ПУҚАРАЛАР ҲӘМ ЮРИДИКАЛЫҚ ШАХСЛАРДЫҢ СУДҚА МҮРӘЖАТ ЕТИЎ ҲУҚЫҚЫ: ТӘРТИП ҲӘМ ШӘРТЛЕР

 

Барлық пуқаралар, шет ел пуқаралары ҳəм пуқаралығы болмаған шахслар бузылған ҳуқықлары бойынша судқа аўызеки, жазба ямаса электрон формада мүрәжат етиў ҳуқықына ийе.

 

Судқа еки түрли категориядағы мүрәжатлар қылыў мүмкин:

 

Бириншиси, бул əпиўайы хат формасындағы (арнаўлы бир жумыс пенен байланыслы болмаған) мүрәжатлар, яғный арза, усыныс, шағымлар;

 

Екиншиси, арнаўлы бир даў ямаса ис пенен байланыслы болған мүрәжатлар, яғный арза, даўа арзасы, илтимаснама, шағымлар.

 

Биринши тайпадағы мүрәжатлар Өзбекстан Республикасының “Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы Нызамында белгиленген тəртипте, яғный судқа келип түскен күнден баслап  15 күн ишинде, қосымша үйрениў ҳəм (ямаса) тексериў, қосымша ҳүжжетлерди сорап алыў талап етилгенде болса, 1 айғаша болған мүддетте көрип шығылыўы керек. Егер арза ҳəм шағымларды көрип шығыў мүддети узайтырылғанда бул ҳаққында мүрәжат ийесине хабар етиледи.

 

Екинши тайпадағы мүрәжатлар тийислише пуқаралық ислери бойынша судта Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексинде, жынаят ислери бойынша судта Жынаят -процессуал кодексинде, ҳәкимшилик судта ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў кодексинде белгиленген тəртипте көрип шығылады.

 

Судқа етилген процессуаллық мүрәжаттың түрлерине:

 

Арза – буйрық тəртибинде ис жүргизиў бойынша, арнаўлы тəртипте жүритилетуғын ислер бойынша, соның менен бирге, ҳәкимшилик ислер бойынша бериледи.

 

Даўа арза формасына қойылған талаплар арза формасына да қолланылады.

 

Шағым – суд ҳүжжетлери үстинен наразы болып апелляция, кассация ҳәм ревизия шағымлары формасында бериледи.

Даўа арзасында төмендегилер көрсетилиўи керек

 

  • арза берилип атырған суддың аты;

 

  • даўагердиң фамилиясы, аты, əкесиниң аты, жасаў орны, егер даўагер шөлкем болса, оның аты, жайласқан жери (почта адреси) ҳəм де реквизитлери, соның менен бирге, егер арза ўәкил тəрепинен берилип атырған болса, ўәкилдиң фамилиясы, аты, əкесиниң аты ҳəм адреси;

 

  • жуўапкердиң фамилиясы, аты, əкесиниң аты, жасаў орны, егер жуўапкер шөлкем болса, оның аты, жайласқан жери (почта адреси) ҳəм де реквизитлери;

 

  • даўагердиң талабы;

 

  • егер даўа баҳаланыўы керек болса, даўаның баҳасы;

 

  • даўагер өз талабына тийкар етип көрсетип атырған жағдайлар ҳəм даўагер тəрепинен баянлаинган жағдайларды тастыйықлайтуғын дəлиллер;

 

  • жуўапкер менен даўды судға шекем шешиў тәртибине əмел етилгенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар, егер бул нызамда ямаса шəртнамада нəзерде тутылған болса;

 

  • арзаға қосымша қылынып атырған ҳүжжетлердиң дизими.

 

Даўа арзасына төмендеги тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер қосымша етиледи:

 

  • шағым етилип атырған талапларға тийкар болған жағдайларды;

 

  • жуўапкер менен даўды судқа шекем шешиў тәртибине əмел етилгенлигин, егер бул нызамда ямаса шəртнамада нəзерде тутылған болса;

 

  • мәмлекетлик бажы ҳəм почта қəрежетлери белгиленген тəртипте ҳəм муғдарда төленгенлигин;

 

  • арзаны қол қойыў ўәкиллигин тастыйықлайтуғын ҳүжжетти, егер арза ўәкил тəрепинен қол қойылған болса.

 

 

Судқа мүрәжатларды тапсырыў – суд кеңсеси, суд баслығы ямаса судьлар жеке қабыллаўы, почта ҳəм судтың рəсмий сайты арқалы əмелге асырылыўы мүмкин.

 

Пуқаралық судына – пуқаралық, шаңарақ, мийнет, турақ-жай, жер ҳаққындағы ҳəм басқа қатнаслардан жүзеге келетуғын даўлар бойынша, егер тəреплерден ҳеш болмағанда биреўи пуқара болса, мүрәжаат етиўи мүмкин.

 

Ҳəр қандай мəпдар шахс өзиниң бузылған ямаса даўласып атырған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғаланатуғын мəплерин қорғаў ушын ҳәкимшилик судқа мүрәжат етиўге ҳақылы.

 

Экономика тараўында юридикалық шахслар ҳəм де юридикалық шахс дүзбеген ҳалда исбилерменлик искерлигин əмелге асырып атырған ҳəм жеке тəртипдеги исбилермен статусын нызамда белгиленген тəртипте алған пуқаралар, соның менен бирге корпоратив даўлар бойынша экономикалық судқа мүрәжаат етиўге ҳақылы.

 

Пуқаралық ҳəм Экономикалық судқа мүрәжат етиў улыўма мүддети            3 жыл, соның менен бирге арнаўлы қысқартырылған даўа мүддетлери де белгиленген.

 

Ҳәкимшилик судқа мүрәжат етиў улыўма мүддети 3 ай, арнаўлы жағдайларда 10 күн.

 

Арза (шағым ) бериўдиң кеширимли себепке көре өткерип жиберилген мүддети суд тəрепинен тиклениўи мүмкин.

 

Бирақ суд тəрепинен бул мүддетлерге қарамастан мүрәжатлар көрип шығылады, тек ғана даўдағы екинши тəрептиң арзасына көре нызамда судқа мүрәжаат етиў мүддети өтип кеткенлиги инабатқа алынады.

 

Пуқаралық ислери бойынша арзалар жуўапкер турақлы жасап турған ямаса турақлы бәнт болған жердеги судқа тапсырылады.

 

Даўагердиң ямаса жуўапкердиң жасаў орындағы судқа арза тапсырылыўы мүмкин ислер де нызамшылықта белгиленген.

 

Таңлаў бойынша мүрәжат етиў – егер даў бойынша бир неше жуўапкер қатнасып, олар түрли жерлерде жайласқан болса, арза (шағым) арза бериўшиниң таңлаўы бойынша жуўапкерлерден бири жайласқан жердеги судқа бериледи.

 

Жынаят ислеринен келип шыққан пуқаралық даўасы, пуқаралық суд ислерин жүргизиў тəртибинде көрип шығыў ушын улыўма қағыйдалар бойынша бериледи.

 

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша мүрәжатлар шағым етилип атырған басқарыў органы жайласқан жер ямаса лаўазымлы шахстың жумыс орны бойынша судқа бериледи.

 

Суд ҳүжжетлери үстинен наразы болып апелляция, кассация ҳәм ревизия тəртибинде шағым берилиўи мүмкин.

 

Апелляция, кассация ҳәм ревизия формасындағы шағымлар жоқары турыўшы судқа жибериледи.

 

Шағымды шағым берип атырған шахс ямаса оның ўәкили имзалайды.

 

 

 

Саодат КАИПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы