КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎДЕ ЖӘМИЙЕТШИЛИК ҚАДАҒАЛАЎЫ

 

Коррупцияға қарсы гүресиў саласындағы жәмийетшилик қадағалаў – пуқаралық жәмийети институтлары ўәкилликли ўәкиллериниң мәмлекетлик ҳәкимият органларында коррупция жағдайын баҳалаў мақсетинде норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген оның дәрежесин кемейтириў ҳәм оған қарсы гүресиў нәтийжелилигин асырыў бойынша ис-иләжларды ислеп шығыў механизмлери ҳәм қуралларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылатуғын арнаўлы искерлик есапланады.

 

Бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүресиў саласында мәмлекетлик органлар менен пуқаралық жәмийети институтлары ортасында «көпир» ўазыйпасын атқарыўшы жәмийетшилик қадағалаўдың раўажланыў тенденциясы гүзетилмекте. Коррупцияға қарсы қаратылған жәмийетшилик қадағалаўының жаңа институциялық дүзилмелерин раўажландырыў ҳәмде шөлкемлестириў-ҳуқықый шәрт-шәраятларды жаратыў демократиялық мәмлекетлер ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта. Өйткени, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев Конституциямыз қабыл етилгенлигиниң 27 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресиминдеги баянатында «Конституция ҳәм нызам үстинлигине ерисиўде жәмийетшилик қадағалаўынан басқа нәтийжели қурал жоқ. Ҳақыйқаттан да, халқымыз нызам бузылыўына қарсы қатты турмас екен, мәмлекетлик уйымлар, лаўазымлы шахслар қаншалық урынбасын, нызам үстинлигин тәмийинлеў қыйын болады» деген еди.

 

Мәмлекетимизде өткен дәўир даўамында «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилиўи пуқаралық жәмийети институтлары искерлигиниң социалласыўын ҳәмде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўдағы қатнасықларының жаңа басқышын баслап берди.

 

Мәмлекетлик органлардың искерлигинде “ашықлық” ҳәм “айдынлық” принциплерин тәмийинлеў, мәмлекетлик хызметкерлерге болған исенимди күшейтириўге қаратылған системалы реформалар әмелге асырып келинбекте.

 

Атап айтқанда, мәмлекетлик органлар ҳәм мәкемелер искерлиги үстинен жәмийетшилик қадағалаўды шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы Өзбекстан Республикасының «Жәмийетшилик қадағалаўы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.

 

Жәмийетшилик қадағалаўды жетилистириў бойынша реформалардың изшил даўамы сыпатында, ҳалықтың мәмлекетлик ҳәм жәмийет жумысларын басқарыўдағы қатнасын кеңейтириў, пуқаралар, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң өз-ара жақын бирге ислесиўин орнатыў, сондай-ақ жәмийетшилик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанында  Жәмийетшилик палатасы дүзилди.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 29 июньдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПП-6013-санлы Пәрманында биринши мәрте коррупция жағдайларының себеп ҳәм шәрт шәраятларын анықлаў, оларды сапластырыўдың тәсиршең системасын жаратыў ислерине пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм мәмлекетлик емес сектордың басқа ўәкиллерин де кеңнен тартыў зәрүрлиги тийкарландырылды.

 

Пәрманға тийкар дүзилген Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў Агентлигиниң тийкарғы ўазыйпа ҳәм искерлик жөнелислеринен бири министрлик ҳәм мәкемелердиң коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик органлар, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа мәмлекетлик емес сектор ўәкиллериниң биргеликтеги нәтийжели искерлигин шөлкемлестириў етип белгиленди.

 

2020 жыл 30 июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М. Мирзиёев басшылығындағы «Әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў саласындағы ўазыйпалар додалаўы»на бағышланған видеоселектор мәжилисинде – коррупцияның алдын алыўда тәсиршең жәмийетшилик қадағалаў жолға қойылыўы, сондай-ақ, Агентликтиң кең жәмийетшилик, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары менен бирге халықтың ҳәм исбилерменлердиң коррупцияға мүнәсебетин үйренип барыўы ҳәм мәмлекетлик мәкемелер искерлигин баҳалап барыўы кереклигине айрықша итибар қаратылғаны әҳмийетли есапланады.

 

Әлбетте, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик сиёсаттың жетискенлиги тийкарын жәмийетшилик қадағалаў қурайды. Мәмлекетлик органлар ҳәм лаўазымлы шахслардың коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелерине қалыс ҳәм квалификациялы баҳа берилмесе усы искерликтиң нәтийжели болыўы гүман астында қалады. Коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин түптен асырыў бойынша ўазыйпалар коррупция жағдайларының себеп ҳәм шәрт-шараятларын анықлаў ҳәмде сапластырыўдың тәсиршең системасын жаратыў, соның менен бирге усы ислерди әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм мәмлекетлик емес сектордың басқа ўәкиллерин де кеңнен тартыўды талап қылады. Өзбекстан юридикалық энциклопедиясында жәмийетшилик қадағалаў – бул мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органлары ҳәмде мәмлекетлик емес шөлкемлер искерлиги үстинен пуқаралар, олардың бирлеспелери ҳәм өзин-өзи басқарыў, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары, сондай-ақ мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес уйымлар қурамында дүзилген жәмийетшилик уйымлар тәрепинен нызам шеңберинде алып барылатуғын қадағалаў, деп түсиник берилген.

 

Коррупция мәмлекетлик басқарыўда системалы қәўип характерине ийе есапланып, ол халық ортасында мәмлекетлик ҳәкимиятқа болған исенимниң жойтылыўына ҳәм абыройсызланыўына себеп болады.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 36-статьясында жәмийетшилик қадағалаў институтының конституциялық тийкарлары белгиленип, оған тийкар «Өзбекстан Республикасының пуқаралары жәмийет ҳәм мәмлекет ислерин басқарыўда тиккелей ҳәмде өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе. Бундай қатнасыў өзин-өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм мәмлекетлик органларды демократиялық тәризде қәлиплестириў, сондай-ақ мәмлекетлик органлардың искерлиги үстинен жәмийетшилик қадағалаўы тийкарында әмелге асырылады. Мәмлекетлик органлардың искерлиги үстинен жәмийетшилик қадағалаўын әмелге асырыў тәртиби нызам менен белгиленеди».

 

Жәмийетшилик қадағалаўының субъектлери есапланыўшы жәмийетлик бирлеспелер ҳәмде ғалаба хабар қураллары жәмийетшилик қадағалаўын әмелге асырыўдағы орны ҳәм роли шешиўши әҳмийетке ийе.

 

Сонлықтан коррупцияға қарсы гүресиў – жәмийетшилик қадағалаўының субъектлериниң бәрқулла дыққат орайында болыўлары лазым.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы