ЖАҢА КОНСТИТУЦИЯДА ЖЕКЕ МҮЛКТИҢ ҚОЛҚАТЫЛМАСЛЫҒЫ КЕПИЛЛИКЛЕРИ  

           

Президентимиздиң 2022-жыл 24-август күнги «Мүлк ҳуқықының қолқатылмаслығын исенимли қорғаў, мүлкий қатнасықларға тийкарсыз аралсыўға жол қоймаслық, жеке мүлктиң капиталласыў дәрежесин асырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы пәрманына кѳре, жеке мүлкке ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм оны басқарыў ҳуқықын тиккелей яки қыялий шеклеўди нәзерде тутыўшы, мүлкий қатнасықларда базар экономикасы принциплерин толық енгизиўге тосқынлық қылыўшы тәртиплер, талаплар ҳәм шеклеўлер бийкар етилиўи кѳзде тутылған.

 

Атап айтқанда, турар жайға болған мүлкий ҳуқықларды әмелге асырыў тараўында:

 

– Турар жайға қарата мүлкий ҳуқықларға яки турар жай мүлкдары менен ағайыншилик байланысларына ийе болған шахсларды усы турар жайдан турақлы дизимнен шығарыў ушын олардың разылығын алыў (бунда тәреплердиң ортасында басқаша келисиў дузилген ҳалатлардан тысқары);

 

-суд тәрепинен турар жайға қарата инсаплы ийелеўши деп табылған физикалық шахстың усы турар жайға ѳған қарата мүлк ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен ѳткизилгенинен баслап үш жыл откеннен соң натура кѳринисинде талап етип алыў;

 

-физикалық ҳәм юридик шахсларға мүлк ҳуқықы менен тийисли болған қурылыс ҳәм имаратлар, транспорт қуралларынан пайдаланыў тараўында мүлкий ҳуқықлардың пайда болыўы ушын тийкар болған ҳәкимшилик ҳүжжетлерди усы ҳүжжетти қабыл еткен яки жоқары турыўшы ҳәкимшилик орган ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен, атап айтқанда прокурор протести тийкарында бийкар етиў жолы менен ҳуқықларын қысқартыў (буннан усы ҳүжжетлерди суд тәрепинен бийкар етиў яки ҳақыйқый емес деб табыў ҳалатлары тысқары) бийкар етилди.

 

Буннан тысқары, Конституциялық реформалар процессинде жеке мүлк қолқатылмаслығы менен байланыслы қатар кағыйдалар исенимли кепиллик сыпатында белгиленди. Атап айтқанда, Ѳзбекстан Республикасы жаңа редакциясындағы Конституцияның 41-статясында Ҳәр бир шахс мүлкдар болыўға ҳақылы екенлиги, банк операцияларының, аманатларының ҳәм есап-бетлериниң сыр сақланыўы ҳәм де мийрас ҳуқықы нызам менен кепилленеди, 65-статьясында пуқаралар пәраўанлығын асырыўға қаратылған Өзбекстан экономикасының тийкарын ҳәр қыйлы түрдеги мүлк қурайтуғынлығы ҳаққындағы нормаларының беккемленгенлиги жеке мүлк ҳәм мүлкдарлар ҳуқықларының әмелге асырылыўы, мәплерине әмел қылыўының тәмийинлениўинде әҳмийетлик тийкар болды. Мәмлекет базар қатнасықларын раўажландырыў ҳәм ҳадал бәсеки ушын шараятлар жаратады, тутыныўшылардың ҳуқықлары үстинлигин есапқа алған ҳалда экономикалық искерлик, исбилерменлик ҳәм мийнет етиў еркинлигине кепиллик береди.

 

Өзбекстан Республикасында барлық мүлк түрлериниң тең ҳуқықлылығы ҳәм ҳуқықый жақтан қорғалыўы тәмийинленеди.

 

Жеке мүлкке қол қатылмайды. Мүлк ийеси өз мал-мүлкинен нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан ҳәм тәртиптен тысқары ҳәм де судтың шешимине тийкарланбаған ҳалда айырылыўы мүмкин емеслиги ҳаққындагы нормалардың тийкарғы Нызамымызда сәўлелениўи келешекте ҳалықтың турмыс тәризин жақсылаў, мәмлекетимизде исбилерменлик искерлигин жәнеде коллап-қуўатлаў, мүлкшилик қатнасықларын ҳуқыйқый тәрептен кепиллик бериў, жеке мүлктиң қолқатылмаслығын күшейтириўге түртки болады.

 

 

Бахтияр ТӨРЕБАЕВ,

Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық суды баслығы           

 

КОНСТИТУЦИЯМЫЗДЫҢ ТУРМЫСЫМЫЗДАҒЫ ОРНЫ ҲӘМ ӘҲМИЙЕТИ АТАП ӨТИЛДИ

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 31 жыл толыў мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумында ушырасыў болып өтти.

Онда Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы баслығы Халилла Ешимбетов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары Амангелди Пренов, Қарақалпақстан Республикасы Судының судьясы Алишер Аметовлар шығып сөйлеп, Конституцияның ҳәр бир статьясында пуқаралардың мәпин ҳәм нызамлы ҳуқықларын тәмийинлеў бүгинги ҳәм келешек әўладлар алдындағы жоқары  жуўапкершиликти нәзерде  тутатуғын  нормалар белгилеп қойылғанлығын атап өтти.

 

Ушырасыў  даўамында қатнасыўшылар Конституциямыздың мазмун-мәниси, турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде мағлыўматқа ийе болды ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫ ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕНИНЕ 31 ЖЫЛ ТОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН ИЛИМИЙ-ӘМЕЛИЙ КОНФЕРЕНЦИЯ БОЛЫП ӨТТИ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен “Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы – инсан ҳәм пуқаралар ҳуқық ҳәм еркинликлериниң ҳуқықый негизи” атамасында республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары Б.Қытайбеков, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Әдиллик министрлиги ҳәм сиясий партия ўәкиллери, юридика факултети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты. Конференцияны университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов ашты ҳәм алып барды.

 

Конференцияда сөзге шыққанлар, Конституция мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳәр бир мәмлекеттиң келешеги усы ҳүжжетте өз сәўлелениўин тапқанлығын айтып, конференция жумысларына табыслар тиледи. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясының қабыл етилиў тарийхы, халқымыздың мәплери ҳәм ҳуқықларын қорғаўдағы, инсанның мийнет етиў, билим алыў ҳәм жеке өмириндеги ҳуқықлары ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

 

 

2024-ЖЫЛДЫӉ 1-ШЕРЕГИ ДАЎАМЫНДА ҲӘКИМШИЛИК СУДЛАР ТӘРЕПИНЕН МӘМЛЕКЕТЛИК УЙЫМЛАР ҲӘМ ШӨЛКЕМЛЕР ТӘРЕПИНЕН ШЫҒАРЫЛҒАН АЙРЫМ ҚАРАРЛАР ҲАҚЫЙҚЫЙ ЕМЕС ДЕП ТАБЫЛДЫ

Ҳәр ким өзиниӊ бузылған ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын ҳәкимшилик судларына мүрәжат етиўге ҳақылы.

 

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен мәмлекетимизде жеке мүлктиң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, ҳәр қандай мүлктиң қол қатылмаслығын ҳәм жер қатнасықларын тәртипке салыўға қаратылған социаллық-экономикалық реформаларды жедел әмелге асырыў, халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетке болған исенимин еледе беккемлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында бир қанша кең көлемли ислер ҳәм илажлер әмелге асырылып келинбекте.

 

Атап айтқанда, 2024-жылдыӊ 1-шереги даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлар тәрепинен жәми 225 ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер көрилип, соннан 107 ис бойынша яғный 47,5 пайыз арза бериўшилердиң мүрәжатлери қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқықлары тикленген болса, 92 ис бойынша яғный 40,9 пайыз мүрәжат етиўшилердиң арзалары қанаатлантырылмастан қалдырылған, 3 ис яғный 1,3 пайызы көрилместен қалдырылған ҳәм 23 ис яғный 10,2 пайызы өндиристен қысқартылған.

 

Усы дәўир даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен көрип шығылған 225 ислерден 220 яғный 97,8 пайызын мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери, олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ нызамға қайшы шығарылған қарарларын ҳақыйқый емес табыў ҳәм олардыӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы ислерди қурап, соннан 107 ис яғный 48,6 пайызы бойынша киритилген талаплар қанаатлантырылған.

 

Соннан, район ҳәм қала ҳәкимлериниӊ қарарларын ҳақыйқый емес ҳәмде олардыӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы жәми 32 ис көрилип, солардан 8 ис яғный 25,0 пайызы бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлери қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқық ҳәм мәплери тикленген болса, 14 ис яғный 43,7 пайыз бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған.

 

Сондай-ақ, усы дәўир даўамында Бюджеттен тысқары пенсия фондыныӊ пуқараларға пенсия тайынлаў менен байланыслы қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳәм олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы жәми 97 ис көрилип, солардан 85 ис яғный 87,6 пайызы бойынша пуқаралардыӊ мүрәжатлери қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқық ҳәм мәплери тикленген болса, 6 ис яғный 6,2 пайыз бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған.

 

Буннан тысқары, усы дәўир даўамында, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниӊ қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳәм олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы жәми 11 ис көрилип, соннан 1 ис яғный 9,1 пайыз мүрәжат қанаатлантырылған, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы ҳәм район (қала) Мәмлекетлик салық инспекцияларыныӊ шығарған қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳәм олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы жәми 42 ис көрилип, соннан 6 ис яғный 14,3 пайыз мүрәжатлары қанаатлантырылған, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм район (қала) Мәжбүрий орынлаў бюроларыныӊ шығарған қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳәм олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы жәми 24 ис көрилип, соннан 5 ис яғный 20,8 пайыз мүрәжатлары қанаатлантырылып, физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ бузылған ҳуқық ҳәм мәплери тикленген.

 

Сондай-ақ, судлар тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен қарарлар қабыл қылыўда нызам талапларына жетерли дәрежеде әмел етпегенликлери ушын усы түрдеги арзаларды көриў барысында анықланған нызам бузылыў жағдайлары жүзесинен оларға қарата жәми 117 айрықша уйғарыўлар шығарылды.

 

Улыўма алғанда, мәмлекетимизде пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтириў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар белгиленген мақсетлердиң әмелге асырылыўы ҳәмде инсан мәплериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

  Амир НУРЛИПЕСОВ,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судыныӊ баслығы                                           

 

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНЫҢ 31 ЖЫЛЛЫҒЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ

Быйыл Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 31 жыл толды. Конституция мəмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳəр бир мəмлекеттиң келбети ҳəм келешегин белгилейди. 1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы мəмлекетимиздиң ең жоқары юридикалық күшке ийе бол­ған Тийкарғы нызам есапланады.

Сәне мүнәсибети Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында ушырасыў болып өтти. Оған жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты. Илажды Филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм басқарып барды.

Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының аға жәрдемшиси А.Джумамуратов­ҳәм Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары Б.Қтайбеков ҳәм филиал оқытыўшысы М.Шамуратовалар шығып сөйлеп, Конституциямыздың халқымыз турмысындағы әҳмийети, мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, жаслар сиясаты ҳәм басқа да әҳмийетли өзгерислерди жүргизиўдиң тийкарғы ҳуқықый таянышы екенлигин атап өтти.

Конституция елимиз пуқараларының ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе бол­ған Бас нызам есапланады.

– Ҳәр бир пуқараның нызамлы мәплери ҳәм еркинлигин тәмийнлеўде Конституция баслы ҳуқықый ҳүжжет болып табылады, – дейди Жаслар менен ислесиў, Руўхый әм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары А.Отепбергенов. – Келешек ийелери болған жасларды ана Ўатанға садық руўхында тәрбиялаўда ҳәм олардың ҳуқықый санасын асырыўда Конституциямыздың мазмун-әҳмийетин жасар қәлбине сиңдириўдеги ийгиликли жумысларымызды еле де тереңирек даўам еттириўимиз лазым.

Илаж студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

КОНСТИТУЦИЯМЫЗДЫҢ ЖАСЛАР ТУРМЫСЫНДАҒЫ ӘҲМИЙЕТИ

9-апрель-Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилген күн. Буннан 31 жыл бурын қабылланған бул ҳуқықый ҳүжжет халқымыздың ерк-ықрарын көрсетиўши ҳәм жәмийетимиздиң раўажланыўына жол ашып бериўши республикамыздың тийкарғы нызамы болып табылады.

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында 9-апрель-Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығына бағышланған салтанатлы байрам кешеси болып өтти.

Филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасқан байрам кешесинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы П.Айтниязов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы Е.Утениязов, филиал директорының биринши орынбасары Р.Хайдаровлар шығып сөйлеп, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясының қабыл етилиў тарийхы, ондағы бөлим, бап, статьяларды таярлаўда ислеген қәнигелер ҳәм ҳүжжетлерди қабыл етиў процеси, Конституцияның кең жәмийетшилик турмысындағы атқарып атырған хызметлерине жоқары баҳа берди.



Сондай-ақ, кешеде Конституцияда жаслардың билим алыўы ҳәм кәсип өнер ийелеўи ушын жаратылған шараятлар ҳәм имканиятларға да кең түрде тоқтап өтилди. Соның ишинде, филиал студенти Зайнаб Дайыбекова ҳәм басқа да жаслардың соңғы жыллары ерискен табыслары мақтаныш пенен сөз етилди.

Кешеде студентлер тәрепинен баянатшыларға сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар берилди.

КОНСТИТУЦИЯДАҒЫ НОРМАЛАР БӘРИНЕН БУРЫН ИНСАН МӘПИ УШЫН ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен факультет деканлары, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ҒХҚ ўәкиллериниң қатнасыўында салтанатлы илаж болып өтти.

Салтанатлы илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Илажды институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров басқарып барды.

    

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлепесов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары А.Өтемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Конституция – ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхы, бүгинги күни ҳәм келешегин, халықтың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши тийкарғы нызам екенлигин атап өтип, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.

Бас Нызамымызда барлық нормалар бәринен бурын инсан ҳуқықлары менен мәплерин кепилликке ала отырып, инсан-жәмийет-мәмлекет принципи тийкарында ислеп шығылған.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова Бас Нызамымызда белгиленген нормалардың турмысымызда тутқан орны, соңғы жылларда елимизде билимлендириў тараўы, соның ишинде, жаслардың жоқары мағлыўматлы болыўы ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берди. Соның менен бирге, Жоқары Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы, сондай-ақ, бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге киргизилиўи белгиленип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар атап өтилди.

Илажда институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының баслығы Е.Тилеўов, усы тәлим бағдарының студенти Е.Қасымовлар Конституцияда инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлери, олар тийкарында ислеп шығылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының Бас нызамымызда беккемлеп қойылғанлығы ҳаққында баянатлар жасады.

КОНСТИТУЦИЯ-АЙДЫН КЕЛЕШЕГИМИЗ ТИЙКАРЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 9-апрель-Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығы мүнәсибети менен байрам кешеси болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, суд, ҳуқық қорғаў уйымларынан жуўапкер басшылар, университеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Салтанатлы илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Илажды университет ректоры А.Реймов аштып ҳәм басқарып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, сөзге шығып, бәршени Қарақалақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығы менен қызғын қутлықлап, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде – Конституцияның орны ҳәм әҳмийети жоқары екенлигин айтып өтти.

Соның менен бирге, илажда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы, К.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры орынбасары Е.Қайыпбергеновлар сөзге шығып Конституция мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳәр бир мәмлекеттиң келешеги усы ҳүжжетте өз сәўлелениўин тапқанлығын айтып, бүгин елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў, әдил пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў жолында ерисип атырған жетискенликлеримиздиң барлығы Конституцияда көрсетилген тийкарғы принциплердиң турмысқа толық енгизилиўи менен байланыслы екенлигин өз баянатларында келтирип өтти.


Сондай-ақ, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Инсан ҳуқықлары, мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў» кафедрасы доценти, юридика илимлериниң кандидаты Х.Кабулов, юриспруденция қәнигелигиниң 1-курс студенти Е.Сарсенбаева «Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы – «Жаслар сиясатын әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкары» темаларында баянат жасады.

Илаж соңында республикамыз бойлап өткерилип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде университети әтирапына терек нәллери егилди.

ОҚЫЎШЫЛАР УШЫН “АШЫҚ ЕСИКЛЕР КҮНИ” ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Жынаят ислери бойынша Шымбай районы судына райондағы 49-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларының саяхаты шөлкемлестирилди. Дәслеп оқыўшыларға суд имараты ҳәм онда судья, суд хызметкерлери ушын жаратылған шараятлар, жумыс процесси таныстырылды.

 

 

 

 

Буннан соң, жынаят ислери бойынша Шымбай район суды баслығы А.Успанов, пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық судының баслығы Б.Төребаев, судья З.Аметова хәмде Шымбай районлараралық экономикалық судының баслығы З.Бердимуратов, судья Н.Балтабаевалар тәрепинен жасларға суд процессиниң өткерилиў тәртиби, суд мәжлислериниң видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилиўи ҳәм тәреплердиң суд мәжилисине онлайн тәризде қатнасыўы, онда прокурор ҳәм адвокатлардың қатнасы, жынаят субъекти, жаза түрлери ҳәм ҳәр қандай нызамбузыўшылық ҳалатлары жуўапкершиликке себеп болатуғынлығы айтып өтилди.

 

Иләж соңында, жаслар арасында жүз берип атырған жынаятларды кемейтиў, олардың ҳуқықый мәдениятын асырыў бойынша түсиник жумыслары да алып барылды.

 

ДАЎАГЕР ЎӘКИЛИНИҢ БИРИНШИ СУД МӘЖИЛИСИНЕ КЕЛМЕГЕНЛИГИ АҚЫБЕТЛЕРИ

 

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы аймақлық басқармасы даўагер “Банк” мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “A” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм шерик жуўапкер “B” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен солидар тәртипте 11 341 322 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 556 481 000 сом пайыз қарыздарлығын ҳәм 884 758 000 сом пеня ѳндириўди сораған.

 

Биринши инстанция судының 2023-жыл 1-декабрь күнги уйғарыўы менен даўа арза ис жүритиўге алдыннан мәмлекетлик бажы тѳлемисиз қабыл етилип, ис 2023-жыл 14-декабрь күни саат 12-00ге суд имаратына ашық суд мәжилисинде кѳрип шығыў ушын тайынланған ҳәмде уйғарыў тийисли тәртипте тәреплерге E-XSUD электрон мәлимлеме системасы арқалы гибрид почта менен жиберилген.

 

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуалық кодексиниң 128-статьясы биринши бөлимине муўапық, егер суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги туўрысында суд мәжилиси басланғанға шекем мағлыўматларға ийе болса, бул қатнасыўшы тийисли тәризде хабардар қылынған деп есапланады.

 

Уйғарыў Палатаға ҳәм даўагерге 2023-жыл 4-декабрь күни, жуўапкерге  2023-жыл 2-декабрь күни, шерик жуўапкерге болса 2023-жыл 6-декабрь күни мәнзиллерине тийисли тәртипте жеткерилген. Бул ҳаққында гибрид почта мағлыўматнамасы судқа келип түскен.

 

Сондай-ақ, Палата яки даўагер ўәкиллери суд мәжилисине келмеген болып, исти өз ўәкиллериниң қатнасыўысыз кѳрип шығыў ҳаққында арза бермеген.

 

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуалық кодексиниң 107-статьясы 6-бәнтине муўапық, даўагер биринши суд мәжилисине келмеген ҳәм исти ѳзиниң қатнасыўысыз кѳрилиўи туўрысында арза бермеген болса, суд даўа арзаны кѳрместен қалдырады.

 

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19-декабрьдеги “Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин ѳндириў әмелияты ҳаққында”ғы 36-санлы Қарарының 17-бәнтиниң төртинши хатбасысына көре, мәмлекетлик бажы тѳлеўден азат етилген мәмлекетлик органлар ҳәмде басқа шахслар юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мәпинде киритилген даўа арзалары (арзалары) кѳрместен қалдырылғанда яки ис жүритиўден қысқартылғанда мәмлекетлик бажы мәпи гѳзленип даўа киритилген даўагерлерден ѳндириледи, буннан “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамның 18-статьясына кѳре даўа кѳрместен қалдырылған яки ис жүритиў қысқартылған жағдайлар тысқары, деп түсиндирилген.

 

Сонлықтан, биринши инстанция судының 2023-жыл 14-декабрь күнги уйғарыўы менен даўа арза көрместен қалдырылған, даўагерден республика бюджетине 255 651 220 сум мәмлекетлик бажы пул өндирилген.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

Skip to content