ҲУҚЫҚЫЙ БИЛИМЛЕНДИРИЎДЕ СУДЬЯЛАРДЫҢ ҚАТНАСЫЎЫНДА ӘМЕЛИЙ САБАҚЛАР

 

Жасларға суд-ҳуқық тараўына байланыслы билим ҳәм көнликпелерди бериўде әмелий шынығыўлардың орны айрықша. Себеби, әмелий шынығыўлар арқалы жаслардың ҳуқықый саўатханлығы еледе жетилистириледи, ҳуқықый мәденияты қәлиплестирилип, ҳуқықый түсиниклерди үйрениў ҳәм өзлестириў дәрежеси артады.

Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде билим алып атырған жасларға суд реформалары тийкарында сабақ өтип келмекте.

 

Айрықша атап өтиў орынлы, 2024-жылы 13-март күни дүзилген «Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ортасындағы юридикалық кадрларды таярлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында»ғы меморандумы да бул әмелий жумыслардың логикалық даўамы десек қәтелеспеймиз.

 

Университетинде студентлер тек ғана теориялық билим алып қоймастан, ал өз кәсип тараўларына байланыслы әмелий көнликпелерди қәлиплестириўи ушын кең имканиятлар жаратылған. Бүгинги күнде университеттиң Юридика факултети кешки тәлим формасы студентлерине Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы Камал Тарихов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды судяьсы Камалатдин Хожамуратовлар турақлы түрде сабақ берип келмекте. Бул сабақ процесслери студентлерге юридикалық билимлерди тек ғана теориялық жақтан өзлестириў менен бирге, реал суд процесслеринде ҳуқық нормаларының қалай қолланылатуғынын да билиў имканиятын бермекте.

 

 

Сабақ даўамында студентлер тараў ўәкиллеринен Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы реформалар ҳаққында толық мағлыўмат алып, әсиресе соңғы жылларда ҳуқықый системаны жетилистириўге қаратылған кең көлемли реформалар, әдил судлаўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер, сондай-ақ, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат алыў мүмкиншилигине ийе болмақта.

 

Сондай-ақ, судьялар тәрепинен судларда суд процесслериниң алып барылыў тәртиби, онда судья, прокурор ҳәм адвокаттың ўазыйпалары, судтағы тәртип-қағыйдалар, ҳүжжетлер менен ислесиў бағдарындағы әмелият бойынша да мағлыўматлар берилмекте.

 

Бул өз нәўбетинде, студент-жаслардың ҳуқықый тараў, соның ишинде суд ҳәкимиятына байланыслы мағлыўматларды алыў менен бирге, келешекте ийелейтуғын кәсиби бойинша тийкарғы әмелий билим ҳәм көнликпелериге ийе болыўында айрықша әҳмийетли.