ЖЕРГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҲУҚЫҚЫЙ ҚАТНАСЫҚЛАРДА ТУРАҚЛЫЛЫҚТЫ ТӘМИЙИНЛЕЎ БОЙЫНША НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 68-статьясына муўапық,  жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ҳәм де басқа тәбыйғый ресурслар улыўма миллий байлық есапланып, олардан ақылға сай пайдаланыў зәрүр ҳәм олар мәмлекет қорғаўында болады.

 

Жер нызамда нәзерде тутылған ҳәм де оннан ақылға сай пайдаланыўды ҳәм оны улыўма миллий байлық сыпатында қорғаўды тәмийинлеўши шәртлер тийкарында ҳәм тәртипте жеке мүлк болыўы мүмкин.

 

Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 1-статьясына муўапық, жер улыўма миллий байлық есапланады, Өзбекстан Республикасы халқы турмысы, искерлиги ҳәм пәраўанлығының тийкары сыпатында оннан ақылға сай пайдаланыў зәрүр ҳәм ол мәмлекет тәрепинен қорғалады.

 

Жер туўрысындағы нызамшылықтың тийкарғы ўазыйпалары – ҳәзирги ҳәм келешек әўлатлардың мәплерин гөзлеп жерден илимий тийкарланған тәризде, ақылға сай пайдаланыў ҳәм оны қорғаўды, топырақ өнимдарлығын тиклеў ҳәм асырыўды, тәбыйғый орталықты асыраў ҳәм жақсылаўды, хожалық жүритиўдиң барлық формаларын тең ҳуқықлылық тийкарында раўажландырыў ушын шәраят жаратыўды, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларына болған ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў мақсетинде жер қатнасықларын тәртипке салыўдан, сондай-ақ бул салада нызамшылықты беккемлеўден, соның менен бирге коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўдан ибарат.

 

Кейинги жылларда мәмлекетимизде жерге байланыслы қатнасықларда теңлик ҳәм ашықлықты, жер ресурсларынан ақылға сай ҳәм мақсетли пайдаланылыўын тәмийинлеўге ҳәм де жер участкалары өзбасымшалық пенен ийелеп алыныўының алдын алыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Солай болса да, жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықларда турақлылықты тәмийинлеў, жерлерди қорғаў, жер ийелериниң мүлкий ҳуқықлары қорғалаўы кепилликлерин күшейтиў ҳәм де усы саладағы ҳуқықбузарлықлардың өз ўақтында алдын алыў зәрүрлиги пайда болды.

 

Сонлықтан, Өзбекстан Республикасының 2024 жыл 15 ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў, тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў механизмлерин жетилистириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы ӨРН-997-санлы Нызамы қабыл етилди.

Усы Нызам менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине, Жынаят-процессуал кодексине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине жерден пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларын бузғанлық ушын жуўапкершилик шаралары күшейтирилиўин нәзерде тутыўшы өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуаллық кодекси ҳәм Экономикалық процессуаллық кодекси өзбасымшалық пенен ийелеп алынған, мәмлекет мүлкинде болған жер участкасын қайтарыў, өзбасымшалық пенен қурылған имаратты бузып таслаў ҳаққындағы ислер бойынша айрықша ис жүритилиўин нәзерде тутыўшы қағыйдалар менен толтырылды.

 

Буннан тысқары, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына жергиликли атқарыўшы ҳәкимият органлары жер ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы менен байланыслы даўалар бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўин нәзерде тутыўшы қосымша киритилди.

 

Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуаллық кодексине киритилген өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында тоқталып өтетуғын болсақ, тийкарынан Кодекстиң 26-статьясының биринши бөлими «өзбасымшалық пенен ийелеп алынған, мәмлекет мүлкинде болған жер участкасын қайтарыў, өзбасымшалық пенен қурылған имаратты бузып таслаў туўрысындағы» даўаларды экономикалық судлар тәрепинен көрилиўин нәзерде тутыўшы  91-бәнт пенен толтырылды.

 

Сондай-ақ, Кодекс «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған, мәмлекет мүлкинде болған жер участкасын қайтарыў, өзбасымшалық пенен қурылған имаратты бузып таслаў туўрысындағы ислерди жүритиўдиң өзине тән өзгешеликлери» ҳаққындағы 232-бап пенен толтырылды ҳәм сол мүнәсебет пенен айырым статьяларға тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

 

Кодекске жаңадан киритилген бапқа көре, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған, мәмлекет мүлкинде болған жер участкасын қайтарыў, өзбасымшалық пенен қурылған имаратты бузып таслаў туўрысындағы даўа менен прокурорлар тәрепинен судқа даўа арза бериўи мүмкинлиги, судқа берилген даўа арзаға ЭПКниң 151-статьясының биринши бөлиминде нәзерде тутылған ҳүжжетлерден тысқары нызамшылық талаплары бузылғанлығы туўрысында өзбасымшалық пенен қурылған имаратларды анықлаў ҳәм де оларды сапластырыўды (бузып таслаўды) шөлкемлестириў саласындағы ўәкилликли мәмлекетлик орган тәрепинен дүзилген акт, нызам бузылыўларды ықтыярый түрде сапластырыў ҳаққындағы ескертиў, көшпес мүлкке болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар, ҳуқықбузарлық исленгенлиги ҳаққындағы ҳүжжетлер қосымша етилиўи белгиленди.

 

Алдын ЭПКне муўапық усы категориядағы ислер бойынша қабыл етилген шешиўши қарар исте қатнасыўшы шахсларға қарар қабыл етилген күннен баслап бес күнлик мүддетте жиберилиўи, қарарға наразы тәреп қарар үстинен қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддетте апелляция тәртибинде шағым етиўи мүмкинлиги белгиленген болса, ендиликте Кодекске киритилген өзгериске муўапық қарар исте қатнасыўшы шахсларға ол қабыл етилген күннен баслап үш күнлик мүддетте жиберилиўи, қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап он күнлик мүддетте қарар үстинен апелляция тәртибинде шағым етиў мүмкинлиги белгиленди.

 

Атап өтилген өзгерислер жер участкаларынан нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланыўды тәмийинлеў механизмлерин жетилистириўге, оларды өзбасымшалық пенен ийелеп алыў ҳәм өзбасымшалық пенен имаратлар қурыў жағдайларының кемейиўине, жер туўрысындағы нызамшылық бузылыўы менен байланыслы қылмысларды ислегенлик ушын қолланылатуғын тәсир шараларының сәйкеслилиги ҳәм жетерлилиги принциплерин тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы