РЕВИЗИЯ ТӘРТИБИНДЕ ИС ЖҮРГИЗИЎ
Мәмлекетимизде соңғы жыллары суд ислерин жүргизиў процессинде жаңа институтлар енгизилип, солардан жарасыў, медиация, дәслепки еситиў, сондай-ақ, суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдалатлылығын тексериў сыяқлы институтлар жәнеде жетилистирилди.
Мәлим болғанындай, 2023-жыл 25-декабрьдеги Өзбекстан Республикасының «Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдалатлылығын тексериў институты жетилистирилиўи мүнәсебети менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық-процессуаллық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди.
Усы өзгерислерге көре, Пуқаралық-процессуаллық кодекси суд ҳүжжетлерин ревизия тәртибинде қайта көриў бойынша ис жүргизиў ҳаққында жаңа нызам нормалары менен толтырылды.
Яғный, биринши инстанция судының апелляция яки кассация тәртибинде көрилген шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары ҳәмде апелляция яки кассация инстанциясы судының уйғарыўы үстинен ревизия тәртибинде шағым (протест) берилиўи мүмкин.
Ревизия тәртибиндеги шағым (протест) Қарақалпакстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы атына жолланады, бирақ шешиўши қарарды шығарған судқа бериледи.
Ревизия тәртибиндеги шағым (протест) биринши инстанция судының шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары нызамлы күшке кирген күннен баслап бир жыл ишинде бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен ревизия тәртибиндеги шағым (протест)ды ис жүргизиўге қабыл етиў ҳақкындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай мүддетте көрип шығылады.
Әмелдеги нызам нормаларын бирдей ҳәм дурыс қолланылыўын тәмийнлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2024-жыл 25-июньда «Судлар тәрепинен пуқаралық ислерин ревизия тәртибинде көриўдиң айырым мәселелери ҳаққында»ғы 20-санлы қарары қабыл етилди.
Пленум қарарының көрсетпелерине көре, суд ҳүжжетлери үстинен ревизия тәртибинде шағым (протест) бериў ҳуқықына даўагер (арза бериўши), жуўапкер, үшинши шахс ҳәмде олардың нызамлы ўәкиллери ҳәм ҳуқықый мийрасхорлары, айрықша тәртипте жүргизилетуғын ислер бойынша мәпдар шахс, исте қатнастырылмаған, бирақ ҳуқық ҳәм миннетлемелери ҳақкындағы мәселе суд тәрепинен шешилген шахслар, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, палата ағзаларының мәпинде Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары, прокурор ийе болып есапланады.
Исте қатнасыўшы шахстың ўәкили, солардан адвокат, суд ҳүжжети үстинен ревизия тәртибинде шағым етиўге, егер бундай ҳуқық ўәкиллик бериўши тәрепинен берилген исеним хатта арнаўлы көрсетилген болғанда ғана ҳақылы. Исте қатнасыўшы шахстың ҳуқықый мийрасхоры тәрепинен берилген ревизия тәртибиндеги шағымға ҳуқық өткенлиги фактын яки бундай ҳуқық өтиўи мүмкинлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (неке, туўылғанлық ҳақкындағы гүўалықлар, ўәсиятнама ҳ.т.б) қосымша етилиўи керек.
Пуқаралық-процессуаллық кодексиниң 52-статьясы 1-бөлимине муўапық, мәмлекет баскарыўы органлары, шөлкемлер (мәселен, фермер, дийхан хожалықлары ҳәм тамарқа жер ийелери кеңеслери ҳ.т.б) ҳәм айырым пукаралар тек ғана даўа арза (арза) олар тәрепинен берилген жағдайда ғана суд ҳүжжети үстинен ревизия тәртибинде шағым бериўи мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен ревизия тәртибинде көрилген ислер бойынша суд ҳүжжети үстинен берилген ревизия тәртибиндеги шағым (протест) Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы атына жолланады ҳәм туўрыдан-туўры Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына бериледи.
Ал, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясының ревизия тәртибинде көрилген ислер бойынша қабыл етилген суд ҳүжжети үстинен протест келтириў ҳақкындағы арза Өзбекстан Республикасы Жоқаргы судының баслығы яки Бас прокуроры атына жолланады ҳәм тийлигинше, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды яки Бас прокуратураға бериледи. Усы суд ҳүжжети үстинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумына жолланған протест туўрыдан-туўры Өзбекстан Республикасы Жоқаргы судына бериледи.
Ревизия тәртибиндеги шағымда (протестте) шағым (протест) жолланып атырған судтың аты, шағым (протест) берип атырған шахстың фамилиясы, аты, әкесиниң аты, жасаў мәнзили яки жайласқан жери (почта мәнзили), истиң саны, шағым етилип атырған (протест берилип атырған) шешиўши қарар, уйғарыў, қарар қабыл етилген сәне ҳәм усы суд ҳүжжетини қабыл еткен суд, шешиўши қарардың, уйғарыўдың, карардың надурыслығы неден ибарат екенлиги, шағым (протест) бериўшиниң илтимасы, шағым (протест)ға қосымша етилген жазба материаллардың дизими көрсетилиўи ҳәм шағым келтирген шахс яки оның ўәкили имзалаған яки протест келтирген прокурор тәрепинен имзаланған болыўы лазым. Шағымға (протестке) мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежети төленгенлигин тастыйқлаўшы ҳүжжет, шағым ўәкил тәрепинен имзаланған жағдайда оның ўәкиллигин тастыйқлаўшы ҳүжжет қосылады.
Ревизия инстанциясы суды ревизия тәртибинде исти көрип атырғанда суд ҳүжжетлерин толық көлемде тексерип, ис ушын әҳмийетке ийе болған ҳалатлардың толық анықланғанлығы ҳәм дәлийлленгенлиги, суд ҳүжжетинде баян етилген жуўмақлардың ис ҳалатларына муўапықлығы, барлық билдирилген талаплар бойынша суд ҳүжжети қабыл етилгенлиги, материаллық ҳуқық нормалары дурыс қолланылғанлығы ҳәм процессуал нызам талапларына әмел етилгенлиги, суд ҳүжжети оның мазмуны ҳәм формасына көре нызамда белгиленген талапларға муўапықлығын анықлайды.
Ревизия инстанциясы суды шағымды (протестти) ревизия тәртибинде көриў нәтийжелери бойынша суд карарларын өзгериссиз калдырыў яки оларды толық ямаса қысман бийкар етиў, жаңа қарар қабыл етиў, суд қарарларын толық яки қысман өзгертиў, суд қарарларын бийкар етип, исти жаңадан көриў ушын төменги инстанция судларына жибериў, суд қарарларын толық яки қысман бийкар етип, арзаны көрместен қалдырыў ямаса ис жүргизиўден қысқартыў, айырым суд ҳүжжетлерин бийкар етип, иш бойынша илгери қабыл етилген суд ҳүжжетлеринен бирин өз күшинде қалдырыў ўәкилликлерине ийе.
Саодат ҚАЙЫПНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы