ХАБАРЛАНДЫРЫЎ
2022-жыл 20-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басшылары тәрепинен көшпели қабыллаў өткериледи.
Қабыллаўда Беруний, Әмиўдәрья, Елликқала ҳәм Төрткүл районлары пуқараларының суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланады.
Қабыллаў өткерилетуғын орын: Беруний районындағы Жаслар орайы имараты.
Қабыллаў ўақты: 20-апрель, саат 10:00 ден 13:00 ге шекем