АШЫҚ КӨШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

Жынаят ислери бойынша Шымбай районы суды тәрепинен райондағы Әдиллик бөлими имәратында ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди.

 

Онда усы суд баслығы А.Успанов басшылығында, судья жәрдемшиси А.Исакованыӊ хаткерлигинде, Шымбай районы прокурорыныӊ жәрдемшиси Б.Байманованың қатнасыўында бир жынаят иси көрип шығылды.

 

Ашық көшпели суд мәжилисинде Өзбекстан Респбликасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлими менен топланған жынаят ислерин үйренип шыққан суд айыпланыўшы, жәбирлениўши, жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкили ҳәм гүўалардың пикирлерин тыңлап, дәлийллерди үйренип, жеткерилген материаллық зыянның толық өндирилгенлигин, жәбирлениўшилердиң айыпланыўшыға ҳеш қандай шағым даўы жоқ екенлигин билдирип, тәреплердиң өз-ара жарасыў бойынша берген арзаларын қанаатландырыўды лазым тапты.

 

Сондай-ақ, судья тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыпланған бир шахстың қарсысына топланған жынаят иси тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят процуссуал кодексиниң 84-статьясы 4-бөлимине тийкар өндиристен қысқартылып, жәбирлениўшилерге, жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкилине ҳәм пуқаралық даўагерлерге усы ис бойынша ис жүритиўди қайта тиклеў жүзесинен илтимаснама бериў ҳуқықы жоғалғанлығы түсиндирилди.

 

Суд уйғарыўына наразы тәреп, уйғарыў шығарылған ўақыттан баслап 10 күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясына апелляциялық тәртипте, бул мүддет өткеннен соң кассациялық тәртипте нарийзалық арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы екенлиги де мағлыўмат сыпатында айтып өтилди.

НУРАНИЙЛЕРИМИЗ ҲӘМИЙШЕ ҲҮРМЕТ ҲӘМ ИТИБАРҒА ЫЛАЙЫҚ

 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни. Елимизде бул сәне ҳәр жылы кең турде белгиленер екен, өткенлерди еске алып, жасы үлкен кексе нуранийлерди қәдирлеў сыяқлы ағла инсаныйлық пазыйлетлерди еледе беккемлеўге хызмет ететуғынлығы менен әҳмийетли.  

 

Сәне мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов  ҳәм  Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесовлар Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист “Суд фахрийси” көкирек белгисиниң ийеси Парахат Айтниязов пенен ушырасып, өзлериниң жақсы тилеклерин билдирип, саўғалар тапсырды.

 

 

Сондай-ақ, республикамыздағы судьялар да пүткил өмирин суд тараўына бағышлап, жемисли мийнет еткен, ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыстағы суд нуранийлери А.Абдиромова, А.Жанибекова ҳәм Р.Қурбановалардың шаңарақларында болып, олардың хал жағдайларынан хабар алды, естелик саўғаларын тапсырды.

 

 

 

 

 

Негизинде инсан бар екен, ол ҳәмийше ҳүрмет ҳәм итибарға ылайық. Әсиресе, өмири даўамында усы елдиң ғәрезсизлигин беккемлеў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў жолында пидайы мийнет еткен инсанлар усы күни еске алынып, олардың шаңарақларынан хабар алыў жақсы дәстүрге айланғанлығы өсип киятырған жас әўлад ушын ҳақыйқый үлги мектеби болып хызмет етеди.

 

 

БАЙРАМ ҚАРСАҢЫНДА СУД НУРАНИЙЛЕРИНЕ «СУД ФАХРИЙСИ» КӨКИРЕК БЕЛГИСИ ТАПСЫРЫЛДЫ

 

Инсан қанша жасағаны менен емес, ал қандай ийигиликли ислерди ислегени менен әзиз ҳәм қәдирли. Ҳәр бир тараўдың пидайысы болғаны сыяқлы суд тараўы пидайылары, әсиресе, нуранийлери ҳәмийше ҳүрмет-иззетте.

 

9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен Өзбекстан Республикасы Судьялар Жоқарғы кеңеси тәрепинен суд тараўында узақ жыллар даўамында жемисли мийнет еткен бир топар нуранийлери ылайықлы хошаметленди.

 

 

 

Нуранийлер, судьялар ҳәм суд хызметкерлериниң қатнасыўында видеоконференция байланыс режиминде өткерилген салтанатлы иләжда Өзбекстан Республикасы судьялар Жоқарғы кеңеси баслығы Х.Ёдгоров барлық жыйналғанларды қутлықлар екен, мәмлекетимизде суд тараўы соның ишинде нураний судьяларға көрсетилип атырған айрықша итибар ҳәм ғамхорлықларды мақтаныш пенен атап өтти.

 

 

Буннан соң, жыйналғанларды 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен қутлықлап, өткенлерди еслеў, арамызда болған жасы үлкенлерди қәдирлеп ҳүрмет етиў әзелий ең ағла инсаныйлық пазыйлет екенлигине итибар қаратты. Жасларды да усындай ийгиликли басламаларға шақырды. Буннан соң бир топар суд нуранийлерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-декабрьдеги “Судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПП-6127-санлы Пәрманында әдил судлаўды әмелге асырыўда узақ жыллар нәтийжели мийнет етип пенсияға шыққан судьялар ушын енгизилген “Суд фахрийси” көкирек белгисин салтанатлы жағдайда тапсырды.

 

 

 

Сыйлықланғанлардың арасында Қарақалпақстан Республикасынан суд нуранийлери 26 жыл даўамында үзиликсиз судья болып ислеген Бекнияз Матниязов ҳәм өзиниң 19 жыллық өмирин судьялыққа бағышлаған Клара Аллашовалар да бар. Оларға салтанатлы жағдайда «Суд фахрийси» көкирек белгиси тапсырылды. Сыйлықларды Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов салтанатлы жағдайда өз ийелерине тапсырды.

 

Мағлыўмат орнындай айтыў орынлы, усы күнге шекем 203 суд тараўы нуранийлерине «Суд фахрийси» көкирек белгиси тапсырылған болса, бүгин олардың қатары 25 суд нуранийине көбейди.

 

 

Сыйлықланған нуранийлердиң ҳәр бири өзиниң өмир ҳәм мийнет жолы менен бүгинги тараў ўәкиллери ушын ҳақыйқый үлги ҳәм тәжрийбе мектеби бола алады. Солай екен, оларды қанша қәдирлеп, ҳүрметлесек арзыйды.

 

 

 

ГУЛАЙЫМ ҒАНИЕВА,

 Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты

АШЫҚ КӨШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ ƟТКЕРИЛДИ

 

Жынаят ислери бойынша Қанлыкɵл районы суды баслығы М.Бекимбетов тәрепинен райондағы Жаслар орайы имәратында ашық көшпели суд мәжилиси ɵткерилди. Онда 11 шахстың қарсысына топланған ҳәкимшилик ис материаллары көрип шығылды. Нәтийжеде 8 шахсқа ҳәкимшилик қамақ жазасы, 3 шахсқа жәрийма жазасы тайынланды.

 

Сондай-ақ район ишки ислер бөлими пробация топары есабында жаза өтеп атырған ислеген қылмысынан шын кеўилден пушайман болып, қатаң дүзелиў жолына түскен 1 шахс Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясына тийкар жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етилди.

 

Буннан соң, судья жыйналғанларға 2024-жыл 15-март күнги “Айрым түрдеги жынайый қылмыслар ушын жуўапкершиликтиң либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодекси ҳәмде Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киритиў ҳаққында”ғы Ɵзбекстан Республикасы Нызамының мазмуны бойынша да кең түрде мағлыўмат берип өтти.

 

 

СУДЬЯ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСТЫ

 

Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумында “Судья ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары С.Қайыпназарова, З.Бабаджанова, М.Дауменова ҳәм З.Бердимуратовалар оқыўшы жасларға бүгинги күнде тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелери жөнинде кең түрде түсиник берер екен онда жаслардың қатнасын еледе кеңейтиў, жас әўладты нызамға ҳүрмет руҳында тәрбиялаў, ҳәр қыйлы зыянлы иллетлер тәсиринен қорғаў, олардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын, билим ҳәм көнликпелерин турақлы түрде асырып барыў тийкарғы мақсет екенлигине итибар қаратты.

 

 

 

 

Буннан соң, “Өзбекстан-2030” стратегиясында суд-ҳуқық тараўын еледе жетилистириўге байланыслы белгиленген илажлар, суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы пуқаралық процессуал кодексине  киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар,пуқаралық ислери бойынша судларда медиацияның әҳмийети, жумысқа тиклеў менен байланыслы даўларды судта көриўдиң өзине тән өзгешеликлери бойынша да судьялар тәрепинен баянатлар жасалды.

 

Ушырасыў судья ҳәм жаслардың еркин сораў-жуўаплары менен қызғын даўам етти.

 

 

ГҮЛАЙЫМ ҒАНИЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты

СУДЬЯ ҲӘМ ЖАСЛАР

 

ХХ әсирдиң 70-жылларында жаслар сиясаты раўажланған мәмлекетлердиң басым көпшилигинде миллий сиясаттың ғәрезсиз бағдарына айланды. Қәнигелердиң пикирине қарағанда, глобалласыў нәтийжесинде жаслар социаллық ҳәм экономикалық өзгерислердиң ең алдыңғы қатарларында болып, интеграцияласыў процессинде әйне жаслар миллет дәрежеси ҳәм турмыс шараятының тийкарғы көрсеткиши сыпатында қаралыўы керек, деп айтады. Себеби, мәмлекет сиясатының басқа көплеген бағдарларынан парықлы түрде Жаслар сиясаты жас әўладты заманагөй жәмийетке интеграциялаўға қаратылған.

 

Демек, бизиң мәмлекетимиз халқының ярымынан асламын жаслар қурайды екен, өз-өзинен жасларға болған итибар мәмлекет сиясатының ең әҳмийетли бағдарларының бири. Қысқа дәўир ишинде жаслардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған жүзден артық ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Әсиресе, жаңаланған Конституциямызда да жаслардың ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеў, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында белсенди қатнасыўын хошаметлеў, олардың руўхый, интеллектуаллық, дөретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан раўажланыўы ушын шәраятлар жаратыў миннетлемесин мәмлекет өз жуўапкершилигине алды. Бул қағыйдалар жаслар турмысында өзлерин толық көрсетиў мүмкиншилигин тәмийинлейди. Әлбетте, бүгин мәмлекетимиз қандай жетискенликлерге ерисип атырған болса онда жаслардың орны айрықша. Бул пикирлер Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилген «Судья ҳәм жаслар» ушырасыўында айрықша атап өтилди.

Дурысында да, жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студент жаслар менен түрли тараў ўәкилери, басшылардың қатнасыўында усындай ушырасыўларды шөлкемлестириў жаслардың келешекте анық бир кәсипти дурыс таңлаўында орны гиреўли.  Усы тийкарда, университеттиң студент жаслары менен Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы Камал Тариховтың ушырасыўы да өз келешегин суд-ҳуқық тараўы менен байланыстырыўды нийет еткен жасларға өзгеше мотивация болды десек асыра айтқан болмаймыз.

Әдеттегиден өзгеше ашық сәўбетлесиў форматында өткерилген илажда елимизде жаслар ҳәм олардың бахытлы келешеги жолында жаратылып атырған кең имканиятлар менен бирге олардың жәмийеттен ылайықлы орын ийелеўинде әҳмийетли болған дурыс кәсип таңлаў мәселелери де талқыланды. Соның менен бирге, суд баслығы өзиниң студентлик жылларын еске алар екен, бугинги жасларға жүдә ҳәўес ететуғынлығын жасырып отырмады. Жасларды бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўға шақырды. Буннан соң, мәмлекетимиз суд системасы, әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы реформалар, онда судлардың тутқан орны ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, университеттиң питкериўши жасларына судтың кадрлар резервине алыўдың тәртип-қағыйдалары бойынша да түсиник берилди.

 

Судьялық қаншелли мақтанышлы болса, жуўапкершилиги оннан да үлкен. Бул мәзи айтылған гәп емес. Себеби, суд ҳәкимияты мәмлекеттиң ҳуқықый-мәнаўий келбетин белгилейтуғын тийкарғы өлшем болып табылады. Сонлықтанда, судьяларға кәсиплик талаплардан тысқары әдеп-икрамлылықтың улыўма тән алынған нормаларына қосымша талаплар да қойылады. Бул талаплар судьяның хызмет ўазыйпасын орынлаў процессинде ғана емес, ал жумыстан тысқары ўақытлары да әмел етиўи шәрт болған әдеп-икрамлылық қағыйдалары екенлиги мысалларда түсиндирилди. Солай екен, өмирин суд тараўы менен байланыстырыўды мақсет еткен жаслар пухта ҳәм терең билим алыўға, оқып-излениўге умтылыўы керек екенлиги уғындырылды.

Жүзбе-жуз сәўбетлесиўде жаслар өзлериниң бул бағдарда қызықтырған сораўларына суд баслығынан анық ҳәм толық жуўаплар алды. Буннан соң, зийрек, белсенди жасларға китаплар топламы естелик сыпатында саўға етилди.

 

Өткерилген илаж, жаслардың келешекте суд тараўына болған қызығыўшылығын арттырып, алдына анық мақсет қойыўына түртки болыўына хызмет еткенлиги менен әҳмийетли болды.

 

 

Гүлайым ҒАНИЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты

 

 

 

 

МЕДИАЦИЯ-ДАЎЛАРДЫ АЛЬТЕРНАТИВ ШЕШИЎДИҢ НӘТИЙЖЕЛИ МЕХАНИЗМИ

 

 Елимизде мәмлекет органларының халық пенен байланысын жеделлестириў, пуқаралар ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийнлеў ҳәмде олардың машқалаларын шешиўдиң заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша бир қатар иләжлар әмелге асырылмақта.Соның менен бирге, усы тараўда реформалардың ҳәзирги басқышы мәмлекет органларында даўларды судқа шекем көрип шығыўдың бирден-бир системасын жаратыў, медиация, төрешилик судлары ҳәмде халықаралық арбитражларды пуқаралар ҳәмде исбилерменлердиң исенимине ерисетуғын даўларды шешиўши нәтийжели алтернатив институтларға айландырыў лазымлығын талап етпекте.

Сонлықтан, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын жеделлестириў, даўларды шешиўдиң алтернатив имкәниятларын кеңейттириў, судларда ис көлемин қысқартыўда медиация институты, төрешилик судлары ҳәм халықаралық арбитражлардың ролин түптен асырыў мақсетинде 2018 жыл 3 июльда Өзбекстан Республикасының «Медиация ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилип, 2019-жыл 1-январьдан баслап күшке кирди.

 

Сондай-ақ, 2020-жыл 17-июньда Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Даўларды алтернатив шешиўдиң механизмлерин жәнеде жеделлестириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4754-санлы қарары қабыл етилди.

 

Медиация — келип шыққан даўды тәреплер өз-ара разы қарарға ерисиўи ушын олардың ықтыярый разылығы тийкарында медиатор көмегинде шешиў усылы болып табылады.

 

«Медиация ҳаққында»ғы нызамы пуқаралық ҳуқықый қатнасықлардан, солар қатарынан исбилерменлик искерлигин әмелге асырыў мүнәсебети менен келип шығатуғын даўларға, сондай-ақ жеке мийнет даўларына ҳәм шанарақлық ҳуқықый қатнасықларынан келип шығатуғын даўларға медиацияны қоллаў менен байланыслы қатнасықларға қарата, егер нызамда басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса әмел қылады.

 

Медиация қупыялылық, ықтыярыйлық, тәреплердиң бирге ислесиўи ҳәм тең ҳуқықлылығы, медиатордың ғәрезсизлиги ҳәм объективлиги принциплери тийкарында әмелге асырылады. Тәреплер ҳәм медиатор медиация қатнасыўшылары болып есапланады. Физикалық шахслар ҳәм, юридикалық шахслар ҳәм медиация тәреплери болыўы мүмкин.

 

Медиация тәреплери: медиаторды ықтыярый рәўиште таңлаўға; медиатордан ўаз кешиўге; медиацияның қәлеген басқышында онда қатнасыўдан ўаз кешиўге; медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыўда нызамшылықта белгиленген тәртипте жеке өзи яки өз ўәкиллери арқалы қатнасыўға ҳақылы болып табылады.

 

Медиатордың искерлиги профессионал яки профессионал болмаған тийкарда әмелге асырылыуы мүмкин. Профессионал тийкардағы медиатор искерлигин Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен тастыйықланған медиаторларды таярлаў дәстүри бойынша арнаўлы оқыў курсынан өткен, сондай-ақ Профессионал медиаторлар реестрине киритилген шахс әмелге асырыўы мүмкин. Профессионал болмаған тийкардағы медиатор искерлигин 25 жасқа толған ҳәм медиатор ўазыйпаларын атқарыўға разылық берген шахс әмелге асырыўы мүмкин.

 

Мәмлекет ўазыйпаларын атқарыў ушын ўәкиллик берилген яки оған теңлестирилген шахс (нотариуслерден тысқары), суд қарарына тийкар ҳәрекет уқыплылығы шекленген яки ҳәрекетке уқыпсыз деп табылған шахс, судланганлық ҳалаты тамамланбаған яки судланғанлығы алып тасланбаған шахс, өзине қарата жынайый изине түсиў әмелге асырылып атырған медиатор болыўы мүмкин емес. Медиатордың искерлиги исбилерменлик искерлиги болып есапланбайды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармалары тәрепинен Профессионал медиаторлар реестри жүргизиледи, усы реестр олардың рәсмий веб-сайтларында, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жайластырылады.

 

Медиация тәреплердиң қәлеўи тийкарында қолланылады. Медиация судтан тысқары тәртипте, даўды суд тәртибинде көриў басқышында, суд ҳүжжетин қабыл етиў ушын суд мәсләҳәтханаға киргенге шекем, сондай-ақ суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў басқышында қолланылыўы мүмкин. Медиация даўды төрешилик судында көриў басқышында ҳәм төрешилик судының қарары қабыл етилгенине шекем қолланылыўы мүмкин. Медиация суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў басқышында қолланылған жағдайда искерлигин профессионал тийкарда әмелге асырыўшы медиатордың қатнасыўы талап етиледи. Медиацияда қатнасқанлық факти айыпты тән алыў дәлийли болып хызмет етпейди. Медиацияны қоллаў ҳақкындағы келисим шәртнамадағы оның ажыралмас бөлеги болған шәрт тәризинде яки арнаўлы келисим тәризинде жазба формада дүзиледи.

 

Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда, ўәкилликли мәмлекет органы истиң додалаўын қалдырып, медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыў ушын мүддет тайынлаўы мүмкин. Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў баскышында медиация тәртип-қағыйдасы әмелге асырылған жағдайда, оны әмелге асырыў дәўиринде орынлаў исин жүргизиў тоқтатып турылады. Медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыў барысында мәмлекет органының туўрыдан-туўры араласыўы қадаған етиледи.

 

Судта ис қозғатылғанынан кейин медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыўдың өзине тән өзгешеликлери процессуал нызамшылықта белгиленеди. Суд додалаўы басқышында, даўды ўәкилликли мәмлекет органында көриў басқышында медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыў барысында тәреплер тәрепинен ерисилген медиатив келисим тийисли ис қайсы суд яки ўакилликли мәмлекет органының ис жүргизиўинде болса, дәрҳал усы судқа яки ўакилликли мәмлекет органына жибериледи.

 

Даў медиатив келисим менен медиация тәртибинде шешилген жағдайда, орынлаў бақышынан басқа жағдайларда төленген мәмлекетлик бажы қайтарылады.

 

Медиация тәртип-қағыйдасы әмелге асырылып атырғанда даўа мүддетиниң өтиўи тоқтатып турылады. Медиация тәртип-қағыйдасы  30 күнлик муддет ишинде әмелге асырылады, орынлаў басқышында болса  15 күнлик мүддет ишинде әмелге асырылыўы лазым.

 

Медиация тәртип-қағыйдасын әмелге асырыў нәтийжелери бойынша тәреплер келип шықкан даў ямаса миннетлемелерди орынлаў шәртлери ҳәм мүддетлери ҳақкында өз-ара алтернатив қарарға ерискен жағдайда, тәреплер ортасында жазба формада медиатив келисим дүзиледи.

 

Медиатив келисим оны дүзген тәреплер ушын мәжбүрий күшке ийе болып, усы келисим онда нәзерде тутылган тәртипте ҳәмде мүддетлерде тәреплер тәрепинен ықтыярый рәўиште орынланады. Медиатив келисим орынланбаған жағдайда тәреплер өз ҳуқықлары қорғалыўын сорап судқа мүрәжаат етиўге ҳакылы.

 

 

Саодат КАИПНАЗАРОВА,

Қарақалпакстан Республикасы суды судьясы                  

 

ОЙЛАМАЙ БАСЫЛҒАН ҚӘДЕМ

 

Бүгинги күнде илим ҳәм техниканың раўажланыўы, жетилистирилиўи менен, алдаўшылық жынаятының да түрли көринислери көбейип кетти. Әсиресе, кейинги ўақытта көпшиликти тәшўишке салып атырган кибер жынаятшылық ақыбетинде қаншадан қанша адамлар, алданып, бул жынаят қурбанына айланбақта. Сонлықтанда, әтирапта болып атырған ўакыя ҳәдийселерге бийпәрўа болмастан, ҳәр кимниң “Сениң исиңди питкерип беремен, яки болмаса банкте, жоқары турыўшы уйымларда танысларым бар, саған кредит алып беремен, жумысқа киргиземен, мениң аўҳалым дым төмен қарыз берип тур…” Қулласы, бундай сылтаў мысаллардың изин үзбей еле даўам ете бериў мүмкин. Бирақ, өзгелердиң исенимине кирип, түрли ғарезли мәксетлер жолында оннан пайдаланыў, шахсқа материаллық зыян жеткериў -ҳәзирги күнде алдаўшылық жынаятының көриниси. Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллеясында өткерилген нәўбеттеги ашық суд мәжилиси де усындай алдаўшылық жынаяты менен байланыслы.

 

Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен ашық суд мәжилисинде төмендеги курамда басшылық етиўши усы судтың судьясы Аметов, коллегия агзалары судьялар Давлетмуратов ҳәмда Разов, судья жәрдемшиси Отарбаев хаткерлигинде, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы прокуроры, судланыўшы, оның қорғаўшысы, адвокатының қатнасыўында, жынаят иси апелляция тәртибинде көрип шығылды.

 

Ықлас 2001-жыл Қанлыкөл районында туўылған, миллети қарақалпақ, мағлыўматы орта. Ол белгили бир кәсип-өнер ийелеўдиң орнына шуғыл иске қол урып, жаслайынан “судланған” деген тамға алды. Оның менен теңдей-қурбы қурдаслары, дослары кими жоқары оқыў орнында оқып атырған болса, кими усташылық өнерин ийелеп, ата-анасына хожалықта жақын көмекши болып жүр. Ал, Ықлас ше!? Я оқыўды, я жумысты келистире алмаған ол, өзи сыяқлы “бийталап” дос таўып, адамлардын исенимине кирип, өзин пулға мүтәж “бийшара” көрсетип, бир нешше пуқаралардың атларына мобиль телефондағы банклердиң қосымшалары арқалы ҳәр қыйлы муғдарда кредит пулларын шығартып алып, өзиниң мәслиги жолында ислетип жибереди.

 

Атап айтқанда, Ықлас өзгениң мүлкин ямаса мүлкке болған ҳуқықын мәлимлеме технологияларынан пайдаланып, алдаўшылық жолы менен өзлестириў арқалы жынайый жоллар менен материаллық байлық арттырыў мақсетин гөзлеп, өзиниң жынайый шериги “Т” исимли шахс пенен 2022-жылы декабрь айында пуқара “Ш”ға пул керек болып тур, сениң атыңа 3 млн 500 мың сом кредит алайық, ҳәр ай өзим төлемеймен деп, оны алдап пуқара “Ш”ның телефонына коммерциялық банктың қосымшасы арқалы оған барлық мағлыўматларды жүклеп 14 млн 210 мың сом мугдарында кредит шығарыўга ерисип, бул пулларды Хорезм ўәлаятындағы бир фирманың есап бетине өткерип, сол фирма ис жүритиўшисинен бул пуллардан 12 млн 800 мың сомын нақлап алыўга ериседи ҳәм өз мәпи жолында ислетип жиберип, кредит пулларын төлемей, сондай-ақ, пуқара “Ш”ға да бир сом берместен оның исениминен пайдаланып, оған 14 млн 210 мың сом муғдарында материаллық зыян жеткереди.

 

Судланыўшы өзиниң жынайый шериги “Т” исимли шахс пенен және алдаў жолы арқалы пуқара “Ш” дан басқа 3 адамға усындай онлайн кредит алып турайын деген бәне пенен атына кредит алып, оны төлеместен, өз мәпи жолында ислетип жибереди.

 

Солай етип, судланыўшы Ықлас жоқарыдағы өзиниң ис-ҳәрекети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлиминиң «б,г» бәнтлеринде көрсетилген жынаятты қасттан ислегенликте айыплы деп табылған.

 

Ис бойынша судланыўшы өзиниң шаңарақлық жағдайын, алдын судланбағанын, жас шаңарақ екенлигин, жеткерилген зыянлар толық қапланғанлығын итибарға алып жеңиллик қолланыўды сорап, судқа апелляциялық шағым арзасын жазады.

 

Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы ис бойынша топланған дәлиллерди тексерип, оларға баҳа берип суд ҳүкминиң судланыўшы Ықласқа қараған тәрепине өзгерис киритиўди лазым тапты ҳәм уйғарды.

 

Судланыўшы Ықлас Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлиминиң «б,г» бәнтлеринде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, оған ис ҳақысының 10 пайызын мәмлекет пайдасына услап қалған ҳалда 3 жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланып, суд залынан азат етилди.

 

Ықластың жазасы жеңилрегине алмастырылғанлығы бул оны жуўапкершиликтен толық азат етилди дегени емес, ал жәмийеттен айырып тасламаған ҳалда мийнетке дүзетиў, дурыс жолды таңлап, ҳадал жасаўына және бир мүмкиншилик.

 

Солай екен, ойланбай басылған ҳәр бир қәдем келешек ушын қәўипли тосық болыўы мүмкин. Жынаятқа жаза бар екенлигин умытпаң!

 

Алишер АМЕТОВ,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

НЫЗАМСЫЗ БОСАТЫЛҒАН ХЫЗМЕТКЕР ЖУМЫС ОРНЫНА ҚАЙТА ТИКЛЕНДИ

Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының 2023-жыл 7-ноябрьдеги орынлаў ҳүжжети тийкарында пуқара С.Муратовты Шоманай районы Мектепке шекемги ҳǝм мектеп билимлендириўи бɵлиминдеги алдынғы жумыс орнына теңлестирилген орынға тиклеў белгиленген.

 

Нызамшылыққа бола жумысқа тиклеў ҳǝм мийнет ҳақыны ɵндириў ҳаққындағы судлардың орынлаў ҳүжжетлери Бюро уйымларына усынылмастан алдын жумыс бериўши шɵлкемге тапсырылыўы кереклиги қатаң белгилеп қойылған. Сол себепли, пуқара С.Муратов суд ҳүжжетиниң орынланыўын сорап, Шоманай районы Мектепке шекемги ҳǝм мектеп билимлендириўи бɵлимине тапсырған. Бɵлим тәрепинен суд қарарының орынланыўын тǝмийинлемегенинен соң пуқара Бюроның Шоманай районлық бɵлимине мүрǝжат еткен ҳǝм орынлаў ҳǝрекетлерине кирисилген.

 

Бɵлимниӊ мǝмлекетлик орынлаўшысы Шоманай районы Мектепке шекемги ҳǝм мектеп билимлендириўи бɵлиминиӊ баслығына суд қарарының орынланыўы кереклиги, оны орынламаўдың ақыбетлери ҳаққында ескертилген. Соныӊ нәтийжесинде Шоманай районы Мектепке шекемги ҳǝм мектеп билимлендириўи бɵлими баслығының 2024-жыл 8-апрельдеги буйрығы тийкарында пуқара С.Муратов ɵзиниң алдынғы лаўазымына теңлестирилген жумыс орнына қайта тикленди.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎ БАСҚЫШЛАРЫ

 

Қарақалпақстан Республикасының ҳәзирги Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни қабыл етилгени бәршемизге мәлим. Лекин бул Конституцияның жойбары оннан 2-3 жыл алдын, яғный 1990-жылдан баслап исленгени ҳаққында көпшиликтиң хабары болмаса керек.

 

1991-жыл 31-августта Өзбекстан Республикасы өзиниң ғәрезсизлигин жәриялады ҳәм 1992-жыл 8-декабрьде оның жаңа Конституциясы қабыл етилди. Мине, усы тарийхый ўақыялардан кейин Қарақалпақстан Республикасында да жаңа конституцияның жойбары үстинде ислеў әдеўир көтериңкилик пенен ҳәўиж алды. Нәтийжеде 1993-жыл февраль айында болып өткен конституциялық комиссияның гезектеги мәжилисинде конституцияның жойбары қаралып шығылды ҳәм жойбар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Совети Президиумына усынылды. Президиум Конституцияның жойбары бойынша 1993-жыл 1-мартта қарар қабыл етти ҳәм оған тийкар жойбар ғалаба хабар қуралларында 1993-жыл
7-мартта жәрия етилди.

 

Конституцияның жойбары ғалаба хабар қуралларында жарық көрген күннен баслап оны улыўма халықлық додалаў басланып кетти. Жойбарды додалаўға пуқаралар, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм мәмлекетлик уйымлар белсене қатнасты. Буның нәтийжесинде Конституцияның жойбары бойынша конституциялық комиссияға 450 ден аслам, ал ғалаба хабар қуралларына 1000 нан аслам пикирлер ҳәм ҳәр түрли усыныслар келип түскен.

 

Солай етип, 1993-жылы 9-апрельде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң XII-шақырық 12-сессиясында Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилди. Тийкарғы нызамымыз болған Конституция да жәмийетимизде соңғы жыллар даўамында жүз берип атырған өзгерислерди ҳәм заман талапларын итибарға алған ҳалда раўажланып, жетилисип бармақта.

 

Өзгерислерге тоқталып өтетуғын болсақ, Конституциямызға

1) 1994-жылы 26-февральда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң XII-шақырық 15-сессиясында,

2) 1995-жылы 31-октябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң I-шақырық 4-сессиясында,

3) 1997-жылы 15-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң I-шақырық 13-сессиясында,

4) 2003-жылы 12-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң II-шақырық 12-сессиясында,

5) 2014 жыл 27 июньда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң IV-шақырық 15-сессиясында,

6) 2019-жыл 29-июньда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң V-шақырық 26-сессиясында,

7) 2019-жыл 16-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң V-шақырық 29-сессиясында,

8) 2021-жыл 12-февральда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң VI-шақырық 15-сессиясында қосымшалар ҳəм өзгерислер киргизилген.

 

Соңғы өзгерис ҳәм қосымшалар менен Конституциямыз (қабыл етилген ўақытта 6 бөлим, 25 бап, 116 статьядан ибарат болған) ҳәзирги ўақытта 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

 

Өзгерислерден 1997-жылы 15-декабрьдеги нызам менен Конституцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумының ўәкилликлерин белгилеп бериўши 19-бап (84, 85-статьялар), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының ўәкилликлери ҳаққындағы 88-статья қосымша етип киргизилгенин, ал 2003-жылы 12-ноябрьдеги нызам менен улыўма юрисдикция судларының қәнийгелисиўине байланыслы Қарақалпақстан Республикасы судларының ўәкилликлерине, олардың баслықлары ҳәм судьяларын сайлаў, тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыўға байланыслы Конституцияның 68, 75, 81, 101-105-статьяларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенин, 2014-жыл
17-июньдағы нызам менен Жоқарғы кеӊес баслығыныӊ ўәкилликлерине, 2021-жыл 12-февральдағы нызам менен суд системасына байланыслы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенин атап өтиў орынлы.

 

Атап айтқанда, 2021-жыл 12-февральдағы нызам менен киргизилген өзгерислерге көре, Конституциямыздың 101-статьясы төмендеги редакцияда баян етилди: «Қарақалпақстан Республикасының суд системасы Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, пуқаралық ислери бойынша районлараралық, районлық (қалалық) судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық, районлық (қалалық) экономикалық судлары ҳәм де районлараралық ҳәкимшилик судларынан ибарат».

 

Сондай-ақ, Конституциямыздың 102-статьясына өзгерис киргизилип, онда Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық, жынаят ҳәм экономикалық судлаў ислерин жүргизиў саласында жоқары суд ҳәкимияты уйымы болып табылатуғыны белгиленген болса, Конституцияның 103 ҳәм 104-статьяларында орын алған Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судына тийисли нормалар шығарып тасланды.

 

Жуўмақлап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы жоқары дәрежедеги нызам сыпатында мәмлекетимиз келбетин, оның социаллық, экономикалык, сиясий дүзимин, басқарыўдың демократиялық принциплерин, жәмийет раўажланыўының стратегиялық бағдарларын, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери кепилленгенлигин ҳәм де руўхый қәдириятларымыз тийкарларын беккемлеп береди.

 

 

Еркин УТЕНИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                                                                                              

 

Skip to content