ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРДЕ ПРОКУРОР ҚАТНАСЫЎЫ БОЙЫНША НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

 

Соңғы жылларда мәмлекетимизде суд ҳәкимияты бийғәрезлигин, судлар искерлигинде ашықлық ҳәм айдынлықты тәмийинлеў бойынша даўамлы реформалар әмелге асырып келинбекте. Бул өз гезегинде пуқаралар ҳәмде исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиўге хызмет етеди.

 

Соның менен бирге, суд ислерин жүргизиўде тәреплердиң тартысыўы принципин, мәмлекет мәплери нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў судлар тәрепинен пуқаралық, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ислерди көриўде прокурордың қатнасыўына, сондай-ақ ислерди көрип шығыў нәтийжелери бойынша қабыл етилген суд ҳүжжетлери үстинен шағым етиўге байланыслы процессуал нормалар және де анықластырылыўы зәрүрлигин пайда етти.

 

Сонлықтан, 2024-жыл 30-сентябрь күни Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судларда ислерди көриўде прокурордың ўәкилликлерин тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы ӨРН-968-санлы Нызамы қабыл етилди.

 

Нызам тийкарында Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодекси, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодекслерине суд ислерин жүритиўде прокурор қатнасыўы менен байланыслы қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

 

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине прокурордың өзиниң даўа арзасы (арзасы) тийкарында қозғатылған ислерде, сондай-ақ мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў мақсетинде жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықлар, мәмлекет мүлки менен байланыслы ислерде, қоршаған тәбыйғый орталықты қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, мәмлекет бюджетинен өндириўлер, өзбасымшалық пенен қурылған имаратқа болған мүлк ҳуқықын белгилеў, жеке мүлк сыпатында ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў фактин анықлаў, бажыхана төлемлерин өндириў менен байланыслы ислерде қатнасыўын нәзерде тутыўшы өзгерислер киритилди.

 

Буннан тысқары, прокурордың суд додалаўының ўақты ҳәм орны ҳаққында прокурор тийисли тәризде хабардар етилместен көрилген, нызамда прокурордың қатнасыўы нәзерде тутылған ислер бойынша кассация тәртибинде протест, ревизия тәртибинде протест келтириў ҳаққындағы мәселени шешиў ушын тийисли судлардан ислерди талап етип алыўға болған ҳуқықы белгиленди, сондай-ақ усы категориядағы ислерди көриў нәтийжелери бойынша шығарылған суд ҳүжжетлери үстинен протест келтириў тәртиби анықластырылды.

 

Бүгинги күнге келип экономикалық судларда атап өтилген нызам талапларынан келип шығып, мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў мақсетинде жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықлар, мәмлекет мүлки менен байланыслы ислерде, қоршаған тәбыйғый орталықты қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, мәмлекет бюджетинен өндириўлер, өзбасымшалық пенен қурылған имаратқа болған мүлк ҳуқықын белгилеў, жеке мүлк сыпатында ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў фактин анықлаў, бажыхана төлемлерин өндириў менен байланыслы ислерде прокурор қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде тийисли тәртипте прокурорлар көрилетуғын ис бойынша суд додалаўының ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар етип барылмақта.

 

Атап өтилген өзгерислер прокуратура органларының әдил судлаўды әмелге асырыўға көмеклесиў бойынша искерлиги нәтийжелилигин және де асырыўға, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, жәмийет ҳәмде мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин ҳәр тәреплеме қорғаўға, сондай-ақ нызамлылықты беккемлеўге хызмет етеди.

 

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы