КЕЛИСИМ ПИТИМИ ҲӘМ МЕДИАТИВ КЕЛИСИМНИҢ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ
Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў жолында, келиспеўшиликлерди өз-ара сөйлесиўлер жолы менен шешиў арқалы судларда жумыс көлемин оптималластырыўда келисим питими ҳәм медиатив келисим институтлары үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2009-жыл 18-декабрьдеги «Экономикалық судлар тәрепинен келисим питимин тастыйықлаўда процессуаллық нызам нормаларының қолланылыўына байланыслы айырым мәселелер ҳаққында»ғы 204-санлы қарарының 2-бәнтинде берилген түсиндириўге көре, келисим питими дегенде өз-ара келисиўге тийкарланған, даўа талабына (талапларына) байланыслы анықлыққа ерисиўге қаратылған, тартысты шешиў ҳаққындағы тәреплердиң жазба келисимлери түсиниледи.
«Медиация ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 4-статьясына муўапық, медиация – келип шыққан келиспеўшиликти тәреплер өз-ара мақул шешимге ерисиўи ушын олардың ықтыярлы келисимине тийкарланып медиатор жәрдеминде шешиў усылы болып табылады. Медиатив келисим болса – медиацияны қолланыў нәтийжесинде медиация тәреплери тәрепинен ерисилген келисим есапланады.
Олардың улыўма тәрепи сонда, екеўинде де келиспеўшиликлерди сөйлесиўлер ҳәм келисим жолы менен шешиўге қаратылған келиспеўшиликлерди шешиўдиң альтернатив усылы болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 131-статьясы екинши бөлимине муўапық, келисим питими ямаса медиатив келисим даўа тәртибиндеги ҳәр қандай ис бойынша дүзилиўи мүмкин.
Олардың айырмашылық тәреплери сонда, келисим питими экономикалық суд ислерин жүргизиўдиң ҳәр қандай басқышында (ҳәтте, ислерди апелляция, кассация ямаса ревизия инстанциясында көриў басқышларында да) ҳәм суд ҳүжжетин орынлаў процессинде де дүзилиўи мүмкин, ал медиатив келисим болса биринши инстанция судында суд мәсләҳәтханаға суд ҳүжжетин қабыл етиў ушын шыққанға шекем тәреплер тәрепинен дүзилиўи мүмкин.
Келисим питими ол суд тәрепинен тастыйықланғаннан кейин дүзилген есапланады яғный судтың келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы уйғарыў шығарылыўы менен дүзилген есапланады.
Ал, медиатив келисимди болса суд тәрепинен тастыйықлаўды талап етпейди.
Суд тәрепинен келисим питиминиң тастыйықланыўы ис жүргизиўди өндиристен қысқартыўға тийкар болады, сол себепли әйне бир шахслар ортасындағы, әйне бирдей предмет ҳәм тийкарлар бойынша судқа тәкраран даўа арза менен мүрәжат етиўге жол қойылмайды.
Тәреплер арасында медиатив келисим дүзилген болса, даўа арза көрместен қалдырылады, бундай жағдайда әйне бир шахслар ортасындағы, әйне бирдей предмет ҳәм тийкарлар бойынша даўагер судқа даўа арзасы менен улыўма тәртипте жаңадан мүрәжат етиўге тосқынлық қылмайды.
Тәреплер арасында дүзилген келисим питим бойынша шәртлескен миннетлемелерди орынламаў ҳуқықый ақыбетлерди келтирип шығарады. Сол себепли, келисим питиминде миннетлемелерди орынлаў шәртлери ҳәм мүддетлери көрсетилиўи керек, сондай-ақ, келисим питиминде жуўапкер тәрепинен миннетлемелерди кешиктирип ямаса бөлип-бөлип орынлаў ҳаққындағы, талап етиў ҳуқықынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў ҳаққындағы, қарыздан (неустойка) толық ямаса бир бөлегинен ўаз кешиў ямаса қарызды тән алыў ҳаққындағы, суд қәрежетлерин бөлистириў ҳаққындағы ҳәм нызамға қайшы болмаған басқа да шәртлер көрсетилиўи мүмкин. Келисим питиминиң онда белгиленген тәртип ҳәм мүддетлерде орынланбаўы суд тәрепинен мәпдар тәрептиң арзасы бойынша орынлаў хатын бериў ушын тийкар болады.
Медиатив келисимде болса, тәреплер белгили бир миннетлемелерди орынлаў ҳаққында келискен болса да, келисилген шәртти орынламаслық ҳуқықый ақыбет келтирип шығармайды. Соған бола, медиатив келисим шәртлери орынланбаған жағдайда, тәреплер қайтадан судқа мүрәжат етиўге ҳақылы болады.
Тәреплер ортасында медиатив келисим дүзилип, даўа арзасы көрместен қалдырылған жағдайда, даўа арзасы усынылғанда алдыннан төленген мәмлекетлик бажы даўагерге қайтарылады, егер даўа арза берерде мәмлекетлик бажыдан азат етилген, мәмлекетлик бажыны төлеў кешиктирилген болса тәреплерден мәмлекетлик бажы өндирилмейди. («Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы, 18-статья).
Жоқарыда атап өтилген Пленум қарарының 17, 18 ҳәм 19-бәнтлерине көре, келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы суд уйғарыўының жуўмақлаўшы бөлиминде оның барлық шәртлери баян етилиўи керек. Бунда тәреплердиң суд қәрежетлерин бөлистириў бойынша келисимниң жоқ екенлиги келисим питимин тастыйықлаўдан бас тартыўға тийкар болмайтуғынын инабатқа алыўы керек. Бундай жағдайда, суд қәрежетлерин бөлистириў мәселеси суд тәрепинен Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118-статьясы қағыйдалары тийкарында шешиледи.
Келисим питимин тастыйықлаў ҳәм ис жүргизиўди өндиристен қысқартыў ҳаққындағы суд ҳүжжети үстинен Экономикалық процессуаллық кодексинде белгиленген улыўма тәртипте шағым етилиўи (протест келтирилиўи) мүмкин.
Егер келисим питиминиң тәрепи, келисим питими суд тәрепинен тастыйықланғаннан кейин келисим питиминиң шәртлерин қайта көрип шығыўға ҳәм (ямаса) келисим питимин орынлаўдан бас тартыўға қаратылған даўа менен мүрәжат етсе, суд бундай талапларды қанаатландырыўсыз қалдырады.
Егер суд тәрепинен тастыйықланған келисим питимин тәреплер өз-ара бийкарлап ямаса оның шәртлерин өзгертип, судқа тастыйықлаў ушын жаңа редакциядағы келисим питимин усынса, суд бундай арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында уйғарыў шығарады ҳәм бундай уйғарыў үстинен шағым етилмейди (протест келтирилмейди).
Ҳәр қандай келисим питиминиң судқа усынылыўы ол суд тәрепинен тастыйықланады дегенди аңлатпайды. Өйткени, Экономикалық процессуаллық кодексиниң 134-статьясына муўапық, суд келисим питими оның шәртлери нызамшылыққа қайшы болса, оның шәртлери үшинши шахслардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы болса, ол шәрт тийкарында дүзилген болса тастыйықлаўдан бас тартады ҳәм бул ҳаққында уйғарыў шығарады. Бул уйғарыў үстинен шағым етилмейди (протест келтирилмейди).
Мәселен, Экономикалық процессуаллық кодексиниң 221-статьсы төртинши бөлимине муўапық, ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша келисим питими яки медиатив келисим дүзилиўине жол қойылмайды.
Сондай-ақ, Экономикалық процессуаллық кодексиниң 203-9(прим)-статьясы алтыншы бөлимине муўапық, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған, мәмлекет мүлкинде болған жер участкасын қайтарыў, өзбасымшалық пенен қурылған имаратты бузып таслаў ҳаққындағы ислер бойынша келисим питими яки медиатив келисим дүзилиўине жол қойылмайды.
Келисим питимди тастыйықлаў мәселесинде келисим питимниң тәрепи Акционерлик жәмийети яки жуўапкершилиги шекленген жәмийети болса, бул келисим питим ири питим талапларына жуўап бериў бермеслиги «Акционерлик жәмийетлери ҳам акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў туўрысында»ғы, «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер туўрысында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларында белгиленген тәртипке муўапық дүзилгенлиги, сондай-ақ келисим питимлерди тастыйықлаўда келисим питими көшер яки көшпес мүлкти бериў туўрысындағы шәртти өз ишине алған болса, бул мүлкке үшинши шахслардың ҳуқықлары бар жоқлығы яғный хатлап қойылғанлығы, гиреўге қойылғанлығы сыяқлы жағдайлар тексерилиўи лазым.
Келисим питимин дүзиў, медиация тәртип процедурасын әмелге асырыў туўрысында келисим яки медиатив келисимди дүзиўде және бир итибар қаратыўы лазым болған тәрепи ол усы питим ҳәм келисимлерди имзалаўшы шахслардың Экономикалық процессуаллық кодексиниң 63-статьясында белгиленгениндей ўәкилликлери бар жоқлығына итибар қаратылыўы лазым.
Сондай-ақ, медиатив келисим арқалы даўадан ўаз кешилмеслигине, медиатив келисим дүзиў ушын медиация тәртип процедурасын әмелге асырыў туўрысында келисимниң бар болыўы лазымлығына, медиатив келисим факсимил имза менен имзаланыўы мүмкин емеслигине итибар қаратылыўы лазым.
Енди, экономикалық судларда ислердиң медиатив келисимлер дүзилиўи менен даўа арзалардың көрместен қалдырылыўы бойынша суд статистикасына тоқталып өтсек.
Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен 2023-жыл даўамында – 132, 2024-жылда – 70, 2025-жылдың 1 айы даўамында 3 ис бойынша тәреплер медиатив келисимге келгенлиги себепли даўа арзалар көрместен қалдырылды.
Соның ишинде, Нөкис районлар аралық экономикалық судында – 98 ис бойынша 42,8 миллиард сомлық, Беруний районлар аралық экономикалық судында – 58 ис бойынша 179,7 миллиард сомлық, Шымбай районлар аралық экономикалық судында – 13 ис бойынша 122,9 миллиард сомлық, Қоңырат районлар аралық экономикалық судында – 36 ис бойынша 31,7 миллион сомлық даўа талаплары бойынша медиатив келисимлер дүзилген.
Бул ислердиң категориялары бойынша анализ етилгенде 71 ис (34,6 проценти) кредит шәртнамасы, 30 ис (14,6 проценти) кесип-алып ислеў шәртнамасы, 29 ис (14,1 проценти) өним жеткерип бериў шәртнамасы, 15 ис (7,3 проценти) контрактация шәртнамасы, сондай-ақ алды-сатты, лизинг, фьючерс, ҳақы есесине хызмет көрсетиў, ижара, коммуналлық, қарыз, қамсызландырыў, жүк тасыў ҳәм басқа да шәртнамалар бойынша келип шыққан даўаларға туўра келеди.
Жуўмақлап айтқанда, келисим питими ҳәм медиатив келисим институтлары тәреплерге өз-ара келисиў, сөйлесиўлер жолы менен келип шыққан келиспеўшилик мәселелерин шешиўге хызмет етеди.
Спартак НИЯЗОВ,
Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы