КЕЛИСИМ ПИТИМИ ҲӘМ МЕДИАТИВ КЕЛИСИМНИҢ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ

 

 Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў жолында, келиспеўшиликлерди өз-ара сөйлесиўлер жолы менен шешиў арқалы судларда жумыс көлемин оптималластырыўда келисим питими ҳәм медиатив келисим институтлары үлкен әҳмийетке ийе.

 

Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2009-жыл 18-декабрьдеги «Экономикалық судлар тәрепинен келисим питимин тастыйықлаўда процессуаллық нызам нормаларының қолланылыўына байланыслы айырым мәселелер ҳаққында»ғы 204-санлы қарарының 2-бәнтинде берилген түсиндириўге көре, келисим питими дегенде өз-ара келисиўге тийкарланған, даўа талабына (талапларына) байланыслы анықлыққа ерисиўге қаратылған, тартысты шешиў ҳаққындағы тәреплердиң жазба келисимлери түсиниледи.

 

«Медиация ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 4-статьясына муўапық, медиация – келип шыққан келиспеўшиликти тәреплер өз-ара мақул шешимге ерисиўи ушын олардың ықтыярлы келисимине тийкарланып медиатор жәрдеминде шешиў усылы болып табылады. Медиатив келисим болса – медиацияны қолланыў нәтийжесинде медиация тәреплери тәрепинен ерисилген келисим есапланады.

 

Олардың улыўма тәрепи сонда, екеўинде де келиспеўшиликлерди сөйлесиўлер ҳәм келисим жолы менен шешиўге қаратылған келиспеўшиликлерди шешиўдиң альтернатив усылы болып табылады.

 

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 131-статьясы екинши бөлимине муўапық, келисим питими ямаса медиатив келисим даўа тәртибиндеги ҳәр қандай ис бойынша дүзилиўи мүмкин.

 

Олардың айырмашылық тәреплери сонда, келисим питими экономикалық суд ислерин жүргизиўдиң ҳәр қандай басқышында (ҳәтте, ислерди апелляция, кассация ямаса ревизия инстанциясында көриў басқышларында да) ҳәм суд ҳүжжетин орынлаў процессинде де дүзилиўи мүмкин, ал медиатив келисим болса биринши инстанция судында суд мәсләҳәтханаға суд ҳүжжетин қабыл етиў ушын шыққанға шекем тәреплер тәрепинен дүзилиўи мүмкин.

 

Келисим питими ол суд тәрепинен тастыйықланғаннан кейин дүзилген есапланады яғный судтың келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы уйғарыў шығарылыўы менен дүзилген есапланады.

 

Ал, медиатив келисимди болса суд тәрепинен тастыйықлаўды талап етпейди.

 

Суд тәрепинен келисим питиминиң тастыйықланыўы ис жүргизиўди өндиристен қысқартыўға тийкар болады, сол себепли әйне бир шахслар ортасындағы, әйне бирдей предмет ҳәм тийкарлар бойынша судқа тәкраран даўа арза менен мүрәжат етиўге жол қойылмайды.

 

Тәреплер арасында медиатив келисим дүзилген болса, даўа арза көрместен қалдырылады, бундай жағдайда әйне бир шахслар ортасындағы, әйне бирдей предмет ҳәм тийкарлар бойынша даўагер судқа даўа арзасы менен улыўма тәртипте жаңадан мүрәжат етиўге тосқынлық қылмайды.

 

Тәреплер арасында дүзилген келисим питим бойынша шәртлескен миннетлемелерди орынламаў ҳуқықый ақыбетлерди келтирип шығарады. Сол себепли, келисим питиминде миннетлемелерди орынлаў шәртлери ҳәм мүддетлери көрсетилиўи керек, сондай-ақ, келисим питиминде жуўапкер тәрепинен миннетлемелерди кешиктирип ямаса бөлип-бөлип орынлаў ҳаққындағы, талап етиў ҳуқықынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў ҳаққындағы, қарыздан (неустойка) толық ямаса бир бөлегинен ўаз кешиў ямаса қарызды тән алыў ҳаққындағы, суд қәрежетлерин бөлистириў ҳаққындағы ҳәм нызамға қайшы болмаған басқа да шәртлер көрсетилиўи мүмкин. Келисим питиминиң онда белгиленген тәртип ҳәм мүддетлерде орынланбаўы суд тәрепинен мәпдар тәрептиң арзасы бойынша орынлаў хатын бериў ушын тийкар болады.

 

Медиатив келисимде болса, тәреплер белгили бир миннетлемелерди орынлаў ҳаққында келискен болса да, келисилген шәртти орынламаслық ҳуқықый ақыбет келтирип шығармайды. Соған бола, медиатив келисим шәртлери орынланбаған жағдайда, тәреплер қайтадан судқа мүрәжат етиўге ҳақылы болады.

 

Тәреплер ортасында медиатив келисим дүзилип, даўа арзасы көрместен қалдырылған жағдайда, даўа арзасы усынылғанда алдыннан төленген мәмлекетлик бажы даўагерге қайтарылады, егер даўа арза берерде мәмлекетлик бажыдан азат етилген, мәмлекетлик бажыны төлеў кешиктирилген болса тәреплерден мәмлекетлик бажы өндирилмейди. («Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы, 18-статья).

 

Жоқарыда атап өтилген Пленум қарарының 17, 18 ҳәм 19-бәнтлерине көре, келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы суд уйғарыўының жуўмақлаўшы бөлиминде оның барлық шәртлери баян етилиўи керек. Бунда тәреплердиң суд қәрежетлерин бөлистириў бойынша келисимниң жоқ екенлиги келисим питимин тастыйықлаўдан бас тартыўға тийкар болмайтуғынын инабатқа алыўы керек. Бундай жағдайда, суд қәрежетлерин бөлистириў мәселеси суд тәрепинен Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118-статьясы қағыйдалары тийкарында шешиледи.

 

Келисим питимин тастыйықлаў ҳәм ис жүргизиўди өндиристен қысқартыў ҳаққындағы суд ҳүжжети үстинен Экономикалық процессуаллық кодексинде белгиленген улыўма тәртипте шағым етилиўи (протест келтирилиўи) мүмкин.

 

Егер келисим питиминиң тәрепи, келисим питими суд тәрепинен тастыйықланғаннан кейин келисим питиминиң шәртлерин қайта көрип шығыўға ҳәм (ямаса) келисим питимин орынлаўдан бас тартыўға қаратылған даўа менен мүрәжат етсе, суд бундай талапларды қанаатландырыўсыз қалдырады.

 

Егер суд тәрепинен тастыйықланған келисим питимин тәреплер өз-ара бийкарлап ямаса оның шәртлерин өзгертип, судқа тастыйықлаў ушын жаңа редакциядағы келисим питимин усынса, суд бундай арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында уйғарыў шығарады ҳәм бундай уйғарыў үстинен шағым етилмейди (протест келтирилмейди).

 

Ҳәр қандай келисим питиминиң судқа усынылыўы ол суд тәрепинен тастыйықланады дегенди аңлатпайды. Өйткени, Экономикалық процессуаллық кодексиниң  134-статьясына муўапық,  суд келисим питими оның шәртлери нызамшылыққа қайшы болса, оның шәртлери үшинши шахслардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы болса, ол шәрт тийкарында дүзилген болса тастыйықлаўдан бас тартады ҳәм бул ҳаққында уйғарыў шығарады. Бул уйғарыў үстинен шағым етилмейди (протест келтирилмейди).

 

Мәселен, Экономикалық процессуаллық кодексиниң 221-статьсы төртинши бөлимине муўапық, ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша келисим питими яки медиатив келисим дүзилиўине жол қойылмайды.

 

Сондай-ақ, Экономикалық процессуаллық кодексиниң  203-9(прим)-статьясы алтыншы бөлимине муўапық, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған, мәмлекет мүлкинде болған жер участкасын қайтарыў, өзбасымшалық пенен қурылған имаратты бузып таслаў ҳаққындағы ислер бойынша келисим питими яки медиатив келисим дүзилиўине жол қойылмайды.

 

Келисим питимди тастыйықлаў мәселесинде келисим питимниң тәрепи Акционерлик жәмийети яки жуўапкершилиги шекленген жәмийети болса, бул келисим питим ири питим талапларына жуўап бериў бермеслиги «Акционерлик жәмийетлери ҳам акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў туўрысында»ғы, «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер туўрысында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларында белгиленген тәртипке муўапық дүзилгенлиги, сондай-ақ келисим питимлерди тастыйықлаўда келисим питими көшер яки көшпес мүлкти бериў туўрысындағы шәртти өз ишине алған болса, бул мүлкке үшинши шахслардың ҳуқықлары бар жоқлығы яғный хатлап қойылғанлығы, гиреўге қойылғанлығы сыяқлы жағдайлар тексерилиўи лазым.

 

Келисим питимин дүзиў, медиация тәртип процедурасын әмелге асырыў туўрысында келисим яки медиатив келисимди дүзиўде және бир итибар қаратыўы лазым болған тәрепи ол усы питим ҳәм келисимлерди имзалаўшы шахслардың Экономикалық процессуаллық кодексиниң  63-статьясында белгиленгениндей ўәкилликлери бар жоқлығына итибар қаратылыўы лазым.

 

Сондай-ақ, медиатив келисим арқалы даўадан ўаз кешилмеслигине, медиатив келисим дүзиў ушын медиация тәртип процедурасын әмелге асырыў туўрысында келисимниң бар болыўы лазымлығына, медиатив келисим факсимил имза менен имзаланыўы мүмкин емеслигине итибар қаратылыўы лазым.

 

Енди, экономикалық судларда ислердиң медиатив келисимлер дүзилиўи менен даўа арзалардың көрместен қалдырылыўы бойынша суд статистикасына тоқталып өтсек.

 

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен 2023-жыл даўамында – 132, 2024-жылда – 70, 2025-жылдың 1 айы даўамында 3 ис бойынша тәреплер медиатив келисимге келгенлиги себепли даўа арзалар көрместен қалдырылды.

 

Соның ишинде, Нөкис районлар аралық экономикалық судында – 98 ис  бойынша 42,8 миллиард сомлық, Беруний районлар аралық экономикалық судында – 58 ис бойынша 179,7 миллиард сомлық, Шымбай районлар аралық экономикалық судында – 13 ис бойынша 122,9 миллиард сомлық, Қоңырат районлар аралық экономикалық судында – 36 ис бойынша 31,7 миллион сомлық даўа талаплары бойынша медиатив келисимлер дүзилген.

 

Бул ислердиң категориялары бойынша анализ етилгенде 71 ис (34,6 проценти) кредит шәртнамасы, 30 ис (14,6 проценти) кесип-алып ислеў шәртнамасы, 29 ис (14,1 проценти) өним жеткерип бериў шәртнамасы, 15 ис (7,3 проценти) контрактация шәртнамасы, сондай-ақ алды-сатты, лизинг, фьючерс, ҳақы есесине хызмет көрсетиў, ижара, коммуналлық, қарыз, қамсызландырыў, жүк тасыў ҳәм басқа да шәртнамалар бойынша келип шыққан даўаларға туўра келеди.

 

Жуўмақлап айтқанда, келисим питими ҳәм медиатив келисим институтлары тәреплерге өз-ара келисиў, сөйлесиўлер жолы менен келип шыққан келиспеўшилик мәселелерин шешиўге хызмет етеди.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы

ЭКОНОМИКАЛЫҚ СУДЛАРДА СУД ИСЛЕРИН ЖҮРИТИЎ ТӘРТИБИ, ЎАЗЫЙПАЛАРЫ ҲӘМ ПРИНЦИПЛЕРИ

 

Өзбекстан Республикасында экономикалық судларда экономикалық суд ислерин жүритиў Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлерине тийкарланып әмелге асырылады.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 15-статьясы, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 1-статьясына муўапық, егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Өзбекстан Республикасының нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.

 

Экономикалық суд ислерин жүритиў буйрық тәртибинде, даўа тәртибинде ҳәм айрықша категориядағы ислер бойынша айрықша тәртипте жүритиледи.

 

Экономикалық суд ислерин жүритиў ўазыйпалары – бул экономика тараўында кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың бузылған,  даўлы болған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, экономика тараўында нызамшылықты беккемлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға көмеклесиў, нызамға ҳәм судқа ҳүрмет етиў мүнәсибетин қәлиплестириўден ибарат.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 55-статьясына көре, ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў ҳуқықы берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 3-статьясына муўапық, ҳәр қандай мәпдар шахс өзиниң бузылған, даўлы болған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын экономикалық судқа усы Кодексте белгиленген тәртипте мүрәжат етиўге ҳақылы.

 

Судқа мүрәжат етиў:

пуқаралық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын даўалар бойынша – даўа арзасы формасында;

 

буйрық тәртибинде ис жүргизиў, айрықша категориядағы ислер бойынша ҳәм де усы Кодексте нәзерде тутылған басқа да жағдайларда – арза формасында;

апелляция ямаса кассация, ревизия инстанциясы судларына мүрәжат етилгенде – шағым арза формасында әмелге асырылады.

 

Мүрәжат ҳәм оған қосымша етилетуғын ҳүжжетлер судқа электрон ҳүжжет түринде жиберилиўи мүмкин.

 

Суд шешиўши қарар, уйғарыў, қарар, суд буйрығы түриндеги суд ҳүжжетлерин қабыл етеди.

 

Биринши инстанция судында исти мазмунан көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарар қабыл етиледи.

 

Апелляция, кассация ҳәм ревизия тәртибиндеги шағымларды (протестлерди) көрип шығыў нәтийжелери бойынша апелляция, кассация, ревизия инстанция судлары қарар қабыл етеди.

 

Экономикалық суд ислерин жүритиў Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексинде белгиленген принциплер тийкарында алып барылады.

 

Судта тартысларды шешиў юридикалық тәреплердиң мүлкшилик формасына, жайласқан жерине, кимге бойсыныўына, пуқаралардың жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исеними, жеке ҳәм социаллық статусына қарамастан, бийғәрез нызам ҳәм суд алдындағы теңлиги тийкарында әмелге асырылады.

 

Сондай-ақ, экономикалық суд ислерин жүритиў тәреплердиң тартысыўы ҳәм тең ҳуқықлылығы тийкарында әмелге асырылады.

 

Суд ислерин жүритиў өзбек тилинде, қарақалпақ тилинде ямаса тийисли орындағы көпшилик халық сөйлесетуғын тилде яки нызамға муўапық басқа тилде алып барылады. Суд ислери алып барылып атырған тилди билмейтуғын судта қатнасыўшы шахслардың дилмаш арқалы ис материаллары менен толық танысыў ҳәм суд ислеринде қатнасыў ҳуқықы ҳәм де судта ана тилинде сөйлеў ҳуқықы тәмийинленеди.

