Транспорт қураллары ҳәрекети, олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жынаяты түсиниги, оның аўыр ақыбетлери ҳәмде усы тайыпадағы жынаятлар
Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы 1-бөлиминде “Транспорт қуралын басқарыўшы шахс тәрепинен транспорт қураллары ҳәрекети, олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў, денеге орташа аўыр ямаса аўыр жарақат жеткерилиўине себеп болса – базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем жәрийма яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик ислери ямаса үш жылға шекем мийнетке дүзетиў ислери менен жазаланады”,
Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 3-бөлиминде усы қылмыс адамлар өлимине;
б) апатшылыққа;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, – арнаўлы ҳуқықтан маҳрум етип, он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады” деп белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Олий суды Пленумының 2015-жыл 26-июнь күнги «Транспорт ҳәрекети ҳәм оннан пайдаланыў қәўипсизлигине қарсы жынаятлар менен байланыслы ислер жүзесинен суд әмелиятының айрым мәселелери ҳаққында»ғы 10-санлы Қарарында Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған жынаят ҳаққында түсиник берилип, онда:
“Транспорт ҳәрекети ҳәм оннан пайдаланыў қәўипсизлигине қарсы жынаятлардың тийкарғы объекти жәмийеттиң қәўипсизлиги ҳәм жәмийет тәртиби есапланады. Сол менен бирге, айыпкер шахс усы жынаятты сәдир етиўде, айтарлық барлық жағдайларда, инсан өмири ҳәм саўлығы сыяқлы нызам менен қорғалатуғын басқа объектлерге ҳәм қәўип салады.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң XVIII — бабында барлық түрдеги транспорт қуралларында ҳәрекетлениў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған. Транспорт қуралларына, темир жол, суў ҳәм ҳаўа транспорты, автомобиль транспорты, сондай ақ, мотоцикл, мопед, велосипед ҳәм сол сыяқлыларды киритиў мүмкин.
Жынаят кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған жынаят субъекти сыпатында транспорт қуралын басқарған, яғный:
айдаўшылық гүўалығына ийе;
жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын айдаўшылық гүўалығы алып қойылған;
тийисли түрдеги транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан маҳрум етилген;
улыўма транспорт қуралын басқарыў ҳуқықына ийе болмаған;
қоса басқарыўлы оқыў (шынығыў) транспорт қуралында транспортты басқарыўды үйренип атырған шахс табылыўы мүмкин.
Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў транспорт қуралын басқарыў тәртибине дерек белгиленген көрсетпелерге әмел етпесликте (мәселен, белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин асырыў, жол белгилелерине бойсынбаў, ҳәрекетлениўдиң қарама-қарсы тәрепине шығып кетиў ҳәм сол сыяқлыларда) сәўлеленеди. Транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў болса, транспорт қуралларынан пайдаланыў тәртибине дерек белгиленген көрсетпелерге әмел етпесликте (мәселен, габарити үлкен жүклерди яки жолаўшыларды буған мөлшерленбеген транспорт қуралында тасыў, транспорт қуралы басқарыўын сол қуралды басқарыў ҳуқықына ийе болмаған шахсқа тапсырыў ҳәм сол сыяқлыларда) сәўлеленеди.
Транспорт қуралы айдаўшысының жол ҳәрекети яки транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў нәтийжесинде емес, ал жүкти артыў яки түсириўде, транспорт қуралларын оңлаўда, қурылыс, жол, аўыл хожалық ҳәм басқа ислерди әмелге асырыў нәтийжесинде Жынаят кодекси 266-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерге себеп болған ҳәрекетлери, жүзеге келген ақыбетлер ҳәм айып формасынан келип шыққан ҳалда, шахсқа қарсы жынаятлар яки искерликти әмелге асырыў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша квалификация қылыныўы лазым.
Жынаят кодекси 260 — 262, 266, 268, 269-статьяларында нәзерде тутылған жынаятлар, ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў яки басқа қағыйдалар бузылыўы характеринен қаттий нәзер, абайсызлық ақыбетинде сәдир етилген деп табылады, себеби, бул жерде айыпкер барлық жағдайларда өз-өзине исениў яки бийпарўалық пенен ҳәрекет қылады. Егер айыпкер ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын қасттан бузса, оның қылмысы Жынаят кодексиниң қасттан ислеген жынаятлар ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы тийисли статьялары бойынша квалификация етилиўи лазым.
Жынаят кодекси 260, 262, 263, 2631, 266, 268, 269-статьялары диспозицияларында нәзерде тутылған «адамлар өлими» дегенде, ҳәрекетлениў яки транспорт қуралларынан пайдаланыў ямаса жынаят нызамында көрсетилген басқа қағыйдалар бузылыўы нәтийжесинде еки яки одан артық адам өлиўин түсиниў лазым.
«Апатшылық» дегенде, темир жол, теңиз, дәрья, ҳаўа, жәмийетлик транспортындағы (автобус, троллейбус, трамвай, жөнелисли такси ҳәм сол сыяқлылар) онлап адамлар набыт болыўы менен бир қатарда жан-әтирап ҳәмде адамлар саўлығы яки өмири ушын дүзетип болмас дәрежеде зыян жеткерген ҳәдийсе түсинилиўи лазым.
«Басқа аўыр ақыбетлер» дегенде, адамлар өлими менен бир қатарда поездлар, кемелер яки самолётлардың қатнаўының узақ мүддетке истен шығыўы, жан-әтирапындағы үйлер ҳәм басқа қурылмалар ўайраң қылыныўы (партлаўы, жанып кетиў, қулап түсиўи) ҳәм басқалар түсинилиўи лазым» деп түсиник берилген.
Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 266-статьясы менен айыпланып, айыплаў ҳүкими шығарылып:
2021-жыл даўамында жәми 457 шахсқа қарата 457 жынаятлы иси көрип тамамланған:
Соннан 150 шахсқа қарата жаза тайынланып ҳүким шығарылып судланған болса, 307 шахстың қарсысына топланған жынаятлы ислери тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети ҳәм басқада себеплерге көре қысқартылған.
Жынаят ислеген шахслардан: 12 шахс хаял адам, 5 шахс жас өспирим, 191 шахс 14-30 жас аралықтағы жаслар, 23 шахс алпыс жастан асқан адам болған болса, 2 пуқаралығы болмаған шахслар болған.
Усы жерде бир мысал келтирип өтпекшимен, яғный У.К. исмли шахс 2021-жыл 30-март күни саат 15:10 лерде өзине тийисли “Кобальт” маркалы автомашинасын, Әмиўдәрья районы “Қыпшақ-Манғит-Туркменистан” шегарасына шекем болған асфальт жолының “Чойкўл” АПЖ аймағынан өткен 14-километринде басқарып киятырып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл
24-декабрдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған ҳәм 2016-жыл 1-март күнинен баслап күшине кирген «Жол ҳәрекети қәделери»ниң 11-бәнтинде “Транспорт қуралының айдаўшысы ҳәрекетлениў ўақтында пиядалар, әсиресе, балалар, нәгирәнлар, қартағанлар ҳәм велосипедшилерге қарата абайлы болыў иләжларын көриўге мәжбүр” деп көрсетилген, 53-бәнтинде “Айдаўшы ҳәрекетлениўди баслаў, жөнелисти өзгертиў (қайта дизилиў, бурылыў, қайрылып алыў, қуўып өтиў ҳәм айланып өтиў) ҳәм тоқтаўдан алдын әмелге асырып манёвр қәўипсиз екенлигине ҳәм басқа ҳәрекет қатнасыўшыларына кесент бермеўине исеним пайда болыўы керек” деп көрсетилген ҳәмде 77-бәнтинде “Айдаўшы ҳәрекеттиң көп екенлигин, транспорт қуралы ҳәм жүктиң өзгешелиги ҳәмде жағдайын, жол ҳәм ҳаўа-райы шараятын, сондай-ақ, ҳәрекет етиў бағытындағы көринисти есапқа алған жағдайда транспорт қуралын белгиленген, шекленген тезликтен асырмай басқарыўы керек. Транспорт қуралларының тезлиги айдаўшыға қәделердиң талапларын орынлаў ушын оның ҳәрекетин барқулла қадағалап барыў мүмкиншилигин бериўи керек. Ҳәрекет еткенде айдаўшы анықлай алыў мүмкиншилиги болған қәўип яки тосықлық пайда болса, ол транспорт қуралының тезлигин толық тоқтата алатуғын дәрежеде пәсейтиў яки тостқынлықты басқа ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қәўипсиз айланып өтиў илажларын көриўи керек” деп көрсетилген талапларын қопал түрде бузып, усы асфальт жолда «Жол ҳәрекети қәделери»ниң жол белгилери бөлиминде ескертиўши белгилер қатарындағы “Қәўипли бурылмалар” 1.12.1-бәнти, яғный жолдың еки бөлекли радиусли яки көриниси шекленген бурылма жери екенлигин аңлатыўшы белги орнатылған болып, усы жерде айдаўшы жолдың бундай бөлегинен тезликти кемейттирип, қәўипсизлик иләжларын көрип өтиўи керек болсада, өзи менен бир жөнелисте ҳәрекетленип баратырған пуқара Н.Ў басқарып баратырған “ИЖ21251” маркалы автомашинасын қуўып өтип атырғанында, қарама-қарсы жөнелисте басқа транспорт қуралы киятырғаны себепли, қуўып өтиўди жуўмақламай өз жөнелисине қайтыў ушын автомашинасының рулин оңға бурып, Н.Ў басқарыўындағы “ИЖ21251” маркалы автомашинасының алды шеп тәрепине өзиниң машинасының оң арқа қаптал тәрепи менен урып жиберген. Соның нәтийжесинде “ИЖ21251” маркалы автомашинасы басқарыўын жоғалтып, асфальт жолдан шығып кетип, асфальт жолдың қатнаў бөлегиниң шетинде велосипедте ҳәрекетленип баратырған пуқара Т.С. қағып алған.
Нәтийжеде велосипедте ҳәрекетленип баратырған пуқара Т.С. аўыр дәрежели дене жарақатын алып, емлеўханада өзине келместен қайтыс болған.
Жынаят ислери бойынша Тақыятас район суды, судланыўшы У.К. исмли шахсқа жаза тайынлағанда, нызамлылық, инсаныйлық, әдиллик ҳәм жуўапкершиликтиң болмай қалмаўы принциплерине әмел еткен ҳалда, оның семьялы болып қарамағында бес перзентиниң бар екенлигин, алдын жынайый жуўапкершиликке тартылмағанлығын ҳәм судланбағанлығын оның жазасын жеңиллестириўши тәрепи деп, ал оның өз айыбын мойынламағаны, ислеген исинен пушайман болмағаны, жәбирлениўшиге келтирилген зыян қапланбағаны, жәбиркештиң нызамлы ўәкилиниң судланыўшыға кеширим бермегени жазасын аўырластырыўшы тәрепи деп есаплап, оған Өзбекстан Республикасы ЖКниң 45-статьясын қоллап, 3 (үш) жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырып, 5 (бес) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.
Жоқарыдағылардан келип шығып, пуқараларды саналы, интизамлы болыўына, Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўлерине шақырып қаламан.
Арман Кощанов,
Жынаят ислери бойынша Тақыятас район судының баслығы