СУДЬЯЛАР ХАЛЫҚ АРАСЫНДА  

Жынаят ислери бойынша Шымбай районы судының баслығы А.Успанов, Шымбай районлараралық судының баслығы Б.Бекмуратов ҳәм усы судтың судьясы З.Хасановалар тәрепинен райондағы «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйынында ушырасыў өткерилди.

 

 

Инсан қадири ушын. Мәмлекетимиз сиясатының баслы идеясына айланған бул түсиник негизинде алып барылып атырған реформалар пуқараларымыз турмысында ɵзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте. Әсиресе, халық арасына кирип, олар менен сәўбетлесиў, машқалаларына шешим табыў бүгин ҳәр бир басшының тийкарғы приципине айланған. Дәслеп, суд басшылары тәрепинен пуқаралардың пикир ҳәм усыныслары тыңланып, оларға ҳуқықый түсиниклер берилди.

 

 

Буннан соң, судьялар тәрепинен коррупция ҳәм оған қарсы гүресиў, ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў, адам саўдасы ҳǝм мǝжбүрий мийнеттиң алдын алыў, сондай-ақ бул бағдардағы нызамшылық жөнинде кең түрде мағлыўматлар берилди.

 

ИТИБАР ҲӘМ ҲҮРМЕТ БЕЛГИСИ

 «Устаз атаңдай уллы» дейди дана халқымыз. Дурысында да, барқулла жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззетте болып келген халқымыз илим-билим сырларын жалықпастан үйретип, өмирден ҳәм жәмийеттен мүнәсип орын табыўға жол-жоба берген устаз-муғаллимлеримизди ҳүрметлеп, қәдирлейди. Оларға ҳәмийше тәжимде.

 

Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң басламасы менен әдил судлаўды әмелге асырыў менен бирге ылайықлы жетик кадрларды жетистириўде де айрықша белсендилик көрсеткен бир топар суд нуранийлериниң мийнетлерин және бир мәртебе хошаметледи. Оларға байрам қутлықлаўы менен бирге естелик саўғалары да инам етилди.

 

Орынларда болғаны сыяқлы, Қарақалпақстан Республикасы судында да салтанатлы илаж өткерилип, онда «Дослық» ордени, «Суд фахрийси»  ҳәм «Муътабар аёл» көкирек белгилериниң ийеси Арзыбийке Жанибековаға байрам саўғалары тапсырылды.

 

 

Ҳақыйқатында да көз нурын,билим ҳәм тәжирийбесин, пүткил саналы өмирин жас әўладқа билим ҳәм тәрбия бериўге, оларды миллий ҳәм улыýма инсаныйлық қәдриятлар руўхында тәрбиялаўға бағышлаған , айдын келешек тийкарын жаратып атырған бул инсанлардың мийнетин қаншелли қәдирлесек те аз.

 

 

Илажда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Адилов суд жәмәәти атынан да суд нуранийин байрам менен қутлықлап, беккем ден-саўлық, шаңарақлық бахыт ҳәм алдағы жумысларында тасқын табыслар тилеп, есетлик саўғаларын тапсырды.

 

 

Илаж байрам қутлықлаўлары менен даўам етти.

 

 

ГЕНДЕР ТЕҢЛИГИ-ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРҒА ҚАРСЫ ЗОРЛЫҚ ҲӘМ КҮШ ИСЛЕТИЎЛЕРДИҢ АЛДЫН АЛЫЎДА ӘҲМИЙЕТЛИ  

 

Бир неше жыллардан бери Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ)ниң бәрше күши «Турақлы раўажланыўдың мақсетлери»не толық жетисиўге бағдарланған.

 

Халық-аралық көлемде БМШниң Турақлы раўажланыў мақсетлери – басқа бир қатар мәселелер менен бир қатарда гендер теңлиги, ҳаял-қызлар имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, социаллық теңлик мәселелерин қамтып алған. Ал, оның 5 мақсети әйне Гендер теңлигин тәмийнлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм имканияталарын кеңетиўден ибарат.

 

БМШниң Турақлы раўажланыў мақсетлерине көре, сиясатта ҳәм жәмийет турмысының бәрше салаларында ҳаял-қызлардың толық ҳәм тең қатнасыўын тәмийинлеў раўажланыў ушын оғада әҳмийетли.

 

Соңғы жылларда мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўы саласында алып барылып атырған илимий-изертлеўлер – социаллық турмыс келешегине унамсыз тәсир көрсетиўши ҳәдийселерден болған ерлер ҳәм ҳаял-қызлардың тең ҳуқық ҳәм имканиятлары машқалаларын өз ўақтында сапластырыў, басшы ҳәм хызметкерлердиң менежмент саласында жумыс алып барыўдың ең алдыңғы усыллары ҳәмде билим ҳәм компетенцияларын өзлестириўине байланыслы екенлигин көрсетеди.

 

Жаңаланып атырған Өзбекстанның реформалары қатарында инсан ҳуқық ҳәм мәплериниң үстинлиги, атап айтқанда ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ҳуқықларының қорғалыўы, жәмийетте ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәмде имканиятларына итибар мәселеси кең орын алған.

 

Өзбекстан Республикасы ҳаял-қызларға қарата кемситиўдиң анық түсинигин ашып бериўши БМШниң «Ҳаял-қызларға қарата кемситиўлердиң бәрше түрлерин сапластырыў ҳаққында»ғы Конвенциясы (сала қәнийгелери ортасында бул Конвенцияны «Ҳаял-қызлар ҳуқықлары бойынша Халқаралық Билл» деп те атайды)на 1995-жылдан бери ағза есапланады ҳәмде ўақты-ўақты менен БМШниң тийисли Комитетине бул салада мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған иләжлар ҳаққында өз есабат-баянатларын усынып келеди. Мәселен, 2019-жылда алтыншы баянат усынылған. Комитет тәрепинен бундай баянатлардың кең түрдеги додаланыўы нәтийжелерине көре, Комитет ағза-мәмлекетлерге өзиниң жуўмақлаўшы усынысларын берип келеди.

 

Комитеттиң соңғы жыллардағы Өзбекстан берген жуўмақлаўшы усыныслары қатарында Өзбекстанда гендер статистикасын жүритиў ҳәм гендер индикаторларын енгизиў мәселелери бойынша бир қатар сын пикирлер билдирип келинер еди. Бүгинги күнде гендер теңлиги мәселелери миллий нызамшылығымызда да мүнәсип орын алды.

 

Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәртебе Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамы 2019-жыл 2-сентябрь сәнесинде қабыл етилип, турмысқа енгизилди.

 

Бул нызам ҳәзирги күнде мәмлекетимизде гендер теңлигин тәмийинлеўге қаратылған тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет болып табылады.

 

Усы Нызамға көре, гендер бул – ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ортасындағы мүнәсебетлердиң жәмийет турмысы ҳәм искерлигиниң бәрше салаларында, сол қатары сиясат, экономика, ҳуқық, идеология ҳәм мәденият, билимлендириў ҳәмде илим-пән салаларында сәўлеленетуғын социаллық тәрепи.

 

Нызамда ҳаял қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятларды тәмийинлеў саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, бул саладағы мәмлекетлик басқарыў механизмлери белгилеп берилди.

 

Нызамға муўапық, мәмлекет ҳаял-қызлар ҳәм ерлерге жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларды әмелге асырыў барысында тең ҳуқықлылықты кепиллейди.

 

Нызамның 8-статьясына итибар қарататуғын болсақ, онда әйне жоқарыдағы БМШ Комитетиниң жуўмақлаўшы усынысларында орын алған мәселе яғный, гендер статистикасын қәлиплестириў мәселеси нызамшылық дәрежесинде белгилеп берилгенин көриў мүмкин.

 

Оған көре, мәмлекетлик статистика органлары гендер көрсеткишлери тийкарында жәмийет турмысының барлық салаларында ҳаял-қызлар ҳәм ерлердиң жағдайын сәўлелендириўши статистикалық мәлимлемени жыйнаўды, оған ислеў бериўди, оны топлаўды, сақлаўды, анализлеўди ҳәм жәриялаўды әмелге асырады.

 

Буннан тысқары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-марттағы 4235-санлы қарары менен 54 Гендер индикаторлары енгизилген болып, соннан 4 ўи әдил сўдлаўға тийисли.

 

Яғный, ҳәзирше булар – ҳаял судьялар саны, Ишки ислер уйымларында ҳаял-қызлар саны, өзлерине жақын яки басқа шахслар тәрепинен физикалық яки басқа зорлық-зомбылыққа дуўшар болған ҳаял-қызлар саны ҳәм 15 жастан жоқары болған басқа шахс тәрепинен жынысый зорлыққа дуўшар болған ҳаял-қызлар саны көрсеткишлери бойынша жүритиледи.

 

Мәселен, бул индикаторларға көре, 2022-жыл ҳалатына Өзбекстан Республикасында судьялардың 16 пайыздан көбиреги ҳаял-қызлардан ибарат болған болса, Жоқарғы судта бул көрсеткиш 21,1 пайызды қураған. Ал, улыўма мәмлекетлик органларда басқарыўшылық тараўында ҳаял-қызлар саны 27 пайызды қураған.

 

Яки 2020-жыл мағлыўматларына көре, 14 774 ҳаял-қызлар басым ҳәм зорлықтан қорғаныў ордер алған болып, солардан 11 000 өзлериниң өмирлик жолдасларынан қорғаныўға мүтәж болған. Мине усындай мағлыўматларды топлаў, оларды анализлеў арқалы жәмийетимизде гендер теңлиги машқалаларын өз ўақтында сапластырып барыў мүмкин болады.

Қалаберсе, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын яғный, аналық, үй-руўзыгершилик жумыслары ҳ.т.б. есапқа алған ҳалда олардың жәмийет турмысының барлық салаларында өзлериниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин, өзлериниң уқып ҳәм имканияларын жүзеге шығарыўда ҳаял-қызларға ерлер менен теңдей имканиятлар жаратыў мәселесин үйренип барыў әҳмийетли болып қала береди.

 

Мен ойлайман жоқарыдағы нызам ҳәмде инсан ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеў бағдарында, солар қатары әдил судлаў саласында алып барылып атырған реформалар мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм ерлердиң тең ҳуқықлығының ҳәмде тең имканиятларының еледе кеңирек тәмийинлениўине, бул арқалы жәмийетимизде социаллық теңлик принципиниң терең қәлиплесиўине ҳәм оның раўажланыўына хызмет етеди.

 

 

Еркин УТЕНИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы                                     

 

 

МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНЕ КИРИЎ БОЙЫНША ДҮНЬЯ ТӘЖИРИЙБЕСИ

 

Мәмлекетлик пуқаралық хызметине кириў ҳәм оған қабыл етиў шәртлери менен байланыслы норма талаплары  Өзбекстан Республикасы 2022-жыл 8-августтағыМәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққындағы нызамыныӊ 27-28-статьяларында белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Өзбекстан Республикасында Кадрлар сиясаты ҳәм Мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманына байланыслы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилип, ол мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлерде хызметкерлерди басқарыў ҳәм инсан ресурсларын раўажландырыў саласында бирден-бир, мәмлекетлик сиясатты  әмелге асырыў ушын жуўапкер болып есапланады. Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги мәмлекетлик пуқаралық хызметине қабыл етиў ашық,  еркин таӊлаў тийкарында әмелге асырылыўы нәзерде тутылды.

2020-жыл 1-январдан баслап – тәжирийбе тәртибинде, пүткил вертикал бойлап – мәмлекетлик басқарыў уйымларында ҳәм аймақлардағы барлық мамлекетлик шөлкемлерде;

2021-жыл 1-январдан баслап – мәмлекетлик пуқаралық хызмети нәзерде тутылған республиканыӊ барлық мамлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлеринде жолға қойылды.

Соныӊ менен бирге, ашық, еркин таӊлаў тийкарында мәмлекетлик пуқаралық хызметине қабыл етилетуғын шахслар Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм тийисли түрде оныӊ филиаллары менен келиспей турып лаўазымынан босатылыўы мүмкин емеслиги белгилеп қойылды.

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм тийисли түрде оныӊ филиаллары менен келисилген жағдайда лаўазымға тайынланыўы ҳәм лаўазымынан босатылыўы  нәзерде тутылды.

Перспективалы басқарыў кадрларын таӊлап алыў бойынша республикалық “Тараққиёт” таӊлаўын өткериў Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ қарарына бола, Мәмлекетлик хызметти  раўажландырыў агентлигиниӊ ўазыйпалары менен  функцияларынан бири бул – еӊ перспективалы кадрларды мәмлекетлик пуқаралық хызметине ашық еркин таӊлаў тийкарында қабыл етиўди шөлкемлестириўи белгиленген.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметине кириў бойынша  Батыс Европа мәмлекетлердиң (Германия, Франция, Нидерландия ҳәм тағы баска) мәмлекетлик хызмети ҳаққындағы нызамларында мәмлекетлик хызметке кириўдиӊ толық тәртиби жолға қойылған. Улыўма мәмлекетлик хызметке қабыл етиўдиӊ анық регламент қағыйдалары дерлик барлық дүнья мәмлекетлери нызамшылығы ушын тийисли болып табылады.

Тап сондай режелер ҒМДА еллери нызамларында да нәзерде тутылған. Мысал ушын, Қазақстанда бул мәселеге толық бап бағышланған. Россия ҳәм Қырғызстанда – мәмлекетлик  хызметке кириўди тәртипке салыўшы статьялар нәзерде тутылған.

Көпшилик еллерде мәмлекетлик хызметке кириўи ушын (Уллы Британия ҳәм Францияда) пуқаралық талап етилсе, лекин, Канада ҳәм Германияда усы мәмлекет пуқаралығы талап етилмейди.

Сырт  мәмлекетлердиӊ тәжирийбесинде мәмлекетлик хызмети ҳаққындағы барлық нызамлар мәмлекетлик хызмет лаўазымына талабанларды усыныс етилетуғын талаплар дизимин өзинде сәўлелендиреди.

Олардыӊ ишинен ең көп тарқалған талаплар пукаралық цензи (Уллы Британия, АҚШ (айырым төменги лаўазымлар ҳәм зәрүрлиги бойынша кеӊселер ушын буған кирмейди) ямаса турақ жайы (Германия); ҳәм жоқары, ҳәм төменги шеклеўлерин сәўлелендириўши жас цензи (Уллы Британия, Франция); билимлендириў цензи (Уллы Британия, Франция, Германия), арнаўлы билимлендириў ҳаққындағы дипломыныӊ барлығынан тартып илимий дәрежесине ҳәр қыйлы болып барады; маманлық цензи (дерлик дүньяныӊ барлық еллеринде) тәжирийбели, уқыплы ҳәм талабанлыққа кеӊ билимлерге ийе болғанларды таӊлап алыўды билдиреди. Ҳәр бир елдиӊ тарийхый ҳәм мәдений тәреплери ушын тән болған талаплары да бар.

Уллы Британия ҳәм АҚШ тағы айырым лаўазымлар ушын бул, мысал түринде, отырықшылық цензи, жасаў ҳәм туўылыў бойынша, Францияда сиясий ҳуқықлары; нызамларға бойсыныў, армияда хызмет ҳаққындағы нызамларға унамлы қатнасығы, физикалық уқыплылық, сондай-ақ, белгили бир кеӊседе таӊлаў ушын қосымша өз алдына талапларына байланыслы. Германияда ҳәм айырым басқа еллерде бир қатар лаўазымлар ушын бир неше жыллар (лаўазымларға байланыслы) ишинде таярлық әмелиятларында зәрүрли өтеўлер болады.

 Мәмлекетлик хызметке кириў процедурасының ҳуқықый тәртипке салыныўы жеке ҳуқықый ҳәм ғалаба-ҳуқықый көзқарасларды бирлестирген жағдайда тийкарланған болыўы лазым. Атап айтқанда, мәмлекетлик хызметкер арасында дүзилип атырған мийнет шәртнамасы менен тастыйықланыўы яки тайынлаў ҳаққындағы актлери арасындағы таӊлаў муўапықлығын көрсетиў зәрүр.

 

 

Нураддин ТАИРОВ,

Пуқаралық ислери бойынша  Беруний районлараралық судының  судьясы

СУДЬЯ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСЫЎЫ

 

Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик судының судьялары Р.Худайберганова ҳəм Ж.Аймаганбетовалар Бердақ атындағы Қарақалпақ Мəмлекетлик Университетиниң юридика факультети студент жаслары менен ушырасты.

 

 

Ушырасыўда судьялар тəрепинен Ɵзбекстан Республикасы Президенти тəрепинен    2024-жыл 10-июнь күни «Оператив-излеў ҳәм тергеў  жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-89-санлы пәрманының мазмуны, елимизде гендер теңликти тəмийинлеў  бойынша əмелге асырылып атырылған реформалар, бул бағдарда қабыл етилген норматив ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмуны ҳаққында студент жасларға кең түрде түсиник берилди.

 

 

АДАМ САЎДАСЫ-ДӘЎИР МАШҚАЛАСЫ

Кейинги дәўирлерде адам саўдасы пүткил инсаниятқа қарсы тийкарғы қәўиплерден бири болып келмекте. Адамнан эксплуатация мақсетлеринде пайдаланыў жәмийеттиң демократиялық негизлерине үлкен қәўип салады.

 

Бүгинги күнде  мәмлекетимиз адам саўдасына қарсы гүресиўге бир қатар халықаралық ҳүжжетлерди, солардан, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Трансмиллий бирлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Конвенцияны ҳәм «Адам саўдасы, әсиресе, ҳаяллар ҳәм балалар саўдасының алдын-алыў ҳәмде оған шек қойыў ҳәм оның ушын жазалаў ҳаққында»ғы Протоколды ратификация қилған. Сондай-ақ, 2020-жыл 17-августда Өзбекстан Республикасының «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы жаңа редакциядағы Нызамы қабыл етилди, халықаралық ҳуқық нормаларын миллий нызамшылыққа имплементация етиўге тийисли өзгерислер киргизилди.

 

«Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық, адам саўдасы – күш пенен қорқытыў яки күш ислетиў ямаса мәжбүрлеўдиң басқа түрлеринен пайдаланыў, урлаў, алдаўшылық, ҳәкимияттан пайдаланыў яки жағдайдың төменлигинен пайдаланыў арқалы ямаса басқа шахсты бақлаўшы шахстың разылығын алыў ушын төлемлер яки мәпдар етиў есесине аўдырып алыў жолы менен адамлардан пайдаланыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў яки қабыл етиў. Адамлардан пайдаланыў басқа шахслардың бузақылығы (фоҳишалиги)нан пайдаланыўды яки олардан бузақылық пайдаланыўдың басқа формаларын, мәжбүрий мийнетти яки хызметлерди, қуллықты ямаса қуллыққа уқсас әдетлерди, ерксизлик жағдайын ямаса инсан ағзаларын ҳәм тоқымаларын алыўды аңлатады.

 

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясы 1-бөлимине көре, адам саўдасы, яғный адамды алыў-сатыў ямаса адамды оннан пайдаланыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў яки қабыл етиў – үш жылдан бес жылға шекем азатлықтан шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў жазыс менен жазаланады. Усы статьяның  2-бөлимине муўапық, усы ҳәрекетлер урлаў, зорлық ислетиў яки зорлық ислетиў менен қорқытыў ямаса мәжбүрлеўдиң басқа формаларын қоллаў арқалы;

еки яки оннан артық шахсқа карата;

өзин қорғай алмайтуғын жағдайдалығы айыпкерге мәлим болған шахсқа қарата;

айыпкерге материаллық жақтан яки басқа жақтан караслы болған шахсқа қарата;

тәкирарый яки қәўипли рецидивист тәрепинен;

бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип;

хызмет ўазыйпасынан пайдаланған ҳалда;

жәбирлениўшини Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасынан алып өткен ҳалда яки оны шет елде нызамға қайшы рәўиште услап турған ҳалда;

қәлбеки ҳүжжетлерден пайдаланған ҳалда, тап сондай жәбирлениўшиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди алып қойған, жасырған ямаса жоқ қылып жиберген ҳалда;

инсан ағзаларыны ҳәм (яки) тоқымаларын алыў мақсетинде исленген болса – бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Усы ҳәрекетлер  он сегиз жасқа толмағанлығы айыпкерге мәлим болған шахсқа қарата исленген болса; жәбирлениўшиниң өлимине яки басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса; оғада қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса; жынайый топар тәрепинен яки оның мәплерин көзлеп исленген болса – Усы статьяның 3-бөлимине муўапық сегиз жылдан он еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

 

Судлар тәрепинен адам саўдасына байланыслы ислерди көриўде бирден-бир суд әмелиятын енгизиў мақсетинде 2009-жыл 24-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Жокарғы суды Пленумының «Адам саўдасына тийисли ислер бойынша суд әмелияты ҳаққында»ғы 12-санлы қарары қабыл етилди.

 

Усы Пленум қарары түсиндирмесине көре, алды-сатты көринисиндеги адам саўдасы адамның бир шахс тәрепинен баскасына пул, басқа материаллық байлықлар (мүлк),мүлкий характердеги хызметлер, мүлкий яки пул көринисиндеги қарыздан ўаз кешиў ҳәм т.б сыпатындағы ҳақы есесине берилиўи туўрыдан-туўры жазба яки аўызеки питим дүзилиўин нәзерде тутады. Адамды эксплуатация қылыў басқа шахслар бузақылығы (фоҳишабозлик)нан пайдаланыў яки басқа көринистеги бузакылық эксплуатацияны, мәжбүрий мийнет яки хызметлер, қуллық яки қуллыққа уқсас әдетлер, ерксизлик ҳалаты яки адам ағзалары я болмаса тоқымалары алыныўын аңлатады. Мәжбүрий мийнет қандай да бир жазаны қоллаў менен қорқытыў арқалы жумысты орынлаўға мәжбүрлеўди аңлатады.

 

Қуллық — өзине қарата мүлик ҳуқықына тән айырым яки барлық ҳуқықлар әмелге асырылып атырған шахс аўҳалы яки жағдайын аңлатады.

Ерксизлик жағдайы – шахстың белгили-бир факторлар жыйындысы тәсири астында өз еркине қайшы рәўиште ҳәр қандай жумыс яки хызметти орынлаўға мәжбүр болғанлығын аңлатады.

 

Мәмлекетимизде адам саўдасына қарсы гүресиўге, соннан адас саўдасына имкан бериўши себеплер ҳәм шәрт-шараятларды сапластырыўға каратылған ис-иләжларды әмелге асырыў, адам саўдасының алдын-алыўға қаратылған ҳуқықый, сиясий, социал-экономикалық, медициналық, профилактика ис-иләжларын, мәлимлемеге тийисли ис-иләжларды әмелге асырыў, солардан халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жетилистириў, адам саўдасын өз ўақтында анықлаў ҳәм оған шек қойыў, оның ақыбетлерин сапластырыў, сондай-ақ адам саўдасы менен шуғылланыўшы шахслар жуўапкершилигиниң сөзсизлиги принциплерин тәмийнлеў, адам саўдасынан жәбирленгенлерди, адам саўдасынан жәбирленген деп гүман қылынып атырғанларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, солар қатарынан социаллық қорғаў  адам саўдасына қарсы гүресиў тараўындагы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары болып есапланады.

 

 

Саодат ҚАЙЫПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

                                                                

МҮРƏЖАТЛАРДЫҢ КӨРИП ШЫҒЫЛЫЎЫ КЕПИЛЛЕНГЕН

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 40-статьясына муўапық ҳǝр ким тиккелей өзи ҳǝм басқалар менен биргеликте мǝмлекетлик уйымларға ҳәм де шөлкемлерге, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына, лаўазымлы шахсларға ямаса халық ўәкиллерине арзалар, усыныслар ҳǝм шағымлар менен мүрǝжат етиў ҳуқықына ийе.

 

Арзалар, усыныслар ҳǝм шағымлар нызамда белгиленген тǝртипте ҳǝм мүддетлерде көрип шығылыўы шǝрт.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 55-статьясына муўапық, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.

 

Ҳǝр кимге өзиниң ҳуқық ҳǝм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мǝмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳǝрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.

 

Ҳәр кимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, бийғәрез ҳәм де қалыс суд тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи.

 

Ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шәртнамаларына муўапық, егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға байланыслы барлық ишки қуралларынан пайдаланып болынған болса, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халықаралық уйымларға мүрәжат етиўге ҳақылы.

 

Ҳәр ким мәмлекетлик уйымлардың ямаса олардың лаўазымлы шахсларының нызамсыз шешимлери, ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли келтирилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыў ҳуқықына ийе.

 

Мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм мǝмлекетлик мǝкемелерге, сондай-ақ олардыӊ лаўазымлы шахсларына физикалық ҳǝм юридикалық шахслардыӊ мүрǝжатлары саласындағы қатнасықлар Өзбекстан Республикасыныӊ «Физикалық ҳǝм юридикалық шахслардыӊ мүрǝжатлары ҳаққында»ғы Нызамы (кейинги орынларда – Нызам деп жүритиледи) менен тǝртипке салынған.

 

Мүрǝжатларды көрип шығыўда нызамлылық, мүрǝжатларды өз ўақтында ҳǝм толық көрип шығыў, мүрǝжатларға қарата талаплардыӊ бирдейлиги, физикалық ҳǝм юридикалық шахслардыӊ ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерине ǝмел етилиўи, мүрǝжатларды көрип шығыўда бюрократизм ҳǝм әўерегершиликке жол қойылмаслығы, мүрǝжатларды көрип шығыўда мǝмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳǝм олардыӊ лаўазымлы шахслары искерлигиниӊ ашықлығы тийкарғы принциплер есапланады.

 

Нызамға муўапық мүрǝжатлар аўызеки, жазба ямаса электрон түрде болыўы мүмкин. Лекин, мүрǝжатлардыӊ түрлерине қарамастан бирдей ǝҳмийетке ийе есапланады.

 

Нызамныӊ ǝмел етилиўи, мүрǝжатларды көрип шығыў тǝртиби ҳǝкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, пуқаралық процессуал, жынаят-процессуал, жынаят-орынлаў, экономикалық процессуал, ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодекслер ҳǝм басқа да нызамлар менен белгиленген мүрǝжатларға, мǝмлекетлик уйымлардыӊ, сондай-ақ олардыӊ олар қурамындағы бөлимлериниӊ өз-ара жазыспаларына қолланылмайды.

 

Сонлықтан, барлық мүрǝжатларды көрип шығыў тǝртиби де атап өтилген нызам талапларына муўапық көрип шығылыўын аӊлатпайды.

 

Мүрǝжатлар процессуал болған ҳǝм процессуал болмаған мүрǝжатлар болыўы мүмкин. Яғный, процессуал болған мүрǝжатларды көрип шығыў тǝртиби судларда ҳǝкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, пуқаралық процессуал, жынаят-процессуал, жынаят-орынлаў, экономикалық процессуал, ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодекслери ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлери менен белгиленген болса, ал айырым  мǝмлекетлик уйымларда басқа нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.

 

Судлар тәрепинен мүрǝжатлар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Халық қабыллаўханалары ҳǝм виртуал қабылханасы арқалы келген мүрǝжатлар да қадағалаўға алынып, белгиленген мүддетлерде мүрǝжат ийеси менен жеке қабыллаўлар шөлкемлестирилип, мǝселелер унамлы өз шешимин таўып келинбекте.

 

Себеби, ҳәр бир мүрәжат артында инсан тәғдири бар болып, ҳǝр бир мүрǝжат Конституция ҳǝм нызамларда кепилленгениндей белгиленген тәртип ҳәм мүддетлерде ѳз шешимлерин табыўлары лазым.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы                                                                         

ЎАҚТЫНДА ҚАЙТАРЫЛМАҒАН ҚАРЫЗДАРЛЫҚ ӨНДИРИЛДИ

Беруний районлар аралық судының усы жыл 29-апрельдеги қарары менен қарыздар “Amudaryotex” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен өндириўши акционерлик-коммерциялық  “Агробанк”тиң Әмиўдәрья районлық бөлиминиң пайдасына 12 миллиард  311 миллион 18 мың сумнан аслам кредит қарызын өндириў белгиленди.

 

Мәжбүрий орынлаў бюросы Әмиўдәрья районлық бөлими тәрепинен қарыздар жуўапкершилиги шекленген жәмийетине ҳүжжет талабын орынлаў ушын 15 күнлик ықтыярый мүддет берилди. Усы мүддет ишинде кестеге муўапық кредит өз ўақтында қайтарылмады. Нәтийжеде орынлаў ҳүжжети талабы орынланбағанлығы ушын банктиң есап бетине электрон инкассо қойылды ҳәм барлық есап бетлери бәнт етилди. Усының нәтийжесинде өндирилиўи тийис болған қарыздарлық толық өндирилип, судтың қарары әмелде орынланды.

СУД ҲҮЖЖЕТЛЕРИН ОРЫНЛАЎДАҒЫ МАШҚАЛАЛАР ҲӘМ ОЛАРДЫ САПЛАСТЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

Қарақалпақстан Республикасы судында судьялар ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жуўапкер хызметкерлерибюроның қалалық ҳәм районлық бөлимлери баслықларының қатнасыўында “Суд ҳүжжетлериниң орынланыўын буннан былай да жақсылаўорынлаў барысында жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў мәселелери” атамасында  қоспа мәжилис болып өтти.

 

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов кирис сөз бенен ашып, мәмлекетимизде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў системасы жылдан-жылға жетилистирилип атырғанлығын, судлар Мәжбүрий орынлаў бюросы менен биргеликте суд қарарларының орынланыўын тәмийинлеп, пуқара ҳәм мәкемелердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

 

Суд ҳүжжетлериниң орынлаўын өз мүддетинде ҳәм толық орынлаўға ерисиў мақсетинде, усы тараўда еле әмелге асырылыўы тийис болған бир қатар жумыслар, шешимин күтип турған машқалалардың бар екенлиги, оларды сапластырыў мәселелерин кең түрде додалап, тийисли ўазыйпаларды белгилеп алыў лазымлығына итибар қаратылды.

 

Баянатшылардың атап өткениндей, айырым суд ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюролары арасында бирге ислесиў жетерли дәрежеде жолға қойылмағанлығы себепли суд қарарларының орынлаўы сезилерли дәрежеде кемейип кеткен. Жумысшы топар тәрепинен үйрениўлер нәтийжесинде, Мәжбүрий орынлаў бюролары ис жүргизиўиндеги қалдық орынлаў ҳүжжетлери бойынша судлар ҳәм районлар кесиминде орынлаў көрсеткиши төмен жағдайда екенлиги сынға алынды.

 

“Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының Нызамында бул бойынша нызамшылық тийкарлары анық көрсетип берилген. Атап айтқанда, усы Нызамның 3-статьясында орынлаў уйымлары ҳәм оның ўәкилликлери көрсетилген болып, оған бола суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин  мәжбүрий орынлаў Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлай бюросы уйымларының мәмлекетлик орынлаўшыларына жүкленип, олардың ўәкилликлери усы Нызам ҳәм басқа нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленеди.

 

Сондай-ақ, усы Нызамның 30-статьясында мәжбүрий орынлаў мүддетлери көрсетилген. Судьялар тәрепинен әйне суд ҳүжжетлери орынланыўын тәмийинлеўде жол қойылып атырған мүддет бузылыў жағдайлары ҳәм онда ушырасып атырған машқалалар тараў қәнигелери менен биргеликте кең түрде талқыланып, алдағы ўақытлары бул бағдарда тығыз бирге ислесиў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

 

  

СУД ҚАРАРЛАРЫ ОРЫНЛАНЫЎЫ МЕНЕН ƏҲМИЙЕТЛИ

 

Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тəрепинен Мəжбүрий орынлаў бюросы менен биргеликте суд ҳүжжетлерин орынлаў барысында жүзеге келип атырған машқалалар ҳəм оларды сапластырыў бойынша усы жылдың 24 июнь күни ɵткерилген қоспа жыйналыс баянламасының орынланыўы ҳəмде Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик суды баслығы менен Мəжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы тəрепинен тастыйықланған Режеге муўапық Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик судлары судьялары ҳəмде Мəжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы қала (район) бɵлимлери мəмлекетлик орынлаўшылары менен ушырасыўлар ɵткерилмекте.

 

Ушырасыўда мəмлекетимизде суд ҳүжжетлери ҳəм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў системасы жылдан-жылға раўажланып атырғанлығы, Жоқарғы суд ҳəм Мəжбүрий орынлаў бюросы ўəкилликлери шеңберинде бирге ислесиў жолға қойылып, суд қарарлары орынланыўы тəмийинленип, пуқара ҳəм шɵлкемлердиң ҳуқықлары ҳəм нызамлы мəплерин исенимли қорғаў бойынша кең кɵлемли ис-илəжлар системалы түрде əмелге асырылып атырылғанлығы сөз етилди.

 

Сондай-ақ, суд ҳүжжетлериниң орынланыўы ɵз мүддетинде ҳəм толық орынланыўына ерисиў мақсетинде, усы тараўда еле əмелге асырылыўы лазым болған қатар ислер, унамлы шешимин күтип турған машқалалар да бар екенлиги айрықша тоқтап ɵтилди.


Ɵткерилген ушырасыўларда алдағы ўақытта ҳəр бир суд қарары орынланыўының сɵзсиз тəмийинлениўи, бул арқалы пуқаралар ҳəм юридикалық шахслардың артықша аўерегершилигиниң алдын алыўы тийис екенлиги атап ɵтилди.

 

 

А.НУРЛИПЕСОВ,

Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик суды баслығы 

 

 

Skip to content