ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ БАЛАҒА ШАҢАРАҚЛЫҚ (ТУРМЫСЛЫҚ) ЗОРЛЫҚ ЕТКЕНИ УШЫН ЖУЎАПКЕРШИЛИК ПЕНЕН ТОЛЫҚТЫРЫЛДЫ

Мәмлекетимиз басшысы «Шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан қорғаў илажларының  күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды.

Сенаттың  Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң баслығы Малика Қодирхонова усы нызамның әҳмийети ҳаққындағы пикирлери менен ортақласты:

– Жаңа Өзбекстанда қылмыс ҳәм жынаят ушын жаза қатаң тәмийинленбекте. Атап айтқанда, нызамшылыққа «шаңарақлық (турмыслық) зорлық» сыяқлы түсиник киргизилип, усы хықықбузарлықлар ушын тийисли түрде ҳәкимшилик ҳәм  жынайый жуўапкершилик белгиленди.

Нызамшылықтағы жынысый еркинликке қәўип туўдырыў жынаятына аўырластырыўшы жағдайлар сыпатында қаралып, және де күшлирек санкциялар менен толықтырылды.

Жас өспиримлерге жынысый зорлық еткен шахслардың балаларға тәлим-тәрбия бериўи, балалар менен тиккелей ислесиўи, усы сыяқлы жумыс түрлери менен шуғылланыўы қадаған етилди.

 

 

Тилекке қарсы, алып барылып атырған ҳәрекетлерге қарамастан тараўда айырым кемшиликлер  көзге тасланбақта.

Шаңарақлық (турмыслық) зорлыққа тек жас өспиримлер емес, ал  балалар да ушырамақта. Бирақ әмелдеги Ҳәкимшилик  жуўапкершилик  ҳаққындағы ҳәм Жынаят кодекслериниң тийисли статьялары диспозициясында шаңарақлық (турмыслық) зорлықтың қурбаны ерли-зайыплылар, бурынғы ерли-зайыплылар, бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте  жасап атырған шахслар ямаса улыўма перзентке ийе болған шахслар болыўы мүмкин екенлиги нәзерде тутылған болып, буған балалар киргизилмеген.

Нәтийжеде шаңарақлық (турмыслық) зорлыққа ушыраған балаларға жынаят ислерин  квалификациялаўда тергеў уйымларында түрли машқалалар жүзеге келген.

Әлбетте, тараўдағы бар машқала ҳәм хуқықый бослықларды сапластырыў мақсетинде ислеп шығылған бул нызам менен балаларды қорғаўдың хуқықый тийкары беккемленди.

Жаңа нызам 6 статьядан ибарат болып, 3 кодекске тийисли өзгерислер менен қосымшалар  киргизилди. Биринши әҳмийетли тәрепи сонда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 59-2-статьясы ҳәм Жынаят кодексиниң 126-1-статьясы балаға шаңарақлық (турмыслық) зорлық еткени ушын жуўапкершилик пенен толықтырылды.

Екинши әҳмийетли тәрепи болса, Жынаят-процессуал кодексине шаңарақлық (турмыслық) зорлық менен байланыслы жынаят ислери бойынша жарасыў ҳаққындағы арзаны  сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў басқышларында емес, суд  додалаў ўақтында бериў тәртиби енгизилди.

Яғный,  шаңарақлық (турмыслық) зорлық бойынша жынаят ислери бойынша жарасыў ҳаққындағы арза тек исти судта көриў процесинде, суд додалаўының қәлеген басқышында, бирақ суд мәсләҳәтханаға кириўден алдын берилиўи мүмкин екенлиги белгиленди.

Бул неге керек? Себеби тергеў басқышында ерли-зайыплылардың өз-ара жарасқаны ақыбетинде айыпланыўшы тәреп  жаза сөзсиз екенин сезинбей, бир жыл даўамында және  қайта зорлық етиўи жағдайлары бақланбақта.

2023-жыл  ҳәм быйылғы жылдың май айына  шекем жүз берилген 894 шаңарақлық (турмыслық) зорлық пенен байланыслы жынаятлардың 55,6 проценти, яғный 506и тәреплер жарасқаны мүнәсибети менен жуўмақланған, Қалған 44,4 проценти, яғный 388и бойынша суд тәрепинен тйиисли жазалар тайынланған.

Сол себепли, нызамшылыққа бундай өзгерислер киргизилгени оғада әҳмийетли.

Нызам шаңарақлық (турмыслық) зорлық пенен байланыслы жынаят ислерин ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс көрип шығылыўына хуқықый тийкар жаратты. Буннан тысқары, нызам зорлық ислеген шахстың минезине көрсетилетуғын унамлы тәсирдиң  күши және де артыўына, балалар ҳәм ҳаял-қызлардың зорлыққа ушыраўының алдын алыў илажларының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм шаңарақлардағы руўхый-адамгершилик орталықты жақсылаўға хызмет етеди.

 

Н.Абдураимова, ӨзА

Skip to content