СУД МӘЖИЛИСЛЕРИНДЕ АРАЛЫҚТАН ТУРЫП ҚАТНАСЫЎДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ ТИЙКАРЛАРЫ БЕЛГИЛЕНБЕКТЕ
Соңғы жылларда мәмлекетимизде суд искерлигин санластырыў бойынша әмелге асырылған реформалар пуқаралардың өз ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша судларға мүрәжат етиўин либералластырыў, улыўма әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў, сондай-ақ, судлар искерлигиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў имканиятын жаратты.
Нәтийжеде арза бериў, исте аралықтан турып қатнасыў, суд ҳүжжетлерин алыў ҳәм ислердиң көрилиўи ҳаққында мағлыўмат алыў сыяқлы хызметлер Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының интерактив хызметлер порталы арқалы электрон түрде әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, видеоконференция байланыс режиминде өткерилетуғын суд мәжилислеринде мобиль видеоконференция байланыс системасынан пайдаланыўдың ҳуқықый тийкарларын жаратыў арқалы процессуаллық нызамшылықты жетилистириў зәрүрлиги пайда болды.
Сонлықтан, процессуаллық нызамшылықты жетилистириў мақсетинде 2025-жыл 11-март күни Өзбекстан Республикасының «Халыққа суд додалаўларында аралықтан қатнасыў ушын жәнеде қолайлы шараятлар жаратылыўы мүнәсебети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы ӨРН-1047-санлы Нызамы қабыл етилди ҳәм 2025-жыл 12-март күнинен нызамлы күшине кирди.
Усы Нызам менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуаллық кодексине, Экономикалық процессуаллық кодексине ҳәм Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине халықтың суд додалаўларында аралықтан турып қатнасыўының ҳуқықый тийкарларын жаратыўды нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, нызам менен киритилген өзгерис ҳәм қосымшаларға көре, исте қатнасып атырған шахслардың видеоконференция байланыс режиминдеги суд мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлеў ушын көрсетилген шахслардың жасаў орны, жайласқан жери ямаса турған жери бойынша тийисли судлардың видеоконференция байланыс системаларынан ямаса исти көрип атырған судтың мобил видеоконференция байланыс системасынан пайдаланыўы, видеоконференция байланыс режиминдеги суд мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлеп атырған суд исте қатнасып атырған шахслардың келген-келмегенлигин тексериўи ҳәм келген шахслардың шахсын анықлаўы, видеоконференция байланыс режиминдеги суд мәжилисинде мобиль видеоконференция байланыс системасынан пайдаланған ҳалда қатнасып атырған шахслардың шахсы исти көрип атырған суд тәрепинен мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда анықланыўы, видеоконференция байланыс режиминдеги суд мәжилисинде видеоконференция байланыс системасынан пайдаланған ҳалда қатнасып атырған гүўаларға, экспертлерге, қәнигелерге, аўдармашыларға өз ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм жуўапкершилиги түсиндирилиўи, сондай-ақ гүўаның анты аудио ҳәм видеожазыў арқалы жазып алыныўы ҳәм бул ҳаққында суд мәжилисиниң баянламасында көрсетилиўи нәзерде тутылмақта.
Бул өзгерис ҳәм қосымшалар пуқаралардың, исбилерменлик субъектлериниң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин буннан былай да арттырыўға, пуқаралардың, исбилерменлик субъектлериниң бузылған ҳуқықлары менен еркинликлери, сондай-ақ, нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Спартак НИЯЗОВ,
Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы