СУД-ҲУҚЫҚ МӘСЕЛЕЛЕРИНЕ БАЙЛАНЫСЛЫ КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎ

Мәмлекет органлары ҳәм жергиликли ҳәкимиятлар тәрепинен орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар пуқаралардың мәмлекетке болған исенимин асырады. Бул өз гезегинде, мәмлекет ҳәм пуқаралар арасындағы байланысты да беккемлейди.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасарлары А.Адилов ҳәм Б.Қтайбековлар тәрепинен Кегейли ҳәм Елликқала районларында көшпели қабыллаў өткерилди.

 

 

Суд-ҳуқық мәселелерине байланыслы болған қабыллаўда пуқараларға ҳуқықый мәсләҳәтлер менен бирге олардың нызамлы ҳуқықларын түсиндириў ҳәм әмелий жәрдем бериў илажлары көрилди. Бул арқалы ҳәр бир мүрәжатшы өзиниң ҳуқықый мәселедеги машқалаларына туўрыдан-туўры тараў басшыларынан анық ҳәм тийкарлы жуўап алыў мүмкиншилигине ийе болды.

 

 

Атап айтқанда, қабыллаўда билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги жер-мүлк, кадастр, некеден ажыратыў, алимент өндириў, суд тәрепинен тайынланған жазаны жеңилрегине алмастырыў, суд қарарынан наразылық ҳәм басқа да мәселелер бойынша.

 

Қабыллаў даўамында мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, тийисли мәсләҳәтлер берилди. Ал, айырым мүрәжатлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.