«БАЛАЛАР ХУҚУҚЛАРЫН ҚОРҒАЎ ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ НЫЗАМНЫҢ МАЗМУНЫ ҲӘМ ӘҲМИЙЕТИ
Бала ҳуқықлары еркинликлери ҳəм нызамлы мəплерин қорғаў системасын жəнеде раўажландырыў ҳәм жетилистириў, бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў, усы тараўдағы халықаралық мəжбуриятларды əмелге асырыўдың нәтийжели системасын жаратыў ушын мəмлекетимизде бирқанша ис илажлар әмелге асырылмақта.
Балалар ҳуқуқларын қорғаў ушын бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенцияда қабыл етилген болып, бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция-балалар ҳуқықы ҳаққындағы ҳалық аралық ҳуқық нормалары күшине ийе болған ҳəмде келешекке қаратылған ең толықлы қабыл етилген биринши ҳүжжет.
Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция дүньяның ҳəрбир мүйешиндеги балалар ушын үлкен əҳмийетке ийе болып есапланады, тийкарғы мақсети балалар ҳуқықларын қорғаўдан ибарат.
«Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының нызамы 2012-жыл 28-октябрь күни қабыл етилген. Бул нызамның мақсети бала хуқықларының кепилликлери тараўындағы қатнасықларды тəртипке салыўдан ибарат.
Бала ҳуқықларының кепилликлери туўралы нызамшылық усы Нызам ҳəм басқа да нызам актлеринен ибарат.
Бала ҳуқықларын қорғаў бойынша мəмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары төмендегилерден ибарат:
-баланың ҳуқықлары кепилликлери, еркинликлери ҳəм нызамлы мəплерин тәмийинлеў;
-баланың өмири ҳəм денсаўлығын қорғаў;
-баланың кемситилиўине жол қоймаў;
-баланың ар намысы ҳəм қəдир қымбатын қорғаў;
-балалардың ҳуқықлары ҳəм мүмкиншиликлериниң теңлигин тәмийинлеў;
-бала ҳуқықлары кепилликлериниң ҳуқықый тыйкарларын жетилистириў;
-бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққындағы нызамшылықтың сақланыўын тәмийинлеў ҳəм т.б.
Өзбекстан ҳəм Карақалпақстан Республикаларының Конституциялары, усы нызам ҳəмде басқада нызамшылық актлерине муўапық ҳəр бир балаға инсан ҳəм пуқара ҳуқықлары жəне еркинликлери тийисли болады ҳəм мəмлекет тəрепинен кепилленеди.
Некеде ҳəм некесиз туўылған балалар тең ҳəм ҳəр тəреплеме қорғаўдан пайдаланады.
Мəмлекет баланын барлық түрлердеги кемситилиўлерден қорғалыўын тәмийинлеў ушын зәрүрли илажларды көреди. Баланың ҳуқықлары шекленбеген ҳəм шеклениўи мүмкин емес.
Баланың жасаў ҳуқықы кепилликлери
Жасаў ҳуқықы ҳəр бир баланың ажыралмас ҳуқықы болып табылады. Баланың өмирине қастыянлық етиў ең аўыр жынаят есапланады.
Мəмлекет саламат баланың туўылыўын ҳəм раўажланыўын тамийнлеу ушын шәраят жаратады.
Ҳəр бир балаға оның ҳуқуқларын еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин суд арқалы қорғаў , мəмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳəм мəмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң нызамсыз шешимлери, лаўазымлы шахслардың нызамсыз ҳəрекетлери (хәрекетсизлиги) үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына ийе.
Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳакқындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы деп табылған шахслар белгиленген тəртипте жуўапкер болады.
Мəмлекет тəрепинен баланың жасаў, қол қатылмаслык, билим алыў, медициналық хызметтен пайдаланыў сыяқлы бəрше ҳукықлары кепилленеди ҳəмде қорғалады.
Балалар ҳуқықларының тыйкарғы принциплери:
-балалар мәплерин жоқары санаў;
-Дискриминатсияға жол қоймаў;
-шаңарақта тəрбия алыў ҳуқықы;
-билим алыў ҳуқықы;
-саламат турмыс тəризин тәмийинлеў ҳуқықы.
Жуўмақлап айтқанда, балалар ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызамлар балалардың толық раўажланыўы, билим алыўы ҳəм саламат турмыс орталығында жасаўы ушын шәраят жаратыўға қаратылған. Усы нызамлардың мақсети балаларды зорлықтан, кемситилиўлерден, жумыссызлықтан қорғаў ҳəм оларды ҳукықларын қорғаўдан ибарат.
Бердимурат БАЙМУРАТОВ,
Нөкис районлараралық экономикалық судының судьясы