Коррупцияға қарсы гүресиўде жаңа механизм енгизилмекте

Коррупция ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң сиясий-экономикалық раўажланыўына айтарлықтай зыян жеткизеди, мәмлекеттиң конституциялық тийкарларын ҳәм нызам үстинлигин күшсизлендиреди, ақыр ақыбет инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң аяқ асты болыўына алып келеди.

Кейинги жылларда елимизде коррупцияға қарсы гүресиў, оларға имканият жаратып берип атырған себеп ҳәм жағдайлардың алдын алыў бойынша бир қатар Нызамлар ҳәм нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилмекте.

Атап айтқанда, 2022-жылдың 12-январь күни Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң «Коррупцияға қарсы гүресиў ислериниң нәтийжелигин рейтинг баҳалаў системасын енгизиў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-81-санлы қарары қабыл етилген болып, бул қарар мәмлекет органлары ҳәм шѳлкемлери, соның ишинде жергиликли атқарыўшы ҳәкимият органларының коррупцияға қарсы гүресиў барысындағы искерлигине байланыслы нәтийжежелик кѳрсеткишлерин белгилеў ҳәм оларды алдағы халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў системасын енгизиў мақсетинде қабыл етилди.

Қарар менен рейтинг баҳалаў Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен «E-Anticor.uz» электрон платформасы арқалы шѳкемлестирилиўи, коррупцияға қарсы гүресиў ислериниң нәтийжелилиги 0 баллдан 100 баллға шекемги рейтингте баҳаланып, искерлик нәтийжелилиги «жақсы», «қанаатландырарлы» ҳәм «қанаатландырарсыз» категорияларына ажыратылыўы белгиленди.

Буннан тысқары, рейтинг баҳлалаў нәтийжелери электрон формада есаплап шығылады ҳәм ҳәр жылы 1-мартқа шекем кең жәмәәтшилик ушын ғалаба ҳабар қуралларында жәрия етилип барылыўы, ҳәр жылы алдынғы жылдың 1-январынан баҳаланыў ѳткерилип атырған жылдың 1-январына шекем болған дәўир рейтинг баҳалаў системасын ѳз ишине алыўы ҳәм де рейтинг баҳалаў нәтийжелериниң қалыслығын тексериў мақсетинде кеминде 30 пайызы пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллеринен ибарат болған Рейтинг баҳалаўды ғәрезсиз әмелге асырыўшы экспертлер топары қәлиплестирилиўи белгиленген.

 

Гүлистан Ешназарова,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы