ЭКОНОМИКАЛЫҚ СУДЛАРДА ИСЛЕРДИ КӨРИЎДЕ ПРОКУРОР ЎӘКИЛЛИКЛЕРИН ТƏМИЙИНЛЕЎГЕ ҚАРАТЫЛҒАН ЖАҢА ӨЗГЕРИСЛЕР МАЗМУНЫ
Мəмлекетимизде суд ҳəкимиятиниң ғəрезсизлигин, судларда ашықлықты тəмийинлеў бойынша реформалар əмелге асырылмақта.
Нызамшылықтағы əҳмийетли өзгерислердиң бири “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судда ислерди көриўде прокурор ўәкилликлерин тəмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳəм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы 2024-жыл 30-сентябрде ӨРH-968-санлы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилди.
Бул Нызам менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуал кодекси, Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси ҳəм Өзбекстан Республикасының Ҳəкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекске айырым өзгерислер ҳəм қосымшалар киргизилди.
Усы Нызам менен Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексине киргизилген өзгерислер ҳəм қосымшалар мазмунына тоқталып өтетуғын болсақ, алдын прокурор тек ғана нызамда нəзерде тутылған ҳалларда яки өзиниң даўа арзасы тийкарында қозғатылған ислерде қатынасыўы мүмкин еди. Ҳəзирги күнде бул тəртип өзгерди.
Жерге тийисли ҳуқықый қатнасықлар, мəмлекет мүлки менен байланыслы ислерде, əтирап-орталықты қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, мəмлекет бюджетинен өндириўлер, өз басымшалық менен қурылған жайға болған мүлк ҳуқықын тəн алыў етиў, жеке мүлкке ийелик қылыў ҳəм оннан пайдаланыў фактин анықлаў, бажыхана төлемлерин өндириў менен байланыслы ислерде прокурор қатнасыўын нəзерде тутатуғын өзгерислер киргизилди.
Суд мəжлиси ўақты ҳəм орны ҳаққында прокурор тийисли тəрзде хабарлы етилместен көрилген, нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған ислер бойынша кассация протести, ревизия тəртибинде протест келтириў ҳаққындағы мəселени шешиў ушын тийисли судтан ислерди талап етип алыўға ҳақылы.
Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексиниң
49-статьясына киритилген өзгерислерге көре, прокурор өзиниң даўа арзасы тийкарында қозғатылған ислерде, соның менен бирге мəмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мəплерин қорғаў мақсетинде жерге тийисли ҳуқықый қатнаслар, мəмлекет мүлки менен байланыслы ислерде,
əтирап-орталықты қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, мəмлекет бюджетинен өндириўлер, өз басымшалық менен қурылған имаратға болған мүлк ҳуқықын тəн алыў етиў, жеке мүлк ретинде ийелик қылыў ҳəм оннан пайдаланыў фактин анықлаў, бажыхана төлемлерин өндириў менен байланыслы ислерде қатнасыўы мүмкин.
Прокурор басқа тареплердин арзасы менен қозғатылған ислерде өз басламасы менен қатнасыўы мүмкин емес.
Сондай-ақ, прокурор нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəрзде хабарлы етилместен көрилген ис бойынша биринши инстанция судының нызамлы күшке кирмаган шешиўши қарары үстинен апелляция протести келтириўге ҳақылы.
Кодекс 265-статьясинин екинши бөлими төмендеги жана редакцияда баян етилди. Бул өзгериске көре апелляция арзасына қосымша етилетуғын ҳужжетлерге апелляция протестине исте қатнасыўшы басқа шахсларға апелляция протести ҳəм оған қосымша етилген, бул шахсларда болмаған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилгенлигин ямаса тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын ҳүжжет, прокурор қатнасыўысыз көрилген ислер бойынша бул Кодекс 259-статясының биринши бөлиминде көрсетилген шахслар мүрəжəəтлариниң көширме нусқасы қосымша етиледи.
Нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəризде хабардар етилместен көрилген ислерде бул Кодекс 259-статясының биринши бөлиминде көрсетилген шахслар мүрəжатлариниң көширме нусқасы қосымша етилмейди.
Усы кодекстеги 269-статьясиниң биринши бөлими 11-бәнти төмендеги жаңа редакцияда баян етилди. Апелляция арзасы (протестининг) формасы ҳəм мазмуны бул Кодекснинг 263-статясында белгиленген талапларға муўапық болмаса ямаса апелляция арзасына бул Кодекс 265-статясының үшинши бөлиминде нəзерде тутылған ҳүжжетлер ямаса прокурор қатнасыўысыз көрилген ис бойынша келтирилген протестке тəрептиң мүрәжаты көширме нусқасы қосымша етилмеген болса, буннан нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəризде хабардар етилместен көрилген ислерден тысқары.
Бул Кодекс 288-статьясының екинши бөлими ҳəм төмендеги жаңа редакцияда баян етилген. Кассация протестине исте қатнасыўшы басқа шахсларға кассация протести ҳəм оған қосымша етилген, бул шахсларда əмелдеги болмаған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилгенлигин ямаса тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын ҳүжжет, прокурор қатнасыўысыз көрилген ис бойынша бул Кодекс 282-статясының биринши бөлиминде көрсетилген шахслар мүрəжəəтлариниң көширме нусқалары қосымша етиледи, буннан нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəрзде хабардар етилместен көрилген ислерден тысқары.
Бул Кодекс 313-статьясының екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилген. Ревизия тəртибиндеги протестге исте қатнасыўшы басқа шахсларға протест ҳəм оған қосымша етилген, бул шахсларда əмелде болмаған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилганлигин ямаса тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын ҳүжжет, прокурор қатнасыўысыз көрилген ис бойынша исте қатнасыўшы шахслар, исте қатнасыўға тартылмаған, бирақ ҳуқықлары ҳəм миннетлемелери туўрысында суд шешиўши қарары қабыл еткен адамлардың мүрәжаты көширме нусқалары қосымша етиледи, буннан нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəрзде хабардар етилместен көрилген ислерден тысқары.
Жоқарыда келтирилген өзгерислерге көре, прокурор нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəризде хабардар етилместен көрилген ислер бойынша апелляция, кассация ҳам ревизия тәртибинде арза бериўге ҳақылы.
Бул Нызам прокуратура органларының əдил судлаўды əмелге асырыўға көмеклесиў бойынша искерлиги нәтийжелилигин жəне де асырыўға, пуқаралардың ҳуқық ҳəм еркинликлерин, жəмийет ҳəм де мəмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мəплерин қорғаўға, соның менен бирге судта ислерди көриўде нызамлылықты беккемлеўге хызмет етеди.
Бақберген УБАЙДУЛЛАЕВ,
Беруний районлар аралық экономикалық суды судьясы