ОҚЫЎШЫЛАР МЕНЕН АШЫҚ СӘЎБЕТЛЕСИЎ
Бүгинги күнде судлар тәрепинен жаслардың ҳуқықый мәдениятын жетилистириў, олардың санасында әдиллик ҳәм низам үстинлиги идеяларын сиңдириў бағдарында судлар тәрепинен жаслар менен ушырасыўларды шөлкемлестириў жақсы жолға қойылған.
Усы тийкарда жынаят ислери бойынша Шоманай районы судының баслығы Р.Назаров тәрепинен райондағы 13-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшылар менен ашық сәўбетлесиў өткерилди. Онда судья тәрепинен оқыўшыларға ҳәкимшилик ҳуқуқбузарлық ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик бойынша кең түрде түсиниклер берилди.
Атап өтилгениндей, перзент тәрбиясы жуўапкершиликли соның менен бирге жүдә нәзик мәселе. Сонлықтанда, балалардың мектепте ҳәм шаңарақта тәлим – тәрбия алыўында, кәсипке бағдарлаўда оқытыўшылар менен биргеликте ата-аналардың да теңдей жуўапкершилигин арттырыў зәрүр.
Жасырарлығи жоқ, бүгинги күнде жаслар арасында ҳәр түрли жынаятшылық жағдайларының көплеп ушырасып атырғанлығы аянышлы. Усы тийкарда, оқыў орынларында ҳәр ҳәптениң пийшемби күни “Жас өспиримлер арасында жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў” бойынша илаж өткерилип, онда ата-аналардың толық қатнасыўын ҳәм турақлы түрде мектеп пенен, мектеп ата-ана менен байланысты беккемлеў бағдарында исленип атырған жумыслар өз нәтийжесин көрсетип атырғанлығы мысалларда келтирилди.
Еркин ҳәм ашық сәўбетлесиў даўамында судья жасларға “Өзбекстан Республикасының жасларға байланыслы сиясат ҳаққында”ғы Нызамның мазмун-мәнисин де түсиндирип өтти.