Конституция- ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўдың тийкары

Конституция – мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ол өзинде мәмлекеттеги пуқаралардың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийнлеўши, мәмлекет ҳәкимияты уйымлары хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған ҳүжжет есапланады.

Санаўлы күнлерден соң Өзбекстан  Республикасы Конституциясы  қабыл етилгенлигиниң 29 жыллығын көтериңки рух пенен халқымыздың ең үлкен байрамларынан бири сыпатында белгилеймиз. Бул Конституция алғы сөзинен ҳәм дәслепки статьяларынан баслап оның ақырғы статьясына шекем ғәрезсизлик, адамгершиликли, тыныш-татыўлық, инсан ҳуқықы ҳәм еркинликлери, теңлик сыяқлы бир қатар идеяларды өз ишине алады.

Конституцияда Өзбекстан халқының демократия, инсан ҳуқықлары ҳәм социал әдалат идеяларына садықлығы жәрияланған. Демократия улыўма инсаныйлық принциплерге тийкарланады. Инсан оның турмысы, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа қол қатылмас ҳуқықлары ең жоқарғы қәдириятлар есапланады. Конституциямыздың ҳəр бир статьясы инсан ушын, оның материаллық ҳəм руўхый талап ҳəм мүтәжликлерин, мəплерин қанаатландырыў ушын, халқымыздың гүллеп- жаснаўы ушын хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳақыйқый демократиялық принциплерди өзинде сәўлелендирген конституция есапланады. Ол тарийхта сыналған улыўма инсаный қәдириятларды, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәмлекет суверенитетин, нызамлардың үстинлиги, демократияны, социаллық әдилликти, ҳалықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларының үстемлигин өз ишине алады. Жәнеде Конституция базар қатнасықларына өтиўде жеке мүлк қатнасықларың қәлиплестириў, көппартиялық, сиясий плюрализм, пуқаралық тынышлықты, ҳәкимиятлар бөлиниўи, улыўма демократиялық-ҳуқықый мәмлекет қурыў нормаларын жәмлеген.

Конституция  жәмийет ҳәм мәмлекеттиң барлық тараўларындағы қатнасықлар ҳәмде тийкарғы қағыйдалардан ибарат болып, басқа нызам, нызам асты актлеринде анық ашып бериледи. Барлық нызамлар ҳәм нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер Тийкарғы нызамдағы қағыйдалар тийкарында ислеп шығылады. Бунда нызамлар ҳәм нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлердиң бас дереги, тийкары Конституция есапланады.  Конституция  барлық нызамлардан үстин турыўшы жоқары юридикалық күшке ийе ҳуқықый ҳүжжет болып табылады.

Өзбекстан мәмлекет ҳәкимияты халықтың мәпи ушын республиканың Конституциясы және оның тийкарында қабыл етилген нызамлар арқалы, тек буған ўәкиллик берилген уйымлар тәрепинен ғана әмелге асырылады. Конституцияда халық ҳәкимияты мәселелери өзиниң оғада жақсы шешимин тапқан. Оның мәниси соннан ибарат, Өзбекстан халқын миллетине қарамастан оның пуқаралары қурайды. Демек, республика аймағында жасаўшы бәрше халықлар, миллетлер конституция алдында тең ҳуқыққа ийе ҳәм ол ҳәммениң мәпин бирдей қорғайды. Себеби мәмлекет төмендеги принциптен келип шығады: мәмлекет халықлардан турады, ал халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден бир дәреги.

 

Султанмурат Давлетмуратов,

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы