УШЫРАСЫЎ: НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАРҒА БАҒЫШЛАНДЫ

Жынаят ислери бойынша Беруний районы судының баслығы Р.Камалова тәрепинен районлық ишки ислер бөлими хызметкерлери менен ушырасыў өткерилди.

 

 

Онда тийкарынан нызамшылыққа киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар жөнинде тараў қәнигелерине кең түрде мағлыўмат берилди.

 

 

Атап айтқанда, усы жылдың 28-август күни қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине пиротехника буйымларының нызамға қарсы айланысы ушын жуўапкершиликти күшейттириўге қаратылған өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға көре, жоқарыда көрсетилген кодекске пиротехника буйымларын нызамға қарсы түрде ислеп шығарыў, таярлаў ҳәм сақлаў, тасыў, жөнетиў ҳәм  Өзбекстан Республикасынан алып шығыў, сондай-ақ пиротехника буйымларын нызамға қарсы түрде өткериў ямаса Өзбекстан Республикасына алып кириў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлардың жәмийетлик қәўиплилик өзгешелиги ҳәм дәрежесинен келип шыққан ҳалда жуўапкершилик илажларын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

 

 

Бул Нызам жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм пиротехника буйымларының нызамға қарсы айланысы жағдайларының алдын алыў бойынша көрилип атырған ис-илажлардың нәтийжелилигин еледе асырыўға хызмет етеди.

 

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилип атырған усы ҳәм басқада өзгерислер жөнинде өз-ара пикир алмасылды.

БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫ МӘМЛЕКЕТ ҚОРҒАЎЫНДА

 

Конституция мәмлекетимиздиң тийкарғы Нызамы болып есапланады. Улыўмахалық референдумы тийкарында қабыл етилген жаңа редакциядағы Конституциямыздың ең әҳмийетли тәреплери инсан, оның өмири, еркинлиги, қәдир-қымбаты, қол қатылмас ҳуқықлары ҳәм мәплерин тәмийинлеў, еркин ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин раўажлантырыў ҳәмде демократик ҳуқықый мәмлекет қурыў менен байланыслы өзгерислери менен үлкен әҳмийетке ийе.

 

Атап айтқанда Конституциямызда биринши мәрте балалар мийнетине тийисли керекли норма, яғный 44-статьясына “Балалар мийнетиниң баланың ден-саўлығына, қәўипсизлигине, қулқына, ақлый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип салыўшы, сол қатарында оның билим алыўға тосқынлық етиўши ҳәр қандай түрлери қадаған етиледи деген норма киргизилди.

 

Өзбекстан Республикасы 2008-жылда Халықаралық Мийнет шөлкеминиң Балалар мийнетиниң аўыр түрлерин қадаған етиў ҳәм жоқ етиўге тийисли шаралары ҳаққындағы Конвенцияны ратификация етти.

 

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Жынаят кодексларында жас өспирим шахслардың мийнетинен пайдаланыўына жол қойылмаслығы ҳаққындағы талапларын бузыў, яғный жәс өспирим шахс мийнетинен оның ден саўлығы, қәўипсизлигине яки әдеп-икрамлығына зыян жеткериўи мүмкин болған ислерде пайдалыныў ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайы жуўапкершилик шаралар белгиленген.

 

Конституциямызға биринши мәрте киргизилген бул норма мәмлекетимизде бул тараўда ерисилген жетискенликлерди беккемлейди ҳәмде жас өспирим шахстың баркамал болып үлкейиўине ҳуқықый кепиллик болып хызмет етеди.

 

 

Луиза ОТЕГЕНОВА,

Жынаят ислери бойынша Тақыятас районы судының баслығы

2024-ЖЫЛДЫӉ 9 АЙЫ ДАЎАМЫНДА ҲӘКИМШИЛИК СУДЛАР ТӘРЕПИНЕН МӘМЛЕКЕТЛИК УЙЫМЛАР ҲӘМ ШӨЛКЕМЛЕР ТӘРЕПИНЕН ШЫҒАРЫЛҒАН АЙРЫМ ҚАРАРЛАР ҲАҚЫЙҚЫЙ ЕМЕС ДЕП ТАБЫЛДЫ  

Ҳәр ким өзиниӊ бузылған ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын ҳәкимшилик судларына мүрәжат етиўге ҳақлы.

 

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен мәмлекетимизде жеке мүлктиң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, ҳәр қандай мүлктиң қол қатылмаслығын ҳәм жер қатнасықларын тәртипке салыўға қаратылған социаллық-экономикалық реформаларды жедел әмелге асырыў, халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетке болған исенимин еледе беккемлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында бир қанша кең көлемли ислер ҳәм илажлер әмелге асырылып келинбекте.

 

Атап айтқанда, 2024-жылдыӊ 9 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен жәми 654 ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер көрилип, соннан 304 ис бойынша яғный 46,5 пайыз арза бериўшилердиң мүрәжатлери қанаатландырылып, олардыӊ бузылған ҳуқықлары тикленген болса, 250 ис бойынша яғный 38,2 пайыз мүрәжат етиўшилердиң арзалары қанаатландырылмастан қалдырылған, 20 ис яғный 3,1 пайызы көрилместен қалдырылған ҳәм 80 ис яғный 12,2 пайызы өндиристен қысқартылған.

 

Усы дәўир даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен көрип шығылған 654 ислерден 629 яғный 96,2 пайызын мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери, олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ нызамға қайшы шығарылған қарарларын ҳақыйқый емес табыў ҳәм олардыӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы ислерди қурап, соннан 299 ис яғный 47,5 пайызы бойынша киритилген талаплар қанаатландырылған.

 

Соннан, район ҳәм қала ҳәкимлериниӊ қарарларын ҳақыйқый емес ҳәмде олардыӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы жәми 91 ис көрилип, солардан 20 ис яғный 21,9 пайызы бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлери қанаатландырылып, олардыӊ бузылған ҳуқық ҳәм мәплери тикленген болса, 50 ис яғный 54,9 пайыз бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған.

 

Сондай-ақ, усы дәўир даўамында Бюджеттен тысқары пенсия фондыныӊ пуқараларға пенсия тайынлаў менен байланыслы қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳәм олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы жәми 265 ис көрилип, солардан 229 ис яғный 86,4 пайызы бойынша пуқаралардыӊ мүрәжатлери қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқық ҳәм мәплери тикленген болса, 19 ис яғный 7,2 пайыз бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған.

 

Буннан тысқары, усы дәўир даўамында:

 

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниӊ қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳәм олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы жәми 26 ис көрилип, соннан 7 ис яғный 26,9 пайыз мүрәжат қанаатландырылған;

 

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы ҳәм район (қала) Мәмлекетлик салық инспекцияларыныӊ шығарған қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳәм олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы жәми 82 ис көрилип, соннан 18 ис яғный 21,9 пайыз мүрәжатлери қанаатландырылған;

 

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм район (қала) Мәжбүрий орынлаў бюроларыныӊ шығарған қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳәм олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы деп табыў менен байланыслы жәми 67 ис көрилип, соннан 8 ис яғный 11,9 пайыз мүрәжатлары қанаатландырылып, физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ бузылған ҳуқық ҳәм мәплери тикленген.

 

Сондай-ақ, судлар тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен қарарлар қабыл қылыўда нызам талапларына жетерли дәрежеде әмел етпегенликлери ушын усы түрдеги арзаларды көриў барысында анықланған нызам бузылыў жағдайлары бойынша оларға қарата жәми 306 айрықша уйғарыўлар шығарылды.

 

Улыўма алғанда, мәмлекетимизде пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтириў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар белгиленген мақсетлердиң әмелге асырылыўы ҳәмде инсан мәплериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Амир НУРЛИПЕСОВ,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судыныӊ баслығы                                              

 

НЫЗАМСЫЗ ҚУРЫЛМА МӘЖБҮРИЙ БУЗДЫРЫЛДЫ

Ҳәзирги ўақытта, ғалаба хабар қураллары арқалы пуқараларға өзбасымшалық пенен нызамсыз қурылмаларды қурыўға жол қоймаўы, оның ақыбетлери ҳаққында мәмлекетлик уйымлар тәрепинен турақлы түрде ескертилип атырған болса да, айырым пуқаралар тәрепинен жергиликли ҳәкимликлерге тийисли жер майданларына нызамсыз қурылмалар қурылып атырғанының гүўасы болмақтамыз.

Атап айтқанда, пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық судының 2024-жыл 1-августтағы атқарыў ҳүжжети тийкарында бул районның «Қаңшартал» аўыл пуқаралар жыйыны Ықлас көшеси бойында 400 кв.м жер майданынан 20х20 өлшемде көтерилген тығын жуўапкер К.Аның  есабынан мәжбүрий буздырыў ҳәм жер майданын жарамлы жағдайға келтириў белгиленген. Усы орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий атқарыў бюросы Беруний районлық бөлими ис жүргизиў ушын келип түсип, бөлимниң мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен орынлаў ҳәрекетине кирисилди.

Соның менен бирге, жуўапкерге нызамсыз қурылманы өс есабынан бузыўы керек екенлиги, егер бузылмаса оған Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1981-статьясына муўапық базалық есаплаў муғдарының бес есеси муғдарында жәрийма салыныўы ҳаққында түсиник ҳәм ескертиў берилген. Соның нәтийжесинде жуўапкер К.А. тәрепинен нызамсыз қурылма еркин түрде бузылып, суд қарарының орынланыўы әмелде тәмийинленди.

АЛДЫ-САТТЫ ШӘРТНАМАСЫ БОЙЫНША УЛЫЎМА ҚАҒЫЙДАЛАР

Алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды басқа тәреп (сатып алыўшы)ға мүлк етип тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл етиў ҳәм оның ушын белгиленген пул суммасын (баҳасын) төлеў миннетлемесин алады.

 

Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси яки басқа нызамда нәзерде тутылған жағдайларда айырым түрдеги товарларды алып-сатыўдың өзине тән өзгешеликлери нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленеди.

 

Сатыўшы сатып алыўшыға алды-сатты шәртнамасында нәзерде тутылған товарды тапсырыўы шәрт. Сатыўшының товарды сатып алыўшыға тапсырыў миннетлемесин орынлаў мүддети алды-сатты шәртнамасында белгиленеди, егер шәртнама бул мүддетти анықлаў имканиятын бермесе, Пуқаралық кодексиниң 242-статьясында нәзерде тутылған қағыйдаларға муўапық анықланады. Оған көре,  егер миннетлемени орынлаў мүддети көрсетилмеген яки талап етип алыў пайыты менен белгилеп қойылған болса, кредитор ҳәр қашан орынлаўды талап етиўге, қарыздар болса орынлаўды ҳәр қашан әмелге асырыўға ҳақлы болады. Миннетлемени дәрҳал орынлаў ўазыйпасы нызам, шәртнама яки миннетлемениң мәнисинен анықланбаса, қарыздар бундай миннетлемени кредитор талап еткен күннен баслап жети күнлик мүддет ишинде орынлаўы шәрт.

 

Сатыўшы алды-сатты шәртнамасының шәртлерин бузып, сатып алыўшыға шәртнамада белгиленген муғдардан кем товар тапсырған болса, сатып алыўшы, егер шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, онда товардың жетиспей атырған муғдарын тапсырыўды  талап етиўге, яки тапсырылған товардан ҳәм оның ҳақын төлеўден бас тартыўға, егер оның ҳақы төленген болса, төленген пул суммасын қайтарып бериўди талап етиўге ҳақылы.

 

Сатыўшы сатып алыўшыға сыпаты алды-сатты шәртнамасына сай келетуғын товарды тапсырыўы шәрт. Алды-сатты шәртнамасында товардың сыпаты туўрысындағы шәртлер көрсетилмегенде, сатыўшы сатып алыўшыға белгиленген мақсетлер ушын жарамлы болған товарды тапсырыўы шәрт.

 

Егер нызамшылық ҳүжжетлеринде яки алды-сатты шәртнамасында товардың  сыпатын тексериў нәзерде тутылған болса, тексериў оларда белгиленген талапларға муўапық әмелге асырылыўы лазым. Мәмлекетлик стандартларында, стандартластырыў бойынша басқа норматив ҳүжжетлерде товардың сыпатын тексериўге мәжбүрий талаплар белгиленген жағдайда сыпат олардағы көрсетпелерге муўапық рәўиште тексерилиўи лазым. Егер шәртнамада товардың сыпатын бундай тәртипте тексериў шәртлери нәзерде тутылған болмаса, товардың сыпаты ис қатнасығы әдетлерине яки алды-сатты шәртнамасы бойынша тапсырылыўы лазым болған товарды тексериўдиң, әдетте қолланылатуғын басқа шәртлерине муўапық тексерилиўи лазым.

 

Сатып алыўшы өзине сатыўшы тәрепинен тапсырылған товарды қабыл етип алыўы шәрт, буннан товарды алмастырып бериўди талап етиў яки алды-сатты шәртнамасын орынлаўдан бас тартыўға ҳақлы болған жағдайлар тысқары.

 

Егер нызамшылық ҳүжжетлеринен яки алды-сатты шәртнамасының шәртлеринен товар баҳасын белгили бир мүддетте төлеў миннетлемеси келип шықпаса, сатып алыўшы оны сатыўшы өзине товарды яки усы товарды меңгериў ҳүжжетлерин бергенинен соң кешиктирместен төлеўи лазым. Егер алды-сатты шәртнамасында товар ҳақын бөлип-бөлип төлеў нәзерде тутылған болмаса, сатып алыўшы сатыўшыға тапсырылған товардың толық баҳасы муғдарында ҳақ төлеўи лазым.

 

Егер сатып алыўшы алды-сатты шәртнамасына муўапық тапсырылған товар ҳақын өз ўақтында төлемесе, сатыўшы товар ҳақын ҳәм өзгениң пул қаржысынан пайдаланғанлық ушын пайызлар төлеўди талап етиўге ҳақлы.

 

 

Гаўҳар ЗАРИПОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

СУДЬЯЛАР ХАЛЫҚ АРАСЫНДА  

Жынаят ислери бойынша Шымбай районы судының баслығы А.Успанов, Шымбай районлараралық судының баслығы Б.Бекмуратов ҳәм усы судтың судьясы З.Хасановалар тәрепинен райондағы «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйынында ушырасыў өткерилди.

 

 

Инсан қадири ушын. Мәмлекетимиз сиясатының баслы идеясына айланған бул түсиник негизинде алып барылып атырған реформалар пуқараларымыз турмысында ɵзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте. Әсиресе, халық арасына кирип, олар менен сәўбетлесиў, машқалаларына шешим табыў бүгин ҳәр бир басшының тийкарғы приципине айланған. Дәслеп, суд басшылары тәрепинен пуқаралардың пикир ҳәм усыныслары тыңланып, оларға ҳуқықый түсиниклер берилди.

 

 

Буннан соң, судьялар тәрепинен коррупция ҳәм оған қарсы гүресиў, ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў, адам саўдасы ҳǝм мǝжбүрий мийнеттиң алдын алыў, сондай-ақ бул бағдардағы нызамшылық жөнинде кең түрде мағлыўматлар берилди.

 

ИТИБАР ҲӘМ ҲҮРМЕТ БЕЛГИСИ

 «Устаз атаңдай уллы» дейди дана халқымыз. Дурысында да, барқулла жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззетте болып келген халқымыз илим-билим сырларын жалықпастан үйретип, өмирден ҳәм жәмийеттен мүнәсип орын табыўға жол-жоба берген устаз-муғаллимлеримизди ҳүрметлеп, қәдирлейди. Оларға ҳәмийше тәжимде.

 

Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң басламасы менен әдил судлаўды әмелге асырыў менен бирге ылайықлы жетик кадрларды жетистириўде де айрықша белсендилик көрсеткен бир топар суд нуранийлериниң мийнетлерин және бир мәртебе хошаметледи. Оларға байрам қутлықлаўы менен бирге естелик саўғалары да инам етилди.

 

Орынларда болғаны сыяқлы, Қарақалпақстан Республикасы судында да салтанатлы илаж өткерилип, онда «Дослық» ордени, «Суд фахрийси»  ҳәм «Муътабар аёл» көкирек белгилериниң ийеси Арзыбийке Жанибековаға байрам саўғалары тапсырылды.

 

 

Ҳақыйқатында да көз нурын,билим ҳәм тәжирийбесин, пүткил саналы өмирин жас әўладқа билим ҳәм тәрбия бериўге, оларды миллий ҳәм улыýма инсаныйлық қәдриятлар руўхында тәрбиялаўға бағышлаған , айдын келешек тийкарын жаратып атырған бул инсанлардың мийнетин қаншелли қәдирлесек те аз.

 

 

Илажда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Адилов суд жәмәәти атынан да суд нуранийин байрам менен қутлықлап, беккем ден-саўлық, шаңарақлық бахыт ҳәм алдағы жумысларында тасқын табыслар тилеп, есетлик саўғаларын тапсырды.

 

 

Илаж байрам қутлықлаўлары менен даўам етти.

 

 

ГЕНДЕР ТЕҢЛИГИ-ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРҒА ҚАРСЫ ЗОРЛЫҚ ҲӘМ КҮШ ИСЛЕТИЎЛЕРДИҢ АЛДЫН АЛЫЎДА ӘҲМИЙЕТЛИ  

 

Бир неше жыллардан бери Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ)ниң бәрше күши «Турақлы раўажланыўдың мақсетлери»не толық жетисиўге бағдарланған.

 

Халық-аралық көлемде БМШниң Турақлы раўажланыў мақсетлери – басқа бир қатар мәселелер менен бир қатарда гендер теңлиги, ҳаял-қызлар имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, социаллық теңлик мәселелерин қамтып алған. Ал, оның 5 мақсети әйне Гендер теңлигин тәмийнлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм имканияталарын кеңетиўден ибарат.

 

БМШниң Турақлы раўажланыў мақсетлерине көре, сиясатта ҳәм жәмийет турмысының бәрше салаларында ҳаял-қызлардың толық ҳәм тең қатнасыўын тәмийинлеў раўажланыў ушын оғада әҳмийетли.

 

Соңғы жылларда мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўы саласында алып барылып атырған илимий-изертлеўлер – социаллық турмыс келешегине унамсыз тәсир көрсетиўши ҳәдийселерден болған ерлер ҳәм ҳаял-қызлардың тең ҳуқық ҳәм имканиятлары машқалаларын өз ўақтында сапластырыў, басшы ҳәм хызметкерлердиң менежмент саласында жумыс алып барыўдың ең алдыңғы усыллары ҳәмде билим ҳәм компетенцияларын өзлестириўине байланыслы екенлигин көрсетеди.

 

Жаңаланып атырған Өзбекстанның реформалары қатарында инсан ҳуқық ҳәм мәплериниң үстинлиги, атап айтқанда ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ҳуқықларының қорғалыўы, жәмийетте ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәмде имканиятларына итибар мәселеси кең орын алған.

 

Өзбекстан Республикасы ҳаял-қызларға қарата кемситиўдиң анық түсинигин ашып бериўши БМШниң «Ҳаял-қызларға қарата кемситиўлердиң бәрше түрлерин сапластырыў ҳаққында»ғы Конвенциясы (сала қәнийгелери ортасында бул Конвенцияны «Ҳаял-қызлар ҳуқықлары бойынша Халқаралық Билл» деп те атайды)на 1995-жылдан бери ағза есапланады ҳәмде ўақты-ўақты менен БМШниң тийисли Комитетине бул салада мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған иләжлар ҳаққында өз есабат-баянатларын усынып келеди. Мәселен, 2019-жылда алтыншы баянат усынылған. Комитет тәрепинен бундай баянатлардың кең түрдеги додаланыўы нәтийжелерине көре, Комитет ағза-мәмлекетлерге өзиниң жуўмақлаўшы усынысларын берип келеди.

 

Комитеттиң соңғы жыллардағы Өзбекстан берген жуўмақлаўшы усыныслары қатарында Өзбекстанда гендер статистикасын жүритиў ҳәм гендер индикаторларын енгизиў мәселелери бойынша бир қатар сын пикирлер билдирип келинер еди. Бүгинги күнде гендер теңлиги мәселелери миллий нызамшылығымызда да мүнәсип орын алды.

 

Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәртебе Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамы 2019-жыл 2-сентябрь сәнесинде қабыл етилип, турмысқа енгизилди.

 

Бул нызам ҳәзирги күнде мәмлекетимизде гендер теңлигин тәмийинлеўге қаратылған тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет болып табылады.

 

Усы Нызамға көре, гендер бул – ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ортасындағы мүнәсебетлердиң жәмийет турмысы ҳәм искерлигиниң бәрше салаларында, сол қатары сиясат, экономика, ҳуқық, идеология ҳәм мәденият, билимлендириў ҳәмде илим-пән салаларында сәўлеленетуғын социаллық тәрепи.

 

Нызамда ҳаял қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятларды тәмийинлеў саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, бул саладағы мәмлекетлик басқарыў механизмлери белгилеп берилди.

 

Нызамға муўапық, мәмлекет ҳаял-қызлар ҳәм ерлерге жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларды әмелге асырыў барысында тең ҳуқықлылықты кепиллейди.

 

Нызамның 8-статьясына итибар қарататуғын болсақ, онда әйне жоқарыдағы БМШ Комитетиниң жуўмақлаўшы усынысларында орын алған мәселе яғный, гендер статистикасын қәлиплестириў мәселеси нызамшылық дәрежесинде белгилеп берилгенин көриў мүмкин.

 

Оған көре, мәмлекетлик статистика органлары гендер көрсеткишлери тийкарында жәмийет турмысының барлық салаларында ҳаял-қызлар ҳәм ерлердиң жағдайын сәўлелендириўши статистикалық мәлимлемени жыйнаўды, оған ислеў бериўди, оны топлаўды, сақлаўды, анализлеўди ҳәм жәриялаўды әмелге асырады.

 

Буннан тысқары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-марттағы 4235-санлы қарары менен 54 Гендер индикаторлары енгизилген болып, соннан 4 ўи әдил сўдлаўға тийисли.

 

Яғный, ҳәзирше булар – ҳаял судьялар саны, Ишки ислер уйымларында ҳаял-қызлар саны, өзлерине жақын яки басқа шахслар тәрепинен физикалық яки басқа зорлық-зомбылыққа дуўшар болған ҳаял-қызлар саны ҳәм 15 жастан жоқары болған басқа шахс тәрепинен жынысый зорлыққа дуўшар болған ҳаял-қызлар саны көрсеткишлери бойынша жүритиледи.

 

Мәселен, бул индикаторларға көре, 2022-жыл ҳалатына Өзбекстан Республикасында судьялардың 16 пайыздан көбиреги ҳаял-қызлардан ибарат болған болса, Жоқарғы судта бул көрсеткиш 21,1 пайызды қураған. Ал, улыўма мәмлекетлик органларда басқарыўшылық тараўында ҳаял-қызлар саны 27 пайызды қураған.

 

Яки 2020-жыл мағлыўматларына көре, 14 774 ҳаял-қызлар басым ҳәм зорлықтан қорғаныў ордер алған болып, солардан 11 000 өзлериниң өмирлик жолдасларынан қорғаныўға мүтәж болған. Мине усындай мағлыўматларды топлаў, оларды анализлеў арқалы жәмийетимизде гендер теңлиги машқалаларын өз ўақтында сапластырып барыў мүмкин болады.

Қалаберсе, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын яғный, аналық, үй-руўзыгершилик жумыслары ҳ.т.б. есапқа алған ҳалда олардың жәмийет турмысының барлық салаларында өзлериниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин, өзлериниң уқып ҳәм имканияларын жүзеге шығарыўда ҳаял-қызларға ерлер менен теңдей имканиятлар жаратыў мәселесин үйренип барыў әҳмийетли болып қала береди.

 

Мен ойлайман жоқарыдағы нызам ҳәмде инсан ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеў бағдарында, солар қатары әдил судлаў саласында алып барылып атырған реформалар мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм ерлердиң тең ҳуқықлығының ҳәмде тең имканиятларының еледе кеңирек тәмийинлениўине, бул арқалы жәмийетимизде социаллық теңлик принципиниң терең қәлиплесиўине ҳәм оның раўажланыўына хызмет етеди.

 

 

Еркин УТЕНИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы                                     

 

 

МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНЕ КИРИЎ БОЙЫНША ДҮНЬЯ ТӘЖИРИЙБЕСИ

 

Мәмлекетлик пуқаралық хызметине кириў ҳәм оған қабыл етиў шәртлери менен байланыслы норма талаплары  Өзбекстан Республикасы 2022-жыл 8-августтағыМәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққындағы нызамыныӊ 27-28-статьяларында белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Өзбекстан Республикасында Кадрлар сиясаты ҳәм Мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманына байланыслы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилип, ол мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлерде хызметкерлерди басқарыў ҳәм инсан ресурсларын раўажландырыў саласында бирден-бир, мәмлекетлик сиясатты  әмелге асырыў ушын жуўапкер болып есапланады. Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги мәмлекетлик пуқаралық хызметине қабыл етиў ашық,  еркин таӊлаў тийкарында әмелге асырылыўы нәзерде тутылды.

2020-жыл 1-январдан баслап – тәжирийбе тәртибинде, пүткил вертикал бойлап – мәмлекетлик басқарыў уйымларында ҳәм аймақлардағы барлық мамлекетлик шөлкемлерде;

2021-жыл 1-январдан баслап – мәмлекетлик пуқаралық хызмети нәзерде тутылған республиканыӊ барлық мамлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлеринде жолға қойылды.

Соныӊ менен бирге, ашық, еркин таӊлаў тийкарында мәмлекетлик пуқаралық хызметине қабыл етилетуғын шахслар Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм тийисли түрде оныӊ филиаллары менен келиспей турып лаўазымынан босатылыўы мүмкин емеслиги белгилеп қойылды.

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм тийисли түрде оныӊ филиаллары менен келисилген жағдайда лаўазымға тайынланыўы ҳәм лаўазымынан босатылыўы  нәзерде тутылды.

Перспективалы басқарыў кадрларын таӊлап алыў бойынша республикалық “Тараққиёт” таӊлаўын өткериў Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ қарарына бола, Мәмлекетлик хызметти  раўажландырыў агентлигиниӊ ўазыйпалары менен  функцияларынан бири бул – еӊ перспективалы кадрларды мәмлекетлик пуқаралық хызметине ашық еркин таӊлаў тийкарында қабыл етиўди шөлкемлестириўи белгиленген.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметине кириў бойынша  Батыс Европа мәмлекетлердиң (Германия, Франция, Нидерландия ҳәм тағы баска) мәмлекетлик хызмети ҳаққындағы нызамларында мәмлекетлик хызметке кириўдиӊ толық тәртиби жолға қойылған. Улыўма мәмлекетлик хызметке қабыл етиўдиӊ анық регламент қағыйдалары дерлик барлық дүнья мәмлекетлери нызамшылығы ушын тийисли болып табылады.

Тап сондай режелер ҒМДА еллери нызамларында да нәзерде тутылған. Мысал ушын, Қазақстанда бул мәселеге толық бап бағышланған. Россия ҳәм Қырғызстанда – мәмлекетлик  хызметке кириўди тәртипке салыўшы статьялар нәзерде тутылған.

Көпшилик еллерде мәмлекетлик хызметке кириўи ушын (Уллы Британия ҳәм Францияда) пуқаралық талап етилсе, лекин, Канада ҳәм Германияда усы мәмлекет пуқаралығы талап етилмейди.

Сырт  мәмлекетлердиӊ тәжирийбесинде мәмлекетлик хызмети ҳаққындағы барлық нызамлар мәмлекетлик хызмет лаўазымына талабанларды усыныс етилетуғын талаплар дизимин өзинде сәўлелендиреди.

Олардыӊ ишинен ең көп тарқалған талаплар пукаралық цензи (Уллы Британия, АҚШ (айырым төменги лаўазымлар ҳәм зәрүрлиги бойынша кеӊселер ушын буған кирмейди) ямаса турақ жайы (Германия); ҳәм жоқары, ҳәм төменги шеклеўлерин сәўлелендириўши жас цензи (Уллы Британия, Франция); билимлендириў цензи (Уллы Британия, Франция, Германия), арнаўлы билимлендириў ҳаққындағы дипломыныӊ барлығынан тартып илимий дәрежесине ҳәр қыйлы болып барады; маманлық цензи (дерлик дүньяныӊ барлық еллеринде) тәжирийбели, уқыплы ҳәм талабанлыққа кеӊ билимлерге ийе болғанларды таӊлап алыўды билдиреди. Ҳәр бир елдиӊ тарийхый ҳәм мәдений тәреплери ушын тән болған талаплары да бар.

Уллы Британия ҳәм АҚШ тағы айырым лаўазымлар ушын бул, мысал түринде, отырықшылық цензи, жасаў ҳәм туўылыў бойынша, Францияда сиясий ҳуқықлары; нызамларға бойсыныў, армияда хызмет ҳаққындағы нызамларға унамлы қатнасығы, физикалық уқыплылық, сондай-ақ, белгили бир кеӊседе таӊлаў ушын қосымша өз алдына талапларына байланыслы. Германияда ҳәм айырым басқа еллерде бир қатар лаўазымлар ушын бир неше жыллар (лаўазымларға байланыслы) ишинде таярлық әмелиятларында зәрүрли өтеўлер болады.

 Мәмлекетлик хызметке кириў процедурасының ҳуқықый тәртипке салыныўы жеке ҳуқықый ҳәм ғалаба-ҳуқықый көзқарасларды бирлестирген жағдайда тийкарланған болыўы лазым. Атап айтқанда, мәмлекетлик хызметкер арасында дүзилип атырған мийнет шәртнамасы менен тастыйықланыўы яки тайынлаў ҳаққындағы актлери арасындағы таӊлаў муўапықлығын көрсетиў зәрүр.

 

 

Нураддин ТАИРОВ,

Пуқаралық ислери бойынша  Беруний районлараралық судының  судьясы

СУДЬЯ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСЫЎЫ

 

Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик судының судьялары Р.Худайберганова ҳəм Ж.Аймаганбетовалар Бердақ атындағы Қарақалпақ Мəмлекетлик Университетиниң юридика факультети студент жаслары менен ушырасты.

 

 

Ушырасыўда судьялар тəрепинен Ɵзбекстан Республикасы Президенти тəрепинен    2024-жыл 10-июнь күни «Оператив-излеў ҳәм тергеў  жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-89-санлы пәрманының мазмуны, елимизде гендер теңликти тəмийинлеў  бойынша əмелге асырылып атырылған реформалар, бул бағдарда қабыл етилген норматив ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмуны ҳаққында студент жасларға кең түрде түсиник берилди.

 

 

Skip to content