БАЛАЛАРҒА ҚАРАТА ЗОРЛЫҚТЫҢ КӨБЕЙИЎ СЕБЕПЛЕРИ
Мәмлекетимиз басшысының басшылығында басланған реформалар көплеген тараўлар сыяқлы балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў тараўында түптен өзгерислерди баслап берди, жаңаланған Бас нызамымызда бала ҳуқықларының кепилликлерине айрықша итибар берилген.
Мине, усындай реформалардың орынланыўында бүгин глобалласыў дәўиринде ерк-ықрары күшли, еркин көзқарасқа ийе, саламат ҳәм ҳәр тәреплеме бәркамал әўладты қәлиплестириў, балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳүкимет алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар болып есапланады. Тилекке қарсы, балаларға зорлық жәмийеттеги аўыр машқалалардан бири болып қалмақта. БМШ Балалар қоры (ЮНИСЕФ) мағлыўматларына көре, дүньяда 2 жастан 14 жасқа шекемги ҳәр 10 баладан 6 бала ҳәр күни физикалық зорлыққа ушырайды.
Туўры, балалардың ҳуқықларын беккемлеў, мәплерин тәмийинлеў мәселелери, әсиресе, зорлыққа жол қоймаслық бойынша жүдә үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Деген менен, мәмлекетимизде ақырғы үш жылда еки мыңнан аслам шахс
ата-аналық ҳуқықынан айырылғаны жәмийетимизге ҳеш қандай туўра келмейтуғын жағдай.
Тийкарынан балаларға қарата зорлықтың себеплерин төмендегише келтириўмиз мүмкин:
Шаңарақтағы мәселелер: Балаларға қарата зорлықтың тийкарғы себеплеринен бири шаңарақтағы мәселелер болып табылады. Шаңарақтағы зорлықшы қатнаслар, ажрасыў жағдайлары, ямаса экономикалық мәселелер балаларға тәсир көрсетиўи мүмкин. Ата-аналар арасындағы келиспеўшиликлер яғный агрессивлық балалардың психологиясина зыян жеткизиўи мүмкин.
Мақсетсиз тәрбия: Балаларға қарата тәрбияның жетиспеўшилиги ямаса агрессив, қатаң ҳәм ашықтан-ашық басымларға тийкарланған тәрбия усыллары, олардың сезими раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетеди.
Интернет ҳәм медиадағы зорлық: Заманагөй технологиялар, интернет ҳәм телевидения арқалы берилип атырған программалардағы зорлық элементлери балалардың психологиясын жаманластырыўы, оларды агрессив болыўна үндеўи мүмкин.
Экономикалық және социал тәртипсизликлер: Жаслар арасындағы жумыссызлық, төмен дәраматлар, социал ҳәм мәдений шәраятлар балалардың социал мәселелерге дус келиўин ҳәм зорлыққа жол қойыўын жүзеге келтиреди.
Мәмлекетимизде балаларды ҳәр қандай зорлық, итибарсызлық, жаўызлық, қорлаў ҳәм эксплуатация етиўден қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта. Мәжбүрий балалар мийнетинен пайдаланыў қадаған етилген.
Балаларға байланыслы аяўсыз қатнасықты кеширип болмайды, бундай жағдайларға нызамлы жаза түрлери күшейтирилмекте.
Конституциямыздың 77-статьясында “Ата-аналар ҳәм олардың орнын басыўшы шахслар өзиниң перзентлерин ержеткенге шекем бағыў, олардың тәрбиясы, билим алыўы, саламатлығы, толық ҳәм ҳәр тәреплеме камалға келиўинде ғамқорлық етиўге миннетли” деп белгиленген.
Бул процессте жәмийетшилик, атап айтқанда, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери де белсене қатнасып атырғаны жақсы нәтийже бермекте.
Бирақ нызамшылықты және де беккемлеў, зорлыққа нызамлы тосық қойыўдың әҳмийети болса жүдә үлкен.
Өзбекстан Республикасы Президенти усы жылы 14-ноябрь күни узақ күтилген «Балаларды барлық түрдеги зорлықлартан қорғаў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды.
Бул нызам балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша бир пүтин, беккем ҳәм исенимли система жаратылыўына хызмет етеди.
Балаларды зорлықтан қорғаў илажлары: Нызам балаларды зорлықлықтың барлық формаларынан қорғаў бойынша улыўмалық ҳəм индивидуал илажларды белгилеп береди.
Улыўма илажларға балалар ушын қаўипсиз орталық жаратыў, зорлық факторларының алдын алыў ҳəм сапластырыў, шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, балалар ҳуқықлары туўрысында хабарлықларды асырыў ҳəм оларды бузғанлық ушын жуўапкерлик мəселелери киреди.
Индивидуал илажлар:
- қорғаў ордерин бериў;
- зорлықтан жəбирленген ҳәм жəне оның жүз етилиўи қəўипи астында болған балаларға ҳуқықый, экономикалық, социал, психикалық, медициналық жəрдем көрсетиў;
- зорлықтан жəбирленген ҳәм жəне оның жүз бериў қəўипи астында болған балалар шаңарақларын беккемлеў ҳəм қоллап-қуўатлаў;
- зорлықтан жəбир көрген ямаса зорлық жүз бериў қəўипи астында болған баланы, оның турмысы ямаса саламатлығына тиккелей қəуип туўылғанда, ата-анасынан (олардан биринен) ямаса қəўендерлеринен алып қойыў;
- денсаўлығы, шаңарақ, жаслар ҳəм әдеп-икрамлығына қарсы жынаятлар ислеген шахслардың ҳуқықларын шеклеў.
Ҳәр қашан, нызамлар жақсы қабыл етиледи, халықаралық стандартларға жуўап береди, миллий мәплеримизге сәйкес келеди, деп айтамыз бирақ олардың әмелияты – ең тийкарғы жумыс. Оның ушын нызам қабыл етилгеннен соң, әлбетте машқалаға көзқарасты өзгертиў керек. Соны ислесиўимиз керек болады, ҳәр қандай зорлықтың алдын алыў ҳәм дәрҳәл сапластырыў лазым. Тийисли уйым хызметкерлери де нызамды алып, мәҳәллелерде тыныш емес шаңарақлар арасында, мектеплерде, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде, улыўма алғанда, жаслар, ата-аналар арасында үгит-нәсият жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, онда, шаңарақлар, балалар менен ислесиўши структуралар максимал дәрежеде қамтып алыныўына итибар қаратыў керек. Бул бойынша медиа имканиятларын нәтийжели алып барыў мақсетке муўапық.
Гулмира АРЗИЕВА,
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы