“Covid-19” кеселлиги бойынша ҳеш қандай тексериўлерсиз мағлыўматнама таярлаған мийирбийке ҳәм оның шеригиниң қылмысы

Көпшиликтиң хабары бар, мәмлекетимизде COVID-19 пандемиясы менен байланыслы эпидемиялогиялық жағдай еледе толық турақласып кеткен жоқ. Арамыздағы айырым итибарсыз адамлардың бийпәрўалығы ақыбетинде коронавирус инфекциясының тарқалыў қәўипи артса артып атыр, бирақ статистикалық көрсеткишлер азайып атырған жоқ. Мине усындай сынаўлы ҳәм ҳәр биримизден тек өзимиздиң ғана емес, ал әтирапымыздағылардың да ден-саўлығына үлкен жуўапкершилик пенен қараў талап етип атырған бир ўақытта пул ушын ҳәтте усы вирустың бар жоқлығын дәлийлейтуғын мағлыўматларды да қәлбекилестирип, өз мәпи жолында пайдаланыў иллети де пандемия сыяқлы ен жайып баратырғанлығы кимди болсада ойландырмай қоймайды.

Шымбай районындағы жеке меншик клиникалардың биринде мийирбийке болып ислеп жүрген Ҳүрлиман Мақсетова шериги Асқар Есебаев пенен (аты, фамилиялары өзгертилген) өз-ара жынайый тил бириктирип, ɵзи яки басқа шахсқа пайдаланыў мақсетинде белгили бир ҳуқық беретуғын яки белгили бир мәжбүрияттан азат ететуғын рәсмий ҳүжжет есапланған ПЦР тест мағлыўматнамасын қәлбекилестирип “Covid-19” кеселлиги бойынша анализ алмастан турып 3 пуқараға таярлап береди. Ақыбетинде болса, ҳеш қандай тексериўлерсиз таярланған қәлбеки мағлыўматнама менен аэропорттан ушып кетпекши болған 3 пуқара “Нɵкис халықаралық” аэропортында ҚР ИИМ ТҚТБ хызметкерлери тәрепинен иркип қалынады.

Судланыўшы Ҳүрлиман Мақсетова суд мәжилисинде айыбын толық мойынлап, төмендегилерди билдирди:

-Мен Шымбай қаласындағы жеке меншик клиникада 2020-жылдан берли мийирбийке болып ислеймен. 2021-жыл 19-июнь күни жумыста ўақтында Асқар деген жигит келип «COVID-19» кеселлиги бойынша мағлыўматнама керек деди. Және ол меннен анализ тапсырмай-ақ, усы мағлыўматнаманы алыўға болама деп сорады ҳәм мен аўа деп айттым. Сол ўақытта Асқарға ɵзимниӊ қол телефонымның номерин берип усы номерге жалғанған телеграммға өзи айтқан үш адамныӊ паспорт нусқасын жибер дедим. Ол өзи айтқан адамлардың паспортын фотоға түсирип жиберди, кейин мен 3 дана бланканы 3000 сўмға шығартып алып, усы бланкадағы лаборант Нәзигүл апаныӊ орнына баслығы Мияссардың қолын уқсатып ɵзим қойып, регистрацияда турған печатты басып жибердим. Бул ислердиң барлығын клиника баслығы Мияссардың рухсатысыз бир өзим иследим. Сол күни саат 12:30лар шамасында усы Асқарға үш адамға «COVID-19» кеселлиги жоқлығы ҳаққында мағлыўматнаманы таярлағанымды айтып, оннан ҳәр бир мағлыўматнамаға 50.000 сўмнан 150.000 сўм пулларды алдым. Усы пулдан 3000 сўмды бланкаға бердим, қалған 147.000 сўм пулды үйиме азық-аўқатқа ислетип жибердим. Мениң бул қылмысыма жетиспеўшилик себеп болды, өзим таярлап берген қәлбеки “COVID-19” кеселлиги жоқлығы ҳаққындағы мағлыўматнаманы алған үш адам Нɵкис қаласында аэропортта ИИБ хызметкерлери тәрепинен 2021-жыл 21-июнь күни усланғанлығын, усы ўақыя бойынша өзим де ишки ислер бɵлими хызметкерлерине адвокат қатнасыўында түсиник хат жазып бердим. Мен бул қылған исимнен пушайманман, кеширим сорайман, енди бундай ислерди қылмайман.

Ҳүким оқылды 

Судланыўшылар Ҳүрлиман Мақсетова ҳәм оның шериги Асқар Есебаевлар Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 228-статьясы 2-бөлими “б” бәнтинде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп табылды. Оларға усы статья менен ис ҳақысының 10 (он) пайызы муғдарын мәмлекет пайдасына услаў жолы арқалы 2 (еки) жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланды.

 

 

Зухра Байымбетова,

Жынаят ислери бойынша Бозатаў районы суды баслығы

 

Гүлайым Ғаниева,

журналист