Транспорт қураллары ҳәрекети, олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жынаяты түсиниги, оның аўыр ақыбетлери ҳәмде усы тайыпадағы жынаятлар 

Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы 1-бөлиминде “Транспорт қуралын басқарыўшы шахс тәрепинен транспорт қураллары ҳәрекети, олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў, денеге орташа аўыр ямаса аўыр жарақат жеткерилиўине себеп болса – базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем жәрийма яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик ислери ямаса үш жылға шекем мийнетке дүзетиў ислери менен жазаланады”,

Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 3-бөлиминде усы қылмыс адамлар өлимине;

б) апатшылыққа;

в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, – арнаўлы ҳуқықтан маҳрум етип, он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады” деп белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Олий суды Пленумының 2015-жыл 26-июнь күнги «Транспорт ҳәрекети ҳәм оннан пайдаланыў қәўипсизлигине қарсы жынаятлар менен байланыслы ислер жүзесинен суд әмелиятының айрым мәселелери ҳаққында»ғы 10-санлы Қарарында Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған жынаят ҳаққында түсиник берилип, онда:

“Транспорт ҳәрекети ҳәм оннан пайдаланыў қәўипсизлигине қарсы жынаятлардың тийкарғы объекти жәмийеттиң қәўипсизлиги ҳәм жәмийет тәртиби есапланады. Сол менен бирге, айыпкер шахс усы жынаятты сәдир етиўде, айтарлық барлық жағдайларда, инсан өмири ҳәм саўлығы сыяқлы нызам менен қорғалатуғын басқа объектлерге ҳәм қәўип салады.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң XVIII — бабында барлық түрдеги транспорт қуралларында ҳәрекетлениў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған. Транспорт қуралларына, темир жол, суў ҳәм ҳаўа транспорты, автомобиль транспорты, сондай ақ, мотоцикл, мопед, велосипед ҳәм сол сыяқлыларды киритиў мүмкин.

Жынаят кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған жынаят субъекти сыпатында транспорт қуралын басқарған, яғный:

айдаўшылық гүўалығына ийе;

жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын айдаўшылық гүўалығы алып қойылған;

тийисли түрдеги транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан маҳрум етилген;

улыўма транспорт қуралын басқарыў ҳуқықына ийе болмаған;

қоса басқарыўлы оқыў (шынығыў) транспорт қуралында транспортты басқарыўды үйренип атырған шахс табылыўы мүмкин.

Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў транспорт қуралын басқарыў тәртибине дерек белгиленген көрсетпелерге әмел етпесликте (мәселен, белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин асырыў, жол белгилелерине бойсынбаў, ҳәрекетлениўдиң қарама-қарсы тәрепине шығып кетиў ҳәм сол сыяқлыларда) сәўлеленеди. Транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў болса, транспорт қуралларынан пайдаланыў тәртибине дерек белгиленген көрсетпелерге әмел етпесликте (мәселен, габарити үлкен жүклерди яки жолаўшыларды буған мөлшерленбеген транспорт қуралында тасыў, транспорт қуралы басқарыўын сол қуралды басқарыў ҳуқықына ийе болмаған шахсқа тапсырыў ҳәм сол сыяқлыларда) сәўлеленеди.

Транспорт қуралы айдаўшысының жол ҳәрекети яки транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў нәтийжесинде емес, ал жүкти артыў яки түсириўде, транспорт қуралларын оңлаўда, қурылыс, жол, аўыл хожалық ҳәм басқа ислерди әмелге асырыў нәтийжесинде Жынаят кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерге себеп болған ҳәрекетлери, жүзеге келген ақыбетлер ҳәм айып формасынан келип шыққан ҳалда, шахсқа қарсы жынаятлар яки искерликти әмелге асырыў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша квалификация қылыныўы лазым.

Жынаят кодекси 260 — 262, 266, 268, 269-статьяларында нәзерде тутылған жынаятлар, ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў яки басқа қағыйдалар бузылыўы характеринен қаттий нәзер, абайсызлық ақыбетинде сәдир етилген деп табылады, себеби, бул жерде айыпкер барлық жағдайларда өз-өзине исениў яки бийпарўалық пенен ҳәрекет қылады. Егер айыпкер ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын қасттан бузса, оның қылмысы Жынаят кодексиниң қасттан ислеген жынаятлар ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы тийисли статьялары бойынша квалификация етилиўи лазым.

Жынаят кодекси  260, 262, 263, 2631, 266, 268, 269-статьялары диспозицияларында нәзерде тутылған «адамлар өлими» дегенде, ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў ямаса жынаят нызамында көрсетилген басқа қағыйдалар бузылыўы нәтийжесинде еки яки одан артық адам өлиўин түсиниў лазым.

«Апатшылық» дегенде, темир жол, теңиз, дәрья, ҳаўа, жәмийетлик транспортындағы (автобус, троллейбус, трамвай, жөнелисли такси ҳәм сол сыяқлылар) онлап адамлар набыт болыўы менен бир қатарда жан-әтирап ҳәмде адамлар саўлығы яки өмири ушын дүзетип болмас дәрежеде зыян жеткерген ҳәдийсе түсинилиўи лазым.

«Басқа аўыр ақыбетлер» дегенде, адамлар өлими менен бир қатарда поездлар, кемелер яки самолётлардың қатнаўының узақ мүддетке истен шығыўы, жан-әтирапындағы үйлер ҳәм басқа қурылмалар ўайраң қылыныўы (партлаўы, жанып кетиў, қулап түсиўи) ҳәм басқалар түсинилиўи лазым» деп түсиник берилген.

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы менен айыпланып, айыплаў ҳүкими шығарылып:

2021-жыл даўамында жәми 457 шахсқа қарата 457 жынаятлы иси көрип тамамланған:

Соннан 150 шахсқа қарата жаза тайынланып ҳүким шығарылып судланған болса, 307 шахстың қарсысына топланған жынаятлы ислери тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети ҳәм басқада себеплерге көре қысқартылған.

Жынаят ислеген шахслардан: 12 шахс хаял адам, 5 шахс жас өспирим,  191 шахс 14-30 жас аралықтағы жаслар, 23 шахс алпыс жастан асқан адам болған болса, 2 пуқаралығы болмаған шахслар болған.

Усы жерде бир мысал келтирип өтпекшимен, яғный У.К. исмли шахс 2021-жыл 30-март күни саат 15:10 лерде өзине тийисли “Кобальт” маркалы автомашинасын, Әмиўдәрья районы “Қыпшақ-Манғит-Туркменистан” шегарасына шекем болған асфальт жолының “Чойкўл” АПЖ аймағынан өткен 14-километринде басқарып киятырып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл
24-декабрдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған ҳәм 2016-жыл 1-март күнинен баслап күшине кирген «Жол ҳәрекети қәделери»ниң  11-бәнтинде “Транспорт қуралының айдаўшысы ҳәрекетлениў ўақтында пиядалар, әсиресе, балалар, нәгирәнлар, қартағанлар ҳәм велосипедшилерге қарата абайлы болыў иләжларын көриўге мәжбүр” деп көрсетилген, 53-бәнтинде “Айдаўшы ҳәрекетлениўди баслаў, жөнелисти өзгертиў (қайта дизилиў, бурылыў, қайрылып алыў, қуўып өтиў ҳәм айланып өтиў) ҳәм тоқтаўдан алдын әмелге асырып манёвр қәўипсиз екенлигине ҳәм басқа ҳәрекет қатнасыўшыларына кесент бермеўине исеним пайда болыўы керек” деп көрсетилген ҳәмде  77-бәнтинде “Айдаўшы ҳәрекеттиң көп екенлигин, транспорт қуралы ҳәм жүктиң өзгешелиги ҳәмде жағдайын, жол ҳәм ҳаўа-райы шараятын, сондай-ақ, ҳәрекет етиў бағытындағы көринисти есапқа алған жағдайда транспорт қуралын белгиленген, шекленген тезликтен асырмай басқарыўы керек. Транспорт қуралларының тезлиги айдаўшыға қәделердиң талапларын орынлаў ушын оның ҳәрекетин барқулла қадағалап барыў мүмкиншилигин бериўи керек. Ҳәрекет еткенде айдаўшы анықлай алыў мүмкиншилиги болған қәўип яки тосықлық пайда болса, ол транспорт қуралының тезлигин толық тоқтата алатуғын дәрежеде пәсейтиў яки тостқынлықты басқа ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қәўипсиз айланып өтиў илажларын көриўи керек” деп көрсетилген талапларын қопал түрде бузып, усы асфальт жолда «Жол ҳәрекети қәделери»ниң жол белгилери бөлиминде ескертиўши белгилер қатарындағы “Қәўипли бурылмалар” 1.12.1-бәнти, яғный жолдың еки бөлекли радиусли яки көриниси шекленген бурылма жери екенлигин аңлатыўшы белги орнатылған болып, усы жерде айдаўшы жолдың бундай бөлегинен тезликти кемейттирип, қәўипсизлик иләжларын көрип өтиўи керек болсада, өзи менен бир жөнелисте ҳәрекетленип баратырған пуқара Н.Ў басқарып баратырған “ИЖ21251” маркалы автомашинасын қуўып өтип атырғанында, қарама-қарсы жөнелисте басқа транспорт қуралы киятырғаны себепли, қуўып өтиўди жуўмақламай өз жөнелисине қайтыў ушын автомашинасының рулин оңға бурып, Н.Ў басқарыўындағы “ИЖ21251” маркалы автомашинасының алды шеп тәрепине өзиниң машинасының оң арқа қаптал тәрепи менен урып жиберген. Соның нәтийжесинде “ИЖ21251” маркалы автомашинасы басқарыўын жоғалтып, асфальт жолдан шығып кетип, асфальт жолдың қатнаў бөлегиниң шетинде велосипедте ҳәрекетленип баратырған пуқара Т.С. қағып алған.

Нәтийжеде велосипедте ҳәрекетленип баратырған пуқара Т.С. аўыр дәрежели дене жарақатын алып, емлеўханада өзине келместен қайтыс болған.

Жынаят ислери бойынша  Тақыятас район суды, судланыўшы У.К. исмли шахсқа жаза тайынлағанда, нызамлылық, инсаныйлық, әдиллик ҳәм жуўапкершиликтиң болмай қалмаўы принциплерине әмел еткен ҳалда, оның семьялы болып қарамағында бес перзентиниң бар екенлигин, алдын жынайый жуўапкершиликке тартылмағанлығын ҳәм судланбағанлығын оның жазасын жеңиллестириўши тәрепи деп, ал оның өз айыбын мойынламағаны, ислеген исинен пушайман болмағаны, жәбирлениўшиге келтирилген зыян қапланбағаны, жәбиркештиң нызамлы ўәкилиниң судланыўшыға кеширим бермегени жазасын аўырластырыўшы тәрепи деп есаплап, оған Өзбекстан Республикасы ЖКниң 45-статьясын қоллап, 3 (үш) жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырып, 5 (бес) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

Жоқарыдағылардан келип шығып, пуқараларды саналы, интизамлы болыўына, Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўлерине шақырып қаламан.

 

Арман Кощанов,

Жынаят ислери бойынша Тақыятас район судының баслығы                                                 

 

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районлараралық экономикалық судының судья жәрдемшиси лаўазымы (бала күтими дем алысында болғанлығы ушын ўақтынша вакант) бос (вакант) болғанлығы себепли Қарақалпақстан Республикасы экономикалық ислер бойынша районлараралық судларының кадрлар резервине таңлаў жәрияланады.

Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған Ɵзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2022-жыл 18-февраль күни саат 15:00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен тɵмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжаат етиўи мүмкин:

– талабанның объективкасы ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;
– дипломның нусқасы (сырт елде оқығанлығы ҳаққындағы дипломға, диплом тән алынғанлығы ҳәм нострификация етилгенлигин тастыйықлаўшы гүўалық);
– талабанның паспорт нусқасы;
– мийнет дәптершеси нусқасы.

Таңлаўда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының веб-сайтына жайластырылған сораўлардан пайдаланылады: http://sud.uz/аттестация-саволлари

Байланыс ушын телефон номери: (55) 102-40-42 (129).
Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz

Таңлаўды ɵткериў ўақты ҳаққында қосымша хабар етиледи.
Мәнзил: Нɵкис қаласы, И.Каримов кɵшеси 122-жай

 

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Қараɵзек районы судының кеңсе менгериўшиси лаўазымы бос (вакант) болғанлығы себепли Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша район (қала) судларының кадрлар резервине таңлаў жәрияланады.

Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған Ɵзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2022-жыл 18-февраль күни саат 15:00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен тɵмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжаат етиўи мүмкин:

– талабанның объективкасы ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;
– дипломның нусқасы (сырт елде оқығанлығы ҳаққындағы дипломға, диплом тән алынғанлығы ҳәм нострификация етилгенлигин тастыйықлаўшы гүўалық);
– талабанның паспорт нусқасы;
– мийнет дәптершеси нусқасы.

Таңлаўда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының веб-сайтына жайластырылған сораўлардан пайдаланылады: http://sud.uz/аттестация-саволлари

Байланыс ушын телефон номери: (55) 102-40-42 (129).
Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz

Таңлаўды ɵткериў ўақты ҳаққында қосымша хабар етиледи.
Мәнзил: Нɵкис қаласы, И.Каримов кɵшеси 122-жай.

Әдил судлаўды әмелге асырыў жолында

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 29-январь күни ПҚ-107-санлы “Мәмлекетлик уйымлар менен мүнәсибетлерде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларыныӊ нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў ҳәмде халықтын судқа болған исенимин жәнеде асырыў ис-иләжлери ҳаққында” ғы Қарары қабыл етилди.

Бул Қарарда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниӊ мәмлекетлик уйымлар менен мүнәсибетинде нызам үстинлигин тәмийинлеў менен бир қатарда олардыӊ хуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаў ҳәкимшилик судлардыӊ биринши орындағы ўазыйпасы екенлиги белгилеп өтилди.

Сондай-ақ, Қарар менен ҳәкимшилик суд ислерин жүритиўде “судлардыӊ актив қатнасыўы” принципи тийкарында әмелге асырылыўы, бунда ҳәкимшилик судларға истиӊ ҳақыйқый жағдайларын анықлаў ушын өз басламасы менен дәлийиллерди жыйнаў мәжбүриятын жүклеў, ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине болса дәлийиллерди жыйнаўда тек ғана өз имкәнияты шеӊберинде исте қатнасыўға қолайлылықлар жаратып бериў;

-ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын даўа менен бирге оған себепли байланыста болған зыянларды өндириў талабында ҳәкимшилик судларға билдириў ҳуқықын усыныў ҳәм бундай талапларды көрип шығыўды ҳәкимшилик судлардыӊ ўәкиллигине өткериў;

-ҳәкимшилик судлардыӊ ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер бойынша шешиўши қарарлары мәмлекетлик органлар ямаса мекемелер тәрепинен орынланбаған жағдайларда, олардыӊ лаўазымлы шахсларына қарата суд жәриймаларын қоллаў;

-ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер бойынша тәреплер ортасында жарасыўға ерисиў механизмлерин жаратыў белгилеп берилди.

Жоқарыдағы талаплардан келип шығып,

-тәреплерге, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жағдайларда, ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер бойынша шешиўши қарары нызамлы күшине кирген күннен баслап бир ай даўамында орынлаў ҳәм бул ҳаққында ҳәкимшилик судқа хабар бериў;

-мәмлекетлик уйымлар ямаса мекемелери ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ис бойынша суд ҳүжжети орынланбағанлығы ушын мәмлекетлик уйымлары ямаса мекемелердиӊ лаўазымлы шахсларына қарата суд жәриймасын қоллаў;

-мәмлекетлик уйымлары ямаса мекемелери тәрепинен ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ис бойынша шешиўши қарарыныӊ тәкирар орынланбағанлығы ушын мәмлекетлик уйымлары ямаса мекемелердиӊ лаўазымлы шахсларына қарата дәслеп қолланылған суд жәриймасын асырылған муғдарда қоллаў тәртиби нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен даўа арза, арза ҳәм шағымларды судқа тийисли болмағанлығы себепли қабыл етиўден бас тартыў ямаса ис бойынша ис жүритиўден тамамлаўға жол қоймаў, бул жағдайларда даўа арза, арза, шағым ямаса исти оны көрип шығыўға ўәкиллиги болған судқа өткериў;

-ҳәкимшилик судтыӊ нызамлы күшине кирген шешиўши қарарында анықланған жағдайлар басқа исти көрип атырған пуқаралық ислери бойынша суд ушын мәжбүрий есапланыўын белгилеў;

-бир суд иши шеӊберинде айырымлары ҳәкимшилик судқа, басқалары болса пуқаралық ислери бойынша судқа тийисли болған бир неше талапты бирлестириўге жол қоймаўды нәзерде тутыўшы нормаларды Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы Кодекске өзгерис киргизиў белгиленбекте.

Бул өзгерислер суд системасын демократластырыў, судлар искерлигинниӊ ашықлығын тәмийинлеў, халық пенен бирге сәўбетлесиўлерди кеӊейттириў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмийетшилик ролин күшейтириўге жәрдем береди.

 

 

Бекбаўлы Досымбетов,

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы

 

Ҳәкимшилик судлар искерлигинде – жаңа дәўир

2022-жылы 29-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «Мәмлекетлик шөлкемлер менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың судқа болған исенимин еле де арттырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, мәмлекетлик уйымлардың қарарлары үстинен берилген шағымларды көрип шығыўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтиў мақсетинде төмендеги тәртиплер енгизиледи:

  • ҳәкимшилик судқа дәлиллерди жыйнаў миннетлемеси жукленеди, ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине болса дәлиллерди жыйнаўда тек ғана өзиниң имканиятынан пайдаланыў шараяты жаратылады;
  • ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын даў менен бирге оған себепли байланыста болған зыянды өндириў талабын да ҳәкимшилик судқа билдириў ҳуқықын усыныў ҳәмде бундай талапларды көрип шығыўды ҳәкимшилик судлар ўәкиллигине өткериў;
    ҳәкимшилик судлардың ҳал қылыў қарарлары мәмлекетлик уйымлар тәрепинен орынланбағанда, олардың лаўазымлы шахсларына суд жәриймаларын қоллаў;
  • ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер бойынша тәреплер ортасында жарасыўға ерисиў механизмлерин еңгизиў;
  • судлар тәрепинен даўа арза, арза ҳәмде шағымды судқа тийисли болмағанлығы себепли қабыл етиўден бас тартыў ямаса ис бойынша ис жүритиўди қысқартыўды қадаған етиў, бунда даўа арза, арза, шағым ямаса исти оларды көрип шығыўға ўәкилликли судқа өткериў;
  • Бир суд иси шеңберинде айырымлары ҳәкимшилик судқа, басқалары болса пуқаралық судқа тийисли болғанда оларды бирлестириў қадаған етиў.

 

 

Жанат Аймаганбетова,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы 

Коррупцияға қарсы гүресиў – миллий нызамшылығымызда сәўлелендирилиўи

Айырым алымлардың пикиринше, “коррупция” түсиниги қәдимги Римде пайда болған. Нәтийжеде жәмийетти басқарыў процессиниң нормаларын бузыў, зыян жеткериў, өзгертириў мақсетинде шахслардың қандай да бир тараўда қатнасыў ушын келисиўин көрсетиўши “corrumpire” термини пайда болған. Кейиншелик болса “коррупция” термини менен ислетилип, усы түсиник ҳалық аралық ҳуқық системасына кирип келген ҳәм ўақыт өтиўи менен трансформация процесси себепли дүнья мәмлекетлерине тарқалған.

Ҳәзирги әдебиятларда коррупцияның төмендеги формалары бар екенлиги ҳаққында пикирлер бар:

  • парахорлық пенен байланыслы жынаятлар;
  • жеке байланысларға қәўендерлик қылыў;
  • жынайый лоббизм;
  • әмелдардың нызамсыз рәўиште яки қандай да бир жақын адамы арқалы исбилерменлик искерлиги менен шуғылланыўы;
  • мәмлекет қаржылары ҳәм мүлкин өзиниң корррупцион топары менен өзлестирип алыў;
  • лаўазымлы шахстың өз мәпи яки топар мәпи жолында хызметке тийисли мағлыўматлардан пайдаланыў;
  • инвестиция ҳәм кредитлерди нызамсыз бөлистириў;
  • нызамсыз конкурслар ҳәм тендерлерди шөлкемлестириў ҳәмде аукционлар өткериў арқалы меншиклестириўди әмелге асырыў;
  • бажыхана ҳәм салық төлемлеринен толық яки қысман азат етиў ҳәм соған уқсас нызамсыз ҳәрекетлер ҳәм басқалар.

Италиялық сыясатшы ҳәм мәмлекет ғайраткери Н.Макиавелли коррупцияға ғалабалық имканиятлардан жеке мәпи жолында пайдаланыў деп тәрийп берген.

“Коррупция, … ең аўеле уйымласқан жынайый структураларға жәрдемши болыў яки туўрыдан-туўры жәрдем бериў ушын мәмлекет хызметиниң имканыятларынан пайдаланады” – деп айтып өткен Өзбекстан Республикасы биринши Президенти И.А.Каримов.

Ҳәзирги ўақытқа дейин, Өзбекстан Республикасы ҳуқық қорғаў органлары тәрепинен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша бир қанша үлкен ислер әмелге асырылды. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында жынаятшылық кескин көбейген еди. Бул тәбиий жағдай, себеби арнаўлы бир басқарыў принципинен жаңа мәмлекетшилик формасына өтиўде бундай унамсыз жағдайлар көбейеди. Бирақ, жынаятлардың санын кемейттириў бойынша әмелге асырылған кескин илажлар нәтийжесинде ҳәзирде жынайый қылмыслардың кемейиўине ерисилди.

Бул бағдарда Өзбекстан Республикасының Коррупцияға қарсы гүрес ҳаққындағы нызамы айрықша орын тутады. Нызамның 4-статьясында тийкарғы принциплер көрсетилген, оларға:

нызамшылық;

пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги;

ашықлық-айдынлық;

системалылық;

мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийеттиң шериклиги;

коррупцияның алдын алыўға қаратылған ис-иләжлардың үстинлиги;

жуўапкершиликтиң анық екенлиги.

Қоррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарларына:

– халықтың ҳуқықый аңын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыў;

– мәмлекет ҳәм жәмийеттиң барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға қаратылған ис-иләжларды әмелге асырыў;

коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имканыят жаратыўшы себеплер ҳәм шәрт-шараятлардың алдын алыў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислегени ушын жуўапкершиликтиң анық екенлиги принципин тәмийинлеў киреди.

Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша искерлигин әмелге асырыўшы мәмлекет органлары  төмендегилерден ибарат:

Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекет қәўипсизлик хызмети;

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги;

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти.

Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислеген шахслар судты қарарына көре арнаўлы ҳуқықлардан, соның менен бирге арнаўлы лаўазымларды ийелеў ҳуқықынан нызамға муўапық айырылыўы мүмкин.

Коррупция әлбетте бүгин пайда болған иллет емес, ол әййемнен бар болып келмекте. Француз алымы Шарл Монтескье болса бул барада “Асирлер тәжирийбесинен бизге белгили, ҳәр қандай ҳәкимият ўәкиллигине ийе болған шахс, оннан пайдаланыўға бейим болады ҳәм белгили бир мақсетке ериспегенше усы бағдарда жүреди” деген пикирлер билдирген.

Бизге белгили, коррупция ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң сиясый-эконмикалық раўажланыўына аўыр зыян жеткереди, мәмлекеттиң конституциялық тийкарлары нызам үстинлигин күшсизлентиреди, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң аяқ асты болыўына алып келеди. Сондай екен, коррупцияға қарсы гүресиўге тийисли халық аралық ҳәм миллий ҳуқықый тийкарларын үйрениў, анализ етиў, жаңалап барыў дәўирдиң талабы болып қалады.

 

Елиўбай Абибуллаев,

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы

 

Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар  

2021-жыл 30-ноябрь күни “Транспорт ҳәм финанс тараўларындағы айырым ҳуқықбузарлыкларды ислегенлик ушын ҳәкимшилик жазалардың либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилди.

Нызамға муўапық:

-айдаўшылар транспортты басқарыўда телефоннан кўлакшынлар арқалы ҳәм қолларды ислетпестен сѳйлесиў имканын беретуғын үскинелер арқалы пайдаланыўы мүмкин.

-айдаўшылар белгиленген тезликти асырып жибергенде дизимге алынған тезликтен 5 км/саат шегирип таслап жаза қолланылады.

-2022-жыл 1-марттан айдаўшының қасында паспорт яки ID-картасы болғанда транспортты басқарыў, дизимнен ѳткергенликке байланыслы ҳүжжетлерди, исенимнаманы, қамсызландырыўды қасында алып жүриўи талап етилмейди.

 

Сондай-ақ, транспорт салонының алды тәрепине монитор (дисплей) орнатқанлық ушын жуўапкершилик бийкар етилди.

Валюталарды нызамсыз алғанлық яки өткергенлиги ушын валюта байлықлары мәмлекет пайдасына өткерилип, 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ алыўға яки Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине муўапық өзине қарата ҳәкимшилик қамақ қолланылыўы мүмкин болмаған шахсларға БЕМның 10 есесинен 20 есесине шекем жәрийма жазасы белгиленди. (алдын қатаң БЕМның 20 есеси еди.)

Автомашинада жолаўшыларды лицензиясыз тасығанлығы ушын пуқараларға жәрийма жазасы БЕМның 7 есеси, лаўазымлы шахсларға БЕМның 30 есеси етип белгиленди.

 

Зухра Байымбетова,

Жынаят ислери бойынша Бозатаў район судының баслығы

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы судының судья аға жәрдемшиси (жынаят ислери бойынша) лаўазымы вакант (Ɵзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы мектебинде оқыўда болғанлығы ушын ўақтынша вакант) болыўына байланыслы таңлаў жәрияланады.

Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа ҳәм қәнийгелиги бойынша кеминде 2 жыллық мийнет стажына ийе болған Ɵзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2022-жыл 27-январь күни саат 18:00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен тɵмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжат етиўи мүмкин:

– талабанның объективкасы ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;
– дипломның нусқасы (сырт елде оқығанлығы ҳаққындағы дипломға, диплом тән алынғанлығы ҳәм нострификация етилгенлигин тастыйықлаўшы гүўалық);
– талабанның паспорт нусқасы;
– мийнет дәптершеси нусқасы.

Таңлаўда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының веб-сайтына жайластырылған сораўлардан пайдаланылады: http://sud.uz/аттестация-саволлари

Байланыс ушын телефон номери: 55-102-40-42 (129).

Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz

Таңлаўды ɵткериў ўақты 2022-жыл 28-январь күни саат 15:00

Мәнзил: Нɵкис қаласы, И.Каримов кɵшеси 122-жай.

Үй-жай даўлары менен байланыслы пуқаралық ислердиң судларда көрилиў тәртиби

Судларда турақ-жай даўлары менен байланыслы пуқаралық ислер  Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодекси ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Үй-жай даўлары бойынша суд әмелияты ҳаққында»ғы  2001 жыл 14 сентябрдеги 22-санлы қарарында белгиленген нормаларға тийкар көрип шығылады.

Атап өтетуғын әҳмийетли жағдайлардың бири, бул Пленум қарары жоқарыда атап өтилген Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодекси нормаларын суд әмелиятында қолланыў, турақ-жай менен байланыслы тартысларды дурыс ҳәм әдил шешиў ҳәмде келип шығып атырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде түсиниклер бериў зәрүрлиги пайда болғанлығы итибарға алынып қабыл етилген болып, турақ-жай нызамшылығы нормаларына әмел қылыў пуқаралар, сондай-ақ турақ-жай фондын есапқа алыў, сақлаў, пайдаланыў ҳәм оңлаўды тәмийинлеў ўәкиллиги жүклетилген мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң  турақ-жайға болған ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўдың әҳмийетли шәртлеринен бири есапланатуғынлығы, соның ушын судлар бундай категориядағы ислерди шешиўде жуўапкершиликти және де асырыўы, даўлардың нызамлы көрилиўин толық тәмийинлеўи лазымлығы белгиленген.

Судлар турақ-жай қатнасықларынан келип шыққан тартыслар бойынша даўа арзаларды қабыл етиў мәселесин шешиўде, ең алды менен усы даўа талабының судқа тийислилиги ҳәмде даўа ўәкилликли шахс тәрепинен қозғатылғанлығын тексериўи ҳәмде турақ-жайлардың жеке яки мәмлекетлик турақ-жай фондына тийисли екенлиги ҳаққында ҳуқықый статусын анықлаўлары лазым. Атап айтқанда, судлар төмендеги турақ-жай даўларын шешиў ўәкиллигине ийе:

– жеке ҳәм мәмлекетлик турақ-жай фондларына қараслы турақ жайларды ижәраға бериўши ҳәм де ижәраға алыўшылар, олардың шаңарақ ағзалары ортасындағы турақ-жай қатнасықлары бойынша жүзеге келген даўалар;

– турақ-жай қурыў яки үй-жай кооперативи менен пуқаралар ортасындағы  турақ-жай қатнасықларынан келип шығатуғын даўалар;

– мәмлекетлик турақ-жай фондының турақ жайға берилген ҳүжжетти (ордерди) ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы даўалар;

– ижәра шәртнамасын өзгертиў ҳәм бийкар қылыў ҳакқындағы даўалар;

– Үй-жай кодексиниң 71-74, 79, 85-статьяларында көрсетилген тийкарлар бойынша турақ жайдан шығарыў менен байланыслы даўалар;

– пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелери тийкарында жүзеге келетуғын турақ-жай менен байланыслы даўалар;

– жер участкалары мәмлекетлик яки жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойылыўы мүнәсебети менен жүзеге келетуғын даўалар.

Жеке мүлкинде жайы, квартирасы болған пуқаралар ер жеткен шаңарақ ағзаларының келисими менен басқа пуқараларды турақ жайға көширип киргизиўге, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға белгиленген тәртипте ижәраға бериўге ҳақлы.

Мүлкдар, оның шаңарақ ағзалары, ижәрашы ҳәм оның шаңарақ ағзалары ортасында турақ-жай мәселесинде келип шыққан тартыслар (жайға киргизиў, турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў, жайдан көширип шығарыў) суд тәртибинде шешиледи ҳәм бул категориядағы ислерди көриўде даўлы жайда жасаўшы ер жеткен барлық шахслар тийислилигинше иске қатнастырлыўы лазым.

Жайға жасаў ушын киргизиў ҳәмде турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў ҳаққындағы тартысларды шешиўде суд турақ жайға даўа қылыўшы шахс Үй-жай кодексиниң 32-статьясы 2 ҳәм 3-бөлимлеринде көрсетилген шахслар, яғный мүлкдардың шаңарақ ағзалары, сондай-ақ ол менен турақлы жасап атырған шахслар қатарына кириўи яки басқа тийкар бойынша жайда жасаўға болған ҳуқықый ҳалатларды, кандай себеплерге көре жасамай атырғанлығы ҳәм даўаны дурыс шешиў ушын әҳмийетке ийе болған басқа жағдайларды анықлаўы лазым. Мүлкдарға қарата турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыўға жол қойылмайды.

Суд әмелиятынан алып қарайтуғын болсақ, бүгинги күнде көп ушырасатуғын даўлардың бири бул – жайға киргизиў, турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў ҳаққындағы категориядағы ислер болып, онда бурынғы қайыната ҳәм қайыненелер тәрепинен үйинен шығып кеткен бурынғы келинлерине қарата турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў ҳәм келинлердиң ата-енелерине қарата жайға киргизиў ҳәм турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын белгилеў ҳаққындағы даўалар болып табылады.

Атап өтиў лазым, Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодексиниң     52-статьясына көре, муниципал, ведомстволық үй-жай фонды ҳәм анық мақсетли коммунал үй-жай фондының үйлериндеги турақ-жайды ижәраға  алыўшы, оның шаңарақ ағзалары яки ижәраға алыўшы менен турақлы жасап атырған пуқаралар ўақтынша болмағанында, турақ-жай алты ай мүддет даўамында олардың есабында сақланып турады.

Ал, усы Кодекстиң 54-статьясына көре, пуқаралардың белгиленген мүддеттен артық болмағанлары ақыбетинде муниципал, ведомстволық үй-жай фонды ҳәм анық мақсетли коммунал үй-жай фондының үйлериндеги турақ-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў ижәраға бериўшиниң яки усы турақ-жайда жасап қалған басқа турақлы пайдаланыўшыларлың даўа арзасына көре суд тәртибинде әмелге асырылады.

Судлар тәрепинен бундай тартыслар бойынша дурыс ҳәм әдил шешим қабыл етиў мақсетинде жоқарыда атап өткенимдей даўа қылып атырған шахс Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодексиниң 32-статьясы 2 ҳәм 3-бөлимлеринде көрсетилген шахслар қатарына киретуғынлығы яки басқа тийкар бойынша жайда жасаўға болған ҳуқықый ҳәм кандай себеплерге көре жасамай атырғанлығы ҳалатлары анықланады.

Буннан басқада суд әмелиятында ерли-зайыплылардың биргеликте жасаған дәўиринде алынған турақ-жайларды бөлиў, мийрас мүлк болған турақ-жайларды бөлиў ҳаққындағы ислер көп ушырасады.

Бундай категориядағы ислерде жоқарыда атап өтилген нызам талапларына тийкар көриледи.

Нотариал тәртипте дүзилген турақ-жайдың алды-сатты шәртнамасында сатыўшы ҳәм оның шаңарақ ағзаларының турақ жай дизиминен шығып кетиў мүддети көрсетилген болса, усы мүддет тамамланған күннен, мүддет көрсетилмеген болса шәртнама дүзилген күннен баслап олар турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп есапланады.

Үлесли яки улыўмалық мүлкте болған турақ-жайларды бөлиўде даўлы жайда болған ханалар ҳәм пайдаланыўда болған улыўма майданды есапқа алып, үлес бойынша тең яки үлестен онша көп, онша кем болмаған ҳалда бөлиўди, ямаса айрым ханаларды кайта қурыў есабынан үй-жайды бөлиў имканияты барлығы ҳаққында ис бойынша тайынланған экспертиза жуўмағы инабатқа алыныўы зәрур. Суд ис бойынша қабыл етилген бийликте бундай мүлктеги уй-жайларды бөлиўде тәреплерге ажыратылған барлық хана ҳәмде қосымша ҳәм жәрдемши имаратларды анық көрсетиўи лазым.

Үлесли мулк сыпатында болған турақ-жайлар мүлкдарларға олардың үлесин натура ҳалда ажыратып бериў орнына басқа мүлкдар тәрепинен компенсация төлениўине мүлкдарлардың разылығы менен жол қойылады. Мүлкдарлардың үлеси усы турақ-жайға қарата басқа мүлкдардың үлесинен анағурлым кем болса, үлести тең бөлиўдиң имканияты болмаса, мүлкдар даўлы жайда жасамай атырған болса, ол басқа үй-жай менен тәмийинленген болса, мүлктен пайдаланыўдан айтарлықтай мәпке ийе болмаған жағдайларда суд усы мүлкдар разылық бермеген тәғдирде ҳәм үлесли мүлктиң қалған қатнасыўшылары мойнына сол мүлкдарға компенсация төлеў миннетлемесин жүклеўи мүмкин.

Турақ-жайды улыўмалық ийелик қатнасыўшылары ортасында олардың үлеси бойынша бөлиўде бөлек жасаў ханасынан тысқары жәрдемши  ханаларды, бөлек кирип-шығыў жоллары барлығын яки оларды қайта ислеў жолы менен бөлиўге имканият болған тәғдирде ғана даўа қанаатландырылыўы лазым. Бундай имканият болмаған тәғдирде, суд талапкердиң илтимасына көре, тәреплерге турақ жайдан пайдаланыў тәртибин белгилеп бериўи яки усы турақ жайды тәреплер тийисли тәртипте алмастырыў ямаса екинши тәрепке үлесине тең басқа турақ жай алып бериў ҳуқықына ийе екенлигин түсиндириўи мүмкин.

Үй-жай кодесиниң 107-статьясы талабына муўапык турақ-жайдың мүлкдары ҳәм оның ер жеткен шаңарақ ағзалары, ижәраға алыўшы ҳәм оның ер жеткен шаңарақ ағзалары, ҳәмде ол менен турақлы жасап атырған пуқаралар, үй-жай қурыў яки үй-жай кооперативи ағзасы ҳәм пай корының бѳлегине ҳуқықы болған оның шаңарақ ағзалары ортасында турақ жайды алмастырыў ҳаққында келисимге ерисилмеген болса, олардан ҳәр бири ийелеп турған жайын түрли үйлер, квартиралардағы турак жайларға алмастырыўды суд тәртибинде талап қылыўға ҳақылы. Турақ жайларды алмастырыў ҳақыйқый емес деп табылғанда, тәреплерге илгери ийелеп келген турақ жайларына көшип өтиў миннетлемесин жүклеўи зәрур. Турақ жайларды алмастырыўды ҳакыйқый емес деп табыў ҳаққындағы талап алмастырыў әмелге асырылған күннен баслап алты ай ишинде қойылыўы мүмкин.

Мәмлекетлик үй-жай фондына тийисли турақ жай ушын коммунал хызмет ҳақыларын өндириў ҳаққындағы даўалар бойынша иске тек ижәраға алыўшы жуўапкер сыпатында қатнастырылады.  Жеке үй-жай фондына тийисли турақ жайларға көрсетилген хызмет қарежетлери жүзесинен келип шыққан тартыслар бойынша болса, усы турақ жайдың барлық ер жеткен мүлкдарлары иске жуўапкер сыпатында қатнастырылыўы, бул түрдеги даўалар қанаатландырылған тәғдирде, төлем олардан солидар тәртипте өндирилиўи мүмкин.

 

Зульфия Бабаджанова,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

 

 

 

 

 

6 пуқараның ис ҳәрекетлери Жынаят кодексиниң 271-статьясы 11-бәнти менен қысқартылды, ал 11 пуқараға тийисли шаралар көрилди

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик кодексиниң 176 – статьясының 3-бәнтине муӯапық халыққа лицензиясыз автотранспорт хызметин көрсеткенлиги ушын пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 7 есеси, ал әмелдар шахсларға 30 есесине шекем жәрийма қолланыӯ белгиленген.

Деген менен ҳәзирги ӯақытта айырым тр анспорт басқарыӯшылары нызам талапларына бойсынбастан, арнаӯлы лицензиясыз халыққа хызмет көрсетиӯ жағдайлары ушыраспақта.


Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң автомобиллерде тасыӯлар қәӯипсизлигин тәмийинлеӯди бақлаӯ бөлиминиң қала хәм районлардағы сектор инспекторлары ҳәм ЖПХ инспекторлары менен қоспа рейд иләжлары өткерилип, нызам бузыўшылық жағдайлары анықланбақта.

Өткен жыл даўамында 1273 рейд иләжлары өткерилген болып, соннан 3213 нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды.

Усындай нызам талапларын бузған автотранспорт басқарыӯшыларына тийисли тәртипте жәрийма жазасын белгилеӯ бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң имаратында көшпели суд мәжлиси болып өтти. Тақыятас районы Жынаят ислери бойынша судының судясы Арман Қошанов басшылығында суд процесси өткерилип, нызам талаплары тийкарында 17 пуқараның иси көрилди. Яғный, 6 пуқараның ис ҳәрекетлери Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳақкындағы Кодекстиң 271-статьясы 11-бәнти менен қысқартылды, ал 11 пуқараға тийисли шаралар көрилди.

Арман Кощанов,

Жынаят ислери бойынша Тақыятас районы суды баслығы

Skip to content