Үй-жай тартысларын тәртипке салыў ҳаққында  

«Өз үйиң – өлең төсегиң «, дейди дана халқымыз. Әлбетте, Үй-жай инсан  турмысының ажыралмас бир бөлеги есапланады.. Инсан тек ғана өз үйинде арқайын болады, дүнья тәшўишлерин умытады ҳәм тек ғана усы қорғанда ҳақыйқый бахытты сезеди, сондай-ақ үй-жайлар жәмийетте еркин турмыс кешириўдиң гиреўи есапланады. Сондай екен, үй-жайларға қарата жеке меншик ҳуқықының белгилениўи жүдә әҳмийетли есапланады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 53-статьясына муўапық жеке мүлкке қол қатылмайды ҳәм оны мәмлекет қорғайды.

Үй-жай нызамшылығы нормаларына әмел етиў пуқаралар, сондай-ақ, үй-жай фондын есапқа алыў, сақлаў, пайдаланыў ҳәм оңлаўды тәмийинлеў ўәкиллиги жүклетилген мәмлекетлик уйымлары, кәрханалар, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң үй-жайға болған ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўдың әҳмийетли шәртлеринен бири есапланады.

Үй-жайға болған жеке меншик ҳуқық ҳаққындағы тартыслар бойынша ислер судлар тәрепинен көрилип атырғанда нызам ҳүжжетлериниң дурыс қолланылыўы пуқаралардың жеке меншикке болған конституциялық ҳуқықы қорғалыўын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бүгинги күнде мәмлекетимизде социаллық тараўды раўажландырыўға қаратылған даўамлы ис-иләжлар әҳмийетли бөлими социаллық үй-жайлар қурылысын кеңейттририў есапланады. Атап айтқанда, қала ҳәм аўылларда үлгили ҳәм көп қабатлы үй-жайлар қурылмақта. Ҳәзир үй-жай қурылысы көлеми 2015 жылдағыға қарағанда бир неше есе асты. Бул процессте үй-жайға болған ҳуқықлардың нәтийжели қорғалыўы үлкен әҳмийетке ийе. Үй-жайға болған жеке меншик ҳуқық ҳаққындағы тартысларға байланыслы ислер суд тәрепинен көрилип атырғанда нызам ҳүжжетлериниң дурыс қолланылыўы  пуқаралардың жеке мүлкине болған конститутциялық ҳуқықын қорғаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан Республикасы нызамшылығында турақ жайға байланыслы қатнасықлар Өзбекстан Республикасының Конституциясы, Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси, Үй-жай  кодекси, “Мәмлекетлик Үй-жай фондын меншиклестириў ҳақкынрда”ғы Нызам, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1993 жыл 1 марттағы 114-санлы “Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик үй-жай фондын меншиклестириўди даўам еттириў ҳаққында”ғы қарары, 1994 жыл 4 апрель күнги 180-санлы қарары менен тастыйықланған “Меншиклестирилген квартиралар (квартиралардың бир бөлими), үйлер (үйлардиң бир бөлими) басқаларға бериў ҳәм мийрас етип қалдырыўда меншик ҳуқықының өтиўи ҳаққындағы шәртнамаларды рәсмийлестириў тәртиби ҳақкындағы”ғы Реже, “Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги үй-жай фондын меншиклестириў тәртиби ҳаққында”ғы Режелер ҳәм басқа нызам ҳүжжетлери менен тәртипке салынады.

Оларға тийкар үй-жайға қарата жеке меншик ҳуқықы төмендегилер нәтийжесинде жүзеге келеди:

жеке тәртипте үй-жай қурыў;

жеке тәртипте қурыўшылардың ширкетлери тәрепинен үй-жай қурыў;

үй-жай облигацияларын алыў;

үй-жай қурыў ҳәм үй-жай кооперативлеринде қатнасыў;

алды-сатты, саўға ҳәм алмасыў;

өмирлик тәмийинлеў шәрти менен үйди (квартираны) басқа шахсқа бериў;

мийрас алыў;

меншиклестириў.

Үй-жай ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери пуқаралар, юридикалық шахслар, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли  мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларынын төмендеги мәселелер бойынша қатнасықларын тәртипке салады:

турақ жайларға жеке меншик ҳуқықы, ийелик етиў ҳәм пайдаланыў ҳуқықының жүзеге келиўи, әмелге асырылыўы, өзгериўи  ҳәмде бийкар болыўы;

үй-жай фондын есапқа алыў;

үй-жай фондын сақлаў, қараў ҳәм оңлаўды тәмийинлеў;

пуқаралардың үй-жай ҳуқықларына әмел етилиўи ҳәм үй-жай фондынан мақсетли пайдаланыў үстинен қадағалаў.

Жоқарыда аталған нызам нормаларын суд әмелиятына енгизиў, үй-жайларға байланыслы тартысларды дурыс ҳәм әдил шешиў ҳәмде келип шығып атрыған машқалаларды сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2001 жыл 14 сентябрдеги «Үй-жай тартыслары бойынша суд әмелияты ҳақкында»ғы 2-санлы қарары қабыл етили. Усы қарарға Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2004 жыл 21 майдағы 18-санлы, 2018 жыл 30 ноябрьдеги 34-санлы қарарларына муўапық өзгерислер киргизилди.

Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодексиниң 11-статьясы, 3-бөлимине көре, турақ жайға болған меншик ҳуқықы мүддетсиз болып, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың, мәмлекеттиң ҳуқықларын ҳәм де нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаған ҳалда шахстың өзине тийисли турақ жайға өз қәлеўи ҳәм мәплерине көре ийелик етиў, оннан пайдаланыў, сондай-ақ өзиниң меншик ҳуқықы бузылыўын сапластырыўды талап етиў ҳуқықынан ибарат.

Суд әмелиятынан мысал:

талапкер П.Жиенбаев жуўапкер К.Реймовқа (адам атлары ҳәм турақ жай мәнзиллери  өзгертилген) қарата турақ жайдан мәжбүрий шығарыў ҳәм өзин турақ жайға киргизиў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен.

Районлар аралық пуқаралық судының 2021 жыл 14 январьдағы бийлиги менен даўа қанаатландырылып, К.Реймовты шаңарақ ағзалары менен бирге Нөкис қаласы, Жипек жолы көшеси, 46-жайдан мәжбүрий шығарыў, талапкер П.Жиенбаеты усы жайға киргизиў белгиленген.

Жуўапкер К.Реймов суд бийлигинен наразы болып, апелляциялық шағым берген.

Ис бойынша анықланған ҳалатларға қарағанда, талапкер П.Жиенбаев ҳәм жуўапкер К.Реймов ортасындағы Нөкис қаласы, Жипек жолы  көшеси, 46-жай алды-сатты шәртнамасы 2020 жыл 27 октябрь күни нотариал тәртипте тастыйықланған ҳәм П.Жиенбаевтың турақ жайға болған жеке меншик ҳуқықы 2020 жыл 29 октябрьде мәмлекетлик дизимге алынған.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының “Үй-жай тартыслары бойынша суд тәжирийбеси ҳақкында”ғы 2001 жыл 14 сентябрь күнги 22-санлы Қарарының 5-бәнтине көре, нотариал тәртипте дүзилген үй-жай шәртнамасында сатыўшы ҳәм оның шаңарақ ағзаларының турақ-жай дизиминен шығып кетиў мүддети көрсетилген болса, сол мүддет тамамланған күннен, мүддет көрсетилмеген болса шәртнама дүзилген күннен баслап олар турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп есапланады.

Ал, 2020 жыл 27 октябрь күнги алды-сатты шәртнамасының  8-бәнтинде алды-сатты исленип атырған турақ жайда шәртнама тастыйықланғаннан соң жайдан пайдаланыў ҳуқықын өзинде сақлап қалыўшы шахслар жоқ екенлиги көрсетилген.

Талапкер П.Жиенбаев Нөкис қаласы, Жипек жолы 46-жайдың меншик ийеси есапланады.

Сонлықтан, апелляция инстанция судыныӊ 2021 жыл 15 февраль күнги уйғарыўы менен биринши инстанция судыныӊ бийлиги өзгериссиз қалдырылған.

Жуўмақлап айтқанда, үй-жай тартыслары менен байланыслы ислердиң материаллық ҳәм процессуаллық нызам нормаларына әмел еткен ҳалда көрилиўи пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Абдимурат Керимбаев,  

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы             

 

 

 

 

 “Меҳрибан әкеге” 23 жыл қамақ жазасы тайынланды

М.Р. 1984-жылы Д.А. менен рәсмий некеден өтпестен, турмыс қурып ерли-зайып болып жасап келеди. Сол ўақытта туўылған төрт перзентин өмирлик жолдасы Д.А.ға қалдырып, 2004-жылы жумыс ислеп пул табыў ушын Россия Федерациясына кетип, шаңарағын материаллық жақтан тәмийинлеместен ҳәм олардан хабар алмастан, 2019-жылы декабрь айында Россия Федерациясынан жасаў үйине қайтқанынан кейин де жумыс ислеп, шаңарағын материаллық жақтан тәмийинлеў иләжларын көрместен, ишиўшиликке берилип кетеди. Ҳәр күни үзликсиз спиртли ишимликлер ишип, мәс ҳалында ҳеш бир себепсиз, тез-тезден шаңарағында урыс-жәнжел шығарады.

М.Р. өмирлик жолдасы Д.А.ның атында ҳәм оған тийисли болған үйде бирге жасап, 2021-жыл 28-апрель күни саат 09:00 ларда спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында, өз үйинде турмыс жолдасы Д.А. менен арзымаған себеп үстинде урыс шығарып, келип шыққан жәнжел үстинде ҳаялы Д.А.ны қастан өлтириў мақсетинде үйдиң мийманханасында стол үстинде турған жасыл-қара реңли, пластмасса устағышлы жәми узынлығы 29,5 см., кесиўши бөлеги 18,5 см. болған асхана пышағы менен, Д.А.ниң дус келген жерине, яғный жүзине, көкрегине, бели ҳәм арқасына пышақ пенен жәми 7 мәртебе урып, 05.05.2003-жылы туўылған жас өспирим қызы А.Р.ниң көз алдында өте реҳимсизлик пенен қастан өлтиреди.

Жоқарыдағы ҳәрекетлери менен судланыўшы М.Р. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси 97-статьясы 2-бөлиминиң “ж” бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислеген.

Буннан кейин де М.Р. өзиниң жынайый ҳәрекетлерин даўам еттирип, анасы Д.А.ны әкесиниң қолынан қутқарыў ушын жәрдем бериў мақсетинде келген 05.05.2003-жылы туўылған жас өспирим қызы А.Р ны қолындағы асхана пышағы менен дус келген жерине яғный, көкирек бөлими ҳәм көкирек бөлиминиң арқа тәрепине жәми 8 мәртебе урып, тәкирәран өте реҳимсизлик пенен қастан өлтирген.

Жоқарыдағы ҳәрекетлери менен судланыўшы М.Р. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси 97-статьясы 2-бөлиминиң “г,ж,р” бәнтлеринде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислеген.

Жынаят ислери бойынша Тақыятас район судының суд қурамы, судланыўшы М.Р. ға жаза тайынлағанда, нызамлылық, инсаныйлық, әдиллик ҳәм жуўапкершиликтиң болмай қалмаўы принциплерине әмел етип, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң
97-статьясы 2-бөлиминиң “г,ж,р” бәнтлери менен 23 (жигирма үш) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасын тайынлады.

 

Арман Кощанов,

Жынаят ислери бойынша Тақыятас район судының баслығы                                   

 

«Зорлыққа қарсы бирге гуресемиз»


 

«Ҳәмме инсанлар өз қәдир-қымбаты ҳәмде ҳуқықларын еркин әмелге асырады. Оларға ақыл ҳәмде ҳуждан берилген, сондай екен бир-бирлерине қарата туўысқанлық руўҳында қатнаста болыўлары керек.» деп Инсан ҳуқықлары бойынша дүнья жүзлик декларациясының 1-статьясында атап өтилген.

Конституциямызда барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысы, ирқы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исеними, шахсы ҳәм социаллық жағдайынан қәтъий нәзер, нызам алдында тең екенлиги белгилеп қойылған.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018 жылы 20-октябрь куни 841-санлы «2030-жылға шекем болған дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бул қарар менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясының 2015-жылдың сентябринде Турақлы раўажланыў бойынша өткерилген саммитинде қабыл етилген 70-санлы резолюциясына муўапық, сондай-ақ, 2030-жылға шекем болған дәўирде БМШ Глобал күн тәртибиниң Турақлы раўажланыў мақсетлерин избе-изликте әмелге асырыў бойынша системалы ислерди шөлкемлестириў мақсетинде 2030-жылға шекем болған дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы Миллий мақсет ҳәм ўазыйпалар тастыйқланды.

Сонын менен бирге 5-мақсет ретинде «Гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм барлық ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм имкәниятларын кеңейтириў» белгиленип, бул мақсетти әмелге асырыўға байланыслы тоғыз ўәзыйпа ислеп шығылды.

Бесинши мақсеттиң ўазыйпаларына муўапық, 2030-жылға келип барлық ҳаял-қызларға қарата кемситиўлердиң ҳәр қандай формасына шек қойыў, сиясий, экономикалық ҳәмде социаллық турмыста қарарлар қабыл етиўдиң  барлық дәрежелеринде ҳаяллардың толық ҳәм нәтийжели қатнасын ҳәмде жетекшилик етиў ушын тең имкәниятларды тәмийинлеў зәрүр.

Соңғы жылларда гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаяллардың социаллық ҳәмде сиясий турмысындағы ролин асырыў бойынша ислер бир неше жөнелислерде алып барылмақта:

-ҳаяллар ҳуқықлары ҳаққындағы нызам ҳужжетлерин жеделлестириў,

-ҳаялларды қорғаўдың институционал тийкарларын жеделлестириў,

-халықтың гендер теңлик ҳәм ҳаяллар ҳуқықлары ҳаққындағы хабардарлығын асырыў.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Мирамонович 2019-жылы июнь айында Олий Мажлис Сенатындағы сөзинде «Мени адамларымыздың санасындағы пайда болған стереотип көп ойландырады. Әдетте биз ҳаялды алды менен ана, шаңарақ уйытқысы, қорықшысы сыпатында ҳүрмет етемиз. Бул, гүмансыз, дурыс. Бирақ бүгун ҳәр бир ҳаял әпиўайы гүзетиўши емес, бәлким мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған демократиялық өзгерислердиң актив ҳәм дөретиўши қатнасыўшысы болыўы керек.» деген еди. Сол күни Президенттиң усынысына муўапық, мәмлекет тарийхында биринши мәртебе Сенат баслығына ҳаял адам сайланды.

Өзбекстан Республикасының 2019-жылы 3-сентябрь күни қабыл етилген «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәм имкәниятлар кепилликлери ҳаққында»ғы  нызамы менен миллий нызамшылығымызда биринши мәретебе «гендер», «гендер статистикасы», «гендер-ҳуқықый экспертиза» «жынсы бойынша тиккелей кемситиў», «жынсы бойынша қыя кемситиў» түсиниклери пайда болды.

Бул нызам менен «гендер» түсинигине төмендегише тәрийп бериди.

Гендер – бул ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ортасындағы қатнасықлардың жәмийет өмири ҳәм искерлигиниң барлық тараўларында, атап айтқанда сиясат, экономика, ҳуқық, идеялогия ҳәм мәденият, билимлендириў илим-пән тараўларында сәўлеленетуғын социаллық тәрепи.

«Гендер» түсиниги лотинша «genus», яғный «жыныс» мәнисин аңлатады.

Егерде, биологиялық жыныс инсанларды ҳаял ҳәм ерлерге ажрататуғын болса, гендер бул –ҳаял ҳәм ерлердиң жәмийеттеги орнын ажратыўға қаратылған.

Жәмийетте ҳаял ҳәм ерлердиң өз орнын табыўы ҳәм белгилеўи ушын мәмлекет оларға теңдей шәраят ҳәм имкәният жаратып бериўи гендер теңликти тәмийинлеўге тийкар болып хызмет етеди.

Бул нызам мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм ерлерге тең ҳуқық ҳәм имкәниятларды тәмийинлеўге қаратылған жоқары юридикалық күшке ийе ҳүжжет болып, усы тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы жөнелислерин, мәмлекетлик басқарыў механизмлери сыяқлы мәселелерди ҳәм белгилейди.

Өзбекстан Республикасының 2019 жылы 3-сентябрь куни қабыл етилген «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызам менен зорлық, жынысый зорлық, физикалық зорлық, экономикалық зорлық, руўхый зорлық түсиниклерине түсиндирмелер берилди.

Зорлық- бул бир шахыстың екинши бир шахысқа қарата қастан физикалық, руўхый, жынысый ямаса экономикалық тәсир өткериў ямаса бундай тәсир өткериў шараларын қоллаў менен қорқытыў арқалы оның мири, ден-саўлығы, жынысый қол қатылмаслығы, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм оның назым менен қорғалатуғын басқа да ҳуқық ҳәм еркинликлерине қәўип туўдыратуғын нызамға қайшы ҳәрекет, ҳәрекетсизлик болып есапланады.

Бул нызам менен миллий нызамшылығымызға қорғаў ордери, яғный басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиге мәмлекет қорғаўын усыныўшы, ҳаял-қызларға басым өткерип атырған ямаса оларға қарата зорлық ислеген шахсқа ямаса шахслар топарына қарата усы нызамда белгиленген тәсир шарасын қолланыўға себеп болыўшы ҳүжжет, бул ҳүжжетти бериў тәртиплери еңгизилди.

[ОКОЗ:

1.01.00.00.00 Конституциявий тузум / 01.06.00.00 Инсон ва фуқаронинг ҳуқуқлари, эркинликлари ва бурчлари / 01.06.09.00 Алоҳида тоифадаги фуқароларни (аёллар, болалар ва бошқалар) ҳуқуқий ҳолатини ўзига хос хусусиятлари]

[ТСЗ:

1.Ижтимоий-маданий масалалар / Ижтимоий суғурта, ижтимоий таъминот ва ижтимоий ҳимоя;

2.Одил судлов. Ҳуқуқ-тартиботни муҳофаза қилиш. Адлия / Маъмурий жавобгарлик]

[ОКОЗ:

1.02.00.00.00 Давлат бошқаруви асослари / 02.08.00.00 Иқтисодиёт, ижтимоий-маданий қурилиш соҳасидаги давлат бошқарувининг умумий масалалари / 02.08.07.00 Ҳисоб. Ҳисобот. Статистика (шунингдек, 07.29.00.00 га қаранг)]

 

 

Гендер теңлик бойынша институционаллық ис-иләжларға келетин болсақ, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қурамында ҳаяллар ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм кемситиўдиң ҳәр қандай формасын сапластырыў бойынша миллий нызамшылықты ҳалық аралық стандартларды муўапықластырыў менен шуғылланыўшы ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети шөлкемлестирилди.

Буннан басқа, зорлықтан жәбир көрген шахсларды реабилитация етиў ҳәм адаптация, өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын-алыў Республикалық орайы, Ҳаял қызлар исбилерменлик орайлары шөлкемлестрилди.

Соңғы жылларда гендер теңлигин тәмийинлеў мәселеси мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилди ҳәм бул мәмлекетимиздиң инсан ҳуқықлары тараўындағы жедел қәдемлериниң бири болды.

Қабыл етилген нызамлар алдағы ўақытта елимиздиң раўажланыўына үлесин қосыўшы тарыйхый ҳужжетлер болды десек қәтелеспеймиз.

 

Мийригул Даўменова,

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының судьясы

Байрам менен қутлықлайын деп едим…  

Бозатаў районы, “Еркиндарья” АПЖ аймағында жасаўшы пуқара Р.П 2021-жыл 31-декабрь күнинен 2022-жыл 1-январь күнине ѳтер түнде саат 05:05лер шамасында спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында Бозатаў районы, “Еркиндарья” АПЖ аймағында жасаўшы танысы пуқара Ы.Т.ның жасаў үйине барып, үйиниң кѳше бетке қараған айнасын қаттыға урып, рамкасын копарып алып, үйдиң есигин тартып қапталындағы рейкаларын қопарып алып, пуқараға материаллык зыян жеткерип, жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын қастан менсинбестен, пуқаралардыӊ тынышлығын бузған.

Суд мәжилисинде ҳуқуқбузар Р.П.дан не ушын пуқара Т.Т.жасаў үйине бардыңыз деп соралғанында, ҳуқуқбузар Р.П. танысым Илхамды излеп барып едим ҳәм байрам менен қутлықлайын деп едим деп жуўап берди.

Ҳуқуқбузар Р.П. жоқарыдағы ис-ҳәрекетлери ушын жынаят ислери бойынша Бозатаў районы судының 2022-жыл 3-февраль күнги қарарына тийкар Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳақкындағы кодексиниң 183-статьясы менен айыплы деп табылып, Р.П.ға базалық есаплаў муғдарының 3 есеси, яғный 810.000 сўм жәрийма жазасы тайынланды.

 

Зухра Байымбетова,

Жынаят ислери бойынша Бозатаў районы суды баслығы

Транспорт қураллары ҳәрекети, олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жынаяты түсиниги, оның аўыр ақыбетлери ҳәмде усы тайыпадағы жынаятлар 

Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы 1-бөлиминде “Транспорт қуралын басқарыўшы шахс тәрепинен транспорт қураллары ҳәрекети, олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў, денеге орташа аўыр ямаса аўыр жарақат жеткерилиўине себеп болса – базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем жәрийма яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик ислери ямаса үш жылға шекем мийнетке дүзетиў ислери менен жазаланады”,

Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 3-бөлиминде усы қылмыс адамлар өлимине;

б) апатшылыққа;

в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, – арнаўлы ҳуқықтан маҳрум етип, он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады” деп белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Олий суды Пленумының 2015-жыл 26-июнь күнги «Транспорт ҳәрекети ҳәм оннан пайдаланыў қәўипсизлигине қарсы жынаятлар менен байланыслы ислер жүзесинен суд әмелиятының айрым мәселелери ҳаққында»ғы 10-санлы Қарарында Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған жынаят ҳаққында түсиник берилип, онда:

“Транспорт ҳәрекети ҳәм оннан пайдаланыў қәўипсизлигине қарсы жынаятлардың тийкарғы объекти жәмийеттиң қәўипсизлиги ҳәм жәмийет тәртиби есапланады. Сол менен бирге, айыпкер шахс усы жынаятты сәдир етиўде, айтарлық барлық жағдайларда, инсан өмири ҳәм саўлығы сыяқлы нызам менен қорғалатуғын басқа объектлерге ҳәм қәўип салады.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң XVIII — бабында барлық түрдеги транспорт қуралларында ҳәрекетлениў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған. Транспорт қуралларына, темир жол, суў ҳәм ҳаўа транспорты, автомобиль транспорты, сондай ақ, мотоцикл, мопед, велосипед ҳәм сол сыяқлыларды киритиў мүмкин.

Жынаят кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған жынаят субъекти сыпатында транспорт қуралын басқарған, яғный:

айдаўшылық гүўалығына ийе;

жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын айдаўшылық гүўалығы алып қойылған;

тийисли түрдеги транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан маҳрум етилген;

улыўма транспорт қуралын басқарыў ҳуқықына ийе болмаған;

қоса басқарыўлы оқыў (шынығыў) транспорт қуралында транспортты басқарыўды үйренип атырған шахс табылыўы мүмкин.

Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў транспорт қуралын басқарыў тәртибине дерек белгиленген көрсетпелерге әмел етпесликте (мәселен, белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин асырыў, жол белгилелерине бойсынбаў, ҳәрекетлениўдиң қарама-қарсы тәрепине шығып кетиў ҳәм сол сыяқлыларда) сәўлеленеди. Транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў болса, транспорт қуралларынан пайдаланыў тәртибине дерек белгиленген көрсетпелерге әмел етпесликте (мәселен, габарити үлкен жүклерди яки жолаўшыларды буған мөлшерленбеген транспорт қуралында тасыў, транспорт қуралы басқарыўын сол қуралды басқарыў ҳуқықына ийе болмаған шахсқа тапсырыў ҳәм сол сыяқлыларда) сәўлеленеди.

Транспорт қуралы айдаўшысының жол ҳәрекети яки транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў нәтийжесинде емес, ал жүкти артыў яки түсириўде, транспорт қуралларын оңлаўда, қурылыс, жол, аўыл хожалық ҳәм басқа ислерди әмелге асырыў нәтийжесинде Жынаят кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерге себеп болған ҳәрекетлери, жүзеге келген ақыбетлер ҳәм айып формасынан келип шыққан ҳалда, шахсқа қарсы жынаятлар яки искерликти әмелге асырыў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша квалификация қылыныўы лазым.

Жынаят кодекси 260 — 262, 266, 268, 269-статьяларында нәзерде тутылған жынаятлар, ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў яки басқа қағыйдалар бузылыўы характеринен қаттий нәзер, абайсызлық ақыбетинде сәдир етилген деп табылады, себеби, бул жерде айыпкер барлық жағдайларда өз-өзине исениў яки бийпарўалық пенен ҳәрекет қылады. Егер айыпкер ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын қасттан бузса, оның қылмысы Жынаят кодексиниң қасттан ислеген жынаятлар ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы тийисли статьялары бойынша квалификация етилиўи лазым.

Жынаят кодекси  260, 262, 263, 2631, 266, 268, 269-статьялары диспозицияларында нәзерде тутылған «адамлар өлими» дегенде, ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў ямаса жынаят нызамында көрсетилген басқа қағыйдалар бузылыўы нәтийжесинде еки яки одан артық адам өлиўин түсиниў лазым.

«Апатшылық» дегенде, темир жол, теңиз, дәрья, ҳаўа, жәмийетлик транспортындағы (автобус, троллейбус, трамвай, жөнелисли такси ҳәм сол сыяқлылар) онлап адамлар набыт болыўы менен бир қатарда жан-әтирап ҳәмде адамлар саўлығы яки өмири ушын дүзетип болмас дәрежеде зыян жеткерген ҳәдийсе түсинилиўи лазым.

«Басқа аўыр ақыбетлер» дегенде, адамлар өлими менен бир қатарда поездлар, кемелер яки самолётлардың қатнаўының узақ мүддетке истен шығыўы, жан-әтирапындағы үйлер ҳәм басқа қурылмалар ўайраң қылыныўы (партлаўы, жанып кетиў, қулап түсиўи) ҳәм басқалар түсинилиўи лазым» деп түсиник берилген.

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы менен айыпланып, айыплаў ҳүкими шығарылып:

2021-жыл даўамында жәми 457 шахсқа қарата 457 жынаятлы иси көрип тамамланған:

Соннан 150 шахсқа қарата жаза тайынланып ҳүким шығарылып судланған болса, 307 шахстың қарсысына топланған жынаятлы ислери тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети ҳәм басқада себеплерге көре қысқартылған.

Жынаят ислеген шахслардан: 12 шахс хаял адам, 5 шахс жас өспирим,  191 шахс 14-30 жас аралықтағы жаслар, 23 шахс алпыс жастан асқан адам болған болса, 2 пуқаралығы болмаған шахслар болған.

Усы жерде бир мысал келтирип өтпекшимен, яғный У.К. исмли шахс 2021-жыл 30-март күни саат 15:10 лерде өзине тийисли “Кобальт” маркалы автомашинасын, Әмиўдәрья районы “Қыпшақ-Манғит-Туркменистан” шегарасына шекем болған асфальт жолының “Чойкўл” АПЖ аймағынан өткен 14-километринде басқарып киятырып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл
24-декабрдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған ҳәм 2016-жыл 1-март күнинен баслап күшине кирген «Жол ҳәрекети қәделери»ниң  11-бәнтинде “Транспорт қуралының айдаўшысы ҳәрекетлениў ўақтында пиядалар, әсиресе, балалар, нәгирәнлар, қартағанлар ҳәм велосипедшилерге қарата абайлы болыў иләжларын көриўге мәжбүр” деп көрсетилген, 53-бәнтинде “Айдаўшы ҳәрекетлениўди баслаў, жөнелисти өзгертиў (қайта дизилиў, бурылыў, қайрылып алыў, қуўып өтиў ҳәм айланып өтиў) ҳәм тоқтаўдан алдын әмелге асырып манёвр қәўипсиз екенлигине ҳәм басқа ҳәрекет қатнасыўшыларына кесент бермеўине исеним пайда болыўы керек” деп көрсетилген ҳәмде  77-бәнтинде “Айдаўшы ҳәрекеттиң көп екенлигин, транспорт қуралы ҳәм жүктиң өзгешелиги ҳәмде жағдайын, жол ҳәм ҳаўа-райы шараятын, сондай-ақ, ҳәрекет етиў бағытындағы көринисти есапқа алған жағдайда транспорт қуралын белгиленген, шекленген тезликтен асырмай басқарыўы керек. Транспорт қуралларының тезлиги айдаўшыға қәделердиң талапларын орынлаў ушын оның ҳәрекетин барқулла қадағалап барыў мүмкиншилигин бериўи керек. Ҳәрекет еткенде айдаўшы анықлай алыў мүмкиншилиги болған қәўип яки тосықлық пайда болса, ол транспорт қуралының тезлигин толық тоқтата алатуғын дәрежеде пәсейтиў яки тостқынлықты басқа ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қәўипсиз айланып өтиў илажларын көриўи керек” деп көрсетилген талапларын қопал түрде бузып, усы асфальт жолда «Жол ҳәрекети қәделери»ниң жол белгилери бөлиминде ескертиўши белгилер қатарындағы “Қәўипли бурылмалар” 1.12.1-бәнти, яғный жолдың еки бөлекли радиусли яки көриниси шекленген бурылма жери екенлигин аңлатыўшы белги орнатылған болып, усы жерде айдаўшы жолдың бундай бөлегинен тезликти кемейттирип, қәўипсизлик иләжларын көрип өтиўи керек болсада, өзи менен бир жөнелисте ҳәрекетленип баратырған пуқара Н.Ў басқарып баратырған “ИЖ21251” маркалы автомашинасын қуўып өтип атырғанында, қарама-қарсы жөнелисте басқа транспорт қуралы киятырғаны себепли, қуўып өтиўди жуўмақламай өз жөнелисине қайтыў ушын автомашинасының рулин оңға бурып, Н.Ў басқарыўындағы “ИЖ21251” маркалы автомашинасының алды шеп тәрепине өзиниң машинасының оң арқа қаптал тәрепи менен урып жиберген. Соның нәтийжесинде “ИЖ21251” маркалы автомашинасы басқарыўын жоғалтып, асфальт жолдан шығып кетип, асфальт жолдың қатнаў бөлегиниң шетинде велосипедте ҳәрекетленип баратырған пуқара Т.С. қағып алған.

Нәтийжеде велосипедте ҳәрекетленип баратырған пуқара Т.С. аўыр дәрежели дене жарақатын алып, емлеўханада өзине келместен қайтыс болған.

Жынаят ислери бойынша  Тақыятас район суды, судланыўшы У.К. исмли шахсқа жаза тайынлағанда, нызамлылық, инсаныйлық, әдиллик ҳәм жуўапкершиликтиң болмай қалмаўы принциплерине әмел еткен ҳалда, оның семьялы болып қарамағында бес перзентиниң бар екенлигин, алдын жынайый жуўапкершиликке тартылмағанлығын ҳәм судланбағанлығын оның жазасын жеңиллестириўши тәрепи деп, ал оның өз айыбын мойынламағаны, ислеген исинен пушайман болмағаны, жәбирлениўшиге келтирилген зыян қапланбағаны, жәбиркештиң нызамлы ўәкилиниң судланыўшыға кеширим бермегени жазасын аўырластырыўшы тәрепи деп есаплап, оған Өзбекстан Республикасы ЖКниң 45-статьясын қоллап, 3 (үш) жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырып, 5 (бес) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

Жоқарыдағылардан келип шығып, пуқараларды саналы, интизамлы болыўына, Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўлерине шақырып қаламан.

 

Арман Кощанов,

Жынаят ислери бойынша Тақыятас район судының баслығы                                                 

 

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районлараралық экономикалық судының судья жәрдемшиси лаўазымы (бала күтими дем алысында болғанлығы ушын ўақтынша вакант) бос (вакант) болғанлығы себепли Қарақалпақстан Республикасы экономикалық ислер бойынша районлараралық судларының кадрлар резервине таңлаў жәрияланады.

Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған Ɵзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2022-жыл 18-февраль күни саат 15:00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен тɵмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжаат етиўи мүмкин:

– талабанның объективкасы ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;
– дипломның нусқасы (сырт елде оқығанлығы ҳаққындағы дипломға, диплом тән алынғанлығы ҳәм нострификация етилгенлигин тастыйықлаўшы гүўалық);
– талабанның паспорт нусқасы;
– мийнет дәптершеси нусқасы.

Таңлаўда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының веб-сайтына жайластырылған сораўлардан пайдаланылады: http://sud.uz/аттестация-саволлари

Байланыс ушын телефон номери: (55) 102-40-42 (129).
Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz

Таңлаўды ɵткериў ўақты ҳаққында қосымша хабар етиледи.
Мәнзил: Нɵкис қаласы, И.Каримов кɵшеси 122-жай

 

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Қараɵзек районы судының кеңсе менгериўшиси лаўазымы бос (вакант) болғанлығы себепли Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша район (қала) судларының кадрлар резервине таңлаў жәрияланады.

Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған Ɵзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2022-жыл 18-февраль күни саат 15:00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен тɵмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжаат етиўи мүмкин:

– талабанның объективкасы ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;
– дипломның нусқасы (сырт елде оқығанлығы ҳаққындағы дипломға, диплом тән алынғанлығы ҳәм нострификация етилгенлигин тастыйықлаўшы гүўалық);
– талабанның паспорт нусқасы;
– мийнет дәптершеси нусқасы.

Таңлаўда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының веб-сайтына жайластырылған сораўлардан пайдаланылады: http://sud.uz/аттестация-саволлари

Байланыс ушын телефон номери: (55) 102-40-42 (129).
Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz

Таңлаўды ɵткериў ўақты ҳаққында қосымша хабар етиледи.
Мәнзил: Нɵкис қаласы, И.Каримов кɵшеси 122-жай.

Әдил судлаўды әмелге асырыў жолында

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 29-январь күни ПҚ-107-санлы “Мәмлекетлик уйымлар менен мүнәсибетлерде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларыныӊ нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў ҳәмде халықтын судқа болған исенимин жәнеде асырыў ис-иләжлери ҳаққында” ғы Қарары қабыл етилди.

Бул Қарарда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниӊ мәмлекетлик уйымлар менен мүнәсибетинде нызам үстинлигин тәмийинлеў менен бир қатарда олардыӊ хуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаў ҳәкимшилик судлардыӊ биринши орындағы ўазыйпасы екенлиги белгилеп өтилди.

Сондай-ақ, Қарар менен ҳәкимшилик суд ислерин жүритиўде “судлардыӊ актив қатнасыўы” принципи тийкарында әмелге асырылыўы, бунда ҳәкимшилик судларға истиӊ ҳақыйқый жағдайларын анықлаў ушын өз басламасы менен дәлийиллерди жыйнаў мәжбүриятын жүклеў, ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине болса дәлийиллерди жыйнаўда тек ғана өз имкәнияты шеӊберинде исте қатнасыўға қолайлылықлар жаратып бериў;

-ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын даўа менен бирге оған себепли байланыста болған зыянларды өндириў талабында ҳәкимшилик судларға билдириў ҳуқықын усыныў ҳәм бундай талапларды көрип шығыўды ҳәкимшилик судлардыӊ ўәкиллигине өткериў;

-ҳәкимшилик судлардыӊ ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер бойынша шешиўши қарарлары мәмлекетлик органлар ямаса мекемелер тәрепинен орынланбаған жағдайларда, олардыӊ лаўазымлы шахсларына қарата суд жәриймаларын қоллаў;

-ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер бойынша тәреплер ортасында жарасыўға ерисиў механизмлерин жаратыў белгилеп берилди.

Жоқарыдағы талаплардан келип шығып,

-тәреплерге, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жағдайларда, ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер бойынша шешиўши қарары нызамлы күшине кирген күннен баслап бир ай даўамында орынлаў ҳәм бул ҳаққында ҳәкимшилик судқа хабар бериў;

-мәмлекетлик уйымлар ямаса мекемелери ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ис бойынша суд ҳүжжети орынланбағанлығы ушын мәмлекетлик уйымлары ямаса мекемелердиӊ лаўазымлы шахсларына қарата суд жәриймасын қоллаў;

-мәмлекетлик уйымлары ямаса мекемелери тәрепинен ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ис бойынша шешиўши қарарыныӊ тәкирар орынланбағанлығы ушын мәмлекетлик уйымлары ямаса мекемелердиӊ лаўазымлы шахсларына қарата дәслеп қолланылған суд жәриймасын асырылған муғдарда қоллаў тәртиби нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен даўа арза, арза ҳәм шағымларды судқа тийисли болмағанлығы себепли қабыл етиўден бас тартыў ямаса ис бойынша ис жүритиўден тамамлаўға жол қоймаў, бул жағдайларда даўа арза, арза, шағым ямаса исти оны көрип шығыўға ўәкиллиги болған судқа өткериў;

-ҳәкимшилик судтыӊ нызамлы күшине кирген шешиўши қарарында анықланған жағдайлар басқа исти көрип атырған пуқаралық ислери бойынша суд ушын мәжбүрий есапланыўын белгилеў;

-бир суд иши шеӊберинде айырымлары ҳәкимшилик судқа, басқалары болса пуқаралық ислери бойынша судқа тийисли болған бир неше талапты бирлестириўге жол қоймаўды нәзерде тутыўшы нормаларды Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы Кодекске өзгерис киргизиў белгиленбекте.

Бул өзгерислер суд системасын демократластырыў, судлар искерлигинниӊ ашықлығын тәмийинлеў, халық пенен бирге сәўбетлесиўлерди кеӊейттириў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмийетшилик ролин күшейтириўге жәрдем береди.

 

 

Бекбаўлы Досымбетов,

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы

 

Ҳәкимшилик судлар искерлигинде – жаңа дәўир

2022-жылы 29-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «Мәмлекетлик шөлкемлер менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың судқа болған исенимин еле де арттырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, мәмлекетлик уйымлардың қарарлары үстинен берилген шағымларды көрип шығыўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтиў мақсетинде төмендеги тәртиплер енгизиледи:

  • ҳәкимшилик судқа дәлиллерди жыйнаў миннетлемеси жукленеди, ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине болса дәлиллерди жыйнаўда тек ғана өзиниң имканиятынан пайдаланыў шараяты жаратылады;
  • ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын даў менен бирге оған себепли байланыста болған зыянды өндириў талабын да ҳәкимшилик судқа билдириў ҳуқықын усыныў ҳәмде бундай талапларды көрип шығыўды ҳәкимшилик судлар ўәкиллигине өткериў;
    ҳәкимшилик судлардың ҳал қылыў қарарлары мәмлекетлик уйымлар тәрепинен орынланбағанда, олардың лаўазымлы шахсларына суд жәриймаларын қоллаў;
  • ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер бойынша тәреплер ортасында жарасыўға ерисиў механизмлерин еңгизиў;
  • судлар тәрепинен даўа арза, арза ҳәмде шағымды судқа тийисли болмағанлығы себепли қабыл етиўден бас тартыў ямаса ис бойынша ис жүритиўди қысқартыўды қадаған етиў, бунда даўа арза, арза, шағым ямаса исти оларды көрип шығыўға ўәкилликли судқа өткериў;
  • Бир суд иси шеңберинде айырымлары ҳәкимшилик судқа, басқалары болса пуқаралық судқа тийисли болғанда оларды бирлестириў қадаған етиў.

 

 

Жанат Аймаганбетова,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы 

Коррупцияға қарсы гүресиў – миллий нызамшылығымызда сәўлелендирилиўи

Айырым алымлардың пикиринше, “коррупция” түсиниги қәдимги Римде пайда болған. Нәтийжеде жәмийетти басқарыў процессиниң нормаларын бузыў, зыян жеткериў, өзгертириў мақсетинде шахслардың қандай да бир тараўда қатнасыў ушын келисиўин көрсетиўши “corrumpire” термини пайда болған. Кейиншелик болса “коррупция” термини менен ислетилип, усы түсиник ҳалық аралық ҳуқық системасына кирип келген ҳәм ўақыт өтиўи менен трансформация процесси себепли дүнья мәмлекетлерине тарқалған.

Ҳәзирги әдебиятларда коррупцияның төмендеги формалары бар екенлиги ҳаққында пикирлер бар:

  • парахорлық пенен байланыслы жынаятлар;
  • жеке байланысларға қәўендерлик қылыў;
  • жынайый лоббизм;
  • әмелдардың нызамсыз рәўиште яки қандай да бир жақын адамы арқалы исбилерменлик искерлиги менен шуғылланыўы;
  • мәмлекет қаржылары ҳәм мүлкин өзиниң корррупцион топары менен өзлестирип алыў;
  • лаўазымлы шахстың өз мәпи яки топар мәпи жолында хызметке тийисли мағлыўматлардан пайдаланыў;
  • инвестиция ҳәм кредитлерди нызамсыз бөлистириў;
  • нызамсыз конкурслар ҳәм тендерлерди шөлкемлестириў ҳәмде аукционлар өткериў арқалы меншиклестириўди әмелге асырыў;
  • бажыхана ҳәм салық төлемлеринен толық яки қысман азат етиў ҳәм соған уқсас нызамсыз ҳәрекетлер ҳәм басқалар.

Италиялық сыясатшы ҳәм мәмлекет ғайраткери Н.Макиавелли коррупцияға ғалабалық имканиятлардан жеке мәпи жолында пайдаланыў деп тәрийп берген.

“Коррупция, … ең аўеле уйымласқан жынайый структураларға жәрдемши болыў яки туўрыдан-туўры жәрдем бериў ушын мәмлекет хызметиниң имканыятларынан пайдаланады” – деп айтып өткен Өзбекстан Республикасы биринши Президенти И.А.Каримов.

Ҳәзирги ўақытқа дейин, Өзбекстан Республикасы ҳуқық қорғаў органлары тәрепинен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша бир қанша үлкен ислер әмелге асырылды. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында жынаятшылық кескин көбейген еди. Бул тәбиий жағдай, себеби арнаўлы бир басқарыў принципинен жаңа мәмлекетшилик формасына өтиўде бундай унамсыз жағдайлар көбейеди. Бирақ, жынаятлардың санын кемейттириў бойынша әмелге асырылған кескин илажлар нәтийжесинде ҳәзирде жынайый қылмыслардың кемейиўине ерисилди.

Бул бағдарда Өзбекстан Республикасының Коррупцияға қарсы гүрес ҳаққындағы нызамы айрықша орын тутады. Нызамның 4-статьясында тийкарғы принциплер көрсетилген, оларға:

нызамшылық;

пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги;

ашықлық-айдынлық;

системалылық;

мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийеттиң шериклиги;

коррупцияның алдын алыўға қаратылған ис-иләжлардың үстинлиги;

жуўапкершиликтиң анық екенлиги.

Қоррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарларына:

– халықтың ҳуқықый аңын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыў;

– мәмлекет ҳәм жәмийеттиң барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға қаратылған ис-иләжларды әмелге асырыў;

коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имканыят жаратыўшы себеплер ҳәм шәрт-шараятлардың алдын алыў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислегени ушын жуўапкершиликтиң анық екенлиги принципин тәмийинлеў киреди.

Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша искерлигин әмелге асырыўшы мәмлекет органлары  төмендегилерден ибарат:

Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекет қәўипсизлик хызмети;

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги;

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти.

Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислеген шахслар судты қарарына көре арнаўлы ҳуқықлардан, соның менен бирге арнаўлы лаўазымларды ийелеў ҳуқықынан нызамға муўапық айырылыўы мүмкин.

Коррупция әлбетте бүгин пайда болған иллет емес, ол әййемнен бар болып келмекте. Француз алымы Шарл Монтескье болса бул барада “Асирлер тәжирийбесинен бизге белгили, ҳәр қандай ҳәкимият ўәкиллигине ийе болған шахс, оннан пайдаланыўға бейим болады ҳәм белгили бир мақсетке ериспегенше усы бағдарда жүреди” деген пикирлер билдирген.

Бизге белгили, коррупция ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң сиясый-эконмикалық раўажланыўына аўыр зыян жеткереди, мәмлекеттиң конституциялық тийкарлары нызам үстинлигин күшсизлентиреди, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң аяқ асты болыўына алып келеди. Сондай екен, коррупцияға қарсы гүресиўге тийисли халық аралық ҳәм миллий ҳуқықый тийкарларын үйрениў, анализ етиў, жаңалап барыў дәўирдиң талабы болып қалады.

 

Елиўбай Абибуллаев,

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы

 

Skip to content