Балалар тәрбиясы менен байланыслы пуқаралық ислерди көриў тәртиби ҳәмде өзгешеликлери

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 63-статьясына көре, шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны есапланады ҳәм де жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе.

Шаңарақты қорғаў мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Балаларды улыўмаинсаныйлық қәдириятларды ҳүрметлеў, аналықты қорғаў ҳәм балалардың ҳуқықын қорғаў ҳаққындағы халық-аралық ҳуқық  қағыйдаларына садық болыў, руўхый мийрасымызды сақлаў ҳәм раўажландырыў, уллы ўатансүйиўшилик, сап ҳәм ҳадаллық руўхында тәрбиялаў ҳәм оларды социаллық пайдалы мийнетке таярлаў ата-аналардың конституциялық ҳәм инсаныйлық миннетлемеси есапланады.

1998 жыл 1 сентябрьден әмелде болған Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодекси шаңарақты беккемлеў, ер жетпеген балалар ҳәм мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзаларының мәплерин қорғаўдың үстинлигин нәзерде тутады.

Бала тәрбиясы менен байланыслы тартыслардың судлар тәрепинен дурыс шешилиўи ата-аналардың ҳәм балалар ҳуқықларының қорғалыўын, ата-аналардың балаларды тәрбиялаўдағы жуўапкершилиги асырылыўын тәмийинлеўге имкәният туўдырады, ата-аналардың балалары мәплерине қарсы болған ҳуқықлардан пайдаланыўларын шеклейди, ер-жетпегенлер ҳуқықбузарлықларының алдын алыў иләжларының бири болып есапланады.

Балалар тәрбиясы менен байланыслы болған: баланың басқа-басқа турған ата-анадан қайсы бири менен бирге жасаўы; баласынан бөлек туратуғын ата ямаса ананы баласының тәрбиясында қатнасыўына қарсылығын сапластырыў; басқа шахслардың тәрбиясында болған балаларды ата-анасына қайтарыў; ата-аналық ҳуқықынан айырыў ҳәм ата-аналық ҳуқықын тиклеў; ата-аналық ҳуқықынан айырмастан балаларын алыў (ата-аналық ҳуқуқын сақлаў); баланың ата-аналық ҳуқықы шекленген ата-ана менен көрисиўи, ата-аналық ҳуқықының шеклениўин бийкарлаў, перзентликке алыўды бийкар етиў ямаса оны ҳақықый емес деп табыў ҳаққындағы ҳәм басқа тартыслар судта көриледи.

Суд басқа-басқа туратуғын ата-аналар ортасында болған олардың қайсы бири менен қайсы баласы жасаў ушын қалыўы ҳаққындағы тартысларды шешиўде Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексининг 71-статьясында белгиленген ата ҳәм ананың ҳуқық ҳәм миннетлемелериниң теңлигине тийкарланған ҳалда, ер-жетпеген балалардың мәплерине ҳәм қәлеўлерине сәйкес келетуғын бийлик шығарыўы лазым. Бунда суд ата-анадан бириниң материаллық жағдайы үстинлигиниң өзи баланы оған алып бериў ушын тийкар болатуғын шәрт есапланбаслығын нәзерде тутқан ҳалда, баланың ата-анадан, аға-ини, апа-сиңлилеринен қайсы бирине байланып қалғанлығын, ата-анадан қайсы бири балаларына қарата көбирек ғамҳорлық ҳәм итибар көрсетип атырғанлығын, балалардың жасын ҳәм ата-анадан қайсы бирине кеўил қойғанлығын, ата-ананың әдеп-икрамлылық ҳәм басқа жеке пазыйлетлерин, ата-ананың ҳәр бири менен бала ортасындағы қатнасықларын, баланы тарбиялаў ҳәм оның кәмалаты ушын шәраятлар (ата-аананың мағлыўмат түри, жумыс тәртиби, материаллық ҳәм шаңарақлық жағдайы ҳәм басқалар) жаратыў имкәниятын итибарға алады.

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексининг 73-статьясына муўапық ата-аналар басқа шахслар алдында балаларды тәрбиялаўда үстинлик ҳуқықына ийе ҳәм балаларды нызамға тийкарланбаған ҳалда услап турған ҳар қандай шахстан қайтарылыўын талап етиўге ҳақылы.

Бул талабты көриўде суд баланы ата-анасына қайтарыў оның мәплерине қарсы деген жуўмаққа келсе, баланың пикирин есапқа алған ҳалда ата-ананың даўасын қанатландырмастан қалдырыўға ҳақылы.

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексининг 76-статьясына көре, баладан бөлек жасайтуғын ата ямаса ана баласы менен көрисиў, оның тәрбиясина қатнасыў ҳәм бидим алыў мәселесин шешиўде қатнасыў ҳуқықына ийе.

Ата (ана) баладан бөлек жасайтуғын ата (ана)ның ата-аналық ҳуқықларын әмелге асырыў тәртиби ҳаққында жазба рәўиште келисим дүзиўге ҳақылы.

Егер ата-ана келисе алмаса, тартыс ата-ана (ямаса олардың бири)ниң талабына тийкар суд тәрепинен қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйымы қатнасында шешиледи.

Суд бөлек жасайтуғын ата ямаса ананың бала тәрбиясында қатнасыў тәртибин белгилейди ҳәм бала менен бирге жасайтуғын ата ямаса анаға қарсылық қөрсетпеў миннетлемесин жүклейди.

Судтың бийлигин қастан орынламаған жағдайда суд баладан бөлек жасайтуғын ата (ана)ның талабына тийкар бала мәплерин ҳәм оның пикирин есапқа алған ҳалда баланы оған алып бериў ҳаққында бийлик шығарыўы мүмкин.

Ата-аналық ҳуқықынан айырылмаған ата-аналардың, нызамға ямаса судтың бийлигине муўапық басқа шахслар ықтыярында болған балалардың тәрбиясына қарсы келетуғын жағдайларды сапластырыў ҳаққында мәселе де  судлар тәрепинен усындай тәртипте шешиледи.

Шаңарақ кодексининг 80-статьясына муўапық, ата-аналық ҳуқықынан айырыў суд тәртибинде әмелге асырылады. Ата-аналық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы ислер ата (ана)ның (олардың орнын басыўшы шахслардың), прокурордың, сондай-ақ ер-жетпеген балалардың ҳуқықларын қорғаў миннетлемеси жүклетилген уйым ямаса мәкемелердиң (қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйымы, ер-жетпегенлер жумыслары бойынша мәкемелераралық комиссиялар, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар мәкемелери ҳәмде басқа мәкемелердиң) даўасына тийкар көриледи.

Суд әмелиятынан мысал келтиремиз.

Талапкер Д.Салиева жуўапкер А.Аңсатовқа (текстте адам атлары өзгертилген) қарата перзентин тәрбиясына алып бериў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат етип, арзасында жуўапкер А.Аңсатов пенен 2015 жылы турмыс қурғанлығын, некелерин нызамлы түрде рәсмийлестиргенлигин, орталарында 2016 жылы туўылған Айгул атлы бир перзенти барлығын, өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2021 жыл декабрь айынан баслап бөлеклесип кеткенлигин, жуўапкер басқаға үйлениў ушын урыс жәнжел шығарып келгенлигин ҳәм өзи кеткеннен кейин ол некеден ажырасыў ушын судқа арза бергенлигин, бирақ Айгул атлы қызын өзине бермей атырғанлығын, қызы еле киши жаста екенлигин, оған ана меҳри ҳәм тәрбиясы мүтәж екенлигин көрсетип, жуўапкерден перзентин өзиниң тәрбиясына алып бериўди сораған.

Жуўапкер А.Аңсатов судта талапкердиң даўасына қарсылығын билдирген.

Суд тапсырмасына тийкар балалар ҳуқықларын қорғаў уйымлары тәрепинен тәреплердиң үйинде бала тәрбиясы ушын шараятлар жаратылғанлығы, олардың перзенти қыз бала екенлиги ҳәм оның киши жаста екенлиги, ана меҳрине ҳәм тәрбиясына мүтәжлигин итибарға алынып, Айгул атлы атлы қызын анасының тәрбиясына алып бериў мақсетке муўапықлығы ҳақкында 2022 жыл 7 январьда жуўмақ берилген.

Суд мәжлисинде педагог психолог 2016 жылы туўылған Айгул атлы жас өспирим менен сәўбетлескенлигин, ҳәзирги ўақытта оның эмоциналлық ҳалаты жақсы екенлигин, шаңарақлық қатнасықлары нормал жағдайда екенлигин, руўхый зорығыў ҳәм шаршаў ҳалатлары жоқ екенлигин, өзи қәнийге сыпатында 2016 жылы туўылған Айгул атлы қызды анасының тәрбиясында қалдырыў мақсетке муўапық болатуғынлығы ҳақкында пикир билдирген.

Өзбекстан  Республикасы Шаңарақ кодексиниң 71 ҳәм 73-статьяларына көре, ата-ана өз балаларына қарата тең ҳуқық ҳәм миннетлемелерге ийе. Ата-ана өз балаларын тәрбиялаў ҳуқықына ийе ҳәм тәрбиялаўы шәрт. Ата-ана өз балаларының тәрбиясы ҳәм кәмалаты ушын жуўапкер есапланады. Олар өз балаларының ден-саўлығы, руўхый ҳәм физикалық әдеп икрамлылық кәмалаты ҳаққында ғамхорлық етиўи шәрт. Ата-ана өз балаларын тәрбиялаўда басқа барлық шахсларға қарата үстин ҳуқыққа ийе.

Жоқарыдағыларға тийкарланып судтың 2022 жыл 14 январьдағы бийлиги менен даўа қанаатландырылып, жуўапкер А.Аңсатовтан 2016 жылы туўылған Айгул  атлы перзентин талапкер Д.Салиеваның тәрбиясына алып бериў белгиленген.

Суд қарары кейинги инстанцияларда озгериссиз қалдырылған.

Усы орында ата-аналарға балалар тәрбиясына ҳеш қашан бийпарық болмаўын, перзентлеримиздиң билим ҳәм тәрбиясына болған итибарды өзлигимиз ҳәм келешекке болған итибар деп билип, жас әўладқа ғамхорлық көрсетиў, саламат өсиўи, дурыс тәрбия ҳәм билим алыўын тәмийинлеў ҳәм де перзентлеримизди олар өз ата-бабаларына, өз тарийхы, Ўатаны, шаңарағы, ана тилине, миллетине садық етип камалға жеткизиў ҳәр бир ата-ананың инсаныйлық ҳәм нызам алдындығы миннети екенлигин еслеткимиз келеди.

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы                                                                     А.Керимбаев