Инвесторларға жеңилликлер  бериў – исбилерменликти раўажландырыўдың кепили

Республикамызда инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға, жергиликли ҳәм шет ел инвесторларының мәплерин қорғаў ҳәмде оларға жеңилликлер бериў барысындағы ҳуқықый механизмлерди жетилистириўге қаратылған ис-иләжлар даўам етип келмекте.

Әсиресе, Ѳзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен бул тараўға айрықша итибар қаратып келинбекте.

Атап айтқанда, ѳткен жылы Президентимиз басшылығында республикамызда инвестиция орталығын жақсылаў, исбилерменлердиң машқала ҳәм усынысларын тиккелей үйрениў ҳәм де исбилерменликти раўажландырыўдың тийкарғы жѳнелислерин белгилеп алыў мақсетинде исбилерменлер менен ашық сәўбетлесиў ѳткерилип, ушырасыўда алдағы ўақытлары орынланыўы лазым бир қанша ўазыйпалар белгиленген еди.

Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде
2021-жылдың 02-ноябрь күни Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң “Жергиликли ҳәм шет ел инвесторлары тәрепинен салықларды тѳлеўди кешиктириў механизлерин жетилистириў туўрысында”ғы
ПҚ-5274-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарда 2022-жылдың 1-январынан баслап исбилерменлик субъектлерине (буннан мәмлекет үлеси 50 пайыздан жоқары болған кәрханалар, жер астынан пайдаланыўшылар ҳәм акциз салығына тартылыўшы ѳним ислеп шығарыўшылар тысқары) улыўма майданы 1 000 квадрат метрден артық болған жер участкаларына ҳәм (яки) имәрат ҳәм қурылмаларға қарата мүлк ҳуқықын қолға кириткенде мал-мүлк салығы ҳәм жер салығы бойынша есапланған салықларды тѳлеўди алты ай мүддетке кешиктириў ҳуқықы берилиўи, бунда кешиктирилген салықлар суммасы мәмлекетлик дизимнен ѳткерилген жер уачсткалары, имәрат ҳәм қурылмалар қунынан келип шығып есапланған салықлар муғдарында белгиленди.

Қарарда белгиленген усы ҳуқықый нормаларды қоллаў бойынша  тәртиплер белгиленди.

Яғный, бунда салықларды тѳлеўди кешиктириў ҳуқықы жер участкалары, имәрат ҳәм қурылмаларға болған мүлк ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен ѳткерилген күннен баслап үш ай мүддет ишинде мәмлекетлик салық хызмети органларын хабардар қылған ҳәм оның тѳлениўин тәмийинлеў (гиреў) талап етилмеген жағдайда әмелге асырылыўы белгиленди.

Сондай-ақ, салықларды тѳлеўди кешиктириўдиң әмел қылыўы мүддети мәмлекетлик салық хызмети органларына белгиленген тәртипте хабарнама жиберилген күннен баслап есапланады ҳәм де оның тамамланған сәнесинен баслап кешиктирилген салық суммасы есапланған пайызлар менен бирге тең үлеслерде бир жыл даўамында тѳлеп бериледи. Бунда салық тѳлеў мүддетлерин ѳзгертириў мүмкиншилигин бериўден пайдаланғанлығы ушын пайызлар салықлар кешиктирилген сәнеден баслап Орайлық банк тийкарғы ставкасының 50 пайызы муғдарында есапланады.

Соның менен бирге, жер участкасы ҳәм (яки) имәрат ҳәм қурылмалар салық тѳлемлерин кешиктириў мүддети даўамында реалдизация қылынған яки ижараға берилген жағдайда мал-мүлк салығы ҳәм жер салығы бойынша кешиктириў мүддети даўамында есапланған салық суммасы толық муғдарда ѳндириледи.

Буннан тысқары, салық нызамшылығын бузыў қәўипи жоқары болған салық тѳлеўшилер топарына киритилген исбилерменлик субъектлерине салықларды тѳлеўди кешиктириў берилмейди.

Бул жерде соған да тоқталып ѳтиў лазым болады, яғный салық нызамшылығын бузыў қәўипи жоқары исбилерменлик субъектлерин анықлаў бойынша да арнаўлы механизм ислеп шығылған болып, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июлдағы
ПВ-5490-санлы “Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын жәнеде жетилистириў ис-иләжлары туўрысында”ғы Пәрманына муўапық мәмлекетлик салық хызмети органларында салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық қәўипин анализлеў системасы енгизилиў белгиленип, Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинен 2018-жылдың 5-октябринде 3075-сан менен дизимге алынған Ѳзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң 2018-жыл 29-августтағы 2018-68-саны қарары менен “Мәмлекетлик салық хызмети органларында салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық қәўипин анализлеў системасын енгизиў тәртиби туўрысындағы Реже”си тастыйықланған.

Усы Режеге муўапық мәмлекетлик салық хызмети органлары тәрепинен салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық сәдир етиў қәўипи жоқары болған исбилерменлик субъектлери дизими дәстүр арқалы қәлиплестирилиўи белгиленген еди.

Демек, пикирлеўимизше исбилерменлик субъектлерине салықларды тѳлеўди кешиктириў бериўде усы Реже талапларынан келип шыққан ҳалда ис тутылыўы лазым болады.

Сондай-ақ, қарарда нәзерде тутылған салықларды тѳлеўди кешиктириў мүддети тамамланғаннан соң исбилерменлик субъектлерине салықларды кешиктириў яки бѳлип-бѳлип тѳлеў жүзесинен белгиленген тәртипте жергиликли ҳәкимият органларына мүрәжат қылыў ҳуқықы сақланып қалыўы белгиленди.

Жуўмақлап айтқанда, қарардың қабыл қылыныўынан тийкарғы мақсет жергиликли инвесторларға ҳәм шет ел инвесторларына зәрүр болған исбилерменлик орталығын жаратыў ҳәм әлбетте бул арқалы елимиздиң экономикасын раўажландырыў болып табылады.

 

Гүлистан Ешназарова,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы