«БАЛАЛАР ХУҚУҚЛАРЫН ҚОРҒАЎ ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ НЫЗАМНЫҢ МАЗМУНЫ ҲӘМ ӘҲМИЙЕТИ

 

Бала ҳуқықлары еркинликлери ҳəм нызамлы мəплерин қорғаў системасын жəнеде раўажландырыў ҳәм жетилистириў, бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў, усы тараўдағы халықаралық мəжбуриятларды əмелге асырыўдың нәтийжели системасын жаратыў ушын мəмлекетимизде  бирқанша ис илажлар әмелге асырылмақта.

 

Балалар ҳуқуқларын қорғаў ушын бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенцияда қабыл етилген болып, бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция-балалар ҳуқықы ҳаққындағы ҳалық аралық ҳуқық нормалары күшине ийе болған ҳəмде келешекке қаратылған ең толықлы қабыл етилген биринши ҳүжжет.

 

Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция дүньяның ҳəрбир мүйешиндеги балалар ушын үлкен əҳмийетке ийе болып есапланады, тийкарғы мақсети балалар ҳуқықларын қорғаўдан ибарат.

 

«Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының нызамы 2012-жыл 28-октябрь күни қабыл етилген. Бул нызамның мақсети бала хуқықларының кепилликлери тараўындағы қатнасықларды тəртипке салыўдан ибарат.

 

Бала ҳуқықларының кепилликлери туўралы нызамшылық усы Нызам ҳəм басқа да нызам актлеринен ибарат.

Бала ҳуқықларын қорғаў бойынша мəмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары төмендегилерден ибарат:

-баланың ҳуқықлары кепилликлери, еркинликлери ҳəм нызамлы мəплерин тәмийинлеў;

-баланың өмири ҳəм денсаўлығын қорғаў;

-баланың кемситилиўине жол қоймаў;

-баланың ар намысы ҳəм қəдир қымбатын қорғаў;

-балалардың ҳуқықлары ҳəм мүмкиншиликлериниң теңлигин тәмийинлеў;

-бала ҳуқықлары кепилликлериниң ҳуқықый тыйкарларын жетилистириў;

-бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққындағы нызамшылықтың сақланыўын тәмийинлеў ҳəм т.б.

 

Өзбекстан ҳəм Карақалпақстан Республикаларының Конституциялары, усы нызам ҳəмде басқада нызамшылық актлерине муўапық ҳəр бир балаға инсан  ҳəм пуқара ҳуқықлары жəне еркинликлери тийисли болады ҳəм мəмлекет тəрепинен кепилленеди.

 

Некеде ҳəм некесиз туўылған балалар тең ҳəм ҳəр тəреплеме қорғаўдан пайдаланады.

 

Мəмлекет баланын барлық түрлердеги кемситилиўлерден қорғалыўын тәмийинлеў ушын зәрүрли илажларды көреди. Баланың ҳуқықлары шекленбеген ҳəм шеклениўи мүмкин емес.

 

Баланың жасаў ҳуқықы кепилликлери

 

Жасаў ҳуқықы ҳəр бир баланың ажыралмас ҳуқықы болып табылады. Баланың өмирине қастыянлық етиў ең аўыр жынаят есапланады.

 

Мəмлекет саламат баланың туўылыўын ҳəм раўажланыўын тамийнлеу ушын шәраят жаратады.

 

Ҳəр бир балаға оның ҳуқуқларын еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин суд арқалы қорғаў , мəмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳəм мəмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң нызамсыз шешимлери, лаўазымлы шахслардың нызамсыз ҳəрекетлери (хәрекетсизлиги) үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына ийе.

 

Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳакқындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы деп табылған шахслар белгиленген тəртипте жуўапкер болады.

 

Мəмлекет тəрепинен баланың жасаў, қол қатылмаслык, билим алыў, медициналық хызметтен пайдаланыў сыяқлы бəрше ҳукықлары кепилленеди ҳəмде қорғалады.

 

 

Балалар ҳуқықларының тыйкарғы принциплери:

 

-балалар мәплерин жоқары санаў;

-Дискриминатсияға жол қоймаў;

-шаңарақта тəрбия алыў ҳуқықы;

-билим алыў ҳуқықы;

-саламат турмыс тəризин тәмийинлеў ҳуқықы.

 

Жуўмақлап айтқанда, балалар ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызамлар балалардың толық раўажланыўы, билим алыўы ҳəм саламат турмыс орталығында жасаўы ушын шәраят жаратыўға қаратылған. Усы нызамлардың мақсети балаларды зорлықтан, кемситилиўлерден, жумыссызлықтан қорғаў ҳəм оларды ҳукықларын қорғаўдан ибарат.

 

 

Бердимурат БАЙМУРАТОВ,

Нөкис районлараралық экономикалық судының судьясы

СУД-ҲУҚЫҚ МӘСЕЛЕЛЕРИНЕ БАЙЛАНЫСЛЫ КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎ

Мәмлекет органлары ҳәм жергиликли ҳәкимиятлар тәрепинен орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар пуқаралардың мәмлекетке болған исенимин асырады. Бул өз гезегинде, мәмлекет ҳәм пуқаралар арасындағы байланысты да беккемлейди.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасарлары А.Адилов ҳәм Б.Қтайбековлар тәрепинен Кегейли ҳәм Елликқала районларында көшпели қабыллаў өткерилди.

 

 

Суд-ҳуқық мәселелерине байланыслы болған қабыллаўда пуқараларға ҳуқықый мәсләҳәтлер менен бирге олардың нызамлы ҳуқықларын түсиндириў ҳәм әмелий жәрдем бериў илажлары көрилди. Бул арқалы ҳәр бир мүрәжатшы өзиниң ҳуқықый мәселедеги машқалаларына туўрыдан-туўры тараў басшыларынан анық ҳәм тийкарлы жуўап алыў мүмкиншилигине ийе болды.

 

 

Атап айтқанда, қабыллаўда билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги жер-мүлк, кадастр, некеден ажыратыў, алимент өндириў, суд тәрепинен тайынланған жазаны жеңилрегине алмастырыў, суд қарарынан наразылық ҳәм басқа да мәселелер бойынша.

 

Қабыллаў даўамында мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, тийисли мәсләҳәтлер берилди. Ал, айырым мүрәжатлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

 

 

ҮШ ШАХС МҮДДЕТИНЕН АЛДЫН ШӘРТЛИ ТҮРДЕ ЖАЗАДАН АЗАТ ЕТИЛДИ

 

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды тәрепинен райондағы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны имәратында көшпели ашық суд өткерилди.

 

Онда Пробация топары есабында мийнетке дүзетиў иси жазасын ҳәм азатлықтан шеклеў жазасын өтеп атырған 3 шахс жаза өтеў дәўиринде ислеген қылмысынан шын кеўилден пушайман болып дүзелиў жолына өткени себепли Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясына тийкарланып, жазадан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди. Яғный оларға өз өмирин жолға қойып алыў ушын және бир имканият берилди, бул жазадан шәртли азат етиўдиң шәрти болса-қайтып жынаят жолына кирмеў, ҳуқықбузарлық ислемеў. Болмаса кейинги берилетуғын жаза аўыррақ болады. Судья тәрепинен оларға бул айрықша түсиндирилди.

СУДЬЯ ОҚЫЎШЫЛАРҒА САБАҚ ӨТТИ

Мектеп оқыўшыларының ҳуқықый билимлерин асырыў ҳәм олардың санасын раўажландырыўға қаратылған иләжлардың даўамы сыпатында ҳәзирги ўақытта судялар тәрепинен орынлардағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде әмелий оқыў сабақлары шөлкемлестирилип атыр.

 

Нәўбеттеги усындай ҳуқықый бағдардағы әмелий сабақ Елликқала районындағы 48-санлы мектепте өткерилди. Онда жынаят ислери бойынша Елликқала районы судының баслығы О.Мәўленов жаңаланған Конституцияда белгиленген пуқалардың жеке ҳуқық ҳәм миннетлемелери ҳаққында оқыўшыларға түсиник берип өтти.

 

 

Судья тәрепинен атап өтилгениндей, жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларда «инсан қәдири ушын» деген принцип тийкарғы мақсет етип алынған. Бул жолда конституциямыздың жаңа редакцияда қабыл етилгени мәмлекетимиздиң жаңа раўажланыў дәўирин баслап берди. Бас нызамымызда инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм мәплери кепилликлери менен байланыслы көп ғана нормалар өз сәўлелениўин тапқан болып, бул елимиздиң демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет сыпатында дүнья жәмийетшилигиндеги орнын еледе беккемлейди.

 

 

Бас нызамымыздың 25-статясында, «жасаў ҳуқықы ҳәрбир инсанның ажыралмас ҳуқықы болып табылады ҳәм ол нызам менен қорғалады. Инсанның өмирине қол қатыў ең аўыр жынаят болып табылады», деп белгилеп қойылған.

 

Сондай-ақ, 27-статьясында белгиленгениндей «ҳәр ким еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе. Ҳеш ким нызамға тийкарланбаған ҳалда иркиўге алыныўы, услап турылыўы, қамаққа алыныўы, қамақта сақланыўы ямаса оның еркинлиги басқаша түрде шеклениўи мүмкин емес. Иркиўге алыўға, қамаққа алыўға ҳәм қамақта сақлаўға тек ғана судтың шешимине муўапық жол қойылады.

 

Сабақта мине усындай Конституцияда белгиленген жеке ҳуқық ҳәм еркинликлер жөнинде судья тәрепинен кең түрде мағлыўмат берилип, әмелий мысалларда түсиндирилди. Бундай ашық сабақлар оқыўшылардың ҳуқықый саўатлылығын асырыў менен бирге, жаслардың өз ҳуқықларын түсиниў, оларды әмелиятта дурыс қолланыў көнликпелерин беккемлеўге хызмет етеди.

РЕВИЗИЯ ТӘРТИБИНДЕГИ ШАҒЫМ АРЗАНЫ (ПРОТЕСТТИ) ИС ЖҮРИТИЎГЕ ҚАБЫЛ ЕТИЎДЕН БАС ТАРТЫЎ ТИЙКАРЛАРЫ

 

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексине муўапық ревизия тәртибиндеги шағым арза (протест) апелляция яки кассация тәртибинде көрилген ислер бойынша районлар аралық, район, қала экономикалық судларының нызамлы күшке кирген шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары, сондай-ақ апелляция яки кассация инстанциясы судының қарары үстинен берилгенде – Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен, ал Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары тәрепинен ревизия тәртибинде көрилген ислер бойынша суд ҳүжжетлери, усы судлардың ревизия инстанциясының суд ҳүжжетлери ҳәм усы судлар тәрепинен биринши инстанция бойынша қабыл етилген, апелляция яки кассация тәртибинде көрилген суд ҳүжжетлери, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен биринши инстанция бойынша қабыл етилген, апелляция яки кассация тәртибинде көрилген суд ҳүжжетлери үстинен берилгенде – Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен көриледи.

 

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясында ревизия тәртибинде көрилген ислер бойынша суд ҳүжжетлери, сондай-ақ ревизия тәртибинде қабыл етилген суд ҳүжжетлери үстинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры тәрепинен протест келтирилгенде – Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумы тәрепинен көриледи.

 

Ревизия тәртибиндеги шағым арзаны (протестти) ис жүритиўге қабыл етиў, қабыл етиўден бас тартыў яки қайтарыў ҳаққындағы мәселе судья тәрепинен шағым (протест) судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей жеке тәртипте шешиледи.

 

Ревизия инстанциясы судының судьясы:

 

-шағым арза (протест) суд ҳүжжети үстинен шағым етиў (протест келтириў) ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен берилген болса;

 

-шағым арза (протест) нызамлы күшке кирмеген яки нызамға муўапық ревизия тәртибинде шағым етилиўи (протест келтирилиўи) мүмкин болмаған суд ҳүжжети үстинен берилген болса;

 

-шағым арза (протест) Қарақалпақстан Республикасы судына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларына апелляция яки кассация тәртибинде көрилмеген суд ҳүжжети үстинен берилген болса;

 

-шағым арза (протест) Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясына Қарақалпақстан Республикасы судында, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларында ревизия тәртибинде көрилмеген суд ҳүжжети үстинен берилген болса;

 

-шағым арза (протест) исти ревизия тәртибинде көретуғын суд тәрепинен алдын ревизия тәртибинде көрилген суд ҳүжжети үстинен берилген болса;

 

-шағым арзаны (протестти) бериў мүддети өткерип жиберилген ҳәм өткерилген мүддетти тиклеў бас тартылған болса;

 

-шағым арзадан оны берген шахс ўаз кешкенлиги, протестти шақырып алғанлығы себепли шағым арза (протест) бойынша ис жүритиўди қысқартыў ҳаққындағы уйғарыўы бар болса, ревизия тәртибиндеги шағым арзаны (протестти) ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартады.

 

Бунда Қарақалпақстан Республикасы судының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларының шағым арзадан ўаз кешилгенлиги, протест шақырып алынғанлығы мүнәсебети менен ревизия тәртибиндеги шағым арза (протест) бойынша ис жүритиўди қысқартыў ҳаққындағы уйғарыў үстинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясына ревизия тәртибинде шағым арза (протест) берилгенде болса, шағым арзадан оны берген шахс ўаз кешкенлиги, протестти шақырып алғанлығы себепли шағым арза (протест) бойынша ис жүритиўди қысқартыў ҳаққындағы уйғарыў бар екенлиги шағым арзаны (протестти) ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартыўға тийкар болмайды.

 

Ревизия тәртибиндеги шағым арзаны (протестти) ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартыў ҳаққындағы уйғарыўда шағым арзаны (протестти) ис жүритиўге қабыл етиўден бас тартыў тийкарлары көрсетиледи, сондай-ақ шағым арзаны бериўде төленген мәмлекетлик бажыны қайтарыў ҳаққындағы мәселе шешиледи.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы

 

 

ЖЕРГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҲУҚЫҚЫЙ ҚАТНАСЫҚЛАРДА ТУРАҚЛЫЛЫҚТЫ ТӘМИЙИНЛЕЎ БОЙЫНША НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 68-статьясына муўапық,  жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ҳәм де басқа тәбыйғый ресурслар улыўма миллий байлық есапланып, олардан ақылға сай пайдаланыў зәрүр ҳәм олар мәмлекет қорғаўында болады.

 

Жер нызамда нәзерде тутылған ҳәм де оннан ақылға сай пайдаланыўды ҳәм оны улыўма миллий байлық сыпатында қорғаўды тәмийинлеўши шәртлер тийкарында ҳәм тәртипте жеке мүлк болыўы мүмкин.

 

Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 1-статьясына муўапық, жер улыўма миллий байлық есапланады, Өзбекстан Республикасы халқы турмысы, искерлиги ҳәм пәраўанлығының тийкары сыпатында оннан ақылға сай пайдаланыў зәрүр ҳәм ол мәмлекет тәрепинен қорғалады.

 

Жер туўрысындағы нызамшылықтың тийкарғы ўазыйпалары – ҳәзирги ҳәм келешек әўлатлардың мәплерин гөзлеп жерден илимий тийкарланған тәризде, ақылға сай пайдаланыў ҳәм оны қорғаўды, топырақ өнимдарлығын тиклеў ҳәм асырыўды, тәбыйғый орталықты асыраў ҳәм жақсылаўды, хожалық жүритиўдиң барлық формаларын тең ҳуқықлылық тийкарында раўажландырыў ушын шәраят жаратыўды, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкаларына болған ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў мақсетинде жер қатнасықларын тәртипке салыўдан, сондай-ақ бул салада нызамшылықты беккемлеўден, соның менен бирге коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўдан ибарат.

 

Кейинги жылларда мәмлекетимизде жерге байланыслы қатнасықларда теңлик ҳәм ашықлықты, жер ресурсларынан ақылға сай ҳәм мақсетли пайдаланылыўын тәмийинлеўге ҳәм де жер участкалары өзбасымшалық пенен ийелеп алыныўының алдын алыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Солай болса да, жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықларда турақлылықты тәмийинлеў, жерлерди қорғаў, жер ийелериниң мүлкий ҳуқықлары қорғалаўы кепилликлерин күшейтиў ҳәм де усы саладағы ҳуқықбузарлықлардың өз ўақтында алдын алыў зәрүрлиги пайда болды.

 

Сонлықтан, Өзбекстан Республикасының 2024 жыл 15 ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў, тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў механизмлерин жетилистириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы ӨРН-997-санлы Нызамы қабыл етилди.

Усы Нызам менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине, Жынаят-процессуал кодексине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине жерден пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларын бузғанлық ушын жуўапкершилик шаралары күшейтирилиўин нәзерде тутыўшы өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуаллық кодекси ҳәм Экономикалық процессуаллық кодекси өзбасымшалық пенен ийелеп алынған, мәмлекет мүлкинде болған жер участкасын қайтарыў, өзбасымшалық пенен қурылған имаратты бузып таслаў ҳаққындағы ислер бойынша айрықша ис жүритилиўин нәзерде тутыўшы қағыйдалар менен толтырылды.

 

Буннан тысқары, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына жергиликли атқарыўшы ҳәкимият органлары жер ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы менен байланыслы даўалар бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўин нәзерде тутыўшы қосымша киритилди.

 

Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуаллық кодексине киритилген өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында тоқталып өтетуғын болсақ, тийкарынан Кодекстиң 26-статьясының биринши бөлими «өзбасымшалық пенен ийелеп алынған, мәмлекет мүлкинде болған жер участкасын қайтарыў, өзбасымшалық пенен қурылған имаратты бузып таслаў туўрысындағы» даўаларды экономикалық судлар тәрепинен көрилиўин нәзерде тутыўшы  91-бәнт пенен толтырылды.

 

Сондай-ақ, Кодекс «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған, мәмлекет мүлкинде болған жер участкасын қайтарыў, өзбасымшалық пенен қурылған имаратты бузып таслаў туўрысындағы ислерди жүритиўдиң өзине тән өзгешеликлери» ҳаққындағы 232-бап пенен толтырылды ҳәм сол мүнәсебет пенен айырым статьяларға тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

 

Кодекске жаңадан киритилген бапқа көре, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған, мәмлекет мүлкинде болған жер участкасын қайтарыў, өзбасымшалық пенен қурылған имаратты бузып таслаў туўрысындағы даўа менен прокурорлар тәрепинен судқа даўа арза бериўи мүмкинлиги, судқа берилген даўа арзаға ЭПКниң 151-статьясының биринши бөлиминде нәзерде тутылған ҳүжжетлерден тысқары нызамшылық талаплары бузылғанлығы туўрысында өзбасымшалық пенен қурылған имаратларды анықлаў ҳәм де оларды сапластырыўды (бузып таслаўды) шөлкемлестириў саласындағы ўәкилликли мәмлекетлик орган тәрепинен дүзилген акт, нызам бузылыўларды ықтыярый түрде сапластырыў ҳаққындағы ескертиў, көшпес мүлкке болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар, ҳуқықбузарлық исленгенлиги ҳаққындағы ҳүжжетлер қосымша етилиўи белгиленди.

 

Алдын ЭПКне муўапық усы категориядағы ислер бойынша қабыл етилген шешиўши қарар исте қатнасыўшы шахсларға қарар қабыл етилген күннен баслап бес күнлик мүддетте жиберилиўи, қарарға наразы тәреп қарар үстинен қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддетте апелляция тәртибинде шағым етиўи мүмкинлиги белгиленген болса, ендиликте Кодекске киритилген өзгериске муўапық қарар исте қатнасыўшы шахсларға ол қабыл етилген күннен баслап үш күнлик мүддетте жиберилиўи, қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап он күнлик мүддетте қарар үстинен апелляция тәртибинде шағым етиў мүмкинлиги белгиленди.

 

Атап өтилген өзгерислер жер участкаларынан нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланыўды тәмийинлеў механизмлерин жетилистириўге, оларды өзбасымшалық пенен ийелеп алыў ҳәм өзбасымшалық пенен имаратлар қурыў жағдайларының кемейиўине, жер туўрысындағы нызамшылық бузылыўы менен байланыслы қылмысларды ислегенлик ушын қолланылатуғын тәсир шараларының сәйкеслилиги ҳәм жетерлилиги принциплерин тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы

ТУРАҚ ЖАЙҒА БАЙЛАНЫСЛЫ МҮЛК ҲУҚЫҚЫН ҚОРҒАЎ БОЙЫНША КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ КЕПИЛЛИКЛЕР КҮШЕЙТТИРИЛДИ

 

 

Ҳуқықый мәмлекеттиң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири мүлк ҳуқықына қол қатылмаслығын тәмийинлеў, және мүлк ийеси ҳуқықларын әмелге асырыў ҳәм қорғаў ушын зәрүр экономикалық-ҳуқықый шәраятларды жаратыўдан ибарат. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев 2022-жыл 20-июнь күни Конституциялық комиссия ағзалары менен өткерилген ушырасыўда…»үй-жай бойынша конституциялық кепилликти белгилеп қойыў керек. Яғный, судтың қарарысыз ҳеш ким турақ жайынан айырылыўы мүмкин емес. Имәрат бузылыўға түсетуғын болса, буның ушын бузылыўдан алдын оның баҳасына сәйкес түрде компенсация төлениўи шәрт,» деп айрықша атап өткен еди.

 

Усы мүнәсибет пенен жаңа редакциядағы Конституциямыздың 47-статьясында төмендеги нормалар сәўлелендирилди: «Ҳәр ким турақ жайлы болыў ҳуқықына ийе. Ҳеш ким судтың шешимисиз ҳәм нызамға қайшы түрде турақ жайынан айырылыўы мүмкин емес. Турақ жайынан айырылған меншик ийесине турақ жайдың қуны ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдын-ала, тең муғдарда қаплап берилиўи тәмийинленеди. Мәмлекет турақ жай қурылысын хошаметлейди ҳәм турақ жайға болған ҳуқықтың әмелге асырылыўы ушын шараятлар жаратады. Халықтын социаллық жақтан мүтәж қатламларын турақ жай менен тәмийинлеў тәртиби нызам менен белгиленеди.» Усы статья менен турақ жай мүлк ийелерине байланыслы еки түрдеги әҳмийетли конституциялық кепиллик белгиленген: суд кепиллиги ҳәм турақ жай ушын компенсация алыў кепиллиги.

 

Суд кепиллиги турақ жайға байланыслы мүлк ҳуқықынан суд қарарысыз айырыўға жол қойылмаслығын билдиреди. Бул кепиллик турақ жайға байланыслы мүлк ҳуқықы мүлк ийесиниң ықтыярына қарамастан, мәжбүрий түрде бийкар етилип атырғанда қолланылыўы нәзерде тутылған. Бунда суд тәрепинен мүлк ҳуқықының бийкар етилиўине себеп болатуғын жағдайлар әмелдеги нызам ҳүжжетлери тийкарында объектив түрде көрип шығылады. Бул тәртип мүлк ийеси ҳәр қандай жағдайда тийкарсыз түрде турақ жайынан айырылмаўын кепиллейди.

 

Екинши кепиллик мүлк ийесиниң экономикалық мәплерин қорғаўға бағдарланғанлығы менен итибарға ылайық. Бул норма нызамда белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте турақ жайынан айырылған мүлк ийесиниң усы турақ жай ҳәм жеткерилген зыян ушын тең муғдардағы компенсация алыўын кепиллейди.

 

Сондай-ақ, үй-жай ҳәм жеткерилген зыян ушын тең муғдарда компенсация алыў менен байланыслы норма Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 206-статьясында белгиленген, яғный оған көре, мәмлекетлик уйымының мүлкдардың мал-мүлкин алып қойыўға тиккелей қаратылмаған қарары мүнәсибети менен, сол қатары мүлкдарға қараслы үй, басқа имәратлар, қурылмалар яки егинлер жайласқан жер участкасын алып қойыў ҳаққындағы қарары мүнәсибети менен мүлк ҳуқықының бийкар қылыныўына нызамда белгиленген жағдайлар ҳәм тәртипте ғана жол қойылады, бунда мүлкдарға алып қойылған мал-мүлкке тең муғдарда мал-мүлк мүлк ҳуқықы тийкарында бериледи ҳәм оның көрген басқа зыянлары төленеди яки мүлк ҳуқықы бийкар қылыныўы менен жеткерилген зыян толық көлемде төленеди.

 

Конституциямызға бундай норманың киргизилиўи турақ жай мүлк ийесиниң ҳуқықларын кепилликли тәмийинлеўге, турақ жайлардың нызамсыз алып қойылыўы менен байланыслы тартыслы жағдайлардың алдын алыўға, суд қорғаўын кеңейтиўге хызмет етеди.

 

 

Зухра АМЕТОВА,

Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық судының судьясы                                                                                         

МҮЛК ҲУҚЫҚЫ КЕПИЛЛИКЛЕРИ

 

Белгили болғанындай, жәмийеттиң экономикалық негизин мүлк қурайды. Сондай-ақ, жәмийеттиң социаллық – экономикалық дүзилиси ҳәм мүлк пенен, мүлктиң кимлерге тийисли екенлиги менен белгиленеди. Мүлксиз социаллық қатнасықларды раўажландырыў, мәмлекетте халық гүллениўин тәмийинлеўге қаратылған ис-иләжларды әмелге асырыўдың имканы жоқ.

 

Соңғы жыллар даўамында мәмлекетимизде жеке мүлк үстинлигин тәмийинлеў ҳәм оның ҳуқықый қорғалыўын күшейттириўге тийисли бир қатар нызамлар ҳәм нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январда «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарап» принципи тийкарында ислеп шығылған ҳәмде Ҳәрекетлер стратегиясының даўамы сыпатында «2022-2026 жыллырға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» ҳаққында ПФ-60-санлы Пәрманы, 2023-жыл 11-сентябрьде «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳақкындағы ПФ-158-санлы Пәрманы қабыл етилди. Оларда мәмлекетте әдалат ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажланыўдың ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айлантырыў ең баслы бағдарлардан бири сыпатында белгиленди. Буның ушын бир неше зәрүр мақсетлер нәзерде тутылды.

 

Атап айтқанда, мүлклик ҳуқықлардың қолқатылмаслығын исенимли қорғаў ҳәмде мәмлекет органларының мүлкий қатнасықларға нызамсыз араласыўын шеклеў мақсети белгиленип, усы мақсетке жеке мүлк қолқатылмаслығы ҳам қорғалыўы кепилликлерин күшейттириў, мүлкий, соннан жер участкасына болған ҳуқықларды сөзсиз тәмийнлеў, жеке мүлк үстинлигин тийкарғы принцип сыпатында белгилеў, мәмлекет мәкемесиниң рәсмий мағлыўматына исенип мал-мүлк сатып алған шахстың ҳуқықын қорғаў  системасын енгизиў белгиленди.

 

Усы көз қарастан, 2023-жыл 30-апрельде улыўмахалықлық референдумы тийкарында қабыл етилген Өзбекстан Республикасының Конституциясында жеке мулк ҳуқықының қолқатылмаслығы, оның исенимли қорғалыўының кепилликлери белгиленди. Усы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 41 ҳәм 47-статьяларына көре, ҳәр бир шахс меншик ҳуқықына ийе, банк операцияларының, аманатларының ҳәм есап-бетлериниң сыр сақланыўы ҳәмде мийрас ҳуқықы нызам менен кепилленеди, ҳеш ким судтың шешимисиз ҳәм нызамға қайшы түрде турақ жайынан айырылыўы мүмкин емеслиги, турақ жайынан айырылған меншик ийесине турақ жайдың қуны ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдын ала, тең муғдарда қаплап берилиўи тәмийинлениўи кепилликлери белгиленди.

 

Усы нормалардың киргизилиўи келешекте халықтың турмысы гүллениўин асырыў, журтымызда исбилерменлик искерлигин жәнеде қоллап-қуўатлаў, мүлкшилик қатнасықларын ҳуқықый жақтан кепиллеў, жеке мүлктиң қолқатылмаслығын күшейттириўге үлкен түртки болады. Соның ушын әмелге асырылып атырған конституциялық реформалар баскышында пуқаралардың мүлки менен байланыслы қатнасықларды ҳуқықый жақтан беккемлеў, халықтың үй-жайға болған ҳуқықлары қолқатылмаслығын кепилликлеў менен байланыслы нормаларды Конституция арқалы беккемлеў зәрүр саналады.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының 1990-жыл 31-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасында мүлкшилик ҳақкында»ғы нызамына көре, Өзбекстан Республикасы мүлклик ҳуқықты әмелге асырыўды кепиллейди, мүлкдардың конституциялық ҳуқықларын тәмийинлейди. Өзбекстан Республикасы нызамшылығында нәзерде тутылған жағдайлардан басқа, мал-мүлкти көбейттириўди шеклеўге ҳәмде оны мәжбүрий тартып алыўға жол қойылмайды. Өзбекстан Республикасының ҳәм басқа мәмлекетлердиң юридикалық ҳәмде физикалық шахсларына мүлклик ҳуқықларын қорғаўда Өзбекстан Республикасы тең шәраятлар жаратып береди.

 

Мүлкдар өзге шахс тәрепинен нызамға қайшы рәўиште ийелеп алынған мал-мүлкин Өзбекстан Республикасы пуқаралық нызамшылығына муўапық талап етип қайтарып алыў ҳуқықына ийе. Мүлкдар өз ҳуқықын ҳәр қандай бузылыўларды, егер бундай бузылыўлар оны мүлкке ийелик етиў ҳуқықынан айырыў менен байланыслы болмаса да, сапластырыўды талап етиўи мүмкин. Бул ҳуқықлар мүлкдар болмаса да, мүлктен толық хожалық жүргизиў, оны оператив басқарыў, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў яки нызамда ямаса шәртнамада көзде тутылған жағдайларда, мал-мүлкке ийелик етиўши шахсқа ҳәм тийисли. Бул шахс өз ийелигин мүлкдардан ҳәм қорғаў ҳуқықына ийе. Мүлкий ҳуқықты қорғаў суд тәрепинен әмелге асырылады.

Жуўмақ орнында айтқанда, мәмлекетимизде жеке мүлк қолқатылмаслылығы ҳәм оны ҳәр қандай қастыянлықлардан қорғаў экономикалық сиясаттың тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

 

 

Саодат ҚАЙЫПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРДЕ ПРОКУРОР ҚАТНАСЫЎЫ БОЙЫНША НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

 

Соңғы жылларда мәмлекетимизде суд ҳәкимияты бийғәрезлигин, судлар искерлигинде ашықлық ҳәм айдынлықты тәмийинлеў бойынша даўамлы реформалар әмелге асырып келинбекте. Бул өз гезегинде пуқаралар ҳәмде исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиўге хызмет етеди.

 

Соның менен бирге, суд ислерин жүргизиўде тәреплердиң тартысыўы принципин, мәмлекет мәплери нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў судлар тәрепинен пуқаралық, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ислерди көриўде прокурордың қатнасыўына, сондай-ақ ислерди көрип шығыў нәтийжелери бойынша қабыл етилген суд ҳүжжетлери үстинен шағым етиўге байланыслы процессуал нормалар және де анықластырылыўы зәрүрлигин пайда етти.

 

Сонлықтан, 2024-жыл 30-сентябрь күни Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судларда ислерди көриўде прокурордың ўәкилликлерин тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы ӨРН-968-санлы Нызамы қабыл етилди.

 

Нызам тийкарында Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодекси, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодекслерине суд ислерин жүритиўде прокурор қатнасыўы менен байланыслы қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

 

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине прокурордың өзиниң даўа арзасы (арзасы) тийкарында қозғатылған ислерде, сондай-ақ мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў мақсетинде жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықлар, мәмлекет мүлки менен байланыслы ислерде, қоршаған тәбыйғый орталықты қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, мәмлекет бюджетинен өндириўлер, өзбасымшалық пенен қурылған имаратқа болған мүлк ҳуқықын белгилеў, жеке мүлк сыпатында ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў фактин анықлаў, бажыхана төлемлерин өндириў менен байланыслы ислерде қатнасыўын нәзерде тутыўшы өзгерислер киритилди.

 

Буннан тысқары, прокурордың суд додалаўының ўақты ҳәм орны ҳаққында прокурор тийисли тәризде хабардар етилместен көрилген, нызамда прокурордың қатнасыўы нәзерде тутылған ислер бойынша кассация тәртибинде протест, ревизия тәртибинде протест келтириў ҳаққындағы мәселени шешиў ушын тийисли судлардан ислерди талап етип алыўға болған ҳуқықы белгиленди, сондай-ақ усы категориядағы ислерди көриў нәтийжелери бойынша шығарылған суд ҳүжжетлери үстинен протест келтириў тәртиби анықластырылды.

 

Бүгинги күнге келип экономикалық судларда атап өтилген нызам талапларынан келип шығып, мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў мақсетинде жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықлар, мәмлекет мүлки менен байланыслы ислерде, қоршаған тәбыйғый орталықты қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, мәмлекет бюджетинен өндириўлер, өзбасымшалық пенен қурылған имаратқа болған мүлк ҳуқықын белгилеў, жеке мүлк сыпатында ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў фактин анықлаў, бажыхана төлемлерин өндириў менен байланыслы ислерде прокурор қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде тийисли тәртипте прокурорлар көрилетуғын ис бойынша суд додалаўының ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар етип барылмақта.

 

Атап өтилген өзгерислер прокуратура органларының әдил судлаўды әмелге асырыўға көмеклесиў бойынша искерлиги нәтийжелилигин және де асырыўға, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, жәмийет ҳәмде мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин ҳәр тәреплеме қорғаўға, сондай-ақ нызамлылықты беккемлеўге хызмет етеди.

 

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы

 

СУДЬЯ АШЫҚ САБАҚ ӨТТИ

 

Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды баслығы Р.Каукышев райондағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, оқыўшыларға «Мақтанышлы судьялық кәсиби» атамасында ашық сабақ өтти. Онда оқыўшыларға судьялық кәсибиниң машаққаты менен мақтанышы ҳәм жуўапкершилилиги ҳаққында түсиник берди.

 

Өзбекстан Республикасында судьялар нызамға муўапық әдил судлаўды әмелге асырыўға ўәкиллик берилген шахслар болып, барлық судьялар бирдей статусқа ийе екенлиги атап өтилди. Судьялар ғәрезсиз болып, олар текғана нызамға бойсынады.

 

Конституциямыздың 130-статясында, “Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларынан ғәрезсиз ҳалда жумыс алып барады”,-деп белгиленген.

 

Судья оқыўшыларға өз кәсиби ҳаққында айтар екен, ҳәр қандай кәсиптиң жетик маман қәнигеси болыў ушын ҳәзирден барлық пәнлерден жақсы оқып, китап пенен дос болыў кереклигин уғындырды. Себеби, ҳәр қандай жетискенлик негизи билим ҳәм тынымсыз умытылыс екенлигин турмыстың өзи көрсетип атыр.

 

Ашық сабақ жуўмағында келешекте өзлерин усы кәсипте көриўди қәлеўши оқыўшылар судьядан қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Skip to content