СУДЬЯ АШЫҚ САБАҚ ӨТТИ

 

Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды баслығы Р.Каукышев райондағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, оқыўшыларға «Мақтанышлы судьялық кәсиби» атамасында ашық сабақ өтти. Онда оқыўшыларға судьялық кәсибиниң машаққаты менен мақтанышы ҳәм жуўапкершилилиги ҳаққында түсиник берди.

 

Өзбекстан Республикасында судьялар нызамға муўапық әдил судлаўды әмелге асырыўға ўәкиллик берилген шахслар болып, барлық судьялар бирдей статусқа ийе екенлиги атап өтилди. Судьялар ғәрезсиз болып, олар текғана нызамға бойсынады.

 

Конституциямыздың 130-статясында, “Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларынан ғәрезсиз ҳалда жумыс алып барады”,-деп белгиленген.

 

Судья оқыўшыларға өз кәсиби ҳаққында айтар екен, ҳәр қандай кәсиптиң жетик маман қәнигеси болыў ушын ҳәзирден барлық пәнлерден жақсы оқып, китап пенен дос болыў кереклигин уғындырды. Себеби, ҳәр қандай жетискенлик негизи билим ҳәм тынымсыз умытылыс екенлигин турмыстың өзи көрсетип атыр.

 

Ашық сабақ жуўмағында келешекте өзлерин усы кәсипте көриўди қәлеўши оқыўшылар судьядан қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.