 

Экономикалық судларда ислер ашық өткериледи, ислерди жабық мәжилисте көриў нызамда белгиленген жағдайларда жол қойылады.

 

Нызамлы күшке кирген суд ҳүжжетлери барлық мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, басқа да уйымлар, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳәм пуқаралар ушын мәжбүрий болып, суд ҳүжжетлерин орынламаў нызамларда белгиленген жуўапкершиликке себеп болады.

 

Спартак  НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы

 

ПУҚАРАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУД ҚӘРЕЖЕТЛЕРИН ӨНДИРИЎ ТӘЖИРИЙБЕСИ

 

 

Әмелдеги нызамшылық мазмунларына көре суд қәрежетлери дегенде пуқаралардың, юридикалық шахслардың, сондай-ақ шет ел пуқаралары ҳәмде пуқаралығы болмаған шахслардың судта белгили-бир процессуал ҳәрекетти әмелге асырыў ушын ҳәм ҳүжжетлер көширмелерин алғанлық ушын мәмлекет пайдасына, сондай-ақ, гуўаларға, экспертлерге, қәнийгелерге, дилмашларға төленетуғын ҳәмде бундай процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыўға төленетуғын басқа қәрежетлер түсиниледи.  

 

Судларда пуқаралық ислерин көриўде суд қәрежетлерин өндириў тәртиби Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамы, Пуқаралық-процессуаллық кодекси ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқаргы суды Пленумының тийисли қарарлары менен белгиленеди.

 

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық-процессуаллық кодексиниң 127-статьясына көре, суд қәрежетлери мәмлекетлик бажы ҳәм исти көриў менен байланыслы шығынлардан ибарат.

 

Пуқаралық ислери бойынша суд кәрежетлерин өндириўде бирден-бир суд тәжирийбесин енгизиў мақсетинде 2024-жыл 16-декабрьде Өзбекстан Республикасы Жоқаргы суды Пленумының «Пуқаралық ислери бойынша суд қәрежетлерин өндириў тәжирийбеси ҳаққында»ғы 37-санлы қарары қабыл етилди.

 

Усы Пленум қарарының көрсетпелерине көре, пуқаралық ислери бойынша мәмлекетлик бажы:

 

  • судларға берилетуғын даўа арзалардан, айрықша тәртипте жүритилетуғын ислерге тийисли арзалардан, суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзалардан;

 

  • төрешилик судының шешиўши қарарлары бойынша тартысыў ҳақкындағы арзалардан;

 

  • төрешилик судының шешиўши қарарларын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хатын бериў ҳаққындағы арзалардан;

 

  • шет  мәмлекет судының ҳәмде шет ел төрешилик судының (арбитражының) шешиўши қарарын тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыў ҳаққындағы арзалардан;

 

  • кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, жәмийетлик бирлеспелериниң ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалабалық ҳуқықый қатнасықлардан жүзеге келмейтуғын қарарлары ҳәмде олар лаўазымлы шахсларының сондай ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен берилген даўа арзалардан;

 

  • апелляция, кассация ҳәм ревизия тәртибиндеги шағымлардан:

 

а) судлардың шешиўши қарарлары үстинен;

 

б) ис жүргизиўди қысқартыў ҳақкындағы, даўаны көрместен қалдырыў ҳаққындағы, суд жәриймаларын салыў ҳақкындағы уйғарыўлары үстинен;

 

в) төрешилик судының шешиўши қарарлары бойынша тартысыў ҳақкындағы ислер бойынша уйғарыўлар үстинен;

 

г) төрешилик судының шешиўши қарарларын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хаты бериў ҳақкындағы арзалар бойынша уйғарыўлар үстинен;

 

д) шет ел судының ҳәмде шет мәмлекет төрешилик судының (арбитражының) шешиўши қарарын тән алыў ҳәм орынлаўға каратыў ҳақкындағы арзалар бойынша уйғарыўлар үстинен;

 

  • ҳүжжетлердиң дубликатларын ҳәм көширме нусхаларын (солардан тәкирарый рәўиште берилетуғын суд ҳүжжетлериниң көширме нусхаларын) бергенлик ушын өндириледи.

 

Суд қарарларының суд қәрежетлери бөлегинен наразы болып берилген апелляция, кассация ҳәм ревизия шағымлары бойынша мәмлекетлик бажы улыўма тийкарларда төленеди, лекин мәмлекетлик бажы менен байланыслы мәселелер бойынша шығарылған уйғарыўларға қарата берилген жеке шағымлар бойынша мәмлекетлик бажы төленбейди.

 

Нызам менен мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген, суд тәрепинен мәмлекетлик бажы төлеми кешиктирилген яки бөлип-бөлип төлеў белгиленген ҳаллардан басқа барлық жағдайларда мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежети арза, даўар арза, шағым судқа берилгенге шекем төленеди.

 

Даўа баҳасы шет ел валютасында белгиленген мүлкий даў бойынша судқа арза берилгенде, мәмлекетлик бажының муғдары арза берилген сәнеде Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тәрепинен белгиленген курс бойынша миллий валютада белгиленеди.

 

Төлениўи лазым болған мәмлекетлик бажы муғдары арыз етилген талаптың өзгешелигине (мүлкий яки мүлкий болмаған) байланыслы болады ҳәм «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызам менен белгиленген ставкалар бойынша анықланады.

 

Даўа талабы мүлкий қәсийетке ийе болған жағдайларда мәмлекетлик бажы муғдарын даўагер тәрепинен көрсетилген даўа баҳасынан келип шығып, нызам талабына муўапық судья белгилейди. Мүлкий қәсийетке ийе болған бир неше бөлек талаплардан ибарат даўа арзалардан мәмлекетлик бажы улыўма даўа суммасынан келип шықкан ҳалда өндириледи. Бундай талапларны өз ишине алған мүлкий болмаған қәсийетке ийе даўа арзалардан ҳәр бир талап ушын бөлек мәмлекетлик бажы өндириледи. Бир ўақыттың өзинде мүлкий ҳам мүлкий емес қәсийетке ийе бөлек талаплардан ибарат болған арзалардан мәмлекетлик бажы ҳәр бир талап ушын өз алдына, мүлкий ҳәм мүлкий емес қәсийетдеги арзалар ушын белгиленген ставкалар бойынша өндириледи.

 

Егер суд тәрепинен ис көрилиўи басқышында даўа баҳасы көбейттирилген болса, мәмлекетлик бажы даўаның көбейттирилген суммасынан келип шыққан ҳалда есапланады. Ал, егер даўа талаплары кемейттирилген ҳалларда төленген мәмлекетлик бажы қайта есаплап шығылмайды.

 

Мәмлекетлик бажы қарсы даўа арзалардан, үшинши шахслардың иске ғәрезсиз даўа талаплары менен кирискенлиги ҳақкындагы арзалардан ҳәмде иске кирискен даўагердиң ҳуқықый мийрасхорынан мәмлекетлик бажы өндирилмеген болса өндириледи.

 

Егер арза бериўши нызам яки басқа нызамшылық ҳүжжетлерине көре мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген ҳәм арзада оны төлеўди кешиктириў, кемейттириў, бөлип-бөлип төлеў ҳақкында илтимаснама жоқ болса, сондай-ақ почта қәрежетлери төленбеген болса, судья арзаны қайтарыў ҳаққында уйғарыў шығарады.

 

Егер физикалық яки юридикалық шахслар өзлериниң суд қәрежетлерин толық яки қсыман төлеўге қурбы жетпейтуғынлығын тастыйықлаўшы дәлийллер (ис ҳақы (дәрамады), банкта қәрежетлери жоқлығы, арза бериўшиниң шаңарағы кем тәмийинленген деп тән алынғанлығы ҳақкындағы ўәкилликли органның мағлыўматы (мағлыўматнамасы) ҳәм т.б) усынылғанда суд тәрепинен илтимаснамаға тийкар мәмлекетлик бажыны төлеўди кешиктириўге яки оны бөлип-бөлип төлеўге жол қойылады.

 

Пуқаралық ислерин көриў менен байланыслы шығынларға гүўалар, экспертлер, қәнийгелер ҳәм дилмашларға төлениўи лазым болған қәрежетелер; нызам талабына көре жуўапкерди қыдырыў ушын қылынған қәрежетлер суд хабарнамаларын ҳәм суд ҳүжжетлерин жибериў менен байланыслы почта қәрежетлери; суд мәжилисин видеоконференц байланыс режиминде өткериў менен байланыслы қәрежетлер; суд тәрепинен тән алынған басқа зәрүр қәрежетлер киреди. Басқа суд қәрежетлерине суд тәрепинен ақылга уғрас муғдарларда белгиленетуғын, әмелде жойтылған ўақыт ушын өндирилетуғын компенсация, ўәкилдиң жәрдеми ушын төленетуғын қәрежетлер ҳәм басқалар киреди.

 

Улыўма қағыйдаға көре, ис бойынша суд қәрежетлери  ҳақ болмаған тәрептнен өндириледи.

 

Шешиўши қарар қайсы тәрептиң пайдасына шығарылған болса, суд сол тәрепке екинши тәрептен, егер ол тәреп мәмлекет дәрамадына түсетуғын суд қәрежетлеринен азат етилген болса да, ис бойынша қылынган ҳәмме қәрежетлерди өндирип береди.

 

 

 

Саодат КАИПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы                                 

СУД ҚӘРЕЖЕТЛЕРИ БОЙЫНША КИРИТИЛГЕН ӨЗГЕРИСЛЕРДИҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ СУДЛАР УШЫН ӘҲМИЙЕТИ

 

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2024-жыл 16-декабрь күнги «Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққындағы қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы 38-санлы қарары менен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19-декабрь күнги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққында»ғы 36-санлы қарарына бир қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

 

Атап айтқанда, Пленум қарары 6.2-бәнт пенен толықтырылып, даўагер тәрепинен даўа талаплары кемейттирилген жағдайда, мәмлекетлик бажы қайта есаплап шығылмайтуғынлығы ҳәмде төленген мәмлекетлик бажы қайтарылмайтуғынлығы ҳаққында түсиник берилди.

 

Бул қосымшаның киритилиўи даўагердиң даўа талабының тийкарсыз берилген бөлегинен Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 157-статьясында белгиленген ҳуқықтан пайдаланып, мәмлекетлик бажы төлеўден қашыўға урыныў жағдайларына шек қояды деп есаплаймыз.

 

Сондай-ақ, Пленум қарарының төмендеги мазмунда 6.3-бәнт пенен толықтырылыўы да, судлар ортасындағы ҳәр түрли әмелияттың бирдей жолға қойылыўына түртки болады, яғный оған муўапық экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик субъекти тәрепинен белгиленген ставканың 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы төленген болып, даўа талаплары қанаатландырылғанда, егер жуўапкер мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген болса, исти көриў нәтийжеси бойынша оннан өндирилетуғын мәмлекетлик бажының муғдары даўагер тәрепинен төлеп шығылған сумма менен шегараланады.

 

Мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекетлик органлар ҳәмде басқа шахслар тәрепинен киши исбилерменлик субъектлериниң мәплерин көзлеп усынылған даўа талаплары қанаатландырылған яки қанаатландырыўсыз қалдырылған жағдайда мәмлекетлик бажы тәреплерден улыўма тийкарларда өндириледи.

 

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысларын еледе раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 10-октябрь күнги 3318-санлы қарары 3-бәнтиниң төртинши хатбасында фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслерине фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери мәплерин көзлеп судқа мәмлекетлик бажы төлеместен даўа арзалары, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы органлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органларының қарарлары, олардың лаўазымлы шахслары ис-ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағымлар усыныў ҳуқықы берилген болып, бундай даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылғанда мәпи көзлеп даўа арзасы киритилген фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелеринен мәмлекетлик бажы өндирмеў белгиленген.

 

Әмелиятта бундай даўа арзалар көрместен қалдырылса яки ис өндиристен қысқартылса, мәмлекетлик бажы мәселеси қалай шешилетуғынлығы ҳаққында судьялар арасында ҳәр түрли пикирлер қәлиплескен еди.

 

Пленум қарарының 17-бәнтине киргизилген өзгерислер бундай түсинбеўшиликлерге шек қойып, ендигиден былай фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң даўа арзалары көрместен қалдырылған яки ис өндиристен қысқартылған жағдайда, мәпи көзленген даўагерден мәмлекетлик бажы өндирилмейтуғынлығы ҳаққында түсиник берилди.

 

Буннан тысқары, Пленум қарары 20-бәнтиниң екинши хатбасы төмендеги мазмундағы екинши ҳәм үшинши хатбасылары менен алмастырылған:

 

Суд ҳүжжетиниң тек ғана мәмлекетлик бажыға тийисли бөлеги шағым етилген жағдайда, мәмлекетлик бажы төленбейди. Бунда судлардың итибары апелляция, кассация ҳәм ревизия шағымын көрип шығыў нәтийжелери бойынша даўласылып атырған суд ҳүжжетиниң мәмлекетлик бажыдан тысқары бөлеги өзгертилген яки бийкар етилгенде, мәмлекетлик бажыны өндириў мәселеси Экономикалық процессуал кодексинде нәзерде тутылған улыўма тәртипте шешилиўине қаратылсын.

 

Апелляция, кассация ҳәм ревизия шағымлары суд ҳүжжетиниң бир бөлегине қарата берилгенинде мәмлекетлик бажы суд ҳүжжетиниң даўласылып атырған бөлегинен келип шығып есапланады.

 

Жуўмақлап айтқанда, Пленум қарарына киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар экономикалық судларда суд қәрежетлери менен байланыслы нызамшылық нормаларының дурыс ҳәм бирдей қолланылыўына үлес қосатуғын ҳуқықый тийкар болып хызмет етери сөзсиз.

 

 

Қуўанышбай ХОЖАМУРАТОВ,

Қоңырат районлар аралық экономикалық суды баслығы

  ДАЎА МҮДДЕТИ ҲӘМ ОНЫ ҚОЛЛАЎ ТӘРТИБИ

    

Даўа мүддети шахс өзиниң бузылған ҳуқықын даўа қозғатыў жолы менен қорғаўы мүмкин болған мүддет болып есапланады.

 

Улыўма даўа мүддети үш жыл. Бирақ, айырым түрдеги талаплар ушын нызамларда улыўма даўа мүддетине қарағанда қысқартырылған яки узайтырылған арнаўлы даўа мүддетлери белгилениўи мүмкин. Арнаўлы даўа мүддетиниң бундай деп аталыўына себеп, ол улыўма (үш жыллық) мүддеттен көп яки кем ўақытқа белгиленеди.

 

Даўа мүддетлери тек ғана нызам менен белгиленетуғын болғанлықтан пуқаралық кодекси бундай мүддетлерди белгилеўши бирден-бир ҳүжжет емес.

 

Мысалы, жуўапкершилиги шекленген яки қосымша жуўапкерли жәмийет қатнасыўшыларының улыўма жыйналысының қарарын ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы яки темир жол Уставынан келип шығатуғын даўалар бойынша арнаўлы даўа мүддетлери белгиленген.

 

Көрсетилген улыўма даўа мүддети де, арнаўлы даўа мүддети де тәреплердиң келисими менен өзгертилиўи мүмкин емес. Усы мүнәсебет пенен исти судта көриӯ даӯамында даӯа мүддетлери ҳәм оны есаплаӯ тәртиби исте қатнасыӯшы шахслардың келисими менен өзгертилгенлиги анықланса, бундай келисим Пуқаралық кодексиниң 116-статьясына тийкар өз-өзинен ҳақыйқый емес болып есапланады ҳәм суд тәрепинен итибарға алынбайды.

 

Даўа мүддети шахс өзиниң ҳуқықы бузылғанлығын билген яки билиўи мүмкин болған күннен баслап өте баслайды.

 

Бузылған  ҳуқықты қорғаў талабы даўа мүддетиниң өткенлигине қарамастан судта көрип шығыў ушын қабыл қылынады. Даўа мүддети суд тәрепинен тек  жуўапкердиң  суд қарар шығарғанға шекем берген арзасына муўапық қолланылады. Егер бундай арза исте қатнасыўшы басқа шахслар тәрепинен берилген болса, ол инабатқа алынбаслығы керек. Сондай-ақ, суд өзиниң басламасы менен  де даўа мүддетин қоллаўға ҳақлы емес.

 

Дәслепки даўа талабына қарсы даўа билдирилген тәғдирде, даўа мүддетин қоллаў ҳаққындағы арза дәслепки даўа бойынша даўагер есапланған шахс тәрепинен де берилиўи мүмкин.

 

Егер исте бир неше жуӯапкер қатнасып атырған болып, олардың  биреӯи даӯа мүддетин қоллаӯ ҳаққында арза берсе, даӯа мүддети тек ғана усы шахсқа  ғана қолланылады.

 

Егер бир даӯа арзада бир неше өз алдына бийғәрез болған талаплар билдирилген болып, олардың айырымларының даӯа мүддети өткен, ал айрымлары бойынша өтпеген болса, даӯа мүддети өтпеген талаплар бойынша даӯа мүддети өткенлигин тийкар етип, даӯа арзаны қанаатландырыӯсыз қалдырыӯ мүмкин  емес.

 

Нызамда даўа мүдддетин қоллаў ҳаққындағы арза қандай формада берилиўи көрсетилмегенлиги себепли, бундай арза ҳәм жазба, ҳәм аўызеки түринде тиккелей суд процессинде де берилиўи мүмкин. Арзаның аўызеки билдирилгенлиги әлбетте көрип шығылыўы ҳәм бул ҳаққында суд мәжилиси баянламасында көрсетилиўи керек.

 

Даўа мүддети өткенлиги ҳаққындағы жуўапкердиң арзасын көрип шығыўда суд даўа мүддети өтпегенлигин анықласа ямаса даўа мүддети тиклениўи (даўагердиң арзасына муўапық) лазым деген жуўмаққа келсе, жуўапкердиң даўа мүддетин қоллаўды сораған арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылып, бул ҳаққында уйғарыў шығарады ҳәм  даўаның мазмунан көрип шығылыўын жәриялайды.

 

Егер даўагер даўа мүддетин тиклеў ҳаққында илтимаснама бермесе яки бундай илтимаснама қанаатландырылмаса, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында ҳал қылыў қарарын қабыллайды.

 

Даўа мүддетин қоллаў ҳаққындағы арза тек ғана биринши инстанция суды тәрепинен исти көриў жуўмағы бойынша суд ҳүжжети қабыл қылынғанға шекем берилиўи мүмкин. Егер бундай арза исти апелляция, кассация яки ревизия инстанциясы судларында көриў даўамында берилсе, бундай арза қанаатландырылмайды.

 

 

 Гаўҳар ЗАРИПОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

ЖАСЛЫҚ ДӘЎИРИМИЗДИ БИЙҲУДА ӨТКЕРМЕЙИК

 

Соңғы жыллары елимизде жаслардың жетик билим алыўы ҳәм кәсип-өнер ийелеўи ушын көплеген қолайлы шарятлар жаратылып берилмекте. Бирақ, тилекке қарсы бүгинги күни мәмлекетимизде жаслар ушын жаратылған кең имканиятлардан пайдаланбастан жеңил пул табыў жолына өтип алған, жынаятлар көбейип бармақта. Әсиресе, бундай намақул ислердиң жаслар тәрепинен исленип атырғаны көпшиликти тәшўишке салады.

 

Төрткүл районында туўылып, камалға келген Ж.С. да усындай нәўқыран жаслардың бири болып табылады.

 

Атап айтқанда, Ж. С. “JASURBEK SAVDO ISHLAB CHIQARISH” МЧЖ баслығы М.Б.ға 2023-жылдың май айында оған Оқбошли елатында жайласқан жерлерге салы ҳәм бийдай егип атырғанлығы, усы егинлер ушын минерал төгинлер зәрүрлигин, бирақ, буның ушын өзинде пул жоқ екенлигин, ақшасын егин питкеннен соң 2023-жылдың октябрь айына шекем беретуғынлығын айтып, сол жылдың май айынан 7-сентябрьге шекем 176 млн 810 мың сумлық карбамид, селитра, аммофос сыяқлы минерал төгинлерди алдаўшылық жолы менен алып, оны тергеў дәўиринде анықлаў имканы болмаған пуқараларға сатып, М. Б.ға 130 млн 510 мың сум ақшаны бермей өзи ушын жумсап жибереди.

 

Буннан тысқары, ол 2024-жылдың январь айында өз аўылласы А. Б.ның да исенимине кирип, оған “Damas-Labo” маркалы  автомашинаны 97 млн 370 мың сумға сатып алыў ушын “BERUNIY AVTOSAVDO SERVIS” МЧЖ менен дүзилген шәртнамасы барлығын, егер, шәртнамаға тийкарланып 7 жумыс күни ишинде төлениўи лазым болған автомашинаның 50 млн сум пулларын көрсетилген есап бетине төлесе, сол автомашина келгеннен кейин оның атына өткерип беретуғынын айтып, шәртнаманы көрсетиў арқалы А. Б.тан 50 млн сум ақшаны алады ҳәм бул пулларды Агробанк АТБ Төрткүл филиалына төлетиўге ериседи. Бирақ, келисилген автомашина “BERUNIY AVTOSAVDO SERVIS” МЧЖдан алып келингеннен соң, оны А.Б.ға бермейди ҳәм оған 50 млн сумлық материаллық зыян жеткереди.

 

Сондай-ақ, айыпланыўшы Ж.С. өзиниң алдаўшылық әдетин және даўам етип, 2024-жылдың февраль айында Хорезм ўәлаяты Ханқа районында жасаўшы О.Э. ҳәм А.Ш.ларды Өзбекстан АПЖ аймағында 9 гектар жери бар екенлигин, сол жерлерди бир мәўсимге салы егип пайдаланыўы ушын 50 млн сумға ижарага бериўин айтып, оларды исендириў мақсетинде, “GOKLANG” фермер хожалығының ықтыярлы ўаз кешиў арзасына тийкарланып район ҳәкимлигиниң резервине қайтарылып, дийқан хожалығын жүргизиў ушын электрон-онлайн аукцион арқалы Төрткүл районында жасаўшы 28 пуқараларға ижара ҳуқықы тийкарында берилген  Өзбекстан АПЖ  аймағынының 575,576,578,580-контурларындағы жерлерди көрсетеди ҳәм бул жерлердиң өзине тийисли екенлигин айтып, 2024-жылдың 28-февраль күни жоқарыда аты көрсетилген пуқаралардан 50 млн сум пулларды Хорезм ўәлаяты Ханқа районында алдаў жолы менен қолға киргизип, жумсап жибереди.

 

Сондай-ақ, айыпланыўшы Ж.С. бул ис-ҳәрекетлерин және де даўам етип, 2024-жылдың май айында Пахтачи АПЖ да жасаўшы танысы Г. К.ны да өз торына илиндириўге ериседи. Атап айтқанда, ол Гниң үйине барып, оған арзанырақ баҳада сатылатуғын карбамид ҳәм селитра минерал төгинлери бар екенлигин, егер, усы төгинлердиң ақшаларын алдыннан берсе, оған кешке шекем бул өнимлерди алып келетуғынлығын айтады ҳәм оннан 5 қапшық карбамид ҳәм 10 қапшық селитра ушын 1 млн 850 мың ақшасын алдаў жолы менен алып кетип, бул қаржыларды өзи ушын жумсап жибереди.

 

Ж.Сның бул ис-ҳәрекетлери Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районлық судында көрип шығылып, ол нызам тийкарында тийисли жазаға ҳүким етилди.

 

Оразбай МАЎЛЕНОВ,

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районлық судының баслығы

ШӘРТНАМА МИННЕТЛЕМЕЛЕРИН ОРЫНЛАМАЎДЫҢ АҚЫБЕТЛЕРИ

 

 

Ҳәр бир исбилермен өзиниң исбилерменлик жумысын әмелге асырыў процесинде басқа исбилерменлик субектлери менен пуқаралық-ҳуқықый қатнасыққа кирисип, белгили ҳуқық ҳәм миннетлемелерге ийе болады. Бул қатнасықлардағы көпшилик миннетлемелер тәреплер тәрепинен ҳүжданлы түрде толық ҳәм сапалы орынланатуғынын қуўаныш пенен тән алыў керек.

 

Бирақ, миннетлемелердиң ҳәммеси де усы тәризде орынланады ма?

 

Тилекке қарсы, айырым жағдайларда алынған миннетлеме орынлаўшы тәрепинен орынланбай итибарсыз қалдырылады. Нәтийжеде, бул тәреплердиң өз ара мүнәсибетине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетип, ең нәзик тәрепи есапланған өз-ара исенимниң жоғалыўына ҳәм тәреплер арасында келиспеўшилик пайда болыўына алып келеди.

 

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине муўапық, исбилерменлик субъектлери арасында пуқаралық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлер экономикалық судлар тәрепинен көрип шығылады.

 

Итибарыңызды суд әмелиятында көрилген бир келиспеўшиликке қаратпақшыман.

 

Атап айтқанда, “ММ” жеке исбилермен (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи), «ПП» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 175 750 000 сом тийкарғы қарызы, төлеген мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетин өндириўди сораған.

 

Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер орталарында 137 401 000 сомлық 2024-жыл  9-апрель күни 1-санлы ҳәм 38 379 000 сомлық 2024-жыл 30-апрель күни 2-санлы алды-сатты шәртнамалары дүзилген.

 

Шәртнамаға тийкар даўагер тәрепинен жәми 175 750 000 сомлық жуўапкерге жеткерилип ҳәм орнатылып берилгенлиги истеги 2024-жыл 24-апрель күнги 1-санлы акт ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен толық тастыйықланады.

 

Атап өтилген шәртнамалардың 3.2-бәндине көре, жуўапкер 50 пайыз муғдарында болған биринши төлемди 30 (отыз) календарь күн ишинде даўагердиң есап-бетине өткериў жолы менен әмелге асырыўы, ал қалған 50 пайыз бөлегин биринши төлемди әмелге асырғаннан кейин 30 (отыз) календарь күн ишинде толық төлеп бериў белгиленген.

 

Буннан тысқары, жуўапкер усы қарыздарлықты 2024-жыл 10-июнь күнине шекем төлеп беретуғынлығы ҳаққында 2024-жыл 29-май күнги 1-санлы кепиллик хатын ҳәм берген. Бирақ, соған карамастан қарыздарлық суммасын төлеў бойынша даўагердиң талаплары жуўапкер тәрепинен итибарсыз қалдырылған.

 

Нәтийжеде даўагер тәрепинен жуўапкерге қарыздарлық суммасын өндириў ҳаққында даўа арзасы менен судқа мүрәжат етилген.

 

Судтың шешиў қарары менен жуўапкерден даўагердиң пайдасына бар қарыздарлық суммалары өндирип берилип, даўагер исбилерменниң мәпи суд жолы менен исенимли қорғалды.

 

Жуўапкер шәртнамалық миннетлемесин орынламағаны ақыбетинде даўагер пайдасына тийкарғы қарыздан тысқары, исти судта көриўге байланыслы суд қәрежетлерин де төлеўге мәжбүр болды.

 

Ең тийкарғысы болса, тәреплер арасындағы турақлы бирге ислесиўге зыян тийди, өз-ара исеним жоғалды.

 

Өйткени, Пуқаралық кодексиниң 9-статьясында пуқаралық ҳуқықларын әмелге асырыў басқа шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаўы шәрт екенлиги, пуқаралық ҳуқықый қатнасықларының қатнасыўшылары ҳадал, ақылға сай ҳәм әдиллик пенен ҳәрекет етиўи, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар өз ҳуқықларын әмелге асырыўда жәмиеттиң руўхый принциплери ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларын ҳүрмет етиўи, исбилерменлер болса – ис этикасы қағыйдаларына да әмел етиўи керек екенлиги нәзерде тутылған.

 

Жуўмақ орнында атап өтиў керек, нызам талаплары тийкарында дүзилген шәртнама бойынша алынған миннетлеме орынланыўы шәрт. Миннетлемениң өз ўақтында, толық ҳәм сапалы түрде орынланыўы өз-ара исенимди беккемлеўде, бирге ислесиўдиң узақ мүддет даўам етиўинде ҳәм сол арқалы өз исбилерменлик жумысының раўажланыўы ҳәм кеңейиўинде әҳмиетли фактор болып есапланады.

 

 

Гүлмира АРЗИЕВА, 

Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы

ЭКОНОМИКАЛЫҚ СУДЛАРДА БУЙРЫҚ ТӘРТИБИНДЕ ИС ЖҮРИТИЎ ТИЙКАРЛАРЫ  

 

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 5-статьясына тийкар, экономикалық судлар шешиўши қарар, уйғарыў, қарар, суд буйрығы түриндеги суд ҳүжжетлерин қабыл етеди.

 

Кредитордың сөзсиз талапларына байланыслы арзаны көрип шығыў нәтийжелери бойынша суд тәрепинен суд буйрығы шығарылады.

 

Буйрық тәртибинде ис жүргизиў, айрықша категориядағы ислер бойынша ҳәм усы Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексинде нәзерде тутылған басқа да жағдайларда – арза түринде әмелге асырылады.

 

Суд буйрығы:

 

-салық қарызын өндириўди юридикалық шахслардың ҳәм пуқаралардың мүлкине қаратыў ҳаққында талап билдирилген болса;

 

-коммуналлық хызметлер ҳәм байланыс хызметлери төлеми бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққында тастыйықлаўшы ҳүжжетлерге тийкарланған талап билдирилген болса;

 

-ҳүжжетлер тийкарында тән алынған дебиторлық қарызды өндириў ҳаққында талап билдирилген болса;

 

-талап төленбеген, аксептленбеген ҳәм аксептке сәне қойылмаған вексель нотариус тәрепинен протест келтирилиўине тийкарланған болса;

 

-жазба келисим бар болған жағдайда, өндириўди қарыздардың миннетлемелери орынланыўының тәмийнаты болған мүлкке қаратыў ҳаққында талап билдирилген жағдайларда берилиўи.

 

Суд буйрығын бериў ҳаққындағы арза судқа жазба түрде, судлаўға тийислиликтиң улыўма қағыйдалары бойынша бериледи. Ол кредитор яки ониң ўәкили тәрепинен имзаланады.

 

Суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзада:

 

-арза берилип атырған судтың аты;

-кредитордың, қарыздардың аты (фамилиясы, исми, әкесиниң аты), жайласқан жери (почта мәнзили) яки жасаў орны;

 

-кредитордың нызамшылыққа тийкарланған талабы;

 

-талапқа тийкар болған жағдайлар ҳәм оларды тастыйықлаўшы дәлиллер;

 

-өндирилетуғын сумманың есап-санағы, өндириў қарыздардың миннетлемелери орынланыўының тәмийнаты сыпатында турған көшпели мүлкке қаратылған жағдайда болса, өндирилип атырған көшпели мүлктиң характеристикасы ҳәм төленбеген төлемлер суммасының есап-санағы;

 

-өндирилип атырған қарыздарлық жүзеге келген дәўир;

 

-қосымша қылынып атырған ҳүжжетлердиң дизими көрсетилиўи керек.

 

Кредитор суд буйрығын бериў ҳаққында арза бергенинде қарыздарға усы арзаның көширме нусқасын тапсырыўы шәрт.

 

Суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзаға мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетлери белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда төленгенлигин, суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзаның көширме нусқасы қарыздарға тапсырылғанлығын, ҳәм талапқа тийкар болған жағдайларды тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша етилиўи лазым.

 

Коммуналлық хызметлер ушын ҳақы төлеў бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққында талаплар билдирилгенинде суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзаға тутыныўшы менен дүзилген шәртнаманың, қарыздар тән алған қарыз жүзеге келген дәўир көрсетилген қарыз есабының, пеня есапланыўы ҳаққындағы ҳәм тутыныўшыны тийисли коммуникация тармақларынан үзиў ҳаққында ескертиў көрсетилген қарызды өндириў ҳаққындағы талабының, тутыныўшыны тийисли коммуникация тармақларынан үзиў ҳаққындағы ямаса жеткерип бериўди технологиялық ямаса авария резерви дәрежесине шеклеў ҳаққындағы акттиң көширме нусқалари қосымша етилиўи лазым.

 

 

 

Алишер АЯПОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЛАРЫ ТАРИЙХЫ ҲАҚҚЫНДА

 

 Ҳәзирги Қарақалпақстан Республикасы аймағында әййемги заманлардан берли адамзат жасап келгенлиги, олар өзлериниң раўажланыў басқышларында ҳәр қыйлы  мәмлекетлик дүзилмелерге бириккени яки қайсыдур мәмлекеттиң қурамына киргенлиги бизге тарийхтан мәлим. Сол тийкарда бизиң журтымызда мәмлекетшилик белгилери пайда болғаннан баслап бул жерде әдил судлаўды әмелге асырыў функцияларын атқарыўшы шахслар, жәмийетте әдилликти тәмийинлеўши уйымлар бар болған, деп айтыўымызға болады.

 

Усы көз-қарастан қарағанда Қарақалпақстан судларының тарийхы узақ өтмишке барып тақалады ҳәм бүгинги күнге шекем өзиниң бир неше раўажланыў басқышларынан өтип келген.

Тарийхый дереклерге қарағанда Қарақалпақстан аймағында судлардың еки түри болған. Олар үрип-әдет нормалары тийкарында ис алып барыўшы бий судлары ҳәм шәрият нормалары тийкарында судлаўшы қазы судлары.

 

Мәлим болғанындай, қарақалпақларда ҳәр бир урыўды бийлер басқарып, олар өзиниң урыўын басқарыў менен бирге оның жәнжелли мәселелерин шешкен. Бундай мәселелерде өзинен алдыңғы бийлердиң қарарлары (бийликлери) ҳәм урыўдың өзиниң үрип-әдетлери бойынша ис алып барған.

 

Бизиң аймағымызға ислам дини кирип келиўи менен жоқары мағлыўматлы мусылман ҳуқықтаныўшыларынан абырайлы шахслар қазы лаўазымына тайынланып, олар шәрият нормалары тийкарында суд ислерин жүргизген. Қазы судлары совет ҳүкимети орнатылғаннан соң сапластырылып, кейин бираз ўақытқа қайта тикленген. Бирақ олардың алдыңғы ўәкилликлери жылдан-жылға шекленип, саны қысқарып барған ҳәмде XX-әсирдиң 20-жылларының ақырына келип олар өз искерлигин биротала тоқтатқан.

 

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архивинде сақланып атырған ҳүжжетлерге қарағанда, Қарақалпақстан автономиялық областы шөлкемлестирилиўи дәўиринде 1924-жыл 24-ноябрьде Қарақалпақстан автономиялық областлық суды дүзилген ҳәмде оның биринши баслығы етип Әбдижалил Исметуллаев сайланған.

 

1932-жылы 20-мартта Қарақалпақстан автономиялық республикасы (ҚҚАССР) дүзилиўи байланыслы Қарақалпақстан автономиялық областлық суды Бас суд деп қайта шөлкемлестирилген ҳәмде оның сол дәўирдеги басшысы елимизге белгили болған тарийхый шахс Жумагүл Сейтова болған.

 

1936-жылы Қарақалпақстан АССР Өзбекстан ССР қурамына киргизилиўи мүнәсибети менен елимиздиң суд системасында да өзгерислер жүз берди. Қарақалпақстан АССР Жоқарғы суды дүзилип, оның ағзаларын  Қарақалпақстан Республика Жоқарғы Совети тәрепинен бес жылға сайлаў тәртиби белгиленди. Қарақалпақстан АССР Жоқарғы суды өз ўәкилликлери шеңберинде оғада қәўипли жынаятлар, мәмлекетке қарсы жынаятлар, лаўазымлы шахсларға қарсы жынаятлар, мәмлекетлик мүлкти талан-тараж қылыў ҳәм өзлестириў жынаятлары менен байланыслы ислерди көрип шыққан. Соның менен бирге, Жоқарғы суд қурамалы категориядағы пуқаралық ислерди де көрген.

 

Қарақалпақстанда дәслеп 9 участка халық судлары, 1939-1940 жыллары 12 районлық халық судлары, 1950-жылы 14 районлық ҳәм 3 қалалық участкаларда халық судлары өз искерлигин жүргизген.

 

1970-жыллардан баслап Қарақалпақстан АССР халық судлары ҳәр жылы үлкен көлемде жынаят ҳәм пуқаралық ислерин көрип шыққан,  жылдан жылға судьялардың ис сыпаты жақсыланып барған. 1970-жылы Қарақалпақстанда 13 районлық ҳәм 1 қалалық (Нөкис) халық судларында жәми 16 судья жумыс алып барған. 1976-жылы жаңа районлардың шөлкемлестирилиўи мүнәсебети менен Қарақалпақстанда жәми 19 районлық (қалалық) халық судлары әдил судлаўды әмелге асырған. 1974-жылғы сайлаўларда халық судларына жәми 1300, 1979-жылы болса 1650 халық мәсләҳәтшилери сайланған.

 

Архив мағлыўматларына қарағанда, 1924-1929-жылларда  Ә.Исметуллаев, Қ.Аймурзаев, М.Баймешин, К.Аллабергенов Т.Напесов Қарақалпақстан автономиялық областлық судының баслығы лаўазымында, 1929-1937 жыллары Х.Темирханов, Ж.Сейтова, П.Алланазаров Қарақалпақстан Бас (Жоқарғы) судының баслығы лаўазымында, 1939-1991 жыллары Г.Дудиев, Х.Абутов, К.Пиржанов, А.Джиемуратов, К.Джарманов, Е.Утамбетов, А.Абиллаев, С.Уразов, Т.Кобланов, К.Аллашева ҳәм Ж.Садықов Қарақалпақстан АССР Жоқарғы судының баслығы лаўазымында ислеген.

 

Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискенинен кейин 1993-жыл 9-апрельдеги Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына тийкар мәмлекетлик ҳәкимият нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятына бөлиниўи белгилеп қойылды. Конституцияда инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплери биринши орынға қойылып, оларды қорғаўда суд ҳәкимияты әҳмийетли орын ийеледи.

 

1991-2000 жыллар ғәрезсиз мәмлекетимиздиң жаңа суд системасы қәлиплесиўи дәўири болып, бул жылларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы суды менен бирге 15 районлық ҳәм 2 қалалық судлар жынаят ҳәм пуқаралық ислерди көрген. Сондай-ақ, 1993-жылдан баслап Мәмлекетлик арбитраждың негизинде юридикалық шахслардың хожалық (экономикалық) тартысларын көрип шығыўшы Қарақалпақстан Республикасы хожалық суды өз жумысын баслаған.

 

Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судын Ж.Садықов, соң П.Айтниязов басқарған болса, В.Вишняков ҳәм А.Нуржановлар Қарақалпақстан Республикасы хожалық судының дәслепки басшылары болды.

 

2001-2017 жылларда елимиздеги судлардың қәнигелесиўи дәўири болды. Атап айтқанда, 2001 жылдан баслап улыўма юрисдикция судлары жынаят ҳәм пуқаралық ислери бойынша судлар болып екиге бөлинди. Соған көре, “Судлар ҳаққында”ғы нызамға киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға тийкар Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Жоқарғы суды ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша Жоқарғы суды, 4 районлараралық пуқаралық ислери бойынша судлар,         15 районлық ҳәм 2 қалалық жынаят ислери бойынша судлар шөлкемлестирилди.

 

Ал, 2017-жыл 1-июньнан баслап ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ҳәкимшилик даўларды көрип шығыўға ўәкилликли болған Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм районлық (қалалық) ҳәқимшилик судлары әдил судлаўды әмелге асыра баслады.

 

Ақырғы жылларда мәмлекетимиздеги барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар қатарында суд-ҳуқық системасындағы реформаларды атап өтиў орынлы. Бул тараўдағы үлкен жаңалықлардың бири 2021-жылы жүз берди ҳәм сол жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислери бойынша ҳәм экономикалық судлардыӊ негизинде судьялардыӊ қәнигелесиўин сақлап қалған ҳалда ҳәм суд ислерин жүргизиў түрлери бойынша өз алдына судлаў коллегиялары шөлкемлестирилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы суды дүзилди.

 

Сондай-ақ, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы ислерди жынаят ислери бойынша судларға өткериў арқалы ҳәкимшилик судлардыӊ ис жүклемеси азайды ҳәм соған байланыслы 16 районлық (қалалық) ҳәкимшилик судлардың негизинде Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды дүзилди.

 

Солай етип, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында суд системасы Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, 17 жынаят ислери бойынша районлық (қалалық) судлар, 5 пуқаралық ислери бойынша районлараралық (районлық) судлар, 4 районлараралық экономикалық судлар ҳәм 1 районлараралық ҳәкимшилик судтан ибарат.

 

Жоқарыда келтирип өтилген мағлыўматларды толықтырып, жәмлеген ҳалда кең жәмәәтшиликке жеткизиў мақсетинде жақында Қарақалпақстан Республикасы судларында ҳәзирги күнде ислеп атырған судьялардың ҳәм нураний устаз судьялардың басламасы менен Қарақалпақстан судларының тарийхы ҳаққындағы китап баспадан шығарылды.

 

“Қарақалпақстан Республикасы судлары: тарийх ҳәм бүгин” атамасында шығарылған китапта биринши мәртебе Қарақалпақстан судларының ҳәзирги ўақытқа шекемги дәўирдеги тарийхы сәўлелендирилип, усы дәўирде суд системасында ислеген шахслар туўралы мағлыўматлар жазылды. Сол себепли де бул китап барлық судьялар, суд ҳәм басқа ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери, ҳуқықтаныўшылар, тарийхшылар ҳәм кең жәмийетшилик ушын Қарақалпақстан судларының тарийхы ҳәм бүгинги күни ҳаққында пайдалы дерек бола алады.

 

 

Камал ТАРИХОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы 

 

САНЛЫ ДӘЛИЙЛЛЕР МЕНЕН ИСЛЕСИЎ СИСТЕМАСЫ ЖЕТИЛИСТИРИЛЕДИ

Соңғы жылларда мәмлекетимизде инсанның өз нызамлы мәплерин қорғаў ушын тең имканиятлар жаратыў, истиң ҳақыйқый жағдайларын ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс анықлаўға байланыслы нызам талапларына сөзсиз әмел етиў, тәреплердиң тартысыў ҳәм тең ҳуқықлылығы принциплерин турмысқа енгизиў арқалы инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин нәтийжели қорғаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Соның менен бирге, жәмийет турмысының түрли тараўларында жедел санластырыў, адамлардың мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда еледе көбирек бирге ислесиўи ҳәм усының ақыбетинде жынаятлар ислениўи, санлы орталықта пуқаралар ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары, нызамлы мәплериниң бузылыў жағдайларының кең тарқалыўы санлы дәлийллердиң институционалластырылыўын ҳәм олар менен байланыслы ислерди әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарынларын беккемлеўди талап етпекте.

 

Президентимиз тәрепинен 2024-жылдың 21-ноябрь сәнесинде имзаланған ӨРН-1003-санлы Нызамы менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине санлы дәлийллер менен ислесиў системасын жетилистиристириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

 

Усы өзгерислерге көре, электрон мағлыўматлар электрон қурылмалардан ҳәм мәлимлеме системаларынан, сондай-ақ мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда жаратылатуғын, ислеў берилетуғын ҳәм сақланатуғын мағлыўматлардан ибарат.

 

Ис ушын әҳмийетке ийе болған жағдайлар ҳаққындағы мағлыўматлар бар болған электрон мағлыўматлар, атап айтқанда, электрон көринисиндеги файллар, аудио-видеожазыўлар, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында сақланған мағлыўматлар санлы дәлийллер болып есапланады.

 

Киргизилген өзгерислерди алдын бундай дәлийллер болмаған деп түсинбеў керек. Илгери де бундай дәлийллер болған, текғана мүлкий ҳәм жазба дәлийл сыпатында баҳаланған. Енди санлы дәлийллерди дәлийллердиң айрықша түри сыпатында киргизилиўи ҳәм олар ушын айрықша қағыйдалардың белгилениўи әдил судлаўды әмелге асырыўда әҳмийетли роль ойнайды.

 

 

Дәўлетбай РАЗОВ,

Қаракалпақстан Республикасы судының судьясы

Skip to content