Көшпели суд мәжлиси

Қанлыкөл районы Мәмлекетлик хизметлер орайы имаратыда көшпели суд мәжлиси болып өтти.

Көшпели суд мәжлисинде жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов тәрепинен санитария қағыйдалары, суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳәмде автомобиль транспортында жолаўшыларды лицензиясыз тасыў тараўындағы ҳуқықбузардықлар бойынша ҳуқықбузыўшы қатарында иске тартылған 25 пуқараның қарсысына топланған ҳәкимшилик иси көрип шығылды ҳәмде ҳуқықбузыўшыларға Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң тийисли статьялары менен жаза шарасы тайынланды.

Сондай-ақ, усы аймақ турғынлары қатнасында жынаятшылық ҳəм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарында исленип атырған жумыслар ҳаққында, өзин-өзин басқарыў органлары менен биргеликте орынларда жынаятшылық ҳəм хўқықбузарлықтың алдын алыўға қаратылған жǝмиет қǝўипсизлиги ҳǝм жǝмиет тәртибине қарсы жынаятлар ҳǝм адам саўдасы жынаятына карсы гүресиў ҳәм оның ақыбетлери, келиб шығыў себеплери ҳаққында ҳәм оның алдын алыў бойынша кеңнен түсиник берип өтти.

Еки жыл мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланды


Жынаят ислери бойынша Елликқала район суды баслығы О.Мауленов тәрепинен 2021 жыл 13 сентябрь күни Элликкала районы “Навоий” мәкан пуқаралар жыйынында көшпели суд мәжилиси өткерилди. Көшпели суд мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 210-статьясы яғный пара алыу жынаяты менен айыпланған Д.Дның қарсысына қозғатылған жынаят иси көрип шығылды. Ис ҳалатына көре судланыўшы Д.Д. районлық мәденият үйи баслығы лаўазымында ислеп жүрип өз хызмет ўазыйпасынан қастан пайдаланып, усы мекемеде ислеўши О.К. ны 0,5 ставка айлық ис ҳақысын 1 ставкаға өзгертип бериў есесине 1.млн.300.мың. сум пара пулларын танысы Б.А. арқалы алған ўақтында айғаклы затлар менен қолға алынған.

Көшпели суд мәжилисинде Д.Дның алдын судланбағанлығы, ислеген қылмысынан шын кеўилден пушайман болғанлығы есапқа алынып, оған үш жыл мүддетке белгили ҳуқықлардан айырыў менен бирге, еки жыл мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланды.

 

Жынаят ислери бойынша

Елликқала районы суды баслығы           Оразбай Маўленов

Ижара шартнамасынан келип шығатуғын даўларды шешиўде пуқаралық  нызам ҳүжжетлерин қоллаў

 Мүлк ижарасы бойынша тәреплердиң өз-ара ҳуқықый қатнасықлары Өзбекистан Республикасының «Ижара ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының Нызамы, Өзбекистан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда- Пуқаралық кодекси деп жүрителеди) 34-бабы,  Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009 жыл 8 апрелдеги «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртибин жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 102-санлы қарары менен тастыйықланған «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртиби ҳаққында»ғы Реже ҳәмде басқа нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлери менен тәртипке салынады.

Мүлк ижарасы шәртнамасы  бойынша ижараға бериўши ижараға алыўшыға ҳақ есесине мал-мүлкти ўақтынша ийелик етиў ҳәм пайдаланыў яки пайдаланыў  ушын тапсырыў миннетлемесин алады.

Мүлк ижара шәртнамасы бир жылдан артық мүддетке дүзилетуғын болса, тәреплердиң бири юридик шахс болған жағдайларда болса, мүддетине қарамастан жазба түрде дүзилиўи шәрт.

Көшпес мүлк пенен байланыслы ижарасы шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым. Көшпес мүлк ижара шәртнамаларын мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртибине әмел қылмаслық  Пуқаралық кодексиниң 112-статьясына тийкар, шәртнаманың ҳақыйқый емеслигине алып келеди ҳәм Пуқаралық кодексиниң 114-статьясында нәзерде тутылған питимлердиң ҳақыйқый емеслиги ақыбетлери қолланылады.

Егер тәреплердиң бири шәртнаманы мәмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартса, екинши тәреп ижара шәртнамасын дизимнен өткериўге мәжбүрлеў ҳаққындағы талап пенен судқа даўа арза муражат қылыўға ҳақылы.

Шәртнама қандай формада дүзилген болса, оны өзгертиў туўрысындағы келисим де, егер нызам ҳүжжетлеринен басқаша тәртип келип шықпаса, сондай формада дүзиледи. Буннан келип шығып, мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым болған көшпес мүлк ижарасы шәртнамасын өзгертиў ҳаққындағы тәреплердиң келисиўи де шәртнаманың ажыралмас бөлеги есапланып, дизимнен өткерилиўи лазым.

Пуқаралық кодексиниң 538-статьясының мазмунынан келип шығып, мүлктиң ийеси ямаса нызам менен яки мүлкдар тәрепинен мүлкти ижараға бериў ўәкиллиги берилген басқа шахслар ижараға бериўшилер болыўы мүмкин. Ижараға бериўшиниң мүлк ийеси екенлиги мәселесин анықлаўда судлар мүлкке болған ҳуқықын белгилеўши (ийелик ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гуўалық, алды-сатты шәртнамасы, кадастр ҳүжжетлери, транспорт қуралының техник паспорты ҳәм басқалар) ҳәм ижараға бериўши ҳақыйқатында да мүлк ийеси екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин талап қылады.

Мүлк ижара шәртнамасы бойынша ижара мүддетин белгилеў ҳуқықы тәреплердиң өзлерине берилген ҳәм бундай мүддет ижара шәртнамасында көрсетиледи.

Егер мүлк шәртнамасының мүддети белгиленбеген болса, шәртнама белгисиз мүддетке дүзилген есапланады. Бунда тәреплердиң ҳәр бири басқа тәрепти бир ай алдын, көшпес мүлк ижарасында болса- үш ай алдын жазба түрде ескертип, қәлеген пайытта шәртнамадан ўаз кешиўи мүмкин.

Егер, нызам менен айырым түрдеги мүлк ижарасы шәртнамалары ушын ең көп  (соңғы) мүддет белгиленген болып, шәртнама белгиленген усы соңғы мүддеттен артық мүддетке дүзилген болса, бундай шәртнама белгиленген соңғы мүддетке тең мүддетке дүзилген есапланады.

Егер нызам менен айырым түрдеги мүлк ижарасы шәртнамалары ушын ең кем (шекленген) мүддети белгиленген болып, шәртнама усы  ең кем мүддетинен де кем мүддетке дүзилген болса, бундай шәртнама Пуқаралық кодексиниң 116-статьясына муўапық өз-өзинен ҳақыйқый емес есапланады.

Егер шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, мал-мүлк барлық тийисли затлары ҳәм оған байланыслы ҳүжжетлери менен бирге ижараға тапсырылады (техник паспорт, сыпат сертификаты ҳ.т.б). Егер бундай тийисли затлар ҳәм ҳүжжетлер тапсырылмаған болса ҳәм ижараға алыўшы оларсыз мал-мүлктен оның ўазыйпасы бойынша пайдалана алмаса ижараға алыўшы ижара шәртнамасын бийкар етиўди талап етиўге ҳақылы.

Сондай-ақ, ижараға алыўшы мал-мүлктен шәртнама шәртлерине муўапық, егер бундай шәртлер шәртнамада белгиленбеген болса-мал-мүлктиң ўазыйпасына муўапық пайдаланыўы лазым.

Егер ижараға бериўшиниң жазба ескертиўине қарамастан, ижараға алыўшы мал-мүлктен шәртнама шәртлерине яки мал-мүлктиң ўазыйпасына муўапық болмаған ҳалда пайдаланса, ижараға бериўши шәртнаманы мүддетинен алдын бийкар етиўди ҳәм зиянның қапланыўын талап етиўге ҳақылы.

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы   Гаўҳар Зарипова

 

 

Миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланбаса нызамда белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыўға себеп болады

Даўагер Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик активлерин басқарыў Агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы  жуўапкер “K N” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қарсысына даўа арза менен мүрәжат етип,  жуўапкерден 6 016 000 сўм пеня өндириўди сораған.

Биринши инстанция судының 2021-жыл  1-июль күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза  қысман  қанаатландырылып, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 1 203 200 сўм пеня өндирилген, даўаның қалған бөлеги  қанаатландырыўсыз қалдырылған.

Ҳал қылыў қарарына наразы болып жуўапкер апелляция тәртибинде арза берген.

Исте анықланған жағдайларға қарағанда, тәреплер ортасында 2019-жыл 5-ноябрь күни Хожели районы Сарышунгил АПЖ аймағында жайласқан “Суў бөлистириў қурылмасы”на инвестиция киргизиў шәрти менен сатып алыў туўрысында алды-сатты шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкер бир жыл мүддет ишинде 150 000 000 сўмлық инвестиция киргизиў ҳәм палыз өнимлерин жетистириўге қәнийгелестирилген теплица жумысын шөлкемлестириў  миннетлемесин алған.

Шәртнаманың 2-қосымшасына тийкар жуўапкер 2019 жылдың 4 шерегинде 10 000 000 сўм, 2020 жылдың 1 ҳәм 2 шерегинде 45 000 000 сўмнан, 2020 жылдың 3 шерегинде 50 000 000 сўм инвестиция киргизиўи лазым болған болса да,  10 000 000 сўмлық миннетлемеси 397 күнге, 90 000 000 сўмлық миннетлемеси 123 күнге кешиктирип орынланған.

Шәртнаманың 5.6-бәнтине тийкар инвестиция миннетлемелери  орынланбаған жағдайда  жуўапкер кешиктирилген ҳәр бир күн ушын орынланбаған инвестиция миннетлемесиниң 0,04 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген инвестиция миннетлемелери  муғдарының 50 пайызынан аспаған ҳалда пеня төлеў миннетлемесин алған.

Сонлықтан даўагер тәрепинен 6 016 000 сўм пеня есапланған. Биринши инстанция суды жуўапкердиң мүлкий аўҳалын итибарға алып, талап етилген пеняны 1 203 200 сўмға кемейтирген.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.

Жуўапкер апелляциялық арзасында мәмлекетимизде короновирус инфекциясы (COVID-19) тарқалыўының алдын-алыўға қаратылған илажлар енгизилгенлиги себепли тийисли миннетлемелерин орынлаўды кешиктиргенлигин себеп етип көрсеткен. Бирақ, истеги анықланған жағдайларға қарағанда жуўапкер 10 000 000 сўмлық миннетлемесин 2019 жылдың 31 декабрь күнине, 45 000 000 сўмлық миннетлемесин 2020 жылдың биринши шерегинде орынлаўы лазым болса да, бул миннетлемелерди тек ғана 2021 жыл январь айында орынлаған.

Апелляция инстанция суды жуўапкер шәртнама миннетлемелерин орынлаўды мәмлекетимизде короновирус инфекциясы (COVID-19) тарқалыўының алдын-алыўға қаратылған илажлар енгизилместен алдын кешиктиргенлиги себепли оны жуўапкершиликтен азат етиўге тийкар жоқ деп есаплап, биринши инстанция судының ҳал қылыў қарарын өзгериссиз қалдырыў ҳаққында шешим қабыллаған.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

экономикалық ислери бойынша

судлаў қурамы судьясы Гаўҳар Зарипова

 

Солидар жуўапкершилик  

    Солидар жуўапкершилик бир неше қарыздардың миннетлемесине тийисли пуқаралық жуўапкершилик болып есапланады. Солидар жуўапкершилик пенен байланыслы түсиниклер Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 252-255-статьяларында өз көринисин тапқан.

Егер, карыздарлар шерик болып миннетлеме алғанында кредитор  ҳәмме қарыздарлардан  миннетлемени солидар орынлаўды да, олардың ҳәр биринен өз алдына орынлаўды да, соның менен бирге, қарызды толық яки оның бир  бөлегин төлеўди де талап етиўге ҳақылы.

Солидар қарыздарлардың биринен толық қанаатланбаған кредитор ала алмаған нәрсесин басқаларынан талап етиў ҳуқықына ийе.

Солидар қарыздарлар миннетлеме толық орынланбағанға шекем миннетли болып қала береди. Солидар миннетлемениң қарыздарлардан бири тәрепинен толық орынланыўы қалған қарыздарларды миннетлемеден азат етеди.

Егер нызамларда яки шәртнамаларда басқаша тәртип белгилеп қойылған болмаса, солидар миннетлемени орынлаған қарыздар өз үлесин шегирип таслап, басқа қарыздарларға тең үлеслерде регресс талабын қойыў ҳуқықына ийе болады.

Экономикалық судларында көбинесе кепиллик шәртнамасына тийкар солидар жуўапкершилик пенен байланыслы ислер көриледи.

Мысалы, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўагер АК “Микрокредитбанк” мәпин қорғап, жуўапкер “MM” ЖШЖ ҳәм қосымша жуўапкер “MО” ЖШЖдан 600 000 000 сўм тийкарғы кредит қарыздарлық,  46 500 000 сўм пайызын солидар тәртипте өндириўди, өндириўди қосымша жуўапкер “MО” ЖШЖға тийисли гиреўдеги мүлклерге қаратыўды, гиреўдеги мүлклердиң  ким-зыят саўдасында сатылыў баҳасын белгилеп бериўди сораған.

Истеги анықланған жағдайларға қарағанда, тәреплер ортасында 2020-жыл 09-июль күни 111-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Кредит шәртнамасына тийкар банк филиалы “MM” ЖШЖне қурылыс материалларын сатып алыўы ушын жыллық 21 пайыз төлеў шәрти менен, 36 ай мүддетке 600 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратқан.

Ажыратылған кредиттиң қайтарылыўына “МО” ЖШЖ кепил болып тәреплер ортасында 2019-жыл 09-июль күни кепиллик шәртнамасы дүзилген.

Сондай-ақ, 2020 жыл 13 июль күнги гиреў шәртнамасына тийкар “МО” ЖШЖне тийисли Мойнақ районы, Жиемуратов көшеси номерсиз жайда жайласқан тәбийий газ компрессоры ҳәм  компьютер колонкасы гиреўге койылған.

“ММ” ЖШЖ кредит шәртнамасында белгиленген миннетлемелерин орынламай, кредит ҳәм оған есапланған пайызларын төлемегенлиги себепли Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы банктиң мәпинде судқа даўа арза менен мүрәжат еткен.

Кепиллик шәртнамасына тийкар кепил, кредит шәртнамасы бойынша “ММ” ЖШЖниң барлық миннетлемелериниң орынланыўы бойынша банк алдында шақырып алынбайтуғын тәризде ҳәм сөзсиз жуўап бериў миннетлемесин алған.

Сонлықтан биринши инстанция судының 2021 жыл  26 май күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза талаплары қысман қанаатландырылып, “ММ” ЖШЖ суд мәжлисине шекем  пайызынан 17 600 000 сўм төлегенлигин итибарға алып, “ММ” ЖШЖ ҳәм “МО” ЖШЖнен банктиң пайдасына солидар тәртипте 600 000 000 сўм кредит қарызы, 28 900 000 сўм пайызын өндириўди, өндириўди гиреўдеги мал-мүлкке қаратыўды, буннан тысқары исти көриў нәтийжеси менен  12 930 000 сўм мәмлекетлик бажы пулды “ММ” ЖШЖ ҳәм “МО” ЖШЖнен солидар тәртипте бюджетке өндириўди лазым тапқан.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы     Гаўҳар Зарипова

 

 

 

 

 

Қамсызландырыў шәртнамасы

Қамсызландырыў  пуқара яки юридик шахстың (қамсызланыўшы) қамсызландырыў шөлкеми менен (қамсызландырыўшы)  менен дүзетуғын мүлкий яки жеке мүлкий қамсызландырыў шәртнамалары тийкарында әмелге асырылады.

Қамсызландырыў шәртнамасы жазба түрде дүзилиўи лазым. Бул талапқа әмел қылмаслық шәртнаманың ҳақыйқый саналмаслығына себеп болады.

Қамсызландырыў шәртнамасының тәреплериниң бири (қамсызланыўшы) қатнасық уқыплылығына ийе болған физикалық яки юридик шахс, екинши тәреп (қамсызландырыўшы) болса коммерциялық шөлкем есапланған ҳәм тийисли түрдеги қамсызландырыўды әмелге асырыўға  лицензиясы болған юридик шахслар болыўы мүмкин.

Мүлкий қамсызландырыў шәртнамасына муўапық қамсызландырыўшы қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергенде қамсызланыўшыға   бул ҳәдийсе ақыбетинде қамсызландырылған мүлкке жеткерилген зиянды ямаса қамсызланыўшының басқа мүлкий мәплери менен байланыслы зиянды шәртнамада белгиленген сумма шеңберинде төлеў миннетлемесин алады.

Мүлкий қамсызландырыў шәртнамасы бойынша төмендегилер қамсызландырылыўы мүмкин:

мал-мүлктиң жойтылыўы (набыт болыўы), кемис шығыўы яки зиянланыўы қәўпи;

пуқаралық жуўапкершилиги қәўпи-басқа шахслардың өмири, ден- саўлығы яки мал-мүлкине зиян келтирилиўи ақыбетинде  жүзеге келетуғын миннетлемелер бойынша жуўапкершилик, нызамда нәзерде тутылған жағдайларда болса, сондай-ақ шәртнамалар бойынша жуўапкершилик қәўпи;

исбилерменлик қәўпи-   исбилерменниң контрагентлериниң өз  миннетлемелерин бузыўы яки исбилерменге байланыслы болмаған жағдайларға көре бул искерлик шәрт-шәраятларының өзгериўи себепли исбилерменлик искерлигинен күтилген дәраматларын ала алмаслық қәўпи.

мүлкий қамсызландырыў шәртнамасын дүзиўде қамсызланыўшы менен қамсызландырыўшы ортасында төмендегилерге ерисилиўи лазым:

қамсызландырыў объекти болған белгили бир мал-мүлк ямаса басқа мүлкий мәп туўрысында;

қамсызландырыў пулының  муғдары туўрысында;

қамсызландырыў төлеми муғдарын анықлаў тәртиби туўрысында, егер шәртнамада оны қамсызландырыў пулынан аз муғдарда төлеў мүмкиншилиги нәзерде тутылған болса;

қамсызландырыў сыйлығының муғдары ҳәм оны төлеў мүддети (мүддетлери) туўрысында;

шәртнаманың әмел қылыў мүддети туўрысында.

Басқа түрдеги шәртнамалардан парықлы түрде, қамсызландырыў шәртнамасы белгисиз мүддетке  дүзилиўи мүмкин емес.

Қамсызландырыў шәртнамасының әмел қылыныўының басланыўы Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 947-статьясының биринши бөлиминде белгиленген.

Оған муўапық, қамсызландырыў шәртнамасы, егер онда басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, қамсызландырыў сыйлығы яки биринши төлем төленген пайыттан күшке киреди ҳәм оның шәртлери, егер шәртнамада қамсызландырыў әмел қылыўы басланыўының басқаша мүддети нәзерде тутылмаған болса, қамсызландырыў шәртнамасы күшке киргеннен кейин жүз берген қамсызландырыў ҳәдийселерине қолланылады.

Егер қамсызландырыў шәртнамасы миннетлеме орынланыўының тәмийнаты сыпатында дүзилген болса, тийкарғы миннетлеме орынланбаған жағдайда кредитор қамсызландырыўшыдан қамсызландырыў пулын төлеўди талап етиў ҳуқықына ийе болады.

Егер  қамсызландырыў шәртнамасы хожалық шәртнамасы бойынша миннетлемелер орынланыўының тәмийнаты сыпатында дүзилген болса, қамсызландырыўшыға талап билдирилгенге шекем кредитор қарыздардан қарызын өндириў шараларын көриўи зәрүр ҳәм тек қарыздардың  миннетлемесин орынлаў ушын мал-мүлки жетерли болмағанында кредитор қамсызландырыўшыға талап билдириў ҳуқықына ийе, егер қамсызландырыў шәртнамасында басқаша тәртип белгиленбеген болса.

Қарыздардың мал-мүлкиниң миннетлемени  орынлаў ушын жетерли емеслиги  мәмлекет орынлашысының орынлаў ҳүжжетин Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының  40-статьясының биринши бөлими 3-бәндине тийкар өндириўшиге қайтарыў ҳаққындағы қарары менен тастыйықланады.

Усы орында бир мысал. АК «Хамкорбанк» тәрепинен 2017 жыл 28 июль күнги кредит шәртнамасына тийкар  «Д» жеке меншик турақ жай ийелери шериклигине қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыўы ушын 60 ай мүддетке, жылына 14 пайыз төлеў шәрти менен 300 000 000 сўм муғдарында  кредит ажыратылған. Кредиттиң ўақтында қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде банк, шериклик ҳәм қамсызландырыў компаниясы ортасында 2017 жыл 11 август күни «кредитти қамсызландырыў шәртнамасы» дүзилген ҳәм усы күни қамсызландырыў полиси берилген.

Турақ жай ийелери шериклиги кредит қарызын төлеў мүддетлерин кешиктиргени ушын банк кредит шәртнамасын мүддетинен бурын бийкар етип, турақ жай ийелери шериклигинен 249 354 238 сўм кредит қарызы, 75 742 670 сўм есапланған пайызы ҳәм 3 278 365 сўм пеня өндириўди сорап судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Биринши инстанция судының 2020 жыл 7 февраль күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қысман қанаатландырылған, турақ жай ийелери шериклигинен банктиң пайдасына 239 627 374,66 сўм кредит қарызы, 74 742 670 сўм пайызы, 3 278 365 сўм пеня өндирилген. Судтың ҳал қылыў қарарына тийкар берилген орынлаў хат мәмлекет орынлаўшысының 2020 жыл 03 июль күнги қарары менен  Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының  40-статьясының биринши бөлими 3-бәндине тийкар өндириўшиге қайтарылған. Сонлықтан АК «Хамкорбанк» судқа даўа арза менен мүрәжат етип, қамсызландырыў компаниясынан  турақ жай ийелери шериклигиниң төлеў имканияты болмаған 233 927 809,03 сўм тийкарғы қарызын, 114 539 158,27 сўм пайызын ҳәм 21 826 699,15 сўм пеняны өндириўди сораған.

         Биринши инстанция судының 2021 жыл 19 июль күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қысман қанаатландырылған. Қамсызландырыў компаниясынан АК «Хамкорбанк» пайдасына 233 927 809,03 сўм қамсызландырыў пулы өндирилген,  даўа талапларының қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылған.

         Исте анықланған жағдайларға қарағанда, қамсызландырыў шәртнамасының 1.11-бәндине тийкар қамсызландырыўшы қамсызландырыў ҳәдийсеси нәтийжесинде қамсызланыўшыға қарыз алыўшы тәрепинен кредиттиң тийкарғы бөлими (кредиттен пайдаланғанлық пайызлардан тысқары) қайтарылмағанлығы бойынша көрилген зиянды қаплаў миннетлемесин алған. Қамсызландырыў шәртнамасының 3.1-бәндинде усы шәртнама бойынша қамсызландырыў пулы 300 000 000 сўмды, яғный ажыратылған кредит баҳасының 100 пайызын қураған.

Ис судта көрилген ўақытта қайтарылмаған кредит қарызының муғдары  233 927 809,03 сўмды қурайтуғынлығы, қамсызландырыў компаниясы пайыз, пенядан пайда болған қарызларды төлеў миннетлемесин алмағанлығы, кредит алыўшы турақ жай ийелери шериклигиниң кредит қарызын төлеў имканияты жоқлығы, бул тийисли тәртипте мәмлекет орынлаўшысының қарары менен тастыйықланатуғынлығы анықланған. Апелляция инстанция судының қарары менен ҳал қылыў қарары өзгериссиз қалдырылған.

        

 

 

Қарақалпақстан Республикасы судының

экономикалық ислери бойынша

судлаў қурамы судьясы

Гаўҳар Зарипова

 

Көшпели суд

Хожели районы ҳәкимият имаратында және бир көшпели суд болып өтти. Бул судта Хожели районы ИИО Пробация топары есабында дүзетиў иси жазасы менен есапта турған Н.А қылған қылмысынан шын кеўилден пушайман болып, алып барылған профилактик жумыслар нәтийжесинде өзине тийисли жуўмақ шығарғанлығы, жаза өтеў дәўиринде ҳеш қандай нызам бузылыў жағдайлары анықланбағанлығы себепли жаза мүддетинен алдын шәртли рәўиште азат етиў бойынша Жынаят ислери бойынша Хожели районы судына усыныс етилди.

Бул ис 27.08.2021-жыл Жынаят ислекри бойынша Хожели районы суды баслығы И.Алланиязов тәрепинен көрип шығылды ҳәм усынысты қанаатландырып жаза мүддетинен алдын азат етилди. Сол күни 2 пуқара жазаны өтеўден бас тартып белгисиз жерлерге қашып жүргенлиги себепли жазасы аўырластырыўшы жазаға алмастырыў мақсетинде жынаят ислери бойынша Хожели районы судына усыныс етилди. Суд баслығы И.Алланиязов усынысты көрип шығып олардын бас шарасы еркинен айырыў жазасына алмастырылып, судқа қатнаспағанлығы ушын излеў жәрияланды.

Ҳаял қашан бахытлы болады?!

Ҳаял қашан бахытлы болады?!

Шаңарағы тыныш, перзентлери саламат, хожалықта машқала, кемситиў ҳәм зорлық болмаса…

Ҳаял-қызлардың бахытлы жасаўы ушын көп нәрсе шарт емес, итибар ҳәм өз-ара меҳир-мүриўбетли болыўдың өзи жеткиликли. Бирақ, бес бармақ теңдей емес дегениндей, көпшилик жағдайда ҳаял-қызларымыздың  мине усындай әпиўайы бирақ олар ушын үлкен бир машқала болған мәселелерине онша итибар бере бермеймиз гейде.

         

Сонлықтанда, ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, зәрүр ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў мақсетинде орынларда «Ҳаяллар дәптери» дизимине киргизилген ҳаял-қызлар менен ушырасыўлар даўам етпекте. Усындай ушырасыўдың нәўбеттеги Қоңырат районында болып өтти.

Онда Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды баслығы Д.Разов, судья Е.Бердиев,  Қонырат районлараралық экономикалық суды баслығы А.Аяпов, Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық суды судьясы Б.Төребаевлар ҳәм район ҳәкиминиң ҳаял-қызлар мәселелер бойынша мәсләҳәтшиси Ж.Әметовалар арнаўлы шөлкемлестирилген «Ҳуқықый мәсләҳәт көрсетиў пункти»нде дизимге алынған 37 ҳаял-қыз бенен сәўбетлести, оларды қыйнап жүрген мәселелерди тыңлады.

Ҳаял-қызлардың көпшилиги мийнет стажы пенсия дәптерине жазылмай қалған, турақ жайды атына өткериў, алимент өндирип бериў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти.

Атап айтқанда,  райондағы “Үстирт” АПЖ турғыны 1966-жылы туўылған пуқара С.Калжанова 21-санлы мектепте 2006-2009 жыллары хожалық бөлиминде ислеген дәўири “мийнет дәптершеси”не жазылмай қалған. Ол бул иләжға сол ислеген дәўирин мийнет дәптершесине жазып бериўде ҳуқықый жәрдем сорап келди.  Усы жердиң өзинде мектеп директоры менен телефон арқалы сөйлесилип, С.Калжанованың мийнет дәптершесине ислеген дәўири толық жазып берилетуғын болды.

Қоңырат районы “Хорезм” АПЖ аймағында жасаўшы 1991-жылы туўылған пуқара А.Умарова, тәрбиясындағы бир перзенти ушын алимент пуллары Шоманай районы Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен өндирип берилмей атырғанын айтып, алимент пулларын өндирип бериўде жәрдем сорады. Бул мәселеде Шоманай районы МИБ жуўаплы хызметкерлери менен телефон арқалы сөйлесилди ҳәм тез арада шешип берилетуғын болды. Ушырасыўда мине усындай хожалық машқалалары менен келген ҳаял-қызлардың машқалалары ҳәр тәреплеме үйренилди. Ең баслысы, ҳеш ким итибардан шетте қалмады.

  

«Лас Вегас»тағы мушы зорлар

Кеўлимжай (атлар өзгертилген) нәўбеттеги кеўил ашар отырыспақлардың бири  жанжел менен жуўмақланыўын қыялына да келтирмеген еди. Өзиниң ең жақын жорасы Аббаз ҳәм Жәлмен менен бирге Нөкистеги ендиғана көпке танылып атырған «Лас Вегас» ресторанына барып аўқатланады. Өзи байрамның қабаты емеспе, азырақ аўзына тийгеннен кейин «бизде қызларды  8-март байрамы менен қутлықлайық» деп Кеўлимжай төрде ресторандағы мийманлардың кеўилли дем алыўы ушын түрли музыкаларды қойып отырған Бахыттың қасына келеди. Әри-бери микрофоныңды бер, бизлер тилек айтажақпыз деп «диджей» Бахыттың қолындағы микрофонға асылады. Бундай жағдай биринши емес, сонлықтан бундай аўҳалға үйренип кеткен диджейши елестирмей мийманларға микрофонды текғана ресторан ҳәкимшилигиниң рухсаты менен алыўға болатуғынлығын айтады. Бирақ ҳә дегеннен бундай жуўапты күтпеген Кеўлимжай болса ашыў менен диджейдиң бетине «салып» қалды.  Жағдайды көрген жоралары Аббаз бенен Жәлмен де ўақыя орнына жетип келип, төбелеске араласып кетти.

Ким урды, ким таяқ жеди, ким жуўапкер, ким жәбиркеш…

Қатты шаўқым, төбелес ишинде «ийт ийесин танымайды».

Қараңғылық.

Суў сепкендей тынышлық.

Суд залы.

«Мушы зор» жигитлер темир тор ишинде.

Диджей Бахыт болса емлеўханада.

Ресторандағы қылмыслары ушын Кеўлимжай, Аббаз ҳәм Жәлменлерге Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси тийисли статьялары менен 2 жыл мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланды.

Судланыўшылардың азатлықтан шеклеў жазасын өтеў мǝнзили етип – Нөкис қаласындағы олар жасайтуғын үйлери белгиленди. Сондай-ақ, кешки саат 20:00 ден азанғы саат 06:00 ге шекем жасаў орнынан шықпаў, кафе, бар, ресторан ҳәм басқада кеўил ашар орынларға бармаў, спиртли ишимликлер ишпеў, Нөкис қаласы ИИО пробация топарының рәсмий рухсатысыз ҳәм разылығысыз жасаў жерин өзгертпеўи ҳәм административлик территория аймағынан сыртқа шықпаў шеклеўлери орнатылды. Және ҳәр айда кеминде бир мәртебе Нөкис қаласы ИИО пробация топарынан есаптан өтип турыў мәжбүрияты жүкленди.

Солай екен, ойламай басылған ҳәр бир қәдемниң жуўабы бар. Жынаят ушын болса жаза…

 

 

Жынаят ислери бойынша

Нөкис қаласы суды судьясы        Мақсет Бекимбетов

 

Сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершилик

Өзбекстан Республикасының Конституциясы, Сайлаў кодекси ҳәм басқа нызамшылық нормалары пуқаралар сайлаў ҳуқықлары қорғалыўының кепили болып хызмет етеди.

Усы нызам ҳужжетлериндеги нормалар пуқараларға улыўма ҳәм тең сайлаў ҳуқықларын, сайлаўлардың ашық ҳәм әшкаралық принциплери тийкарында өткерилиўине ҳуқықый тийкар болыў менен бирге сайлаў ҳуқықларына тәсир көрсеткенлик, сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершиликти де өз ишине алады.

Атап айтқанда Сайлаў кодексиниң 103-статьясында сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершилик белгиленген. Сайлаў күни ҳәм даўыс бериў басланыўынан бир күн алдын жәмәәтшилик пикири сораўларының нәтийжелери, сайлаў нәтийжелери прогнозларын, өткерилип атырған сайлаў менен байланыслы басқа мағлыўматларды (ҳәммеге мәлим етиў), сондай-ақ мәлимлеме тармақларына, Интернет тармағына жайластырыў қадаған етиледи.

Мәмлекетимизде сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик те нәзерде тутылған.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстин VI бабында сайлаў ҳәм референдумды шөлкемлестириў ҳәмде өткериў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленген болып, оған тийкар Орайлық сайлаў комиссиясының, сайлаў комиссияларының, референдум өткериўши комиссиялардың жумысына араласқанлық ушын, олардың қарарларын орынламағанлық ушын, талабанның, оның исенимли ўәкилиниң, бақлаўшының яки сиясий партия ўәкилликли ўәкилиниң ҳуқықларын бузғанлық ушын, талабанлар, сиясий партиялар ҳаққындағы жалған мағлыўматларды тарқатқанлық ҳәм басқа ҳәрекетлер ушын жуўапкершилик белгиленген.

Сондай-ақ, сайлаў яки референдум өткериў, оларды өткериў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын Жынаят кодексиниң
146-статьясына тийкар базалық есаплаў муғдарының 25 есесине шекем жәрийма яки 360 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумысларға, 3 жылға шекем мийнетке дузетиў ислери жазасы менен жазаланады.

Сайлаў ҳуқықының яки исенимли ўәкиллер ўәкилликлериниң әмелге асырылыўына тосқынлық етиў Жынаят кодексиниң
147-статьясына тийкар 480 саатқа шекем мәжбурий жәмәәт ислери яки
3 жылға шекем мийнет дүзетиў ислери яки 2 жылдан 5 жылға шекем азатлықты шеклеў яки 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланады.

 

 

Жынаят ислери бойынша

Хожели районы судының баслығы                   Ибрайым Алланиязов

Skip to content