўбетлесиўлер өткерилди. Оларды қыйнап киятырған мәселе ҳәм машқалалары үйренилип, тийислилиги бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.

 

 

 

Skip to content