АДАМ САЎДАСЫ-ДӘЎИР МАШҚАЛАСЫ
Кейинги дәўирлерде адам саўдасы пүткил инсаниятқа қарсы тийкарғы қәўиплерден бири болып келмекте. Адамнан эксплуатация мақсетлеринде пайдаланыў жәмийеттиң демократиялық негизлерине үлкен қәўип салады.
Бүгинги күнде мәмлекетимиз адам саўдасына қарсы гүресиўге бир қатар халықаралық ҳүжжетлерди, солардан, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Трансмиллий бирлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Конвенцияны ҳәм «Адам саўдасы, әсиресе, ҳаяллар ҳәм балалар саўдасының алдын-алыў ҳәмде оған шек қойыў ҳәм оның ушын жазалаў ҳаққында»ғы Протоколды ратификация қилған. Сондай-ақ, 2020-жыл 17-августда Өзбекстан Республикасының «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы жаңа редакциядағы Нызамы қабыл етилди, халықаралық ҳуқық нормаларын миллий нызамшылыққа имплементация етиўге тийисли өзгерислер киргизилди.
«Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық, адам саўдасы – күш пенен қорқытыў яки күш ислетиў ямаса мәжбүрлеўдиң басқа түрлеринен пайдаланыў, урлаў, алдаўшылық, ҳәкимияттан пайдаланыў яки жағдайдың төменлигинен пайдаланыў арқалы ямаса басқа шахсты бақлаўшы шахстың разылығын алыў ушын төлемлер яки мәпдар етиў есесине аўдырып алыў жолы менен адамлардан пайдаланыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў яки қабыл етиў. Адамлардан пайдаланыў басқа шахслардың бузақылығы (фоҳишалиги)нан пайдаланыўды яки олардан бузақылық пайдаланыўдың басқа формаларын, мәжбүрий мийнетти яки хызметлерди, қуллықты ямаса қуллыққа уқсас әдетлерди, ерксизлик жағдайын ямаса инсан ағзаларын ҳәм тоқымаларын алыўды аңлатады.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясы 1-бөлимине көре, адам саўдасы, яғный адамды алыў-сатыў ямаса адамды оннан пайдаланыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў яки қабыл етиў – үш жылдан бес жылға шекем азатлықтан шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў жазыс менен жазаланады. Усы статьяның 2-бөлимине муўапық, усы ҳәрекетлер урлаў, зорлық ислетиў яки зорлық ислетиў менен қорқытыў ямаса мәжбүрлеўдиң басқа формаларын қоллаў арқалы;
еки яки оннан артық шахсқа карата;
өзин қорғай алмайтуғын жағдайдалығы айыпкерге мәлим болған шахсқа қарата;
айыпкерге материаллық жақтан яки басқа жақтан караслы болған шахсқа қарата;
тәкирарый яки қәўипли рецидивист тәрепинен;
бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип;
хызмет ўазыйпасынан пайдаланған ҳалда;
жәбирлениўшини Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасынан алып өткен ҳалда яки оны шет елде нызамға қайшы рәўиште услап турған ҳалда;
қәлбеки ҳүжжетлерден пайдаланған ҳалда, тап сондай жәбирлениўшиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди алып қойған, жасырған ямаса жоқ қылып жиберген ҳалда;
инсан ағзаларыны ҳәм (яки) тоқымаларын алыў мақсетинде исленген болса – бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер он сегиз жасқа толмағанлығы айыпкерге мәлим болған шахсқа қарата исленген болса; жәбирлениўшиниң өлимине яки басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса; оғада қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса; жынайый топар тәрепинен яки оның мәплерин көзлеп исленген болса – Усы статьяның 3-бөлимине муўапық сегиз жылдан он еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Судлар тәрепинен адам саўдасына байланыслы ислерди көриўде бирден-бир суд әмелиятын енгизиў мақсетинде 2009-жыл 24-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Жокарғы суды Пленумының «Адам саўдасына тийисли ислер бойынша суд әмелияты ҳаққында»ғы 12-санлы қарары қабыл етилди.
Усы Пленум қарары түсиндирмесине көре, алды-сатты көринисиндеги адам саўдасы адамның бир шахс тәрепинен баскасына пул, басқа материаллық байлықлар (мүлк),мүлкий характердеги хызметлер, мүлкий яки пул көринисиндеги қарыздан ўаз кешиў ҳәм т.б сыпатындағы ҳақы есесине берилиўи туўрыдан-туўры жазба яки аўызеки питим дүзилиўин нәзерде тутады. Адамды эксплуатация қылыў басқа шахслар бузақылығы (фоҳишабозлик)нан пайдаланыў яки басқа көринистеги бузакылық эксплуатацияны, мәжбүрий мийнет яки хызметлер, қуллық яки қуллыққа уқсас әдетлер, ерксизлик ҳалаты яки адам ағзалары я болмаса тоқымалары алыныўын аңлатады. Мәжбүрий мийнет қандай да бир жазаны қоллаў менен қорқытыў арқалы жумысты орынлаўға мәжбүрлеўди аңлатады.
Қуллық — өзине қарата мүлик ҳуқықына тән айырым яки барлық ҳуқықлар әмелге асырылып атырған шахс аўҳалы яки жағдайын аңлатады.
Ерксизлик жағдайы – шахстың белгили-бир факторлар жыйындысы тәсири астында өз еркине қайшы рәўиште ҳәр қандай жумыс яки хызметти орынлаўға мәжбүр болғанлығын аңлатады.
Мәмлекетимизде адам саўдасына қарсы гүресиўге, соннан адас саўдасына имкан бериўши себеплер ҳәм шәрт-шараятларды сапластырыўға каратылған ис-иләжларды әмелге асырыў, адам саўдасының алдын-алыўға қаратылған ҳуқықый, сиясий, социал-экономикалық, медициналық, профилактика ис-иләжларын, мәлимлемеге тийисли ис-иләжларды әмелге асырыў, солардан халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жетилистириў, адам саўдасын өз ўақтында анықлаў ҳәм оған шек қойыў, оның ақыбетлерин сапластырыў, сондай-ақ адам саўдасы менен шуғылланыўшы шахслар жуўапкершилигиниң сөзсизлиги принциплерин тәмийнлеў, адам саўдасынан жәбирленгенлерди, адам саўдасынан жәбирленген деп гүман қылынып атырғанларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, солар қатарынан социаллық қорғаў адам саўдасына қарсы гүресиў тараўындагы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары болып есапланады.
Саодат ҚАЙЫПНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы