РЕВИЗИЯ ТӘРТИБИНДЕГИ ШАҒЫМ АРЗАНЫ (ПРОТЕСТТИ) ИС ЖҮРИТИЎГЕ ҚАБЫЛ ЕТИЎДЕН БАС ТАРТЫЎ ТИЙКАРЛАРЫ
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексине муўапық ревизия тәртибиндеги шағым арза (протест) апелляция яки кассация тәртибинде көрилген ислер бойынша районлар аралық, район, қала экономикалық судларының нызамлы күшке кирген шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары, сондай-ақ апелляция яки кассация инстанциясы судының қарары үстинен берилгенде – Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен, ал Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары тәрепинен ревизия тәртибинде көрилген ислер бойынша суд ҳүжжетлери, усы судлардың ревизия инстанциясының суд ҳүжжетлери ҳәм усы судлар тәрепинен биринши инстанция бойынша қабыл етилген, апелляция яки кассация тәртибинде көрилген суд ҳүжжетлери, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен биринши инстанция бойынша қабыл етилген, апелляция яки кассация тәртибинде көрилген суд ҳүжжетлери үстинен берилгенде – Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен көриледи.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясында ревизия тәртибинде көрилген ислер бойынша суд ҳүжжетлери, сондай-ақ ревизия тәртибинде қабыл етилген суд ҳүжжетлери үстинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры тәрепинен протест келтирилгенде – Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумы тәрепинен көриледи.
Ревизия тәртибиндеги шағым арзаны (протестти) ис жүритиўге қабыл етиў, қабыл етиўден бас тартыў яки қайтарыў ҳаққындағы мәселе судья тәрепинен шағым (протест) судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей жеке тәртипте шешиледи.
Ревизия инстанциясы судының судьясы:
-шағым арза (протест) суд ҳүжжети үстинен шағым етиў (протест келтириў) ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен берилген болса;
-шағым арза (протест) нызамлы күшке кирмеген яки нызамға муўапық ревизия тәртибинде шағым етилиўи (протест келтирилиўи) мүмкин болмаған суд ҳүжжети үстинен берилген болса;
-шағым арза (протест) Қарақалпақстан Республикасы судына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларына апелляция яки кассация тәртибинде көрилмеген суд ҳүжжети үстинен берилген болса;
-шағым арза (протест) Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясына Қарақалпақстан Республикасы судында, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларында ревизия тәртибинде көрилмеген суд ҳүжжети үстинен берилген болса;
-шағым арза (протест) исти ревизия тәртибинде көретуғын суд тәрепинен алдын ревизия тәртибинде көрилген суд ҳүжжети үстинен берилген болса;
-шағым арзаны (протестти) бериў мүддети өткерип жиберилген ҳәм өткерилген мүддетти тиклеў бас тартылған болса;
-шағым арзадан оны берген шахс ўаз кешкенлиги, протестти шақырып алғанлығы себепли шағым арза (протест) бойынша ис жүритиўди қысқартыў ҳаққындағы уйғарыўы бар болса, ревизия тәртибиндеги шағым арзаны (протестти) ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартады.
Бунда Қарақалпақстан Республикасы судының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларының шағым арзадан ўаз кешилгенлиги, протест шақырып алынғанлығы мүнәсебети менен ревизия тәртибиндеги шағым арза (протест) бойынша ис жүритиўди қысқартыў ҳаққындағы уйғарыў үстинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясына ревизия тәртибинде шағым арза (протест) берилгенде болса, шағым арзадан оны берген шахс ўаз кешкенлиги, протестти шақырып алғанлығы себепли шағым арза (протест) бойынша ис жүритиўди қысқартыў ҳаққындағы уйғарыў бар екенлиги шағым арзаны (протестти) ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартыўға тийкар болмайды.
Ревизия тәртибиндеги шағым арзаны (протестти) ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартыў ҳаққындағы уйғарыўда шағым арзаны (протестти) ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартыў тийкарлары көрсетиледи, сондай-ақ шағым арзаны бериўде төленген мәмлекетлик бажыны қайтарыў ҳаққындағы мәселе шешиледи.
Спартак НИЯЗОВ,
Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы